Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ДӘЎРАН БОЛМАДЫ (DÁWRAN BOLMADI)

Сәнемлер қолында тилла саз едим,
Ҳәўижге келтирер жәнан болмады.
Туғырымда талпынған алғыр баз едим,
Қәлпе-сәйядларым маман болмады.

Өмир берсе иши-тысы әрманлы,
Не дәркар сүрмесең беш күн дәўранды,
Шөллерде йүгүргән аҳыў-жәйранды
Саяд алған шенли дәўран болмады.

Әлип қәддим далдек болып бүгилди,
Көзлеримнен қанлы яшым төгилди,
Жол бойына үйген ҳасыл йүгимди
Базарға елткендей кәрўан болмады.

Дәрек йоқ ушырған қуба қушымнан,
Базарым тарқады ерте пешиннен,
Қәрўан өткен ўақта мениң тушымнан
Қөңил мүлким жолға әнжам болмады.

Сырым паш етмедим ҳәргиз ҳеш кимге,
Ситәмкәр әйледим жанға беш күнде,
Гүзар дәрбентине қурған көшкимде
Дәртимди дәртлесер ҳәмдәм болмады.

Дүнья бир көрсетип Ләйли жамалын,
Алды кетти пикри-зикри қыялым,
Қырман таяр ўақта бермей шамалын,
Шамал берсе, атар қырман болмады.

Бүлбилди зар етип шәйда гүлләрә
Мәжнүндек айдабән шөлден шөлләрә,
Несийбим көп шашып ғайры елләрә,
Шөплеп болдым десем, тамам болмады.

Менде ўатан болды елатсыз қалған,
Бағларынан бүлбил ушып, зағ қонған.
Зийўар дер дүньяға келгеним ялған,
Менде бир бийқайғы заман болмады..



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БАРДУР
Алдынғы бөлимге қайтыў: КӨҢЛИМ МЕНИҢ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.