Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КӨҢЛИМ МЕНИҢ (KÓŃLÍM MENÍŃ)

Аға, беглер, көңлим йетим,
Ашылмас думана меңзер,
Бир басымдағы ҳәсиретим,
Гирдаблы уммана меңзер.

Өмиримниң қасри йықылған,
Ығбал кәсасы төкилген,
Хатсыз, қәлемсиз шекилген
Еир әжеп деўана меңзер.

Дәртимниң жоқ ҳеш даўасы,
Бузылды көңлим Хийўасы,
Үмидўар инсан дүньясы
Шәўкетсиз дәўрана меңзер.

Арзыўлар кезгүси сынған,
Суўлар әсбек болып тынған,
Йетим көңлим байғуш қонған,
Бир көшки-әйўана меңзер.

Ашық – ярсыз, бүлбил – гүлсиз,
Кийик – шөлсиз, сона – көлсиз,
Зийўар айтур, йуртыз, елсиз
Адам бир дийўана меңзер.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДӘЎРАН БОЛМАДЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЕЛЛЕРИМ БАРДЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.