БИЙЎАПА ЯР (BÍYWAPA YaR)
Бийўапаны сүйип қалсаңыз дәрдә,
Өртер йүрегиңни ол бийўапа яр.
Басын қошсаң қадириң билмәс намәрдә,
Жаныңа от салур ол бийўапа яр.
Ҳайтта-тойда жүрсе қыя бақышып,
Өңирине, ҳәйкел, түгмә тақышып,
Қош әнары бир-бирине қақышып,
Йүргенде сыр ашар ол бийўапа яр.
Бир күн таяр болып, күйеўи келип,
Узатып ҳәм кетсе елине алып,
Бул ярдын көңлиңе йүз әрман салып,
Йығлай-йығлай кетер ол бийўапа яр.
Нәсип айра түсип сеннен айрылса,
Ишиң-тысың яғып бағрыңды тилсе,
Бирин-бири көрмей әрманда жүрсе,
Йығлай-йығлай кетер ол бийўапа яр.
Өртер йүрегиңни ол бийўапа яр.
Басын қошсаң қадириң билмәс намәрдә,
Жаныңа от салур ол бийўапа яр.
Ҳайтта-тойда жүрсе қыя бақышып,
Өңирине, ҳәйкел, түгмә тақышып,
Қош әнары бир-бирине қақышып,
Йүргенде сыр ашар ол бийўапа яр.
Бир күн таяр болып, күйеўи келип,
Узатып ҳәм кетсе елине алып,
Бул ярдын көңлиңе йүз әрман салып,
Йығлай-йығлай кетер ол бийўапа яр.
Нәсип айра түсип сеннен айрылса,
Ишиң-тысың яғып бағрыңды тилсе,
Бирин-бири көрмей әрманда жүрсе,
Йығлай-йығлай кетер ол бийўапа яр.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КЕЛДИМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: САДАҒА
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: