Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Жетинши бөлим (Jetinshi bólim)


Алқысса соны айтып Гүлайым,
Өксип-өксип жылады.
Еситкен бираз мүҳминниң,
Қуйқа-түги жуўлады.
Мақул сөзге мал маңырар,
Айтқан сөздиң салмағына,
Баябанлар шуўлады.
Кеўилин ашып Гүлайым,
Жәрдем тилеп бәрҳақтан,
Кеўил берип түрли жақтан,
Алға басып баратыр.
Жаздырылмай түскен қақпан,
Суўға кеткен шөп қармар,
Тәме қылды Гүлайым,
Қатарлас жигит жан жақтан,
Ақыл шашып қыдырды,
Қатарын ел-елаттан,
Ығбалы ызғар тап алып,
Жан шығарға келип тур,
Темир торға қамалып,
Гүлайымдай сулыўға,
Түрли ғарамат жамалып,
Отыр еди бағында,
Аш бүркиттей шабынып,
Ҳеш жерден жәрдем табалмай,
Отыр еди тазға арналып.
Батыл болып туўған айы,
Жарылқамай бир қудайы,
Ҳеш бир сөзи тыңланбай,
Атадан алынып айы,
Жамбас урмай бир жақтан,
Бир қатарлық теңи-тайы,
Ақыл-естен айырылып,
Кетип жаман қолайы.
Атасының кеўилин жықпай,
Тайын болды бир қардары,
Ашығынан хабар таппай,
Отыр еди ҳайранда,
Үш рет шақыртыўшыға бармай,
Ҳеш кимниң айтқанын қылмай
Отыр еди Гүлайым.
Қас қарайып күн батты,
Халайық шыра жақты,
Биреўди биреў, бақты,
Ашықтың жүрер ўақты,
Әрман шерин молайтты.
Уялғаннан Гүлайым,
Бетине пердесин шалып,
Ҳәр түрли мақсет ойланып,
Жеңгесин алдына салып,
Отаўға қарап жол тартты.
Қырық қызына бас болып,
Баўыры қара тас болып,
Әйне жатар бағында,
Ақ отаўға киреди,
Гүлайым сулыў бас болып,
Бул хабарды еситип,
Не әрманлы жигитлер,
Ғаўлап үйге толады.
Гернай-сырнай тартылған,
Қыз-келиншек жыйналып,
Сан тартып тәреп тутылған,
Қызады мейлис майданы,
Қара шашын тарайды,
Пинҳамы көзлер қарайды,
Гүлайымға көз шарлап,
Не әрманлы жигитлер,
Бийықтыяр қулайды,
Не әрманлы жигитлер,
Еслеринен танады,
Батырға өзин санады,
Гүлайымның келбетине,
Тәсийин қалып турады,
Әрман, шерин тарқатып,
Қайта-қайта қарайды.
Сөйлескенди бир аўыз,
Ерксиз тартып барады.
Бети айдай жарқырап,
Ирке алмай өзин албырап,
Көзи түскен ўағында,
Жигит туўе алдында,
Ғарры тура алмай қалтырап,
Йошландырар көрген көзди,
Жүзи түскен жеринен,
Қәстелер табар саламат.
Қарай ғойса бет алды,
Ашыққа берер дарамат.
Сусы басып бәршени,
Гүлайымдай перийзат,
Ҳақыйқат зардың заманы,
Ызғыған түрли бәламат.
Басланып қызықлы дәўир,
Биреўден биреўи тәўир,
Қатары менен кесе алысқан,
Сүрилген қызықлы дәўир.
Отырыспа тарқамай,
Түн жарпысы болады,
Шайыў-шекер қанады.
Қатарында нар еди,
Иши толы ар еди,
Гүлайымға таламан,
Жасынан-ақ бир жағында бар еди,
Өлгейлиден жүдә қардар,
Ишине келсе тилла сардар,
Ҳадалдан жоқ таўығы,
Ҳарамнан жоқ пышығы,
Өлгейлиден жарлы еди,
Маңлайда жоқ, тилге бай,
Аты шыққан сорлы еди.
Гүлайымның ҳалынан,
Жүдә хабардар еди.
Сары таўдың даласы,
Басқа қонған ел еди,
Буўрабайдың аўылына,
Түн жарпында келеди,
Аты ким деп сорасаң,
Есенбек шайыр дер еди.
Айтқаны ҳеш жерде болмай,
Кеўли әрман, шерли еди.
Болып атқан исти билип,
Өзин иркип тура алмай,
Хабар алған сол еди.
Жабықты түрип сығалап,
Гүлайымнан ҳал сорап,
Ҳәўжар намасына салып,
Есенбек шайыр не деди:

Есенбек ғайың ғайлап келип турған,
Сениң ушын жолыңда жаным қурбан,
Атаңыз салтанатлы той берипти,
Дәўраның қутлы болсын Гүлайымжан.
Тарийх үстем боп па шопан, малай,
Қосылса еки ашық шекер-палдай,
Сыртыңнан хабардарман мен удайы,
Сырыңды бир еситтир ҳалың қалай.

Гүлайым:

Қамады залым атам қыйын торға,
Қамалдым, қоршаландым, соқтыр жарға
Сен едиң шын сүйгеним әўел баста,
Тазшадан қутылғандай күниң бар ма?

Жигит:

Жығында тас бузады байдың сөзи,
Ишиме дәртлер салды-аў қумар көзиң,
Ғайрат салып тазыңнан мен қутқарсам,
Еркиңди берермисең байдың қызы.

Гүлайым:

Нешше жыллар қолымды создым айға,
Қармалап қулаш урдым терең сайға,
Мениң ушын тазшаға ҳийле тапсаң,
Келтирейин мен умытпай мен қолайға.

Жигит:

Дәртиңнен жүрек-бағрым жүз мың пара,
Күлки сөз батады екен бара-бара,
Бай, патшаны қәлемей таңлап жүрип,
Қатарың таз болды ма бахты қара.

Гүлайым:

Кеше-күни жыласам да қәдири ҳаққа,
Бақламады қудайым қара-аққа,
Тазшаның желкесин мен көрермедим,
Атам қара тикти ғой бизиң баққа.

Жигит:

Киси ушын қаласаң ба бек байланы
Тигиңнен отқа жанба қор айланып,
Ҳәркимниң минген таўы бийик болсын,
Отқа жанба басыңа саўда салып.

Гүлайым:

Есенбек ақылың болса айтшы билсең,
Ықтыярды берейин сен не десең,
Тазшаны жер соқтырса болар еди,
Сорлы атам аяғыма салды кисен.

Жигит:

Бул иске қайыл болма аўыр ойлан,
Атам дийип жаманатқа болдың сен даң,
Айтқаным сүйгениңе қолыңды бер,
Отқа тири салыпты залым атаң.

Гүлайым:

Дос болмас кеўил ашып қатар-қурдас,
Шыны дос қолай келсе алдап урмас,
Халайыққа билдирмей ҳәмел тапсаң,
Шын сүйип сениң менен болдым жолдас.

Жигит:

Атаңыз айыра алмай нырық-баҳасы,
Суғанақ ийт жалаған есиз лашын,
Атаңның айтқанына кеўил қойма,
Сол тазды бай қылғаннан өлген жақсы.

Гүлайым:

Есенбек атыңды сен аямай шап,
Некесин ишпей турып әбрейим жап,
Атаға көнбесликке илаж бар ма,
Тазшадан қутылыўға бир ҳәмел тап.

Жигит:

Жаным ашып қармалап келип турман,
Жолыңды талан еттим жаным қурбан,
Шынтың мен сен маған кеўил берсең,
Жаўыңды қорғамаға жуп зорман.

Гүлайым:

Әрмансыз бул дүньяда арыў қушқан
Қыйында пайда тийер шыны достан,
Жүрек етип қасыма келе алмадың,
Сүйген досым сен едиң әўел бастан.

Жигит:

Шуўғыл сөзге нанғанда соры қайнап,
Алданып о дүньяның ғамын ойлап,
Жағаласып жибермей өз еркине,
Сени отқа таслаған бағың байлап.

Гүлайым:

Айтқаныңа көнейин алдым жазба,
Айқассаң жығатуғын күшиң аз ба,
Ер дийип етегиңе асылайын,
Өлгендей ҳийле тапсаң усы тазға.

Жигит:

Алмай ма ертең—бир күн неке қыйып,
Ҳазар таўып өлерсең ишиң күйип,
Оған қайыл болғаннан өлген жақсы,
Жүргенше таздың қотыр басын сүйип.

Гүлайым:

Билдирмей ҳеш адамға ғайрат салсаң,
Тағдирдиң жазған исин қабыл алсаң,
Сыйынып шынтым менен пир билемен,
Сездирмей усы таздың жанын алсаң.

Жигит:

Әрманым жоқ усласам сениң қолың,
Қайыр белғай мақсетли жүрген жолың,
Гүлайымға қосылып дәўран сүрсем,
Ырзаман арғы түби болса өлим.

Алқысса сонда сөзди айтып,
Жасырын пикирлерин аңлады.
Кеўлине салып алғула,
Айнымасқа айтысып олла,
Жүзин көрип бир бириниң,
Қудайына болды ырза.
Әрман менен кешикпей,
Нурын шашып атты таң да,
Бир бирине сыртынан қуўанысып,
Кеўиллери шағласып,
Уллы сәске ўағында,
Есенбектиң сөзлерин,
Анықлап сулыў тыңлады,
Айтқан сөзин еситти,
Ақылы ҳайран болды,
Салмағына сөзиниң,
Шай ишкендей қуўанады.
Кеўлин бурып бир жаққа,
Тәўекел бир ис баслады,
Бир қудайға сыйынып,
Белин беккем байлады,
Есенбектиң айтқанын,
Дурыс дийип ойлады,
Сөз айтыўға тереңнен,
Өзин сөзге сайлады,
Ашылған гүлдей солайын,
Әрмансыз тасып толайын,
Айырыўға тазшадан,
Таба кеткеймен қолайын,
Жақсы сөз айтып тербетип,
Шын мийрибан болайын,
Еки ғарға урысса,
Оқшыға оң түседи,
Қырыла кеткей толайым,
Нәсият айтып тербетип,
Шын кеўилин шолайын,
Майданға шығып ен жайып,
Халайыққа көз болып,
Есенбектей батырдың,
Қасыңа жақын барайын,
Хошеметлеп тербетип,
Бар ғайратымды салайын,
Зәрре бағыш деген бар,
Ашыла кеткей талайым,
Ғайраты менен жеделин,
Түрин көрип аңлайын,
Ондай-мундай ис болса
Қандай екен келбети,
Түр-бийнесин аңлайын,
Мен сөйлетип қарайын,
Келиспесе келбети,
Қәҳәримди салайын деп,
Жедел қылды Гүлайым,
Сол қыялды ойлады,
Сөз айтыўға тереңнен,
Өзин сөзге сайлады,
Тал шыбықтай таўланып,
Таўыс киби сайланып,
Аўзынан шыққан демлери,
Сары алтындай пуўланып,
Қалың питкен қара шаш,
Мойнына оралып,
Қәҳәрленип қуйланып,
Ҳәр түрли қыял ойланып,
Қаршығадай қыялланып,
Жүзлери гүлгүл жанып,
Көргенлердиң сырын танып,
Майданға шықты Гүлайым,
Халайықтың ақылын алып,
Алып бир нешениң айын,
Тутынып ҳәр түрли шайын,
Ислерди келтирип қайын,
Сәўле шашар жүзлери,
Жүрди шалқайып Гүлайым.
Сүрме шалып шашына,
Ара берип қасына,
Саўда салып Гүлайым,
Бир нешениң басына,
Толықсып сөйлей береди,
Есенбектиң қасында,
Кеўили дәрьядай тасып,
Бир нешшени сусы басып,
Жигиттиң берекети қашты,
Ақылынан айра түшип,
Көзин жумып, гәҳи ашты,
Гүлайымның сусы басты,
Жеңил кеп қыздың қасына.
Минажат қып алласына,
Көпшиликтиң ишинде,
Саўда түсип басына,
Сусына шыдап тура алмай,
Өзин-өзи ирке алмай,
Кеўилин алып Гүлайым,
Сырын шашпай халыққа,
Есенбектей шайырға
Былай деп сөзин баслады:

Тасладың жерге лашынды,
Қабыл алдым көз жасыңды,
Өз қолымнан қәдирлеймен,
Алтынға теңеп басыңды.
Көтер қәддиңди өзиңди,
Қабыл алайын сөзиңди,
Мүлгий берме бийҳуш болып,
Нәзер салың, аш көзиңди,
Қабыл алсаң көп дүнья-мал,
Төкпе бизден намыс-ар,
Көтер басың, нәзериң сал,
Алма кеўлиңе қыйлы қал.
Тыңладым жазған хатыңды,
Билейин ҳаслы-затыңды,
Мәлим сырың озал бастан,
Умытпайман мен атыңды.
Шықпайсаң сирә ядымнан,
Суўлар ишкенмен қәддиңнен,
Кеўилим сүйип озал бастан,
Сүйгенменди атыңнан.
Заманам мениң тар еди,
Нешшелер интизар еди.
Келбетиңнен сүйенип,
Кеўилим сенде бар еди.
Озалда ойда ис еди,
Сен десем бирим бес еди,
Көзим кирсе уйқыға,
Бирге жүремен түсимде.
Сыпайы қызады параға,
Соқпасын исин жараға,
Жигит болсаң жәрдем көрсет,
Бизиңдей бахты қараға.
Теңимнен кетти дәрманым,
Не болар екен әрманым,
Усы таздан қутқарсаңыз,
Сенсең сәўгилли ярым.
Алқысса соны айтады,
Отаўға қайтып киреди,
Сол ўақтында Есенбек,
Кеўили қайнап йошады,
Кеўилине бийшара,
Ярға кеўил қосады,
Қуўанышы сыймай қойнына,
Қанат байлап ушады.
Қайдан жүрер екен деп,
Таздың жолын тосады,
Гүлайым менен гәплесип,
Қап таўындай күш алды,
Ғәрип кеўили ҳалласлап,
Қас душпаннан өш алды,
Көтермелеп өзин-өзи,
Қап таўындай пәт алды,
Таздың изин қыдырып,
Қарады занғар бет алды,
Ҳәр қыялды ойлады,
Батырға өзин сайлады,
Қәдди бойы қалтырап,
Аўылды тинтип аралап,
Бир қанша жерди жайлады.
Әни-мини дегенше,
Бир қанша тойлар тойлады,
Той-тамаша тарқады,
Қас қарайды күнлер батты,
Ким қыдырып, кимлер жатты,
Той-тойлаған көп қонақ,
Тумлы-тусқа тарқасты.
Қырық қыздың бәри тум-тустан,
Жеңгелери қасында,
Дуржаҳаны басында,
Алып тойдан үлес пайын,
Ойлап түрли истиң жайын,
Ишип нәшели көк шайын,
Яд етип қәдир қудайын,
Бақлап истиң қолайын,
Есенбекке тилеклес,
Боз орданың ишинде,
Отырыпты Гүлайым.
Соның бақлап ислердиң,
Яр болғай қәдир қудайым,
Бағының гүли шайланып,
Ҳәр жағынан қолайланып,
Есенбек шайыр жүрипти,
Соңында таздың жолланып.
Шалабайды таба алмай,
Жүр аўылды айналып,
Онда-мунда жуўырып жүр.
Ҳеш қолайын таба алмай,
Ўәдесине байланып,
Қуўыс-қолтықты тинтип,
Жәҳәнгерди жайланып,
Керек затын таңлады,
Гүлайымға сыйынып,
Мәккерлигин жақлады,
Жатқан жерин тазшаның,
Есенбек шайыр бақлады.
Сулыўлығы Гүлайымның,
Жүрек бағрын дағлады.
Тәўекел етип ғош жигит,
Белин беккем байлады.
Батырға өзин сайлады,
Еки жүзли пышағын,
Қонышына салады.
Сорасаңыз яранлар,
Ойлаған оның мақсетин,
Бир тәўекел қылайын,
Гүлайымдай сулыўдың,
Жолында қурбан болайын,
Қарсы турып жаўына,
Бар ғайратым салайын,
Таўып алып тазшаны,
Қарқыратып шалайын,
Гүлайымдай сулыўды,
Неке қыйып алайын,
Ақ денели арыўдың,
Сүйген яры болайын.
Ашық едим көп жылдан,
Жаңа таптым қолайын.
Жолыңа өзин арнады,
Әсте басып аңлады.
Қулағын салып тыңлады,
Шалабайдай тазыңыз,
Аўлағын алыпты,
Жан-жаққа қулақ салыпты,
Гүлайымның жолына,
Жаны қурбан болыпты,
Үш күн удай селигип,
Уйқыдан жүдә қалыпты,
Гүлайым деп аҳ урып,
Жанына сегбир салыпты,
Ақ сарайдың төринде,
Аўлағын алыпты,
Ҳасылдан төсек салыпты,
Үш күн тамам селигип,
Жанына жаман батыпты,
Сейил қурған ер жигит,
Бәлент таслап көпшикти,
Шалқасына жатыпты,
Күни менен ат шаўып,
Қайғысын әбден жойытты,
Түрли-түрли жемистен,
Мейлинше жеп тойыпты.
Жарық қылып жатқан жерин,
Қасына дүр қойыпты,
Кеўили өсип ладанның,
Уўайымды қойыпты,
Әжел ҳийле таптырмас,
Ҳәр иске қайыл болыпты,
Еплеп басып аяғын,
Барлап ояқ-буяғын,
Беккем услап қолынан,
Келте-келтек таяғын,
Келтирип исти қолайға,
Сыйынып қәдир қудайға,
Өлемен деген ойда жоқ,
Әйне таңның алдында,
Есенбектей шайырың,
Жетип барды сарайға.
Саўда түсип басына,
Буны көрер адам жоқ,
Еки жүзли пышағын,
Услап беккем қолына,
Қарамай оңлы-солына,
Тайын болды енағар,
Қуў тазыңның қасына,
Ҳеш нәрседен хабарсыз,
Жатқан екен шалқасына,
Келтирип сондай қолайға,
Сыйынып қәдир қудайға,
Қорқып қарап турмады,
Мойнын сирә бурмады,
Ҳеш бир гүман қылмады,
Барлап алып еки жақты,
Жайған керип қушақты,
Сом жүректиң баўы деп,
Ғапыл жатқан тазыңа,
Есенбектей батырың,
Керилип урды пышақты.
Әжелге ҳеш бир шара жоқ.
Ойласаң таз жүдә састы,
Ырғып турды орнынан,
Есенбектиң қолынан,
Жулып алды пышақты.
Тапжылмастан бир тартты,
Еки қолын кең услап,
Жанәўли менен қолынан,
Жулып алды пышақты,
Жанәўли менен тазыңыз,
Көрип урды пышақты,
Жатқызып барлық елди,
Қызыл қанлар сел-селди,
Қорқыныш шамасын билди,
Уры көти қуўысты,
Есенбекке зор келди,
Саўда түсти басына,
Келди адам қасына,
Қушақлап турған батыры,
Тарпа басты астына,
Жанәўли менен енағар,
Керилип тепти басына,
Есенбек ақылдан састы,
Есенбектиң қолынан,
Жулып алды пышақты,
Еки көзи аларып,
Есенбектиң алқымына,
Керилип тазың бир тартты,
Сарқырап қызыл қан ақты,
Ҳәлсиреди тазыңыз,
Ақылынан адасты,
Қызыл жүзин қубартты,
Сол ўақытта тазың,
Өлерин енди аңлады,
Басын шайқап Есенбек,
Екки көзин алартты,
Аўзы-басын қобартты,
Дәрманы кетип дизинен.
Бийлей алмай геўдесин,
Узынына қулапты,
Әжел ҳийле таптырмас,
Бәлени айдап аппарды,
Ғапыллықта бийшара,
Айта алмай қалды ғаппарды
Буўрабай байыңа,
Бере алмады хабарды,
Етер исин ете алмай,
Мақсетине жете алмай,
Көре алмай теңлес-қатарды,
Әрман менен бийшара,
Тартты узаққа сапарды.
Нешше жыллар жуўырып жортты
Халайық оны хор тутты,
Питкере алмай мақсетин,
Тухым шашып бийшара,
Қалдыра алмай зүриятты,
Гүлайым деп зар жылап,
Жәбири жапалары артты.
Ғапыллықта бийшара,
Душпан түсип араға,
Әрманы шерин молайтты,
Етер исин ете алмай,
Мақсетине жете алмай,
Әрман менен бийшара,
Ақыретке жол тартты,
Еткен ислер болды тайыз,
Кетти заманасы тайып,
Сөзге ылайық тәрипин жайып
Кете берсин тазыңыз,
Есенбектен сөз баслайық.
Шалабайдың Есенбек,
Ҳаққынан аман шығыпты.
Жан айбат пенен,
Зорға-зорға жығыпты.
Тар жерге басын тығыпты,
Тырп еткизбей енағар,
Өкпеге пышақ суғыпты,
Жан айбат пенен енағар,
Алқымынан буўыпты.
Өкпесин жүдә сығыпты.
Күшине шыдам бере алмай,
Есенбектиң көзлери,
Парта-парта шығыпты.
Ашық болып зар жылап,
Гүлайымға етип талап,
Сулыўдың жолында шағлап,
Гүлайым жүзин көрсетип,
Мәккарлик пенен байлап,
Басларына жетипти,
Қанына батып қарқырап,
Пышақ пенен кегирдек,
Салма жаптай сарқырап,
Гүлайымды аламан деп,
Өз өзин әжелге байлап,
Тек шықпаған жаны бар,
Өлимге жүдә таярлап,
Күн шығардың алдында,
Есенбек те болды сап.
Өлимде жоқ ҳеш бир ялған,
Я шопан бол, я патша бол,
Әжел қурығын салған,
Әўел баслап сум әжел,
Абыл, Қабылды алған,
Сум әжелдиң дәстинен,
Кимлердиң гүли солмаған.
Нешше жыллар жер шолып,
Рейими болмаған,
Ойлап көриң яранлар,
Бар ма сум әжелден қалған,
Әрманда ақты қызыл қан,
Ғапыллықта шықты жан,
Етер исин ете алмай,
Мақсетине жете алмай,
Гүлайымдай сулыўға,
Ырзашылық бере алмай,
Қуў тазшаның кейнинен,
Ол да кетти дүньядан,
Булардың бундай болғанын,
Сезбей қалған бир адам,
Күлкиге жүдә батыпты,
Майдандағы көп ладан.
Буўрабайдай байыңыз,
Жатыр еди уйқыда,
Тазша шығып ядынан,
Әйне намаз ўағында,
Басын қосып қатынлар,
Хабар алды тазшадан.
Болған исти аңлады,
Зәрре жаны қалмады,
Ядынан алып саяғын,
Сүйеп қойып тал таяғын,
Таң намаздан кейинирек,
Жатыр еди бай баба,
Көтерип көкке аяғын,
Барлап ояқ-буяғын,
Сөзге түрип қулағын,
Жуўырып келди қасына,
Баян етти байыңа,
Таздың аўҳал баянын,
Есенбектиң келгенин,
Көргени ҳәм билгенин,
Еки бирдей батырдың,
Қушақласып өлгенин.
Еситип оны байыңыз,
Жаман сөзге жан секирер,
Дәрманы кетип жонына,
Ышқынып жаны қонынан,
Қаны қашып өңинен,
Не екенин биле алмай,
Ырғып турды орнынан.
Жалын қаплап денесин,
Қан атылды мурнынан,
Өлим деген саўданы,
Көрмеген ҳеш бир бурыннан,
Қаны қашып қалтырап,
Кийимин киймей албырап,
Жуўырды есикке қарап,
Зордан келди өзине,
Қаны бойына тарап.
Қыямет базарын қурды,
Аңламады есик-төрди,
Пышағын қыннан суўырды,
Жалаң аяқ, жалаң бас,
Арданлап жуўырды,
Жер танабын қуўырды,
Жығылып талай ураға,
Ҳәр жерде соғып, қораға,
Адам таппай сораўға,
Жолығып жасырын жаўға,
Түсти басына жәнжел ғаўға.
Зорға жетти байыңыз,
Тазша жатқан ордаға,
Албырады, адады,
Жан-жағына қарады.
Қызыл қанлар ағыпты,
Басына саўда салыпты,
Бирин бири аямай,
Аўлақта батырлар,
Қарқыратып шалыпты,
Буўрабайың өлигин,
Зордан-зорға таныпты.
Ойлап турса байыңыз,
Үлкен жалаға қалыпты,
Көрип оны байыңыз,
Зәрре жаны қалмады,
Не болғанын билмеди,
Көзи жерди көрмеди,
Не қыларын биле алмай,
Жарылып тек те өлмеди,
Қорыққанынан бийшара,
Өзин өзи ирке алмай,
Гә қорқып, гә талады,
Еки өлиниң басында,
Байың ўай-ўай салады.
Бул шаўқымды еситип,
Ел-елат жәм болады,
Еси барлар жәм болып,
Ғаўлап үйге толады,
Буўрабайдың басына,
Ақырзаман болады,
Не қыларын биле алмай,
Иши дәртке толады.
Өлейин десе еле алмай,
Жипсиз болып байланады.
Өрден ыққа жуўырып,
Жүдә мини айналады,
Айналайын Шалабай таз,
Бағың солай болды ма деп,
Аза тутып қыйналады.
Әйне түстиң алдында,
Кәтқудалар жыйналады.
Гүнасы менен саўабын,
Билгенлерден сорады.
Халайық басын қурады,
Бирин бири өлтиргени,
Халыққа машқул болады.
Буўрабайдай бийшара,
Ҳаўлыққанын қояды.
Ҳеш кимниң шатағы жоғы,
Бәршеге аян болады.
Тумлы-тустан нәсиятлап,
Байдың кеўилин шолады.
Кеўилин алып әдиўлеп,
Халайықлар жубатады.
Халықтың сөзин еситип,
Ушып-ушып қуўанады
Көп жабырлап турған соң,
Кеўил дәрти уўланады.
Гүнасы жоғын билип,
Ҳаўлыққанын қояды,
Буўрабайың қуўанып,
Шалабай таздың жолына,
Он бес қара сояды.
Ғарры-қартаң топланып,
Екисин теңнен көтерип,
Ортаға әкеп қояды.
Ақ жаўып, арыў кепинлеп,
Сорпасыпа тояды.
Қорасанның таўында,
Гөрин тастан ояды,
Әйне песин ўағында,
Екеўин теңнен көтерип,
Қәбирине қояды.
Аят қоймай ҳаққына,
Тийе берсин айтады.
Жайғастырып пақырларды,
Халайықлар тарқады.
Нешше жыллар Гүлайымның,
Жүреклерин жарады,
Ҳийлелик пенен Гүлайым,
Зордан азат болады.
Гүлайымдай қызына,
Буўрабайдай байыңыз,
Алдына шақырып алады,
Бурынғы күйден қайтады,
Қызына қарап зар жылап,
Байын алғыс айтады.
Ҳеш нәрсеге қосылмай,
Атының басын тартады,
Басыңа салдым уўайым,
Көтердим назыңды удайым,
Енди сеннен ырзаман,
Алдың ашылсын Гүлайым.
Тийген жоқ саған нәлетим,
Сыйлап сөзимди яд еткен,
Қызым саған ырзаман,
Жолың болсын перзентим.
Қараңғыда қарағым,
Қармар қолым шырағым,
Көндиң түрли бәлеге
Ырзаман саған зүриядым.
Айналайын андызым,
Аспанда гәўҳар жулдызым,
Енди саған ырзаман,
Жолың болсын жалғызым.
Сарқырап аққай булағың,
Сарсылды сөзден қулағым,
Көндиң түрли бәлеге,
Қолыңды көтер қарағым.
Басыңнан өтти зимистан,
Болмағайсаң сергиздан,
Көндиң түрли бәлеге
Перзентим саған ырзаман.

Пешенеңде барды хат,
Болмағайсаң биймурат,
Қайда барсаң онда бар,
Қызым саған рухсат.

Дабылың жетсин қыяға,
Болсын мәртебең зияда,
Шырағым жолың болсын деп,
Буўрабайдай атасы,
Қызына берди пәтия.
Қырық қыздың төртинши бабы,
Соның менен болыпты ада.

Қызық нәрсе тутсаң яда,
Өткен сондай нешше сада,
Дәстанның төртинши бабы,
Болды соның менен ада.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Сегизинши бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Алтыншы бөлим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.