ГҮРГЕН ДӘРЬЯЛАРЫ ЖОЛ БЕРЕР СИЗГЕ (GÚRGEN DÁRYaLARI JOL BERER SÍZGE)
Николай Тихоновқа
Мәжилис столына омыраў артсаңыз,
Зал баладай қулақ түреди сизге.
«Жол бергин. Гүрген!» деп қосық айтсаңыз,
Бәлким дәрьялар жол береди сизге.
Сизди көрсем, бир күш тасып бойымда,
Жаслық селлерине сайдай толаман.
Аллаберди аўылының тойында
Бирге тойлап отырғандай боламан.
Мудам гүллеп жатар жас кеўлиңизде
Шайырлықтың «Грузия бәҳәри».
Арқар болып ерип кетемен сизге,
«Серго соқпағынан» барған сапары.
Уллылық бир дәрья. Бойынан оның
Биразлар уллылық излер өзине.
Кишкене булақлардың гөззаллық сырын
Олар түсине алмас, илмес көзине.
Сиз қанша биймәлим булақлар көзин
Таўлар қыснағынан таўып аштыңыз.
Сизде мол Горькийше аталық сезим,
Сиз ҳәмме халыққа баўыр бастыңыз.
Бизиң улан пайтақ елимиздеги
Шайыр әўладының ақсақалысыз.
Қосық тартқан кәрўан жолымыздағы
Көш басында барар қызыл нарысыз.
Қандай жақсы: уллы-киши деместен,
Паңсынбай ҳәм жатырқамай сүймек бар.
Өзгениң намасын өгейсинбестен,
Ышқысында Тихоновша күймек бар!
Бийик минберлерден сиз сөйлегенде,
Зал баладай тынып қулақ түреди.
Узағына соғып турғай геўдеңде
Рус шайырының жомарт жүреги.
От басыңда шарап ишискенлердиң
Мийнетсиз қәйтип «дос болғанын» көрдим
«Достым көп» деп жүрген талай мәртлердиң
Ең соңында жалғыз қалғанын көрдим...
Гүргенлер жол берер тартылып суўы,
Сиз ең бай адамсыз туўысқанларға.
Сиздеги қартаймас жаслықтың пуўын
Тилеймен қартаймай суўысқанларға.
Ноябрь. 1974-ж. Москва.
Түсиниклер: Атақлы рус совет шайыры Николай Тихонов Кавказ ҳәм советлик Күншығыстағы көп ғана жас әдебиятларды дүньяға танытыўда умытылмас атаханлық еткен киси. Ол 30-жыллары «Жол бергин, Гүрген, жол бергин!» деген күншығыс халық намасының мотивине қосық жазған. Аллаберди – Кавказдағы бир аўылдың аты. Ол аўыл ҳаққында оның қосығы бар. «Грузия бәҳәри» – Н. Тихоновтың қосық китабының аты. (И. Ю).
Мәжилис столына омыраў артсаңыз,
Зал баладай қулақ түреди сизге.
«Жол бергин. Гүрген!» деп қосық айтсаңыз,
Бәлким дәрьялар жол береди сизге.
Сизди көрсем, бир күш тасып бойымда,
Жаслық селлерине сайдай толаман.
Аллаберди аўылының тойында
Бирге тойлап отырғандай боламан.
Мудам гүллеп жатар жас кеўлиңизде
Шайырлықтың «Грузия бәҳәри».
Арқар болып ерип кетемен сизге,
«Серго соқпағынан» барған сапары.
Уллылық бир дәрья. Бойынан оның
Биразлар уллылық излер өзине.
Кишкене булақлардың гөззаллық сырын
Олар түсине алмас, илмес көзине.
Сиз қанша биймәлим булақлар көзин
Таўлар қыснағынан таўып аштыңыз.
Сизде мол Горькийше аталық сезим,
Сиз ҳәмме халыққа баўыр бастыңыз.
Бизиң улан пайтақ елимиздеги
Шайыр әўладының ақсақалысыз.
Қосық тартқан кәрўан жолымыздағы
Көш басында барар қызыл нарысыз.
Қандай жақсы: уллы-киши деместен,
Паңсынбай ҳәм жатырқамай сүймек бар.
Өзгениң намасын өгейсинбестен,
Ышқысында Тихоновша күймек бар!
Бийик минберлерден сиз сөйлегенде,
Зал баладай тынып қулақ түреди.
Узағына соғып турғай геўдеңде
Рус шайырының жомарт жүреги.
От басыңда шарап ишискенлердиң
Мийнетсиз қәйтип «дос болғанын» көрдим
«Достым көп» деп жүрген талай мәртлердиң
Ең соңында жалғыз қалғанын көрдим...
Гүргенлер жол берер тартылып суўы,
Сиз ең бай адамсыз туўысқанларға.
Сиздеги қартаймас жаслықтың пуўын
Тилеймен қартаймай суўысқанларға.
Ноябрь. 1974-ж. Москва.
Түсиниклер: Атақлы рус совет шайыры Николай Тихонов Кавказ ҳәм советлик Күншығыстағы көп ғана жас әдебиятларды дүньяға танытыўда умытылмас атаханлық еткен киси. Ол 30-жыллары «Жол бергин, Гүрген, жол бергин!» деген күншығыс халық намасының мотивине қосық жазған. Аллаберди – Кавказдағы бир аўылдың аты. Ол аўыл ҳаққында оның қосығы бар. «Грузия бәҳәри» – Н. Тихоновтың қосық китабының аты. (И. Ю).
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚӘЛЕМЛЕС ДОСЛАРЫМА
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИР ГЕЗЛЕРИ БЕРДАҚ ЖҮРГЕН ЖЕРЛЕРДЕ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: