Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ГЕСИРТКЕНИҢ КӨЗЛЕРИ (GESÍRTKENÍŃ KÓZLERÍ)

Заман жуп ай берген далама мениң,
Жуп нурлы көзинен жүк машинаның,
Көрдим мен көзлерин бир гесирткениң,
Тунжырап сол нурға шағылысқаның.

Айсыз түнде жол бойында нәбада
Бул көзлерге көзиң түскени бар ма?
Бир периўза қаслы жүзик далада
Түсип қалған яңлы шағылысар фарға.

Жасымда бул көзлер ақшам жанғанда,
Оннан бир суўық, жат сәўле сезгенмен.
Соң бир от басында дүзде қонғанда,
Шөл тилсимин көрдим усы көзден мен ..

Илим үңилмеген сол бийик жақтан
Жерге бир жуп жулдыз муңлы баққандай.
Ийнениң көзиндей еки саңлақтан
Терең сырлы көк нур қайнап атқандай.

Терең сырлы көк нур...
О, сақый далам!
От басында геологлар сол гезлери
Сени мақтағанда, көринген маған
Тек сол гесирткениң сырлы көзлери.

Енди көр. Биз қонған шатыр жоқ бунда
Газ қаласы дүзге ҳужимин баслар.
Шөлден өлген сексеўиллер орнында
Желпир көшелерди жас қарағашлар.

Шексиз шөл теңизи маяк жаққандай,
Компрессор турар нурланып мудам.
Жулдыз жерге түсип түнеп атқандай,
Жулдызға қонаққа кеткендей адам.

Дөңбекшир жақтыда уйықлап көрмеген
Қатал шөл тәңириси – жабайы дала.
«Кимлер булар айбыныўды билмеген,
Саҳраға бағ етип, орнатқан қала?!»

Дүзди дүсирлетип поездлар барар,
Жас қала шырағын жаққан гезлери
Космослық көгилдир от пенен жанар
Гесирткениң периўзалы көзлери...



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДАЛА ГҮЛИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ХОРЕЗМГЕ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.