ЖАРЫМАДЫМ (JARIMADIM)
Сөзимди тыңлап халайық,
Усыма бизге ылайық?
Ортаға сөзди салайық,
Әрман билен жарымадым.
Бул дүньяда өтер-кетер.
Өтпесе бир нәўбет жетер,
Мендей болған әрманда өтер,
Өмир зинҳар жарымадым.
Сөзимди жәрия әйлесем,
Қуры далада қайғы жесем,
Дин Хорезмди излесем,
Ашна таўып жарымадым.
Күнхожа боп атым кешти,
Дүньяда еңбегим ешти,
Бир жәм етсем ақыл-ҳуўышты,
Жалғаншыда жарымадым.
Дүньяның тарттым азабыны,
Душпан тыңламас сөзимни,
Думан қаплап жер жүзини,
Жақтылыққа жарымадым.
Балаларым отыр жалаңаш,
Күйик пенен ағарды шаш,
Атамнан қалған жүн шанаш,
Шанашқа да жарымадым.
Үлкен асым тыран шабақ,
Салып жегеним жекен табақ,
Таба алмадым басқа тамақ,
Бир жутымға жарымадым.
Қыппа жалаңаш сүйгеним,
Дүньядан сөйтип күйгеним,
Болмады мениң дегеним,
Бир жутымға жарымадым.
Жетпей тапқаным жутымға,
Қамысты жақтым отынға,
Түўесилмес бул ҳалыма,
Раўа болып жарымадым.
Болмады жаманда парық,
Аяғымда жаман шарық,
Астымдағы атым арық,
Көликке де жарымадым.
Мен сорлының иши дәртли,
Не қылайын мен қүдиретти?
Биздейлерге бурмас бетти,
Соның ушын жарымадым.
Сөзлерим пәтиўасыз болды,
Сөйтип ишим дәртке толды,
Найсапларда дуўры жолды,
Тутпаған соң жарымадым.
Мақтамадым аталықты,
Сөйтип еттим хаталықты,
Ол ҳәм етти жаманлықты,
Сол себептен жарымадым.
Атым мениң ҳалыққа мәлим,
Сорлылықтан жетпес ҳалым,
Бул сөзим дүньяға мәлим,
Ақырет билен жарымадым.
Усыма бизге ылайық?
Ортаға сөзди салайық,
Әрман билен жарымадым.
Бул дүньяда өтер-кетер.
Өтпесе бир нәўбет жетер,
Мендей болған әрманда өтер,
Өмир зинҳар жарымадым.
Сөзимди жәрия әйлесем,
Қуры далада қайғы жесем,
Дин Хорезмди излесем,
Ашна таўып жарымадым.
Күнхожа боп атым кешти,
Дүньяда еңбегим ешти,
Бир жәм етсем ақыл-ҳуўышты,
Жалғаншыда жарымадым.
Дүньяның тарттым азабыны,
Душпан тыңламас сөзимни,
Думан қаплап жер жүзини,
Жақтылыққа жарымадым.
Балаларым отыр жалаңаш,
Күйик пенен ағарды шаш,
Атамнан қалған жүн шанаш,
Шанашқа да жарымадым.
Үлкен асым тыран шабақ,
Салып жегеним жекен табақ,
Таба алмадым басқа тамақ,
Бир жутымға жарымадым.
Қыппа жалаңаш сүйгеним,
Дүньядан сөйтип күйгеним,
Болмады мениң дегеним,
Бир жутымға жарымадым.
Жетпей тапқаным жутымға,
Қамысты жақтым отынға,
Түўесилмес бул ҳалыма,
Раўа болып жарымадым.
Болмады жаманда парық,
Аяғымда жаман шарық,
Астымдағы атым арық,
Көликке де жарымадым.
Мен сорлының иши дәртли,
Не қылайын мен қүдиретти?
Биздейлерге бурмас бетти,
Соның ушын жарымадым.
Сөзлерим пәтиўасыз болды,
Сөйтип ишим дәртке толды,
Найсапларда дуўры жолды,
Тутпаған соң жарымадым.
Мақтамадым аталықты,
Сөйтип еттим хаталықты,
Ол ҳәм етти жаманлықты,
Сол себептен жарымадым.
Атым мениң ҳалыққа мәлим,
Сорлылықтан жетпес ҳалым,
Бул сөзим дүньяға мәлим,
Ақырет билен жарымадым.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: НЕ БОЛДЫМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: НЕГЕ КЕРЕК
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: