Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ГЕДЕЙЛИК (GEDEYLÍK)

Дүньяда не жаман – гедейлик жаман,
Жүзиң төмен етип, қоймаслар аман.
«Атың шығып, абырайың артса да,
Биздей байғусларға түспеди-аў саяң».

Деди бир әмеким аўылдан келип,
Тыңлай бердим оны зейнимди берип.
Ағайин азарда, безери болмас,
Аяп кеттим барып аўҳалын көрип.

Бийшара ырастан әбигер тартқан,
Бир басына сонша машақат артқан,
Рузыгер машқаласын арқалап,
Мал табыў жолында жуўырып-жортқан.

Бес гектардан зыят ҳәўли-ҳәреми,
Бес сыйыр, отыз қой – малым дегени.
Бес мың түп ақ терек, бир ферма таўық,
Бес танаптай жоңышқасының көлеми.

Үй болып соларды бағады екен,
Тынбай жанын отқа жағады екен,
Ол да аздай, үйден жырылған ўақта
Совхоз жумысына шығады екен...

Дүнья мал жигиттиң ақылын алған,
Ол қаралай өшип, өзеги талған.
Турмысында рәҳәт жоқ, тыным жоқ,
Кийиниў, ишип-жеў дәстүрден қалған.

Ҳәўлиси айланған таўық қораға,
Әтирапы толған гүдшек, ураға,
Қат-қат гилем, кийиз арша үстинде
Бир төселмей жатыр изейханада.

Күн-түн жуўырады малдан күш алып,
Баллары оқыўдан «еки», «үш» алып,
Өрмекши аўына түскен шыбындай,
Жигит байғус қалған жипсиз тусалып.

Қурдас патлы еди, кеткен азып та,
Үйден, малдан бир шығалмай жазыққа.
Әкесиниң егип кеткен бағлары
Айланыпты мал байлайтын қазыққа.

Быйыл жигит бир қыдырып қалмақшы,
Бой тиклеп дүньяға нәзер салмақшы.
Москваға барғандағы мақсети,
Арзанырақ үш-төрт гилем алмақшы...

Гедеймен дегенин билмеңлер жалған:
Қоңысылар сыйлыққа «Жигулий» алған.
Бул «сорлыда» ҳәтте мотоцикл жоқ,
Телевизоры да көрсетпей қалған...

«Гезек пада» менен бағып жүр малын,
Малға пида етип бир шыбын жанын,
Шынында да аяп кеттим жорамның
Адам шыдамастай гедейлик ҳалын.

Айттым оған: Сондаймысаң еле сен?
Бул жүристен әжел жетпей өлесең.
Әкең қуўмай кеткен дүньяны қуўып,
Буның рәҳәтин қашан көресең?

Дүнья қуўып жаслай қәддиң дал болып,
Заманың алдында тилиң лал болып,
Абырай барда есиңди жый, жоражан,
Өзиңдағы кетпей турып мал болып…

1973-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДАҢҚ АРБАСЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТӘРЕЗИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.