Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

СӘЎДИГИМ (SÁWDÍGÍM)

Бағ ишинде қызыл гүлдек доланып,
Саллана-мәстана келән сәўдигим,
Әнбәр шашы нәзик белә шоласып,
Саллана-саллана келән, сәўдигим.

Ышқы зимистанын мисли яз етип,
Йүришин мысалы қуба ғаз етип,
Бир қайрылып ашығына наз етип,
Арзыў-әрман билән кетән, сәўдигим.

Таўыс киби жилўа менен бақарсаң,
Ашықлардың жүреклерин жақарсаң,
Тилла ҳәйкел гәрдәниңе тақарсаң,
Әл қаўсырып, қушақ ашқан, сәўдигим.

Әл қаўсырып, қушақ ашып наз еткен,
Бәлки бес күн ўысалында шад еткен,
Бир көрмесә күйип-жанып зар еткен,
Бағры қан натәўан болған, сәўдигим.

Ылғал етип барсам сениң елиңе,
Қыя бақып турсам нәзик белиңе,
Отырысып әл салыссам әлиңе,
Рухымды пәрўаз етен, сәўдигим.

Сийнемди сийнеңе қойсам бир заман,
Зәрре ғубар қалмас, көңилде әрман,
Шийрин жаным болсын жолыңда қурбан, -
Дегенде жаныма келән, сәўдигим.

Таң шамалы өлпең-өлпең ескенде,
Көңил бәнтин ашып көң иллескенде,
Әл салысып жуўап бергил десем де,
Бағырымны қан етип баққан, сәўдигим.

Пикирим сенсең жатсам-турсам, ойласам
Бирге ҳайтыў-байрам тойлап шағласам,
Жүз өбисип, әл салысып ойнасам,
Сонда ҳайтыў-байрам етән, сәўдигим.

Көз ушынан бир қыялап бақышып.
Мыйық тартып, қалем қасын қақышып,
Қараңғыда қармаланып тапышып,
Мақсудымды ҳасыл етән, сәўдигим.

Жулдыз шығып, күн қызарып батанда,
Ғапыл болып, түн уйқыда ятанда,
Түсиме енип, таң саз берип атанда,
Уйқыдан ҳәм бийзар етән, сәўдигим.

Ел жатқанда келип кирсем қойныңа,
Машғул болып мен алдансам ойныңа,
Қушақласып әл салысып мойныңа
Сонда ҳайтыў байрам етән, сәўдигим.

Толып-ташып дәрья киби аққанда,
Қатар-қатар алтын түгме таққанда,
Наз әйлейип жилўа билән баққанда,
Жанымды жаныңа берән, сәўдигим.

Дил берип дилиңе, бақсам көзиңе,
Машғул болып мен алдансам сөзиңе,
Өпишип әлимни салып өзиңе,
Шүнда ҳайтыў-байрам етән, сәўдигим.

Әли тарқыналы нәзик миянлым,
Хош пәҳим, хош сүўрет, писте дәҳанлым,
Зийўар айтүр сенсең, мениң хошгаҳим,
Саллана-саллана гелән сәўдигим.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДИЛДАРЫМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТҮСЕР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.