Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ПАХТА (PAXTA)

– Пахта қалай? – Оның аўҳалы ше? (В. И. Ленинниң телеграммасынан)
Қашан бизиң жақтың бир адамына
Ушырасып, тил таппай қалағойсаң,
Жыллы шырай менен барып жанына,
«Пахтаң қалай?» – деп сорағайсаң.

Сонда ол «бул тәўир адам екен» деп,
Ески танысыңдай жадырар жүзи.
Бул сораўдың, билсең, мәниси кеңирек,
Көп саўалға татыр буның бир өзи.

Қайсы аўылдансаң? Қалай турасаң?
Қалай быйыл кейпиң, сүрер дәўраның?
Нени кәсип етип сен мақтанасаң?
Қандай әрманың бар? – деп сорағаның...

Жапырақлар жайылған жасыл алақан,
Гүллер – атлас кийген нәўжуўан қызлар.
Өз қызлары еске түскендей дийқан,
Көзлеринде жанар сонда жулдызлар.

Ол жулдызлар сәўле алар дийқанның
Кеўил көгиндеги сақый қуяштан.
Шынлық жамалындай аппақ әрманның,
Ол жулдызлар ығбал менен сырласқан.

Пахтакеш руўхланып бир уллы йоштан
Көклемде жазар ол көк сыя менен.
Жазда күнге күйип жаратар бостан,
Кең далалар толқыр гүл-гия менен.

Гүзде аппақ таўлар жаратып дыйқан,
Ақша булыт қонақлап суў жағасына,
Жер-жәҳәнди кийиндирип жаңадан,
Өрмек қурар ай ҳәм жер арасына...

Пахтада пидәкер, еден халықтың,
Кеўил қағазының ақлығын көрдим.
Ҳәр ханада күннен түскен жарықтың
Сүттей уйығанын, пәклигин көрдим.

Пахтакештиң несийбеси зияда,
Ҳәм қыйын, ҳәм айдын пахтаның жолы
«Ақ алтын» дәстаны жаңлар дүньяда
Бир уллы ҳәм аппақ поэма болып.

Пахтакеш державасын алғысламақта
Ақ алтынның уллы дәстаны усы.
Бүгин – зер шанақта бир жумақ пахта
Орта Азиямның эмблемасы.

Сонлықтан сезеди өз инабатын
Пахтакеш әўлады болған ул-қызлар.
Сонлықтан еситсек пахтаның атын,
Көзимизде жанар аппақ жулдызлар.

Пахта еккен елдиң бир адамына
Нәбада ушырасып қалағойсаң сен.
Жыллы шырай менен кирип жанына,
«Пахтаңыз қалай?» – деп сорағайсаң сен.

Пахта келешегин көрип алыстан,
Сол қыйын ўақта да Ленин данышпан
Шын ғамхорлық пенен бизиң халықтан
«Пахтаңыз қалай?» – деп сораў салысқан.

Октябрь, 1972-жыл.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БЕС ҚОНАҚ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.