Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҚУЛПЫТАСТАҒЫ ЖАЗЫЎЛАР (QULPITASTAǴI JAZIWLAR)

(эпитафия)
^Көпирип көп жазатуғын шайырдың қулпытасындағы жазыў:
Бул соныңдай шайыр: ол ҳеш өлмейди,
(Тухымы көп нәрсе қалай өледи?)
Пушкин бул дүньяға енди келмейди,
Бирақ, мына шайыр талай келеди...

^Зықна ҳәм сақ адамның қулпытасындағы жазыў:
Буның сақлығынан қудай сақласын,
Сыр сейфиниң гилтин жойтпастан кетти.
Кирзовой етикте сақлап ақшасын,
Өлерде өзине де айтпастан кетти.

^Ғыйбаткештиң бас ушындағы жазыў:
Бул «домалақ арза» жазса, қорқыңлар,
(Дөҳметинен көплер урылып кетти.)
Қоңысы кәбирлерде жатқан марҳумлар
Бул барғансоң қорқып тирилип кетти.

1975-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЭПИГРАММАЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: МАРАПАТ УЙЫҒЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.