Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҲӘРКИМСӘНИҢ ЯРЫ БОЛСА... (HÁRKÍMSÁNÍŃ YaRI BOLSA...)

Ҳәркимсәниң яры болса,
Қыялыны айтпай билсин,
Сөйлер сөзи болып шийрин,
Өзи турып, көзи күлсин.

Жанын алсын жәллад көзи,
Хош мүлайым болсын өзи,
Сенин сөзиң, аның сөзи,
Мисли гүл киби шырмалсын.

Саны йоқ болсын қылығы,
Журттан өтсин зейинлиги,
Анық әлпайымлылығы,
Мисли Сәнем киби болсын.

Ярың болсын ҳимай киби,
Көңли болсын сарай киби,
Йүзи болсын ҳәм ай киби,
Ҳақсүнийдиң өзи болсын.

Үйде өзиң жоқ болғанда,
Ашна яр достың толғанда,
Меҳман жәмленип келгенде,
Өзи билип жәўлан урсын.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЙОҚ МЕНИҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: МУҲАББАТ ҚОСЫҚЛАРЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.