БОЛАДЫ (BOLADI)
Таў басынан ақса ақыш,
Төменини сел қылады.
Йоқшылықтан аққан көз яш,
Румалымды ҳөл қылады.
Бу нә қайғы, бу не думан.
Болалмадым дәрттен аман,
Ишпей шарап, шегип әфған,
Ақлы-ҳуўшым лал болады.
Дәртлерим күн-күннен бетер,
Зар йығлайып күним өтер,
Залым пәлек бизге не етер,
Қашан мақсет ҳал болады.
Йүре алмадым ойнап-күлә,
Мәжнүндейин шықтым шөлә,
Кеше-күндиз қайғыў билә,
Әлиф қәддим дал болады.
Дәртим артар дәмбедәмдин,
Қутылмадым ҳәргиз ғамдын,
Мәдәт истеп аллам сендин,
Көзде яшым сел болады.
Әжинияз дер менин атым,
Йетмес аллаға фәриядым,
Иште лаўлап жанған отым,
Өшпегенше мин болады,
Төменини сел қылады.
Йоқшылықтан аққан көз яш,
Румалымды ҳөл қылады.
Бу нә қайғы, бу не думан.
Болалмадым дәрттен аман,
Ишпей шарап, шегип әфған,
Ақлы-ҳуўшым лал болады.
Дәртлерим күн-күннен бетер,
Зар йығлайып күним өтер,
Залым пәлек бизге не етер,
Қашан мақсет ҳал болады.
Йүре алмадым ойнап-күлә,
Мәжнүндейин шықтым шөлә,
Кеше-күндиз қайғыў билә,
Әлиф қәддим дал болады.
Дәртим артар дәмбедәмдин,
Қутылмадым ҳәргиз ғамдын,
Мәдәт истеп аллам сендин,
Көзде яшым сел болады.
Әжинияз дер менин атым,
Йетмес аллаға фәриядым,
Иште лаўлап жанған отым,
Өшпегенше мин болады,
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БОЛУР
Алдынғы бөлимге қайтыў: БАРДУР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: