АРЖАҒЫНДА БОЛМАҒАНША (ARJAǴINDA BOLMAǴANShA)
Ҳаслы бузық сөзди билмес,
Нәсиятқа көңил бермес
Айтқаның қулаққа кирмес,
Аржағында болмағанша.
Жақсыларды қәдирлемес,
Ҳеш нәрсени зейни илмес,
Силтеген жолына жүрмес,
Есесине қуймағанша.
Қәдирин билмес туўған елдиң,
Парқын билмес алтын-зердиң,
Қәдирин билмес нағыз ердиң,
Басына ис түспегенше.
Көркемлерге көңли толмас,
Қатарына нәзер салмас,
Яқшы ярдың қәдири болмас,
Бир ямана түспегенше.
Қуўанып көңли жай болмас,
Жай болса ҳәм қолай болмас,
Асырап алған перзент болмас,
Қамарыңнан өнбегенше.
Баҳасы жоқ ҳасыл заттың,
Парқы кәндур азаматтың,
Қәдири болмас жақсы аттың,
Пияда жол аспағанша.
Қәдирин бил барлық жанның,
Маңлай терден өнген дәнниң.
Қәдирин билмес астың-нанның,
Бес күн зарын тартпағанша.
Нәсиятқа көңил бермес
Айтқаның қулаққа кирмес,
Аржағында болмағанша.
Жақсыларды қәдирлемес,
Ҳеш нәрсени зейни илмес,
Силтеген жолына жүрмес,
Есесине қуймағанша.
Қәдирин билмес туўған елдиң,
Парқын билмес алтын-зердиң,
Қәдирин билмес нағыз ердиң,
Басына ис түспегенше.
Көркемлерге көңли толмас,
Қатарына нәзер салмас,
Яқшы ярдың қәдири болмас,
Бир ямана түспегенше.
Қуўанып көңли жай болмас,
Жай болса ҳәм қолай болмас,
Асырап алған перзент болмас,
Қамарыңнан өнбегенше.
Баҳасы жоқ ҳасыл заттың,
Парқы кәндур азаматтың,
Қәдири болмас жақсы аттың,
Пияда жол аспағанша.
Қәдирин бил барлық жанның,
Маңлай терден өнген дәнниң.
Қәдирин билмес астың-нанның,
Бес күн зарын тартпағанша.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КЕРЕКДУР
Алдынғы бөлимге қайтыў: АҲЫ-ЗАРЫМ СЕНИҢ ҚАСЫҢДА БОЛСАМ...
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: