СОНДАЙ БИР ЕЛ МЕНИҢ ЕНШИМЕ ТИЙГЕН... (SONDAY BÍR EL MENÍŃ ENShÍME TÍYGEN...)
Сондай бир ел мениң еншиме тийген:
Жети ықлым жайғасқандай кеңлиги.
Көринеди ҳәр адамнан, ҳәр үйден
Ҳәмме халыққа бирдей ығбал, теңлиги.
Меридианлар сымын сүйретип өтер
Лайнер тынып ушқан шексиз жеринен.
Бирақ мен сүйгенде ол сыйып кетер
Жудырықтай жүрегимниң төрине.
Арқасы ақ қайын болып ырғалар,
Қублада таўлары бийик турады.
Волга ҳәм Әмиўдей уллы дәрьялар
Ҳәр түрли теңизге қуйып турады.
Бунда қурылысы өзге тиллер бар,
Халықлар бар тарийхы табақласпаған.
Бирақ бир анадан туўғандай олар,
Жаны жаным менен сабақлас маған.
Сондай бир ел: ҳәр жигити, ҳәр қызы
Бәри сулыў, бәри мәртликке қардар.
Бунда адамлар атомға муз жарғызып,
Жерде отырып айда луноход айдар.
Бир дарағын Ўатан тоғайларының
Бир осколка жырын кетсе аярман.
Бирақ пүткил дүнья халықларының
Бахыты ушын жан бериўге таярман.
Бул уллы – кишиниң ортақ дияры,
Жетпис тилде қосық жаңлатып турар.
Ҳәтте бир белгисиз авар ҳаялы
Шайыр туўа ғойса, Ғамзатов болар.
Бир аз санлы халықтың улыман мен де,
Бирақта менде бар ең уллы Ўатан.
Қайра-қайра басып жүрсем бул жерди,
Мен әййемги Антейден де мықлыман.
Сондай бир ел мениң еншиме тийген:
Мийнеткеш инсанның жаңа дүньясы.
Пешанасын бахыт қуяшы сүйген,
Океандай толы ығбал кәсасы.
Мен сондай дәўлетли елден боламан,
Қайсы байлығымнан келсең де сорап,
Зәриў болғаныңда бере аламан,
Бир қысым топырағын бермеймен бирақ.
Февраль, 1975 жыл. Нөкис.
Жети ықлым жайғасқандай кеңлиги.
Көринеди ҳәр адамнан, ҳәр үйден
Ҳәмме халыққа бирдей ығбал, теңлиги.
Меридианлар сымын сүйретип өтер
Лайнер тынып ушқан шексиз жеринен.
Бирақ мен сүйгенде ол сыйып кетер
Жудырықтай жүрегимниң төрине.
Арқасы ақ қайын болып ырғалар,
Қублада таўлары бийик турады.
Волга ҳәм Әмиўдей уллы дәрьялар
Ҳәр түрли теңизге қуйып турады.
Бунда қурылысы өзге тиллер бар,
Халықлар бар тарийхы табақласпаған.
Бирақ бир анадан туўғандай олар,
Жаны жаным менен сабақлас маған.
Сондай бир ел: ҳәр жигити, ҳәр қызы
Бәри сулыў, бәри мәртликке қардар.
Бунда адамлар атомға муз жарғызып,
Жерде отырып айда луноход айдар.
Бир дарағын Ўатан тоғайларының
Бир осколка жырын кетсе аярман.
Бирақ пүткил дүнья халықларының
Бахыты ушын жан бериўге таярман.
Бул уллы – кишиниң ортақ дияры,
Жетпис тилде қосық жаңлатып турар.
Ҳәтте бир белгисиз авар ҳаялы
Шайыр туўа ғойса, Ғамзатов болар.
Бир аз санлы халықтың улыман мен де,
Бирақта менде бар ең уллы Ўатан.
Қайра-қайра басып жүрсем бул жерди,
Мен әййемги Антейден де мықлыман.
Сондай бир ел мениң еншиме тийген:
Мийнеткеш инсанның жаңа дүньясы.
Пешанасын бахыт қуяшы сүйген,
Океандай толы ығбал кәсасы.
Мен сондай дәўлетли елден боламан,
Қайсы байлығымнан келсең де сорап,
Зәриў болғаныңда бере аламан,
Бир қысым топырағын бермеймен бирақ.
Февраль, 1975 жыл. Нөкис.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҚАРА ҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИР АДАМДЫ БИР АДАМ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: