БИР АДАМДЫ БИР АДАМ (BÍR ADAMDI BÍR ADAM)
Қандай жақсы, бирадар,
Адамзаттың жүреги!
Бир адамды бир адам
Жандай жақсы көреди.
Бир адамды бир адам
Сүйип қалар танысса.
Бир адамды бир адам
Сағынады алыста.
Кетсе биреў арадан,
Биреў жоқлап жылайды.
Бир адамнан бир адам
Барып кеңес сорайды.
Оқ атылса биреўге,
Жанын тигип гиреўге,
Жетип барар сүйеўге
Бир адамды бир адам.
Нәпсин тыйып нан берер,
Тамырынан қан берер,
Керегинде жан берер
Бир адамға бир адам.
Океаннан армаған
Азап шексе Корвалан...
Гүрес пенен қорғаған
Бир адамды бир адам.
Жақсылық өсип өнер ме,
Миллионды миллион сүйер ме,
Сүймегенде егер де
Бир адамды бир адам?
Ишип мийрим кәсасын,
Тас жүреклер босасын.
Бәрҳама сүйип жасасын
Бир адамды бир адам!
Сентябрь, 1975-ж.
Адамзаттың жүреги!
Бир адамды бир адам
Жандай жақсы көреди.
Бир адамды бир адам
Сүйип қалар танысса.
Бир адамды бир адам
Сағынады алыста.
Кетсе биреў арадан,
Биреў жоқлап жылайды.
Бир адамнан бир адам
Барып кеңес сорайды.
Оқ атылса биреўге,
Жанын тигип гиреўге,
Жетип барар сүйеўге
Бир адамды бир адам.
Нәпсин тыйып нан берер,
Тамырынан қан берер,
Керегинде жан берер
Бир адамға бир адам.
Океаннан армаған
Азап шексе Корвалан...
Гүрес пенен қорғаған
Бир адамды бир адам.
Жақсылық өсип өнер ме,
Миллионды миллион сүйер ме,
Сүймегенде егер де
Бир адамды бир адам?
Ишип мийрим кәсасын,
Тас жүреклер босасын.
Бәрҳама сүйип жасасын
Бир адамды бир адам!
Сентябрь, 1975-ж.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СОНДАЙ БИР ЕЛ МЕНИҢ ЕНШИМЕ ТИЙГЕН...
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: