Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ӘЖИНИЯЗ БЕНЕН ҚЫЗ МЕҢЕШТИҢ АЙТЫСЫ (ÁJÍNÍYaZ BENEN QIZ MEŃEShTÍŃ AYTISI)

^Меңеш:
Өлеңди айталмайды ҳешким мендей,
Мен айтаман өлеңди кеменгердей,
Сақлап қойып қара өлең ырыс болама,
Айт дегенде өлеңди қоя бермей.

Өлеңди меннен басқа өлеңшилер,
Айталмас айт дегенде ҳеш кидирмей,
Көп ишинде өлеңди мен айтаман,
Албырамай, жаңылмай, ҳеш мүдирмей.
Ер киси еки талай жыр болғанда,
Болмайды мениң менен ким теңелтай,
Бул жерден турып кетсек қызығы жоқ,
Сенлерге бес-алты аўыз айтып бермей.
Өлеңди ашыўлансам жеп қоярман,
Жаз бағып, гүзги сойған семиз сурдай,
Ҳажеке, айтып өлең ҳарыдың ба?
Болмаса жасың жетип қарыдың ба?
Қызыман Байтурсынның, атым–Меңеш,
Ҳажеке, әли менен таныдың ба?

^Әжинияз:
Мен өзим өлең айтып ҳарымадым,
Аўылыңа бир әрманым дарымадым,
Қазақта Меңеш те көп, Дәмеш те көп,
Бурыннап көрмеген соң танымадым.

^Меңеш:
Ҳажеке, былтыр мени көрмедиң бе,
Мениң Меңеш екеним билмедиң бе?
Қайтқанда Арал жақтан бир баламен,
Үстиме суў басында келмедиң бе?

^Әжинияз:
Жүзиң ысық көринер бир көргендей,
Айтысып күни-түни бир жүргендей,
Былтырғы суў басында жалаңаш қыз,
Сенбе едиң сынық өркеш ғарры ингендей.

^Меңеш:
Астыма минген атым сур қара кер,
Сорғалап сур қарадан ағады тер,
Моллалар көрисиўди сүннет дейди,
Ҳажеке, көрисейик қолыңды бер.

^Әжинияз:
Көриссең, әкел қолың аў, қыз бала,
Жасыңды узақ қылсын алла таала,
Былтырғы суў басында Меңеш болсаң
Жүрсиң бе аман-есен сен бийшара?

^Меңеш:
Мен жүрмен аман-есен ойнап-күлип,
Той болса өлең айтып, дәўран сүрип,
Аман барып, есен саў келдиңиз бе,
Атаң-анаң, ағайын журтың көрип?

^Әжинияз:
Мен келдим ағайин журтым көрип,
Атам менен анама сәлем берип,
Не қыларын өзиң бил қыз ақ-Меңеш,
Қолыңа бир ақ сунқар келди қонып.

^Меңеш:
Үстине кийген тоның қызыл болсын,
Ҳажеке, өмир жасын узын болсын,
Енди сеннен жол болсын сөз сурайық,
Келипсең, тойханаға жолын болсын.

^Әжинияз:
Еситтим сизди алаштан бал қымбат деп,
Мен келдим бир көриўге қандай зат деп,
Қоймады ҳеш еркиме мырза Қожбан,
Тусында ақ Меңештин өлең айт деп.

^Меңеш:
Мен өзим қызыл тилге журттан озған,
Келдиңбе жеңемен деп мени жазған?
Жатып қалған жериңнен сүйрелеклеп,
Айтыс деп, алып келдиме мырза Қожбан?

^Әжинияз:
Айтыс деп алып келди мырза Қожбан.
Менде сендей қыз көрсем арқам қозған,
Болғанда сәҳәр ўақта қызығын көр,
Тосаңлығым бар мениң еле қызбан.

^Меңеш:
Өлеңге сенде озсаң, менде озған,
Көргенде өлеңшини, арқам қозған,
Көсилип жолым үйде жата бермей,
Келдиң бе жеңермен деп мени жазған?

^Әжинияз:
Сенде озсаң өлеңде менде озған,
Көргенде өлеңшини арқам қозған,
Қалай айтсаң олай айт, қыз ақ Меңеш,
Шайтаным сескенбейди сендей қыздан.

^Меңеш:
Өлеңге сенде озсаң, менде озған,
Көргенде өлеңшини, арқам қозған,
Айтыссаң жазығы жоқ, мен жеңермен,
Киси жоқ киши жүзде өлеңге озған.

^Әжинияз:
Өленге сенде озсаң, менде озған,
Аңлап шап байталыңды жығылар жазған,
Байталыңның борбайына қамшылама,
Ҳеш жерде барма байтал аттан озған.

^Меңеш:
Байталым ҳәрбир аттан озып жүрген,
Қазақта ат жоқ буның шаңына ерген.
Байталым жүйрикли журтқа мәлим,
Ҳәр тойда бас бәйгиге келип жүрген.

^Әжинияз:
Ақ Меңеш бүгин таңас, енди жатпа,
Жата қойсаң байталың болар қатпа
Байтал шаўып бәйге алмас деген сөз бар,
Ат бен шаўып байталың тыртаңлатпа.

^Меңеш:
Байталым ҳәрбир аттан озып жүрген,
Мал көрмес бул байталды атқа берген,
Байталым ҳәрбир аттан озар еди,
Айтта-тойда қазақтан сыншы көрген.

^Әжинияз:
Байталың айтыўыңнан жүйрик байтал,
Бизде бар гүрең айғыр, шым қара жал,
Байталдың қуйрық жалын күзеп алып,
Арғымақ айғыр сал да баласын ал...

^Меңеш:
Жазғытурда мәс болып ағар Жайық,
Орыслар ол Жайыққа салар қайық,
Истесең қайым өлең қайрыларсаң.
Ҳажеке, жөн өлеңди айтысайық.

^Әжинияз:
Мен өзим өлең баслап айталмайман,
Өлеңди биреў айтса қайта алмайман.
Жөн өлеңди қыйын айт, қой, қайым айт,
Ақ Меңеш қыз изиңнен мен қалмайман.

^Меңеш:
Аўылымның ақсақалы Қасым, Тасым,
Бизлерди сурап барса тең қурдасым.
Келбетиң қан төредей келисипти,
Жылыңды айт, Ҳажеке, неде жасың?

^Әжинияз:
Той болса қызыл тонды кийермисең,
Отына ашықлықтың күйермисең.
Жылым қой, жасым қырқта, қыз ай Меңеш,
Сен маған жасым сурап тийемисең?

^Меңеш:
Ҳажеке, жасың қырқта, жылың қойды,
Дүньяның қызығы тек айт бен тойды,
Мен саған тийер едим шыным менен,
Биреўге әке-шешем берип қойды.

^Әжинияз:
Не қылсын бермей сени мал болмаса,
Ишбеге айран, жемеге нан болмаса,
Ҳаў анадан қалған жол нетер дейсең,
Күйеўиң алпыс жасар шал болмаса?

^Меңеш:
Сур қара суў ишеди, жем бермеймен,
Минемен қысы-жазы дем бермеймен,
Шал десеңде бу Бекиш өзиме жас,
Мен өзим боз баладан кем көрмеймен.

^Әжинияз:
Ақ Меңеш, мынаў турған ярың тағай,
Асылған қатебиңде нарың тағай,
Олай демей, ақ Менеш, не дейсең сен?
Шал да болса, өзиңниң барың тағай.
Ылайық ақ боз үйге бала екенсең,
Өлгени күйеўиңниң сорыңтағай,
Сени алған мынаў турған Бекиш болса,
Түнде байың, күндиз бир қулыңтағай,
Шал да болса, бәри бир, қутлы болсын,
Бир есаптан өзиңниң қулыңтағай.

^Меңеш:
Ҳажеке, келмегейди керилшегиң,
Боз үйде усламасын ериншегиң,
Усы жерде сеннен бир сөз сорайын,
Елиңде бар ма сениң келиншегиң?

^Әжинияз:
Жыйылып тамам Тама табынша жоқ,
Мыңсан сәрдар орыстың ханынша жоқ,
Үйимде қатыным бар, айдан арыў.
Қазақтың он қызы бир санынша жоқ.

^Меңеш:
Елиңнен сен қазаққа не деп келдиң?
Жоқарыдан, төменнен ҳәр гәп билдиң,
Обалы мойныңа жеңешемниң,
Оны таслап қазаққа не деп келдиң?

^Әжинияз:
Елимнен мен қазаққа мал деп келдим,
Жоқарыдан, тәменнен ҳәр гәп билдим,
Өзиңиздей үлкен-үлкен мырза қыздан,
Елтири сенсең алайын мен деп келдим.

^Меңеш:
Елтири жоқ, бар саған алсаң шобыт,
Елтириге қазақтың өзиде жут,
Аман барсаң балаңа тон қыларсаң,
Берейин тери-тирсек тилесең мут.

^Әжинияз:
Алайын мен териңди сен берсең мут,
Бермесең кетеримде қалар умыт,
Бермеген сорағанда елтириңди,
Берерсең келсе орыс, ноғай, уңғыт.

^Меңеш:
Ҳажеке, қайт елиңе жыйнасаң мал,
Қайтпасаң жеңешеме болар обал,
Орысқа бар елтирим, өзиңе жоқ,
Ишиңе пышақ урда жарыла қал.

^Әжинияз:
Мамбет төре бас болып келеди қол,
Көплиги қолдың жүрсе қазылар жол,
Меңешим қоң етиңди аяйынба,
Маған десең орыстың қатыны бол.

^Меңеш:
Айтысып мениң менен тиреўиң ким?
Қалпақпысаң, сартпысаң, өзбекписең?
Жығылсаң көп ишинде сүйеўиң ким?
Әкең қойған аты ким, сүйегиң ким?

^Әжинияз:
Бир алладан басқа жоқ сыйыныўым,
Қудайым сүрнитпесин, бир тилеўим,
Әкемниң қойған аты Ҳажынияз,
Урыўым–қарақалпақ сол сүйеўим.

^Меңеш:
Қалпақ болсаң, жанымсаң жат болмасаң,
Сақалыңа ақ енген қарт болмасаң.
Қолың жайып бизлерден бир тилерсең.
Усы күни, Ҳажеке, қарт болмасаң.

^Әжинияз:
Мен тилермен еледе сен бермессең,
Бизлерди мүсәпир деп көзге илмессең,
Менде бир аса журттың адамы едим,
Ақ Меңеш, қәдиримди сен билмессең.

^Меңеш:
Сен маған кел дедиң де келмедим бе?
Еле мен қәдириңди билмедим бе?
Ҳажеке, еле меннен не тиледиң,
Мен саған тиледиң де бермедим бе?

^Әжинияз:
Астыма минген атым сур қара жал,
Кекирегиме бир бөлек кирди қыял,
Өзиң айттың күн бурын сен тиле деп,
Ақ Меңеш, ал тиледим қойныңа ал.

^Меңеш:
Астыма минген атым сур қара кер,
Сорғалап, сур қарадан ағады тер,
Ҳажеке, аңлап сөйле көп ишинде,
Еситсе Бекиш сениң етинди жер.

^Әжинияз:
Бойыңа қара суўдын питер қайың,
Шал Бекиш алған екен сениң айың,
Бекиштен сен қорқсаң да, мен қорқпайман,
Минермен бир байталдың сурап майын.

^Меңеш:
Питиссе усы быйыл түркпен-адай,
Гүз болып салқын түссе атланар қол,
Талақтай жабысып бир айырылмайсаң.
Қойным түгил мойнымнан садаға бол.

^Әжинияз:
Өлеңге менде жетик, сенде жетик,
Айтсаңшы жетик болсаң мундай етип,
Ерегиссем әкеңе малым берип,
Ақ Меңеш, сени аларман қатын етип.
Ақ Меңеш, ойлаймысаң алған байың,
Ақсақал, көзи қызыл, тиси кетик,
Сөз өзиңе келерин билмейсен бе?
Мен садағаң боларман сеннен қәйтип?

^Меңеш:
Хажеке, ашыўланба ойыныма,
Ашыўлан, гүнам қойып мойыныма,
Көңлиң соғар, қолыңнан ҳеш ис келмес,
Болмаса, алар едим қойыныма.

^Әжинияз:
Алар болсаң ал, Меңеш, қойыныңа,
Мен салайын қолымды мойыныңа,
Көрмеген ислериңди көрсетейин,
Сен мениң шыдай алсаң ойыныма.

^Меңеш:
Шыдамас жигит мениң булғаўыма,
Ҳеш бирин теңгермеймен шылғаўыма,
Жаз бойлап гүз жиберген кер гүрендей,
Сескенбеспен бир түнги ырғаўыңа.

^Әжинияз:
Жаққаны бизиң елдиң жыңғыл отын,
Өзге отындай жыңғылда жоқты түтин,
Көрейин бардасыңды, қыз ақ Меңеш,
Қойыныңа алшы мени бир ғана түн.

^Меңеш:
Аўылға бар десемде баралмассаң,
Барсаңда үй сыртына келе алмассаң,
Ҳажеке, тойханада мақтансаңда,
Барғанда қойыныма кире алмассаң.

^Әжинияз:
Елимди айтта-тойда жүриўши едим,
Қызлар менен ҳәм ойнап күлиўши едим,
Қалай айтсаң, олай айт, қыз ақ Меңеш,
Елимде сендей қызға барыўшы едим.

^Меңеш:
Не татлы бул дүньяда, татлы екен дуз,
Биледи Меңеш десе, киши, уллы жүз,
Ҳажеке, сеннен мен бир сөз сорайын,
Бизлердей, барма елиңде әдеми қыз?

^Әжинияз:
Ақ Меңеш, қыз ишинде сен көз ойнақ,
Көрмеген сулыў қызлар Астырт-ойда ақ,
Көрмеген сулыў қызлар бизиң елде,
Ҳеш қайсысының бети шубар, емес сойлақ,
Қазақта ақсақ, шойнақ көп болама?
Бир-еки, үшин көрдим усы тойда ақ,
Несибең болып бара қойсаң бизиң журтқа,
Астыңа атан түйе минип жайдақ,
Малсыз, пулсыз мени ал десең дағы,
Алса алар тоқалаққа, алмас бойдақ.

^Меңеш:
Ертең тура азаннан ел көшеди,
Көшкен күни адамның көңли өседи.
Ҳажеке, сеннен мен бир сөз сурайын,
Қызларыңыз не жейди, не ишеди?

^Әжинияз:
Жегени майлы палаў, ишкени чай,
Чай ишип, палаў жесе, кеўили жай.
Қолында шыны кесе, шыны чайнек.
Ишеди қантлы чайды қара суўдай.
Басында жипек түрме, шайы жегде
Қызлары бизиң елдиң, мине, сондай,
Қызлары бизиң елдиң ана қуўдай,
Қазаққа былтыр келдим, быйыл келдим,
Мен еле көргеним жоқ қызды ондай.

^Меңеш:
Қөшкенде қызларыныз не минеди?
Айтта-тойда қызларың не кийеди?
Қарақалпақ дегенде де, журт болып па?
Дегениң қарақалпақ немене еди?

^Әжинияз:
Көшкенде көлеңкели бар күймеси,
Көйлеги дарайыдан он түймеси,
Шылдыры, өнир моңшақ бар жәнеси,--
Билезик, жүзик, сырға көп немеси.
Бели қылдай, өңиринде ҳәр түймеси,
Тастан қатты төсинде қос мәммеси,
Кийинип ҳайтлап шықса оны-беси,
Ҳеш айланбай кетпейди көрген киси,
Көринер ишкен асы тамағынан,
Сен түгил ҳүллер менен барды бәси,
Арқадан бирли-жарым қазақ барса,
Бир көргеннен қалады аўып еси.

^Меңеш:
Қосылса еки жақсы балдай болар,
Биреўи тән, биреўи жандай болар,
Ҳажеке, сеннен бир сөз сурайын,
Жигити сизиң елдиң қандай болады?

^Әжинияз:
Жигити бизиң елдиң болар ғошшақ,
Белинде тиллә камар, алтын пышақ,
Жигити, бизиң елдиң, мине сондай,
Пашшайы сымлы балағы жипек шашақ.
Мингени арғымақ ат мойны қуўдай,
Үстинде ақ баслы ер басы шошақ,
Басында алтын жүўен сийнемент,
Көйлекшесиниң шашағы қушақ-қушақ.

Өткерген қуйрығына алтын ғубба,
Жалы менен кекилинде маржан моншақ,
"Қарақалпақ халық па?",-- деп шалжақлайсаң,
Журтта озған әкең сениң байма сонша ақ?

Үстинде бир тоқылық кийими жоқ,
Жайың жоқ мақтанғандай ҳалың да шақ,
Ақ Меңеш, ҳайтты да қой, тойды да қой,
Үйинде услада отыр қазан-ошақ.

Қарақалпақ қазақ пенен теңбе-тең журт,
Көрмей билей сыртынан қылма мазақ,
Қап дорбаңның жыртығын тигип отыр,
Қолыңа алып кетик қазақ-пышақ.

^Меңеш:
Астырттан қалпақ келер жетеленген,
Ҳәр үйден пәтия берип нан тиленген,
Ҳажеке, елиң сениң мырза болса,
Келеди қалпақ неге теңтиреген?

^Әжинияз:
Жаз болса тамам табын шабады шөп,
Суў ишип суўсынына қара нан жеп,
Ҳәр елдиң ондай ашы болайма екен?
Аш қазақ бизиң елде оннан да көп.

^Меңеш:
Астыма минген атым шубар шолақ,
Қалы бар саўрысында жолақ-жолақ,
Қазаққа тоқаллыққа қызын берип,
Шараңне мақтанғандай қалпақ-шунақ.

^Әжинияз:
Ақ Меңеш, дәўрениң сүр ойнап күлип.
Бул дәўран өтер сеннен аттай желип,
Қоян жылы қазақлар жутағанда.
Астыртқа арқаланып барды бүлип.

Күн көрди қазақлардың кәтқудасы,
Аўзы түкли қулларға қызын берип,
Сонда өзиңдей қызды алдық тоқаллыққа,
Қалыңына бир көйлеклик бояқ берип.

Ат минип, күн көрип жүр күйеўинен
Еле де қатнасып жүр барып келип,
Бул заман келме гезек сондай заман,
Айтасаң оның несин салық қылып.

^Меңеш:
Хажеке, изиндемен сен кетпесең,
Қазаққа келген қалпақ қатынын көр,
Ийтлердей күшиклеген шубырысып.
Ертип ол балаларын не қылып жүр?

^Әжинияз:
Ақ Меңеш, апаларың жүрген дағы,
Баласы жылап қалмай ерген дағы,
Әкеси бир бояққа берген апаң,
Төркинлеп төркинине келген дағы.

^Меңеш:
Мен өзим өлең айттым он жасымнан,
Атандым ақын Меңеш жас басымнан,
Өзимниң усы тойда күйеўим бар,
Қарақалпақ, тезирек кет қасымнан.

^Әжинияз:
Қарағай, қайың ағаш, терек емес,
Елиңе сыбай қондым ерек емес,
Тусыңа қызбекен деп келип едим
Маған да сендей қатын керек емес.

^Меңеш:
Қазаққа быйыл келдиң, былтыр келдиң,
Қатының, балаң таслап не деп келдиң?
Аўзың жап, аңлап сөйле, қарақалпақ,
Мениң қатын екенимди қайдан билдиң.

^Әжинияз:
Қазаққа былтыр келип жаттымдағы,
Несип еткен дузларды таттымдағы,
Келеди неге ашыўың, қыз ақ Меңеш?
Билмесем де қатын деп айттымдағы.

^Меңеш:
Хажеке, былтыр жатсаң, быйыл да жат,
Ерик өзиңде еринсең елине қайт,
Ишинде көп адамның қатын дедиң,
Мени қатын дегениңниң себебин айт.

^Әжинияз:
Айтайын мен себебин, муңлы Меңеш,
Ақсақал алпыс жасар байың Бекиш,
Алпыс жасар киси менен бирге жатсаң,
Қояма қатын қылмай тири де ҳеш.

^Меңеш:
Ҳажеке, изиңдемен сен кетпесең,
Қурысын Меңеш атым, үдетпесем,
Қатынлығым мойыныма қоялмассаң,
Қалпақтан еки молла гүўа етпесең...

^Әжинияз:
Бир байлаў сөз айтайын шешесең бе?
Шеше алмасаң бул тойдан кешесең бе?
Ақ Меңеш, Мениң кеўлим инандырсаң,
Қызбан деп сен бир антты ишесең бе?

^Меңеш:
Мен өзим байлаў сөзди шеше алмайман,
Шешпесем де бул тойдан кеше алмайман,
Ҳақта болсаң, ант ишпе деген сөз бар,
Көп ишинде мен антты ише алмайман.

^Әжинияз:
Шабылып жүйрик пенен талдыңдағы,
Майырылып аяғыңнан қалдыңдағы,
Ҳақ болып усы жерде ант ишпесең,
Мойныңа қатынлығын алдыңдағы.

Ақ Меңеш, айт өлеңиң, қойғаның ба?
Айтпаға өлең таппай қалғанын ба?
Журттан озған жүйрик деп еситиўши едим,
Таўысып шабысыңды қойғаның ба?

Ақ Меңеш, былтырғыны көрмедиң бе?
Бағана мен жеңермен демедиң бе?
Айтысып мениң менен бәс келмессең,
Былтыр ақ суў басында билмедин бе?

***
^Меңеш:
Төсек сал, үйге барып сен ғанийбет,
Ҳажекең атланғанша тәрбия ет,
Болмаса қатты қыстаў исиң сениң,
Ҳажеке үйге барып түсленип кет.

^Әжинияз:
Ақ Менеш, түсленбеймен қондырмасаң,
Қонарман көрпе жаўып тоңдырмасаң.
Қуры көрпе жабады екен деп қуўанбайман,
Қоналқама бир қозы сойдырмасаң.

^Меңеш:
Ҳажеке, кетсең қайтып келмеймисең,
Бизлерде қозы жоғын билмеймисең.
Семизлиги қойда жоқ қорқардан туў,
Саўлық сойсам, Ҳажеке, жемеймисең?

^Әжинияз:
Кел десең, келмей, Меңеш, не қылайын,
Тойдағы айтқан сөзиң сағынайын,
Жемеймен деп нетейин асқа тақсыр,
Сөйтсе де саўлық дегеп аты жаман.

^Меңеш:
Қылмады екеўимизди қудай қосақ,
Қушақласып бир үйде тамыр болсақ,
Ҳажеке, саўлық сойсам, сойдырмайсаң,
Жеймисең сойсам енди питеў тусақ.

^Әжинияз:
Тусағын мениң ушын сой демеймен,
Өзиң сойсаң, ақ Меңеш, қой демеймен,
Алдында қозыларың болып турып,
Тусағыңды, ақ Меңеш, мен жемеймен.

^Меңеш:
Мал тапсаң кирей салда Бухарға бар,
Муңаймас кирей салсаң бир туўған нар,
Ҳажеке, қозы жесең, мен сояйын,
Сарқ болған сары буўдан бир қозым бар.

^Әжинияз:
Мен көрейин деп келдим ақ жүзиңди,
Үмит үздим еситип мен сөзиңди,
Ат терлетип мен сени сорап келдим,
Мени десең сой, Меңеш, саў қозыңды.

^Меңеш:
Ҳажеке ет жемейсең, кеўилиң тоқ,
Соятуғын енди саған саў қозым жоқ,
Бир қабырға кенже туўған бир қозым бар,
Сүйеги қатып, семирип ержеткен жоқ.

^Әжинияз:
Семирип ер жетипти қозың сениң,
Көрмейме ержеткенин көзиң сениң,
Төсине ол қөзының қол толғандай,
Соймайсаң қыйналғаннан өзиң сениң.

^Меңеш:
Бул қозыны сой деме, мени десең,
Сен жерсең, бул қозыны қайтып келсең,
Алдында саўлық етине бир тойып ал,
Ушынарсаң қозы етин бирден жесең.

^Әжинияз:
Ақ Меңеш, мал сеники қалай айтсаң,
Келмеймен ҳеш айланып буннан қайтсам,
Ушынсам, үш күн жатып жазыларман,
Өзиндей жасы қайтқанға ушықлатсам.

^Меңеш:
Гүз болып мийзан түссе, қайтар кийик,
Мергенлер кийик аўлар, шоқай кийип,
Ҳажеке, саў қозымды тыпырлатып,
Соярман нетип саған көзим қыйып?

^Әжинияз:
Гүз болып мийзан түссе, қайтар кийик,
Мергенлер кийик аўлар, шоқай кийип,
Өзиң сойда, Ҳажекенниң пәтиясын ал,
Болмаса, жеп кетермен урлап сойып.

^Меңеш:
Ҳажеке көптен тилиң сынды сениң.
Нәзериң бул қозыма синди сениң,
Қозым сойып, пәтияңды мен алайын,
Нәзериң қайт болмасын енди сениң.

^Әжинияз:
Кем емес қызыл тилге Шернияздан,
Сөзиңе ашық болдым ала жаздан,
Алтыннан айдары бар ул табарсаң,
Қозың сойып, пәтия алсаң Әжинияздан.

^Меңеш:
Сояман, қозым сени, ырзалық бер,
Ҳажекең, көп жегенде, бир санын жер,
Жаны қудай жолына, ети саған,
Қолым жайдым, Ҳажеке пәтияңды бер.

^Әжинияз:
Ақ Меңеш, толғатқаның егиз болсын,
Тапқаныңның бири ул, бири қыз болсын,
Қойдай қозылап, қояндай егиз-егизден,
Төрт жылда туўған балаң сегиз болсын.

Он жылда отыңның басы улға толсын
Алғаның Бекиш пенен қоса ағарып,
Дәўлетиң жылдан, Меңеш, жылға толсын,
Өзиңниң өмир жасың узын болсын...

Қызбан–қызбайман мәнисинде.


Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘЖИНИЯЗ БЕНЕН ҚЫЗ АЙТЫСЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.