Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БОЛМАС (BOLMAS)

Яқшының бир сөзи мәўинәт тажы,
Яманның бир сөзи зәҳәрдин ашшы,
Хош йигит дүньяның болса қаллашы,
Ол жигит үйиндә меҳманы болмас.

Ямана сөз айтсаң бақар изиңә,
Қулақ тутмас ҳәргиз адам сөзиңә,
Беш-оңлы киши кән көринүр көзинә,
Яманның меҳманға ҳүрмети болмас.

Ҳаял яқшы болса, күңлиңни ашар,
Ҳаял яман болса, абрайың қашар,
Яман адам достын қашар, ўә кешер,
Яманның яқшыға ҳүрмети болмас.

Яман зәндин күнлүң дөнер ҳәр яна,
Яқшы зән көз шытмас келен меҳмана,
Ол адам анадын туўған ягәнә,
Пул бериб алсаң ҳәм қымматы болмас.

Яқшы досға бергил наныў-шөрекиң,
Қайтармас сөзиңниң болса керәкин,
Базы накәслерге берән көрәкиң.
Күниңдә бир пулша миннети болмас.

Келҳә көнлум бул дүньяға бегәнмә,
Ялғаншының бир дәм пурсаты болмас,
Ақыл болсаң ақыбетин ғам әйле,
Иймандын ғайрының пайдасы болмас.

Доса дуғры кәрәк, душпана–ҳийлә,
Адамдын яшырма, туғрысын сөйлә.
Дуғры йүргил, игри йурмәгил йола,
Яланшы рәсўаның паяны болмас.

Бий ўәфадур дүнья соңы пуш болур,
Әжел йетсә бир күн көше кеш болур,
Зийўар айтур ақылсызға ҳеш болур,
Яманның яқшыға сөҳбети болмас.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЮМОР-САТИРАЛЫҚ ҚОСЫҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: КЕРЕКТИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.