Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҲҮРЗАДАНЫҢ АТАСЫ ӘЖИНИЯЗҒА АЙТҚАНЫ (HÚRZADANIŃ ATASI ÁJÍNÍYaZǴA AYTQANI)

Хызыр Ильяс олып сениң йолдашың,
Болғай ата сәна аллаяр имди,
Қырық шилтән ғайып ерән олып йолдашың,
Әўлиялар болғай мәдәдкар имди.

Ҳиммәт қурын буўып белге хош олып,
Толып, ташып, дәрья киби жош урып,
Аман-есен бир биримизге қошылып,
Рәҳибләрә болғай, жаҳан тар имди.

Ағламай нәйлейин, кетән йериң даш,
Сен болмасаң ақар көздин қанлы яш,
Баш аяғым ялан йәне өзим яш,
Қудайым сизләрә болғай, яр имдн.

Сағ-саламат болып, йәне өлмесең,
Разы ермән келип мени көрмесең,
Шул йерден атажан егер келмесең,
Янар йүрәкимде мын яра имди.

Келур келмәсиңни имди өзиң бил,
Көзимдин қанлы яш ақар мисли сел,
Бәнага сен келмесең ата шул йерден,
Мунда уғлың, қызың болар хор имди.

Айралық, атажан, өлимдин яман,
Қудайым сақлағай бәләдин аман,
Кетер олсаң, атажаным сәргиздан,
Аманда болғайсаң, ата, бар имди.

Көтерилди сениң несибе дузың,
Нәсиб олғай йәне көрмеклик йүзиң,
Ҳүрзада нашарың бир ялғыз қызың,
Кеше-күндиз мудам саңа зар имди.

Болурман, атажан, қайғы дүньяда,
Қудайым йеткергей мақсәд-мурада,
Көзидин яш төкип қызың Ҳүрзада,
Күндә ҳәрдам тиләкинде бар имди.

Ҳүрзада ҳаққыңда дуўада дайым,
Келурсен бар олса тәнде бул жаның,
Дийдарыңны несийбеткей қудайым,
Хош аллаяр атажаным, бар имди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АҚЫЛ-НӘСИЯТ ҚОСЫҚЛАРЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: НАҒМЕТИЛЛАНЫҢ АТАСЫ ӘЖИНИЯЗҒА АЙТҚАНЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.