Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ТАШКЕНТЛИ ШАЙЫР ДОСЛАРЫМА (TAShKENTLÍ ShAYIR DOSLARIMA)

Жанларымыз жақын, кеўлимиз ырза,
Көздиң қарашығын гирбиң шалмағай.
Ташкентке табаны тийсе Жолмырза,
Таптырмас гүл ишине түскен алмадай...

Өзим билген "точкаларын" мен ҳә деп,
Зыр жуўырып жүрип аралап шықтым.
«Бизиң отағасы бармады ма?» деп.
Талай телефоннан сорағлап шықтым.

Биреў айтты: «Айбек пенен азанда
Союздан қайдадур кеттилер» деди.
Биреў айтты: «Жаңа Миртемир дамла
Екеўи жасырынып өттилер» деди...

Яшен Москва ма, бир жаққа кеткен...
Жоқлаўын асырып енди ағамның
Кетип баратырсам, шайхана беттен
Күлкисин еситтим Ғафур Ғуламның.

Жойтқан жоғымды да сол жерден таптым,
Пайт екен шай суўып, аския қызған...
Сизге бас қосқан сол балалық ўағым,
Еске түссе еле делебем қозған.

Соннан берли сизиң алтын даўраңыз
Маған қушақ ашар жатырқамастан.
Дослық ҳәм шайырлық гүллери нағыз
Кеўил бостанында жупар ийис шашқан.

Жазғы кеште Әнҳар бойында әсте
Сизлер менен сәйир етсем мен ҳәр ўақыт,
Мейли Ташкент болсын, мейли Нөкисте
Сиз бенен көрисиў мен ушын бахыт.

Досларым, сизлерсиз кеўлим хош болмас,
Бәримиз бир бағдың бүлбүллеримиз.
Сизден бөлек илҳам маған йош болмас,
Нандай пүтин ығбалымыз, жеримиз.

Дәўиримиздиң бәлент минберлеринен
Сиз йошланып қосық оқып турғанда,
Зор лапызлы өзбек қосығы менен
Бәрҳа мақтанаман куўанып сонда.

Зульфия оқыса өз қосықларын,
Пүткил руўҳым менен оны тыңлайман.
Ҳәмде азат Шығыс ҳаялларының
Гөззаллығын, нәзиклигин аңлайман.

Уллы Наўайыдан тартып бүгинги
Кишкене Абдулланың қосығына дейин,
Өзбек шеърияты бир дүнья болып
Руўҳымда гүллеп жасайды мениң.

Тилеймен шарапқа липлеўин тағы
Сиз сақыйлық еткен жәмшийди жамның.
Қулағымнан кетпес ҳәм де баяғы
Әжайып күлкиси Ғафур Ғуламның...

Ескертиўлер: әския – басқы; даўра – отырыспа, мәжилис мәнисинде; Әнҳар – Ташкентте ағып турған өзек, шеърият – поэзия (И. Ю.)


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БИР ГЕЗЛЕРИ БЕРДАҚ ЖҮРГЕН ЖЕРЛЕРДЕ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ӘЖИНИЯЗДЫҢ МОНОЛОГИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.