Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АҲЫ-ЗАРЫМ СЕНИҢ ҚАСЫҢДА БОЛСАМ... (AHI-ZARIM SENÍŃ QASIŃDA BOLSAM...)

Аҳы-зарым сениң қасыңда болсам,
Ҳүршиди ҳәйкелдек жамалың көрсем,
Кеше-күндиз сениң менен бир жүрсем,
Деген тилеклерим ҳақтан бар енди.

Ықшы отына түскен йигит мәрт болар,
Шеккени күн-түни аҳ-ҳәсирет болар,
Ашықлық дегениң яман *рт болар,
Тәўәккәлди бир аллаға қыл енди.

Көп қайғырсаң көзлерине нәм толар,
Думан басып жәҳән жүзи зәң болар,
Қызыл жүзиң зафырандай рәң болар,
Сәўәр ярым мениң фәндим ал енди.

Ашықлық ямандур жүзиң солдырур,
Ышқына төзбеген дәрттен болдырур,
Сырласпасаң ишиң толып өлтирур.
Биз бенен мудамы сырлас бол енди.

Аҳ мени ярым деп пәрияд әйлеме,
Берк әйле, көңлиңди нашад әйлеме,
Яқшыны нийет қыл, яман сөйлеме,
Бул сөзди ядыңа яқшы ал енди.

Ғайры менен босқа үлфәт болмағыл,
Өзиңе ҳәм маған қайғы салмағыл,
Менде басқа яр йоқ, гүман қылмағыл,
Мен сениң ярыңман тахик, бил енди,

Қосқай дийип бир алладан тилермен,
Ышқың фырақына дайым күйермен,
Таҳир киби ҳәр қыялға дөнермен,
Зийўәриңди ҳайран етпей тур енди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АРЖАҒЫНДА БОЛМАҒАНША
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЯҚШЫДЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.