Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ӘЖИНИЯЗ БЕНЕН ҚЫЗ АЙТЫСЫ (ÁJÍNÍYaZ BENEN QIZ AYTISI)

^Әжинияз:
Айтаман айт дегенде қыз әлўаны,
Жигиттиң топқа түсер ҳәм палўаны,
Көрген соң тақат етип туралмадым,
Төсиңде еки бирдей қос алманы.

^Қыз:
– Ҳаў жигит, барма жиниң, саўма дениң?
Кисиге рухсатсыз қол саласаң,
Солмеди бойымдағы тапқан миниң?
Сорасан "жол ҳақы" – деп, жоқ па тилиң?

^Әжинияз:
– Шырайың жылтырайды, күлимлейди,
Өзиме жоқ ғой сирә миним дейди,
Қолымды рухсатсыз суқсақдағы,
Қолыма қатты-қутты илинбейди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӘЖИНИЯЗ БЕНЕН ҚЫЗ МЕҢЕШТИҢ АЙТЫСЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЙТЫСЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.