Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

НАҒМЕТИЛЛАНЫҢ АТАСЫ ӘЖИНИЯЗҒА АЙТҚАНЫ (NAǴMETÍLLANIŃ ATASI ÁJÍNÍYaZǴA AYTQANI)

Бундын кетер болсаң имди сәргиздан
Аллаярың олғай, атам, хош имди.
Көзлеримдин яш орныға ақар қан,
Меҳрибаным, кабам, атам хош имди.

Сен кетерсең сәргиздана бед бағлап,
Мен мунда қалурман мудамы ағлап,
Кеше-күндиз йүрәк бағрымны дағлап,
Ғамхорым, атажан, кабам, хош имди.

Сапарың он болып болғай қуда яр,
Әўлия әнбия болғай мәдәткар,
Не бизде, напақа, не либас бар,
Ғамхорым, атажан, кабам, хош имди.

Меи ушын ғам йеме, кабам, аман бол,
Ҳәргиз ғам йемегил сен шадыман бол,
Ҳәр йерде йүрсең де, ата аман бол,
Кетсең йолың болсын, ата, хош имди.

Сен кетерсең, ҳалым не кешер мунда,
Сағ-саламат олғыл йүрсең ҳәрқанда,
Тез жетискил, йығламағыл, сен анда,
Ғамхорым, атажан, кабам, хош имди.

Йоқдың бизни бар әйләгән қудайым,
Бизләрни бәладан сақлағай дайым,
Дийдарыңны несип еткей илаҳим,
Ғамхорым, атажан, кабам, хош имди.

Қайғы бирле кешер уғлың шәб руўзы,
Ғусса бирлән зағпырандек гүл йүзи,
Бизларни сақлағай қуданың өзи,
Ғамхорым, атажан, кабам, хош имди.

Ҳақ таала болғай сениң ғамхорың,
Шадлық билән йегейсең сен нәҳәриң,
Қуда несийб қылғай йәне дийдарың,
Ғамхорым, атажан, кабам, хош имди.

Сапарың оң болғай ҳәмде йолдашың,
Аллаға тәкие қыл ҳәм ет саўалың,
Дуғададур Нағметулла бул уғлың,
Ғамхорым, атажан, кабам, хош имди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҲҮРЗАДАНЫҢ АТАСЫ ӘЖИНИЯЗҒА АЙТҚАНЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАЛ ИМДИ (Әжинияздың баласына айтқаны)
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.