Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КЕЛДИМ (KELDÍM)

Ылғал етип узақ йерден йол ашып,
Кешлетип мәстана алдыңа келдим,
Сенин ышқы отларыңа туташып,
Ләпте палың шийрин тилиңе келдим.

Қызларның ишинде сенсең сәрўәри,
Йүзлериң– қырмызы, маҳи-әнўәри,
Мен сени сәўмишем көргеннен бери,
Ҳәўес әйлеп қадди далыңа келдим.

Арзыў әйлеп келдим сениң өзиңе,
Қәлем қашың тотыядай көзимә,
Интизарман сениң айтар сөзиңе,
Үмит пенен сениң жаныңа келдим.

Кел сөҳбет етели бир қалый жайда,
Рақиплар турса да аҳ илә ўайда.
Салланып жүрерсең тилла сарайда,
Көңлим сени истәп көрмеге келдим.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БИЙБИГҮЛ
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИЙЎАПА ЯР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.