Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АҚ АЛТЫНЛЫ ЕЛДИҢ АҚСАҚАЛЛАРЫ (AQ ALTINLI ELDÍŃ AQSAQALLARI)

(Республикамыздың халық хожалық ислерине өз тилеги менен белсене жәрдемлесип жүрген Қараөзекли азамат пенсионер отағасылардың ҳүрметине)
Халық шақырса жатпас намыс арлылар,
Қыймылдасар жеткенинше ҳаллары.
Жигитке бергисиз ғошшақ ғаррылар –
Ақ алтынлы елдиң ақсақаллары.

Жигитлик өткен соң ғаррылық мурат,
Кәхудалық сөзин журтқа ўәсият.
Топлымға көп түскен ғайратлы ғыйрат,
Дүбир сезсе желге тарар жалларын.

Жигитликте ҳәр ким есирик нар болар,
Қайда қыйқыў болса, сонда бар болар,
Халқы ис буйырса тындырар болар,
Еске түсер сол ғайратлы жыллары.

Талай ат болдырды шабысыңыздан,
Талай беллер сынды тебисиңизден,
Қазан зорға қайнап табысыңыздан,
Көп болған кеўилдиң қыйлы-қаллары.

Пурсат бермей тал бойыңды жазыўға,
Әкеңниң орнына кеттиң қазыўға.
Қатты шаңғалақты салып азыўға,
Шақсаң, пуш боп шықты жаслық әрманы.

Айдасаң да байдың қосын, арбасын,
Биймиллет ишкизбей суйық жармасын,
Қыз-келиншек айта ғойса ҳармасын,
Аш қарынды тойдырғанды паллары.

Онсери бел менен сийсери кетпен,
Жантақ дәстелетип, томар геўлеткен.
Кегейли, Есимжап, Ханжап, Қызкеткен,
Талай қазыўлардың болдың белдары.

Қыс тоқсанда қыраў турып муртына,
Тоқым төсеп, ер дастанып уртыңа,
Талап излеп жоқарының журтынан,
Болдың ақ патшаның сен мәрдикары.

Сөйтип жүргенинде жақты таң атып,
Таң сәўлеси сезимиңди оятып,
Аш қаршыға тойып асап тоятын,
Несип болған жаңа заман дийдары.

Ығбалынды ашып кеңес ҳүкимет,
Гедейге тийисти мәңгилик нәўбет,
Тайып бай-залымның басынан дәўлет,
Ленин дана ашты бахыт жолларын.

Әўел союз «Қосшы», соңынан колхоз,
Исиң алға басып, бузаўлады боз.
Бурын еситкенди енди көрип көз,
Гедей дийқан емди еңбек палларын.

Соннан аяқ басын жаңа турмысқа,
Қатнасқансыз қанша уллы қурылысқа,
Кимиңиз Ўатанды қорғап урыста,
Кимлер, «аўыр тыл арбасын» айдады.

Жыл сайын жеңиллеп дийқан мийнети,
Енди артып кетти елдиң дәўлети.
Сизге деген партияның ҳүрмети,
Өңириңизде орден болып жайнады.

Ис гезегин енди жасларға берип,
Дем алсаңлар елдиң зийнетин көрип,
Бахытлы ғаррылық дәўранын сүрип,
Ҳәзлессең, келинниң таяр шайлары.

Бирақ дийқан бийғам шалқая билмес,
Мийнет сүйген адам қартая билмес,
Жамбаслап көрмеген жантая билмес,
Отырса алдына сыймас қоллары.

Ғаррылықтың дәрти сизге жуўымас,
Тамырыңызда дийқан қаны суўымас.
Жерге ҳәм мийнетке оятар ықлас,
Шамурат атаның өрнек жоллары.

Бириң жаға, бириң сеңсең тон болып,
Бақ-дәўлетиң артып жолың оң болып.
Қараөзек қайтадан район болып,
Аты хаттан шығып, исин оңлады.

Жоқарысы Шымбай, арқасы Тахта,
Дәўран Қараөзекте билсең бул ўақта.
Жайлаўлы шарўалы, салы ҳәм пахта,
Даңқ-атағы Ташкент бойлап жаңлады.

Теңге шашқан менен Айдос қаласы,
Айырша, Тербенбес теңиз жағасы,
Бир мәмлекет жайғасқандай арасы,
Бүгин Қараөзектиң бәлент қоллары.

Көп узамай ҳағлап темир жол жетер,
Керегиң буннан ҳәм енди мол жетер,
Не бийикке қолың созсаң қол жетер,
Еле берип ғурғынласар ҳалларың.

Қайтадан жасарып, келди бәҳәриң,
Шадлық пенен атар ерте сәҳәриң.
Үлкен жол үстине салған шәҳәриң,
Салқын сая болар қалың таллары.

Жас әўладлар мақтанады сиз бенен,
Шаўлық сүйип, шағлаң жарқын жүз бенен,
Аман болың кемпирлериңиз бенен,
Ақ алтын елиниң ақсақаллары.

1976-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МЕН - ТӨРТКҮЛМЕН!
Алдынғы бөлимге қайтыў: БЕС ҚОНАҚ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.