МАРАПАТ УЙЫҒЫ (MARAPAT UYIǴI)
«Өр беттен көп жаңа каналлар алып,
Дәрьяда суў қайтты» десип атқанда,
Палўанияз аға қуўақыланып,
«Ҳасла олай емес» депти ол сонда.
«Мақтаўдан қай нәрсе кетпейди азып?
Әмуди марапат уйығы тепти:
«Жәйҳун дәрья, асаў дәрья» деп жазып,
Дәрьяны шайырлар қурытты» ... депти.
1976-ж.
Дәрьяда суў қайтты» десип атқанда,
Палўанияз аға қуўақыланып,
«Ҳасла олай емес» депти ол сонда.
«Мақтаўдан қай нәрсе кетпейди азып?
Әмуди марапат уйығы тепти:
«Жәйҳун дәрья, асаў дәрья» деп жазып,
Дәрьяны шайырлар қурытты» ... депти.
1976-ж.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚУЛПЫТАСТАҒЫ ЖАЗЫЎЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҒАРРЫЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: