Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Бесинши бөлим (Besinshi bólim)


Алқысса сөзди Буўрабайдан еситиң:
Буўрабайдай байыңыз,
Сексенге шығып қарады,
Таслады дүнья ушын қайғы,
Есап етип қараса,
Бастан өткерди мың айды,
Күннен-күнге жас басып,
Басынан дәўраны тайды.
Талақ етип барлығын,
Яд етти қәдир қудайды,
Төкти маңлайынан терди,
Ийшанның жолынан жүрди,
Излеп таппай кәмбил пирди,
Қырық қара қудайы айтып,
Ғыждуўан пирге қол берди,
Пириниң айтқан нәсияты,
Суўпылық гүзар жол болады,
Суўпы-ийшанға қул болады,
Кеўилине қылап келсе,
Мынапық деген сол болады.
Түскениңиз узақ жолға,
Таққа турасаң бәрқулла,
Пирдиң сеннен кеўли қалса,
Жайың жәҳәннемдур олла.
Жол табалмас хан, патшалар,
Макайылда қырық қыл жанар,
Пирге ялған сөз айтқанлар,
Жәҳәннемге өтип болар.
Алдында бар узақ жоллар,
Дүзиў болсаң пириң қоллар,
Ҳәддиясы көп суўпылар,
Ушпаққа иркилмей барар.
Түспе ҳәргиз бундай жолға,
Бола алмассаң белли тулға,
Күшли болмаса ҳәддияны,
Бул жерде иркилип қалма,—деди.
Еситип оны байың,
Аяғына бас урып,
Қәсем айтып сөйлейди,
Исим айналғай оңға,
Туўры нәзер сал мен қулға,
Мүридликке қабыл алсаң,
Жолыңды бузбайман олла.
Жақын болғай салған ара,
Қабыл алғай аллатала,
Ғайыбана шер тутындым,
Жолыңа бақыш қырық қара.
Қабыл алғай ер еренлер,
Басшы болғай қырық шилтенлер.
Шынт пенен сизге табындым
Қабыл алыңыз улық пир.
Шийрин жанымнан кешемен
Кепин тонымды пишемен,
Зейиниңе тиймесликке,
Қәсем айтып ант ишемен.
Әне сол сөзди айтып,
Пирге мүрид болды.
Ал сөз таздан басланады:
Тазша ҳарып талмады,
Ықлас пенен зейинин,
Гүлайымға арнады,
Себеп таўып белгили
Қасына муның бармады,
Бир-бир ушып көзинен,
Қыя шөлде зарлады.
Қарсақ таўдың басында,
Жан-жағына қарады,
Қаңғалап соқлығып жарға,
Айталмай сырын адамға,
Бәрҳама түсип табанға,
Қойды бағып жүр еди,
Қыя дала табанда.
Жердиң жүзи тар еди,
Кәспи халыққа жар еди,
Кәспи менен кәр еди,
Ел аралап пал ашыў,
Ҳасыл кәри дуўахан,
Зайырлығы бар еди,
Халық аўзына жайылған,
Пәстек молла дер еди.
Мәканы жоқ, үйи жоқ,
Аўыл қоймай ҳақлаған,
Сәлем берип үйме-үй,
Ҳәркимниң аўзын бақлаған,
Еки адам урысса,
Әззи бетин жақлаған,
Алып бәрҳа оңында,
Кеўилиңди бақлаған,
Қорлық көрген бар ма деп,
Қарақшы ийттей жалақлаған
Изине түссе биреўдиң,
Қудайынан таптырған.
Ҳәр жерге салған алғула,
Еки адам урысса,
Есигин жақлап бәрқулла,
Ҳасасын алған қолға,
Талабы мегзер шуғылға,
Белгили кәри дуўахан,
Атағын сорасаң Пәстек молла
Таздан хабардар еди,
Майданға излеп барады,
Тазшаны таўып алады,
Қыя шөлде азғырып,
Мынадай сөз айтады:
Алынды ҳәркимнен айың,
Сегбир тарттым сениң ғайың
Ҳалыңнан хабардар едим,
Жақсылық хабар айтайын
Силтеймен саррас жолыңды,
Жасырмай айтсаң ойыңды,
Атым мениң Пәстек молла,
Маған берсең қолыңды,
Айтқаныма ермесең,
Бир қудадан көрермисең,
Гүлайымды алып берсем,
Еки йүз қой берермисең,
Мениң ғайратыма қансаң,
Ҳақыйқат пириң танысаң,
Гүлайымды әперемен,
Пир билип маған сыйынсаң.
Болсаң анықтан таламан,
Атың тутып келдим саған,
Гүлайымды әпперемен,
Еки йүз қой берсең маған.
Дабылыңды ядтан билдим,
Батыры атақлы елдиң,
Шығып қасасыд дуўасын,
Үстиңе сораўсыз келдим,
Саған көп көреди бақыйыл.
Сөзлеримде жоқдур дақыл,
Тартынбай сөзиме ерсең,
Айтайын ҳәр түрли ақыл.
Тартып үйретиў ағадан,
Aла кетпесең жағадан,
Mәртлик етип сен табынсаң,
Бахтың ашылар сағадан.
Тазша оны еситип,
«Жақсы сөз—жарым ырыс» деген,
Таздың ақылын алады,
Кеўил берип аўаланды,
Палкердиң сөзин еситип,
Ушып-ушып қуўанды,
Зығырданы қайнады,
Ешитип мына аўҳалды,
Керегиң сениң қой болса,
Ал жора деп қозғалды,
Ҳасылыңды айт дийип,
Жуўырып келип қол алды,
Қуўқыллығын асырып,
Түрли ҳийле қолланды,
Айырылмас достым сен дийип
Тексерип ақыл сорады.
Кейинине еремен,
Болар истиң барлығын,
Мен қудадан көремен,
Ырас болса айтқаның,
Не тилесең беремен,
Не қылсаң да жоражан,
Гүлайымға қостар ет.
Ештеме келмей қолыңнан,
Болып жүрме қара бет.
Керек болса саған қой,
Әне ҳәзир айдап кет.
Ондай иске жетсе ҳалың,
Саз болса ҳәр түр қуралың,
Айрылмастай дос болдым,
Қызғанбайман бай малын.
Көп болса сенде ақыл-ой,
Мен берейин тамаша той,
Гүлайымды сүйдирсең,
Жүдә берейин еки йүз қой.
Аттың басын тартпай шап,
Жора ҳәр түрли ақыл тап,
Еки йүз қой берейин,

Гүлайымдай сулыўға,
Тез барыўдың ғамын ет.
Еркимди бердим қолыңа,
Илдирме душпан торына,
Сениң менен дос болдым,
Еки жүз қой жолыңа,
Алдым бийик, артым жар,
Айналарға жерим тар,
Жасырмай айт жоражан,
Қандай ақыл сөзиң бар.

Алқысса оны еситип,
Пәстек молла не деди:
Қыйын екен сендеги ҳал,
Сезбесин сырыңды Көк жал,
Сырымды саған айтайын,
Шалабай достым қулақ сал.
Мақсетиңе жетерсең,
Сөзлеримди қабыл ал,
Бурын сенде қастым жоқ,
Шыны доспан биймәлел,
Қайыры жоқ, закат жоқ,
Байдың малы бизге ҳадал,
Иске асыр ойынды,
Айтқан нәсиятымды ал.
Күни-түни сен бақлап,
Буўрабайдан хабар ал.
Бай бийғапыл жатқанда,
Мынадай етип ҳийле сал,
Сезбесин ҳеш ким сырыңды,
Әзирайылға мегзет түриңди,
Айыў тырнақ қолғап кий,
Айбатлы қыл қолыңды,
Әзирайылман саған деп,
Байға көрсет қырыңды.
Ақ сәллели, ақсақаллы,
Еки дүньядан хабарлы,
Атыңды қой пайғамбар,
Бай бийғапыл жатқанда,
Сен қапталдан жетип бар,
Көргенде есинен танып,
Масаладай көзиң жанып,
Зеребенди үйирип,
Қолыңа жылан қамшы алып
Батырлығыңды байыт,
Күшлериңди жүдә молайт,
О дүньядан келдим деп,
Бай бабаңа гүрриң айт,
Абай қылып қорқытып,
Байға зәҳәриңди молайт,
Сыр билдирме халыққа,
Ҳаўлықпа, сирә қорықпа,
Бендеге түриң танытпа,
Сағасы ялған болса да,
Исиңди шығар аныққа,
Пәнди айтар нәсият хатым,
Өзиңди сирә танытпа,
Орынласаң ақылым,
Шығасаң бир жарыққа.
Өрнек болып ислериң,
Атың қалар тарийхта.
Қорқақ пенен уялшақ,
Ҳәр жерде қалар артта,
Пәнди-пәнди нәсиятым,
Қасыңа адам жолатпа,
Бир яман сезип исиңди,
Қалмағайсаң уятқа.
Ийшалла сөзин жол табар деп
Тазға берди пәтия.
Тапқан күниң қолайын,
Мен бағайын қойыңды,
Адамзатқа көрсетпе,
Есбирейген бойыңды,
Иске асса аламан,
Мен еки йүз қойыңды,
Ғайрат салың, жоражан,
Иске асыр ойыңды.
Алқысса мына сөзди еситип,
Қуў тазша турып жубанды,
Гәп соңына түсинип,
Ушып-ушып қуўанды,
Көргенниң көзин байлаған,
Қасасыл дуўасын алды,
Әбирейин жабады,
Еситип зейни қабады,
Айтқан сөзин бағдарлап,
Тазың ақыл табады.
Ҳәр қыялды ойлады,
Жүни өсик бир қарыс
Бес ақ ешки сояды.
Керип-созып терисин,
Түрли реңге бояды,
Бет-аўзына орын қойып,
Қылқа тигип алады.
Төгилдирип кирпик-қасын,
Зиңкийтип мурнын қояды,
Сақалы бар бир дәсте,
Муртларын таўлап бурады,
Масаладай жайнатып,
Қызылға көзин бояды,
Түклери бар тебендей,
Тассыз қоңыраў тағады,
Етигин жерге сүйретип,
Тазын кийип алады.
Тум-тусынан асынып,
Әзирейлиниң қуралын,
Мысал тажжалға ылайық,
Көргенниң ақылын алады.
Көрген қорқып жан берген.
Мысал тажжал болады.
Белине жылан байлаған,
Көзлери оттай жайнаған,
Мысал Әзирейил болады.
Айыў тырнақ қолғабын,
Қолына кийип алады.
Ақ сәллеси басында,
Буўрабайды азғырыў,
Белли мақсет-мурады,
Жылға менен сай менен,
Аўылға адым урады,
Жанлы жанға сездирмей,
Жасырынып жүрип барады.
Зейин салып жолына,
Жоламай мешит қаўымға,
Бир күн удай жол жүрип,
Намазшамның ўағында,
Жасырынып кирди аўылға.
Желине қулын сайлаған,
Еркке қоныс сайлаған,
Қымыз уйытып ишиўге,
Тиккен еди ақ үйди,
Қолтық көл деген жайлаўға
Аўлақшылық әжеп жай,
Мәдаткер болғай бир қудай,
Үйин тигип жайлаўға,
Ҳеш нәрседен хабарсыз
Жатырған екен Буўрабай.
Оранып ҳасыл торқаға,
Қулыны жайғаспай қораға,
Дизден төсек салдырып,
Жайлаўға қурған ордаға,
Қалың салып төсегин,
Әйне сәҳәр ўағында,
Жатқан екен бай баба.
Қайда бар деп жәнжел ғаўға
Түри мегзеп қарсы жаўға,
Әйне сәҳәр ўақтында,
Жақынлап барды отаўға,
Күнлер еди ыссы жаз,
Аңлыўда турды бираз,
Уйқыға бай кирген соң,
Билдирмей үйге кирди таз.
Ақ сәллеси басында,
Азғырыўдың қастында,
Қараңғыда қармалап,
Келди бандың қасына,
Қанжарын алып дәстине,
Хабар тапқызбай достына,
Шырт уйқыда жатқанда,
Минди байдың үстине,
Ушқындырып ҳүрресин,
Өкпесин осып қуў тазың,
Шала жансар қылды геўдесин,
Байдың сестин шығармай,
Алқымына салады,
Айыў тырнақ пәнжесин.
Ақыретке жолланды,
Шала жан болып қорланды,
Ҳазар жетип жанына,
Бай сескенип оянды,
Жабайы ийттей талады,
Бир бәлени аңлады,
Көзиң ашып бай баба,
Келбетине қарады.
Айдарҳадай келбети,
Басында ақ сәллеси,
Гүмбездей бар геллеси,
Ақ айыўдай геўдеси,
Бүркит яңлы пәнжеси,
Отыр екен бир бәле,
Ҳайран болды бай баба,
Бу қай динниң бендеси,
Сақалы бар бир қушақ,
Ҳәр мурты бар жебедей,
Саўдыраған бәри пушқақ,
Жалбыраған түклери,
Үсти-басы қоңыраў шашақ,
Жыртқышқа мегзер өзлери,
Пискен теридей жүзлери,
Түри жүдә әжайып,
Қурдай қызарған көзлери,
Белине қанжар байлаған,
Аўзын көрсең жырадай,
Көзи оттай жайнаған,
Байланбаған көп жалғаўы,
Қудайдың силтеген жаўы,
Тартса, қарға иркилмес,
Шапшақтай бар танаўы,
Ҳәр түрли нәрсе аңлатыр,
Қарсыласа алмас қас батыр.
Өкпесин сығып баратыр,
Бай көкирегин басады,
Өкпеси тығып осады,
Я өңим бе, я түсим бе деп,
Туўлап көзин ашады,
Тәғдирге қайыл болады,
Ақыл-естен айырылып,
Қызыл жүзи солады.
Жаздыр ҳәмириңе қайылман деп,
Ким екенин сорады,
Дәлилине ылайық,
Тазың сөзин баслады.
Жөн билмейсең ҳаслы жаҳыл,
Жолланасаң дарыл-паныл,
Ўақтың толы излеп келдим,
Атым мениң Әзирайыл.
Бир қудайды ядыңыз яда,
Келдим жаныңды алмаға,
Излеп келген Әзирайылман,
Өмириң сениң болды ада.
Айт ийманыңды, тайынлан,
Буйрық келди лаҳидан,
Жаныңды сениң алмаға,
Қуўып келген Әзирайылман.
Жуттың ба тутып қунаба,
Жыйғаның түсти таланға,
Қыдырдым жети күн удай,
Жаныңды сениң алмаға.
Ҳәмелиң болса тайынлан,
Усла жағаңды қайымлан,
Буўрабайдың жанын ал деп,
Буйрық болды қудайымнан.
Шеңгел салмаға лашыңа,
Саўда салмаға басыңа,
Жети күн удай қыдырып,
Арнап келдим мен қасына.
Саған қудай кеўил бурды,
Заманымның мениң қуўырды,
Буўрабайдың жанын ал деп,
Қудайым мени буйырды.
Жолыңызда болдым қурбан,
Сени излеп адым урған,
Излеп келген Әзирайылман,
Қутыла алмассаң қурығымнан.
Жолыңда болдым таламан,
Тәўбе тастиқ еткил ғамлан,
Тамырыңа шаңғыл урып,
Ҳәзир жаныңды аламан, — деп,
Жаўдырлатып қоңыраўын,
Аңлатады белли жаўын,
Көрсетип айыў тырнағын,
Қаттырақ салды аўырын.
Алқысса Әзирайылдың сөзлерин
Еситип байдың қулағы,
Әжелдиң хабары суўық,
Төгилди жастан булағы,
Шығып кете жазлады,
Қаўсырылып еки жағы.
Ядландым бәрҳа удайын,
Аңламадым мен мундайын,
Зәребесин үйирип,
Мунша қыстапты қудайым,
Шыбын жанымды алмай тур
Арзымды айтып қалайын,
Тоқта, тоқта Әзирайыл,
Бийжай ўақта келипсең,
Неден болды екен гүнайым,
Тоқта, тоқта Әзирайыл,
Бир әрмансыз болайын,
Не гүнайым болды екен,
Бир-еки аўыз сорайын,
Қыса берме өкпемди.
Мен жайымнан турайын,
Мына сөзди еситип,
Тазың жаман азғырды,
Жаны шығып кетер деп,
Зәрре қолын жаздырды,
Хабар айтып ҳәр жерден,
Қорқытып сөз бенен азғырды.
Алынды билсеңиз айы,
Тут ақырет сайма-сайын,
Қулақ салып тыңласаң,
Гүнайыңды мен айтайын.
Таланды сеннен дүнья-мал,
Алма кеўлиңе қыйлы қал,
Гүнаңызды айтайын,
Ашыўланбай мойныңа ал.
Динди көзге илмедиң,
Дин жолының қудайы,
Пайғамбарым демедиң,
Алты айда, жылында,
Бир ғамыңды жемедиң,
Тоғыз түлик малыңнан,
Үсир, закат бермедиң,
Жасым узақ болғай деп,
Бир қудайы бермедиң,
Дүнья ушын жуўырып,
Данжаққа қолың сермедиң,
Қудай менен пайғамбарды,
Буўрабай көзге илмедиң,
Ден саўлықтың, байлықтың,
Ҳеш қәдирин билмедиң,
Жесир, жетимди ядлап,
Көзде жасын көрмедиң,
Нешше аян берсем де,
Зир тәўбеге келмедиң.
Көрсетсем де жол силтеп,
Кейиниме ермедиң,
Айтқаныма инанбай,
Кеўилимди жерледиң.
Пайғамбарды умытып,
Қарсылап алға өрледиң,
Бир жан атап жылында,
Әрўақларды көрмедиң,
Пайғамбарды, қуданы,
Есигине қараттың,
Жылдағы малдың закатын,
Өз пайдаңа жараттың,
Не қылады қудай деп,
Халыққа өсек тараттың,
Берер деп үмит етсек те,
Диңкемизди қурыттың,
Исенип малдың көбине,
Пайғамбарды умыттың.
Өрнек болып халыққа,
Айғағы болдың журттың,
Умытқан соң атыны,
Саған қудай жиберди,
Закат берип малыңнан,
Ядлайсаң ба пириңди,
Шынтың менен сыйынып,
Шығарып кеўил кириңди,
Шынын менен табынып,
Аңлаўын сениң сырыңды,
Силтеў менен Әзирайыл,
Келди сениң қасыңа,
Қарамайман қулласы,
Тоғың менен ашыңа,
Тутып тамырыңның бәнтин.
Саламан саўда басыңа,
Мыжғыңқырап басады.
Я аламан малыңды,
Я аламан жаныңды,
Айтқаныма жүрмесең.
Шашаман суўдай қаныңды,
Сегбир тарттым еки ай,
Қудайдан келдим Буўрабай.
Атым мениң Әзирайыл,
Болың меннен хабардар,
Аламан ҳәзир жаныңды,
Түрли апат дарытып,
Қыраман сениң малыңды.
Соны айтып қуў тазын,
Бүгирлетип басады,
Жаны қалмай байыңның,
Ақылынан сасады,
Ақыл-естен айырылып,
Қуўанышты қорқыныш басады.
Албыратып қорқытып,
Байыңның сырын ашады.
Жипектен нәзик торқады,
Батырлыққа шорқады,
Жаны қалмай байыңыз,
Қалтырап қатты қорқады.
Айы әбден алынып,
Шын кеўилден бағынып,
Ҳәлсиреди бай баба.
Әзирайылға жалынып,
«Ата тегим мениң жаҳыл,
Не десең болайын маҳыл,
Шыбын жаным шығармасаң,
Жолыңа он қой Әзирайыл.
Әрмансыз алынды айым,
Ғапылда келтирди қайым,
Он қой берсем жолыңа,
Жарылқамас па қудайым?
Жолыңда сайыл болайын,
Ядлайын атың күн сайын,
Бир сапарға кешириң,
Жолыңа он қой жоллайын.
Гүнамды мениң өтиңиз,
Сөзимди әпиў етиңиз,
Саған еркимди берейин,
Қарсақлы деген атаўдан,
Он қой алып кетиңиз.
Алқысса еситип сөзин қуў тазың,
Берген қойын азсынып,
Айбат қылып тепсинип,
Мынадай сөз айтады:
Атаңа нәлет көргенсиз,
Аңламайсаң ойымды,
Жасыл тастан үстиңе,
Шығарайын ба той-тойыңды,
Шенгел салып тоныңа,
Үзейин бе мойныңды,
Найза салып қақ маңлайдан,
Қан қылайын ба қойныңды,
Сен бәледен қутылып,
Мықлап берсең тойыңды,
Пайғамбардың жолына,
Дүзиў жибер ойыңды,
Бир сапар таслап кетейин,
Қудайыңа айта бер,
Сен еки йүз қойыңды.
Мен бир мәртлик етейин,
Бир қуда деп жыласаң,
Мен кеўлиңе жетейин,
Еки жүз қой атасаң,
Жаныңды таслап кетейин,
Ықласыңды, муныңды,
Қудайға хабар етейин,
Бул айтқаным тыңласаң,
Мақсетиңди беремиз,
Умытпаймыз атыңды,
Бәрҳа жақсы көремиз.
Сениң менен қосылып.
Бейиште дәўран сүремиз,
Қапталдан сени қалдырмай
Бәрҳа ертип жүремиз.
Ҳәптеде бир жәннеттиң,
Бағынан гүллер теремиз.
Тыңламасаң бул айтқанымды
Және қайтып келемиз.
Жаныңды теңнен аламыз,
Жолыңда болдым таламан.
Алып барып жаныңды,
Саққар дозаққа саламан
Иркилместен басыңа,
Отлы гүрси ураман,
Таң қыямет базарын,
Ҳәзир басыңда қураман
Еситип оны бай баба,
Қаны қашып қабарып.
Еки көзи аларып,
Не дейди екен бай баба.
Әзирейилге жалынып,
Алқысса жыланып байың сөйлейди:
Кеўил дәрти уўланып,
Өксип-өксип жылайды,
Астында жатып таўланып,
Айналайын Әзирейил,
Қозғама жанымды жайдан,
Қорықтым енди қудайдан,
Қайтайын жүдә ырайдан,
Шығармасаң жанымды,
Мен жүрейин жолыңнан,
Садақа әкет қолыңнан,
Мен садақа берейин,
Қутқарсаң сум өлимнен,
Үсир, закат берейин,
Жанымды алып тенемнен,
Айырма қуйрық қалымнан,
Сеннен басқа панам жоқ,
Хабар алып тур ҳалымнан,
Мени аман сақлайгөр,
Шайтан деген залымнан,
Маған дуўа дус болғай,
Аты шыққан алымнан,
Айыра түсирмегейсең,
Саркоп деген жеримнен.
Аман қалса шыбын жан,
Еки йүз қой садақа,
Шалабай баққан қойынан»,
Мына сөзди еситип,
Тазша сонда не деди:
Ҳа Буўрабай, Буўрабай.
Ҳалыңнан хабардарман удай.
Қулақ салың қуп танла.
Тапсырмам бар және мундай:
Және бир айтар сөзим бар:
Шалабайдай шопаныңа,
Етип жүрме пейли тар,
Шалабайдай баланың,
Ҳалынан болғыл хабардар,
Зейинине тийип баламның,
Болып жүрме қара бет,
Не тилеги болса да,
Шалабайды қабыл ет,
Өстириң оның жүрегин,
Ийип келген жеринде,
Жақын қылың ерегин,
Нәрсеге мүтәж болмасын,
Пәнди-пәнди нәсиятым.
Тайын етип тур керегин,
Айтар саған тапсырма.
Шалабайдай шопаныңның,
Қабыл алың тилегин,
Бул дүньяда ойлаған,
Мақсетине жетиссин,
Қандай гүнаң болса да.
Гүнаңды әпиў етейин,
Тилегин бер баламның,
Мен сени таслап кетейин
Алқысса сөзди еситиң.
Бай баба сөйлей береди:
Рейим етсең бойма,
Салмасаң шаңға сойыма,
Шығармай кетсең жанымды,
Хызметкермен жолыңда.
Жөн билмеген биз бир сада,
Етпеңиз өмиримди ада,
Шығармай кетсең жанымды,
Еки жүз қой садақа.
Мен берейин өз қолымнан,
Шалабай баққан қойымнан,
Шығармасаң жанымды,
Қабыллайман тилегиңди,
Олла шықпайын жолыңнан,
Сыйынып еремен кейнине,
Тиймейин олла зейнине,
Нағыз пирим сен болсаң,
Мен бағындым диниңе.
Ат қуйрығын өремен,
Болған истиң барлығын.
Мен қудадан көремен,
Шығармай кетсең жанымды,
Мың қойымның ықтыярын,
Мен тазшаға беремен.
Зыят көремен жанымнан,
Керегиңди алың соннан.
Шынынан да пир болсаң,
Хабар алып тур ҳалымнан.
Жырақ әйле басымды.
Әзәзил деген залымнан,
Жанымды қой Әзирейил.
Не десең соған қайылман.
Алқысса тазың еситип,
Ықтыярын алады,
Буўрабайдың мойнына.
Не керегин салады,
Шын кеўилден табынып,
Ол да қайыл болады,
Сыр билдирмей ишинен,
Ушып-ушып қуўанды.
Тазша турып сөйлейди,
Айналайын жан балам,
Рейим салдым тәўекел,
Қабыл алғай ләўҳи қәлем,
Тәўекел таслап кетейин,
Әпиў еткей бир аллаң
Усы пикириңнен қайтпа,
Ғәрип-қәсерди муңайтпа,
Өмириңе кес болады,
Бул сырды адамға айтпа,
Ҳаққыңа хызмет етемен,
Бағыш еткен қойыңды.
Тазыңнан алып кетемен,
Тозарын бузбай апарып.
Пайғамбар, қудаға жетемен.
Қудай менен пайғамбарға,
Оспыңды баян етемен
Арнап саған келдим қастан,
Қәҳәрим қатты қара тастан,
Берген еки жүз қойыңды,
Аламан Шалабай таздан.
Арылмас гүнаға қалма.
Қәҳәрленип зулым болма,
Қойды мен айдап кеткен соң,
Баламның мазасын алма.
Сол сырды кисиге айтсаң,
Динди бузып, пирден қайтсаң.
Қойды неге бердиң деп.
Шалабайды муңайтсаң.
Елде жүрген мен сайылман,
Халыққа белли Әзирейлмен,
Халыққа сырды алдырсаң,
Қасыңа сел боп тайынман.
Жаҳан маған бир қәдем жер,
Мен ушық есик пенен төр,
Шалабайға жәнжел салма,
Болған исти қудадан көр,
Ҳәрне десең мен қайылман.
Хабардарман ҳал-жайыңнан,
Шалабайға азап берсең,
Айырыласаң сен жаныңнан,
Минип пырағым желемен,
Усы жолдан айнысаң,
Қасыңа солўақ келемен,
Ықтыярың қолымда.
Мәттал жаныңды аламан,
Сол сөзлерди бир айтып,
Суў қуйғандай сөнеди,
«Қуллық аға, қуллық» —деп
Шала жан жатқан Буўрабай,
Ҳәмирине көнеди.
Алқысса иси байыңның,
Енди насырға дөнеди,
Сыр билдирмей байыңа,
Енағардың тазшасы,
Үйден шығып жөнеди,
Орынланып мақсети,
Ақырын тазың күледи.
Жанлы-жандар жантаспас,
Ай қараңғы түн еди,
Бай жүреги жарылып,
Не екенин билмеди,
Ерте тура таң атты,
Жан-жағына қараса,
Ҳеш бир нәрсе көрмеди.
Ҳәр қыял дөнип ойына.
Иши жанып көп қойына.
Ҳешкимге сырын айта алмай,
Қулай кетти жайына.
Алқысса тазың,
Етер исин етти,
Байдың басына жетти,
Ғайрат салып таң атпай,
Таз қойына жетти.
Пәстек молла қуўанышы
Қойнына сыймай, қойдан
Керегин алып, жайына кетти.
Алқысса таз
Қуўанышы қойнына сыймай
Таярлана берди тойына,
Алқысса Буўрабай,
Ишки сырын адамға айта алмай,
Пирдиң жолынан қайта алмай,
Қорлық ядынан қалмай,
Әрманы ишине сыймай,
Бир жыл өтти.
Қыйын ис түсип басына,
Бир жыл өтти арадан,
Жасырын салмақ басып,
Иши толды жарадан.
Қарсы келип жарлылық,
Салдардан жүреги жарылып,
Заманасы тарылып,
Буўрабай қатты аўырған,
Өнешинен ас өтпей,
Алқымынан буўылған.
Тойып тамақ ише алмай,
Басларына күн туўған,
Қабағын қайғы ашырмай,
Палшыға пал салдырған,
Жети журтқа ат жоллап,
Дәри-дәрмақ алдырған,
Өлмеўге илаж бар ма деп,
Қалаға жар салдырған,
Садақа айтып жолына,
Хуўлаған туўлар шаллырған,
Ерси әдет ислер ислеп,
Көргенди қайыл қалдырған,
Дүнья-малын шаштырып,
Тәўиплерге бақтырып,
Жаздың сары күнинде,
Алдына от жақтырған,
Урғашы мал сойдырып,
Өкпе менен қақтырған.
Тилек тилеп алладан,
Қанша малын шашса да,
Ҳаяллары тақ турған.
Ҳеш шыпасы болмаған,
Әтирапы көл болып,
Көзден аққан жасына.
Қара шыбын басын қурап,
Ийе болды лашына,
Гүлайымдай жалғыз қызы,
Кетпеди сирә қасынан.
Кетпеди ҳаққа наласы,
Қан болды көздиң қарасы,
Өтер болды дүньядан,
Нәзер салмай алласы,
Келип кеңнен Әзирейлдиң,
Тиймеди сирә пайдасы,
Күннен-күнге жүдеп бай,
Өлиўге қарады басы,
Табылмас сирә ялғаны,
Яд етти қәдир алланы,
Тум-тусынан сүйейди,
Еки бирдей алғаны,
Байдың басын көтерип,
Бир қуда деп зарлады.
Жан-жағына көз салып,
Тум-тусын бай барлады.
Ойланып бай қараса,
Қудайы жүдә қорлады,
Жан айбат пенен байыңыз,
Бир мақсетти ойлады.
Таяғына сүйенип,
Ырғып жайдан турады,
Жедел берип өзине,
Белин тартып байлады.
Ермек болдым жақын-жатқа,
Дақыл болғайман кәраматқа,
Барып қайтсам қәйтеди,
Шайқы баба Буўраханға.
Таппаспан ба бир шыпа,
Барып қайтсам зияратқа,
Қаратқан ел қарап қалмас,
Дус қылмас па дәраматқа.
Қабыл болса зияратым,
Шықпаспан ба саламатқа.
Ҳасылдан кийим кийейин,
Қара нарға минейин,
Пайғамбарға сыйынып,
Буўраханның басына,
Барып басым ийейин.
Қудай деген бар болса,
Кәраматын көрейин.
Аяғына бас урып,
Буўрахан атамнан,
Узақ өмир тилейин.
Кеткен еки жүз ойдың,
Нәтийжесин билейин деп,
Тентиреклеп теңселип,
Байың жайдан турады.
Қара нарын жазлайын,
Беккем ерлеп алады,
Азық, әнжам, ҳәддиясын,
Нарға теңлеп таңады,
Мәнети артты,
Нардың айылын бек тартты.
Мойнына потасын салып,
Қара нарға минип алып,
Зиярат етип қайтыўға,
Буўрабайдай ағаңыз,
Буўрахан бабаға жол тартты.
Нарға минип алады.
Пайғамбардың кәбирин,
Излеп кетип барады.
Адам ертпей қасына,
Жалғыз кетип барады,
Шын кеўилден жүр излеп,
Жылап кетип барады.
Арзы-аўҳалын айтпаға,
Бәле-қадасын сатпаға,
Ғыждуни пайғамбарға,
Зиярат етип қайтпаға,
Барғанша қыйыр шел еди,
Асқар кесе бел еди,
Буўрахандай бабаңыз,
Ешеклиге, атлыға,
Жети күнлик жол еди,
Шын кеўилден пир излеп,
Алдына қарай дөнеди.
Кете берсин бай баба,
Гезек тазға жетеди.
Зияратқа шыққанын,
Пәстек молла биледи,
Шалабайдың қасына,
Жуўырысы менен келеди.
Шалабайдай тазына,
Шынасында пир еди,
«Енағардың тазшасы,
Ийни келди исиңниң,
Ҳәмелиң болса кел енди.
Ашық болсаң иске асыр,
Айтты растан бул енди,
Жер астында нәрсе жоқ,
Соны ойлап бил енди,
Аяғына шарық бүр,
Дийўананың тонын кий.
Ғула кийип басыңа,
Қәлендер бол белгили,
Егленбей жолға шық енди,
Буўрабай түсти жолына,
Кейнинен изин қуў енди.
Бурын бармақтың ғамын қыл.
Баратуғын жерине,
Басқа жағын айтпайман,
Саған айтар сол енди.
Усы сөзди жайласаң,
Табағың асқа толды енди.
Асығыста қуў тазың,
Шопанның кийип липасын,
Басына кийип ғуласын,
Жолға раўан болады.
Дузын ҳақлап тазың усының,
Қойын бағып қалады,
Сыр билдирмей адамға,
Шалабайдай шопанлар,
Төтесин жолдың алады.
Буўрабайдың кейнинен,
Жаздырмай қуўып барады.
Жанлы жанға танытпай,
Бабаның изин алады,
Сегбир салып пияда,
Бир ғайратын салады,
Алдындағы бабаны,
Ғайы көзи шалады,
Ғайы жетип барады,
Тутып пирлерди ядына,
Уғынып пирдиң атына,
Жети күн тынбай жол жүрип,
Жақын келди бай баба,
Әўлийениң қасына,
Шыдамай ҳеш ким патына,
Шер салып көңил жадына,
Енағардың тазшасы,
Билдирмей келди артына,
Тартып кем-кем өзине,
Пайғамбар деп зар жылап,
Жас қаплаған көзине,
Сырын алып қуў тазың,
Тайын болды жасырынып,
Буўрабайдың изинен.
Ҳарып-талып байың жетти,
Мақсет еткен жерине,
Ҳәзир жетти бийшара,
Шомылып қара терине,
Қара көрим жер қалды,
Пайғамбардың қәбирине.
Ақылынан сасады,
Көкирегин басады,
Ел гезген дийўана болып,
Енағардың тазшасы,
Қәўимге араласады.
Барлап шықты ерине,
Сыйынып кәмбил пирине,
Келместен бурын Буўрабай,
Жасырынып кирди қуў тазың,
Буўрабайдай байыңның,
Түнейтуғын гөрине,
Гилең аққос оранып,
Енағардың тазшасы,
Жата берди төринде.
Алқысса сонда Буўрабай,
Әўлийениң сыртына.
Нарынан түсип байлады,
Муҳсинге өзин сайлады,
Бир қудаға зар жылап,
Еки қатлап потасын,
Дал мойнына салады,
Қалған қаза намазын,
Қалдырмай оқып алады,
Қол қаўсырып зар жылап,
Қәбирге жақын барады.
Басын ийип бийшара,
Атап барған пайғамбардың,
Басына тайын болады.
Салып зейин ықласын,
Өксип-өксип жылады.
Үш айналып сыртынан,
Жолында қурбан болады,
Басында саққа жүгинип,
Қушақлап гөрди қулады.
Мумиядай ерип,
Қуйқа түги жуўлады.
Аят қоймай оқып,
Ҳаққына дуўа қылады.
Қулақ салып тум-тусқа,
Әсте-әсте барлады.
Еки жүз қойдың саўабын,
Пайғамбарға арнады.
Бир қуда деп зар жылап,
Өмир тилеп зарлады.
Алдым бийик, артым жар,
Қең дүнья болды-аў маған тар,
Сыртыңнан саған сыйындым.
Мәдет бер Гыжўан пайғамбар.

Зейнимди берип бағындым,
Әдеп-үрпиңди сағындым,
Жолыңа бираз мал айтып,
Пайғамбар саған табындым.
Атыңды туттым қалыстан,
Зорға таптым жолыңды,
Қыйсық пенен шалыстан,
Шарапат бер мен қулыңа,
Арнап келдим алыстан.
Артылды жаман мийнетим,
Зая кетпесин зийнетим,
Алыстан арнап келгенмен,
Пайғамбар дийгөр үмметим.
Табынып сыртынан барладым,
Исмиңди айтып зарладым,
Арнап адам жиберипсең,
Ғайыбана жолыңа,
Еки жүз қой арнадым.
Көп астым шөлдиң қыйырын,
Билдим кәраматтың барын,
Еки жүз қой айдаттым,
Көрген бүгин қайырын.
Көзимнен ағып қызыл қан,
Алқымымнан буўылып,
Қыстаў тапты-аў шыбын жан,
Еки жүз қой алған ийшаны,
Көрсет балаңа бир нышан.
Буўынып жүриппен талып,
Ислерим өзиңе қанық,
Балаң жәрдем сорап келди,
Пайғамбар бериң шыпалық.
Айттым қәлийме шаадат,
Ойлан ата бизди яд ет,
Ўәкил балаң излеп келди.
Нәзер әйлең бериң мәдет.
Дағланып шықты кәмирим,
Әрманда баратыр өмирим,
Еки жүз қой алған ата,
Мүридиңниң дәртин көриң.
Арнап келгенмен басыңа,
Көнейин қысы-жазына.
Ҳақыма мениң дуўа қыл,
Берекет бергей жасыма.
Әрмансыз бир таңым атпай,
Жыл бойы парахат жатпай,
Аўыр кеселге шатылдым,
Ҳешбир жәрдем шыпа таппай.
Адам жибердиң малыма,
Қарасқан едим ҳалыңа,
Қарасаман деген ўәдең барды,
Еки жүз қой бергенде жолыңа.
Шынлап сора ҳал-жайымнан,
Даўа табылғай қолайдан,
Ата өзиң әззи келсең
Сорай көриң қудайыңнан.
Алынып тур жүдә айым.
Мал десеңиз менде тайын,
Өз аўзыңнан хабар етиң,
Қураса кетпей қудайым.
Кел десеңиз мен ерейин,
Мудам жолыңда жүрейин,
Дүньяға келер күн болса,
Не десең таўып берейин.
Кетпесин иште әрманым,
Келтир бойыма дәрманым,
Сум әжелден сен қутқарсаң,
Бағыш етемен барым.
Сол ишимде пикирим барым,
Мурат-мақсетим болғаным,
Қабыл алың пайғамбарым.
Сырымды айтып болғаным.
Алқысса бай соны айтып,
Өксип-өксип жылады,
Көзде жасын булады.
Пайғамбардың қәбирин,
Қушақлай берип қулады.
Хабар берермекен деп,
Қулағын салып тынлады,
Сол ўақытта қуў тазың.
Гөр ишинде отырып,
Қуўқыллық сөзин торлады,
Пири болып бул байдың,
Сөзине жуўап қайтарып,
Қәўендер болып ашынып,
Гүңиренди зарлады:

«Орынланды ойға алған нийетиң,
Жаҳыл болып жайлағансаң ел шетин,
Ҳаўлықпаңыз сөзлериме қулақ сал,
Аман болсаң шынасында ҳүрметим.
Әўел баста айтқаныма жүрмедиң,
Өз пикириңнен қәдиримди билмедиң,
Аўырғалы бағыш етип жолымда,
Зарлай-зарлай бир уйқымды бермедиң.
Еки жүз қой қудайы айттың малыңнан,
Қутылғансаң шайтан деген залымнан,
Мен болмасам қашшан өлетуғын ең.
Мойным созып хабардарман ҳалыңнан
Қой бергеннен абыройың жабылды,
Дәртлериме ҳәр бир даўа табылды,
Мен болмасам әлле қашан өлерсең.
Не себепли зияратың қабылды.
Зыянлы дәртиңниң алдын орадым.
Сениң тилегиңди тилеп зарладым,
Үш ай болды мен қудайға қатнап,
Балам саған узақ өмир сорадым.
Бейиштиң бағынан гүллер тересең,
Закатсыз малыңа жуўап бересең,
Ашыўлансам мениң айтқан сөзиме,
Ҳеш гүман жоқ ертең бир күн өлесең?
Минген атың таўлы жерге жайылар,
Пайғамбарың жолыңызда тақ турар,
Қабыл алсаң пайғамбардың тилегин,
Кеселине бизден даўа табылар...

Айтқан нәсиятыма мениң көнесең,
Қарсыласып бул ис қандай демейсең.
Ашыўланып айтқан сөзимди алмасаң,
Қайырқом жоқ, еки күннен өлесең.

Ер жигитке не болар намыс-ар,
Пири менен қарсыласқан гүнәкар,
Сыртыңнан пириңиз ылайық көрип,
Мойныңа бир қарыс артты пайғамбар.

Бейиштен тайынлап, үлестен пайың,
Дүньяның түринен түлиги сайын,
Ойласып сыртыңнан илажын таўып,
Мойныңа бир парыз артты қудайың.

Көрерсең жан балам таңның атқанын,
Жақсы болмас айың-күниң батқаны,
Жаным аман қалсын десең дүньяда,
Мақул дийсең қудайыңның айтқанын.

Алқысса оны еситип, Буўрабай ақылсыз,
Биле алмады сөз салмағын,
Тикени менен қармағын,
Келте ақылы илмей.
Әңгимениң салмағын,
Үлги салып билмеди,
Жүдә бағын байлағанын,
Қысқа ақыл билмеди,
Қуллық айтып сөйледи.
Алдымды кесе орадың,
Перзентиңди қорқытып,
Жамғырдай бәле бораттың,
Ғапыл жатқан ўағымда,
Мойнымды мениң бураттың.
Есабы жоқ малымнан,
Үсир-закат сораттың.
Таршылық исти еттим бе,
Топарлап айдатып,
Мақсетиңе жеттиң бе,
Айтқаныңды тыңламай,
Өз басыма кеттим бе.
Төсекте ғапыл жатқанда,
Минип қалдың үстиме,
Кеўилиме дық еттим бе,
Буўып алқымымды ездиң,
Болажақ исти мен сездим,
Неге қыстың дедим бе,
Кеўилиме пирди алып,
Ҳәмириңе белли қанып,
Есапсыз жатқан малымнан,
Сүриўлеп закат шығардым,
Мен нәмәртлик еттим бе,
Шашпасаң қызыл қанымды,
Қылдырсаң аман жанымды,
Тәрк етпеймен ҳәмириңди,
Тилегиң тилей бер,
Қайтармайман белли тирегим.
Сорайбер қандай керегиң,
Қолымнан келе билгенше,
Қабыллайман тилегиңди,
Болды сыры жүдә пайық,
Сөзлерине ылайық,
Гөр ишинде отырып,
Яратқан деп ялбарып,
Байды алдап,
Қызыл тилиң жалдап,
Пайғамбар болып,
Аўыр салмақлы сөз қурып,
Қапа кеўлиң хошлады,
Қорқынышты таслады,
Енағардың тазшасы,
Атын сатып қудайдың,
Мынадай сөзин баслады:
Айтқанына уйқаслайын,
Қапа кеўлиңди хошлайын,
Қулақ салың мүридим,
Мағаналы сөз баслайын,
Бенделикке тайлаған,
Мал орнына айдаған,
Бир мөҳминди атаңыз,
Өлгенше бағын байлаған,
Шалабайдың атасын,
Қой бақтырып атаңыз,
Ийттен бетер қорлаған,
Қойын бағып атаңның,
Өмиринше қор болған,
Ерки жетпей басына,
Ишлерине дәрт толған,
Айдаса жүрген айдаўда,
Байласа турған байлаўда,
Шалабайдың әкесин,
Өткерген екен жылаўдан,
Қыстың күни қой бағып,
Өмири өткен қыйында,
Ағарған көздиң қарасы,
Ишине толып жарасы,
Өлтирген екен атаңыз,
Тыңламай ҳеш бир шарасын,
Байлаған белге потасын,
Нәзер салмай көзде жасын,
Әрманда атаң өлтирген,
Шалабайдың атасын,
Жәбири ҳеш бир сораўсыз,
Шалабай таздың атасын,
Азаплаған гүнасыз,
Сол пақырдың дәртинен,
Атаңыз өлген иймансыз,
Ашыўланып атаңыз,
Табанынан тилдирген,
Отқа қалап арқасын,
Үш ағашты илдирген,
Көп малына исенип,
Қарыўлылығын билдирген,
Шалабайдың атасын,
Бийгүна атаң өлтирген,
Бермей тәңирин заўалын,
Ҳешким сорамай саўалын,
Атаңыздың мойнында,
Кеткен екен обалы,
Гүнасы жүдә ири екен,
Гүнаның жолы тири екен,
Сениң атаң шырағым,
Сол пақырдың гүнасын.
Мойнына жүклеп жүр екен,
Дәртке иши шоқ екен,
Иши толған шоқ екен,
Атаңызға пақырдың,
Ҳеш гүнасы жоқ екен,
Ҳалынан хабардар екен,
Иши толы ар екен,
Көзиниң жасы тамыпты,
Даққа қудай бар екен,
Периштелер жыйылып,
Барған екен қасына,
Туўры нәзер салыпты,
Көзден аққан жасына,
Аўыр кепти жәбири,
Теңликтиң өлшеў тасына.
Реҳим етип пайғамбар,
Шалабайдың атасын,
Алдырған екен қасына,
Қундыз телпек кийгизген,
Жумыры кийген басына,
Еки ҳүрди әкелип,
Жупты қылды қасына,
Шәрбет пенен пал қуйып.
Ишетуғын асына,
Гәўҳар менен гүл қойыпты,
Таздың еки жағына,
Еки ҳүрди қосыпты,
Соннан бери қасына.
Өз қолынан пайғамбар,
Киргизди бейиш бағына,
Шалабайдың атасын,
Жеткерген сондай жақсатқа,
Атаң сениң Буўрабай,
Болған халайыққа батқа,
Шалабай таздың атасын,
Жеткерген қудай мақсетке,
Атаң сениң басынып,
Жеткерген екен жерине.
Ийманның шықты өрине,
Шалабайдың әкесин,
Пайғамбары жарылқап,
Шығарған бейиштиң төрине,
Қолдан келсе жата ма,
Қатты кетип қатаға,
Әкең дозаққа кетти,
Шалабайдың әкеси,
Нәлет айтып атаңа,
Әкеңди шайтан көтерип,
Алып кетти узаққа,
Қырғаўылдай қылтыйып,
Мойнын салды дузаққа,
Қайтып шығып жүрмесин деп,
Таслады саққар дозаққа,
Өткен екен тоғыз жыл,
Әкең жатыр азапта,
Периштелеп жыйылып.
Қараған көздиң жасына,
Еки ҳүрди әкелип,
Жупты қылып қасына,
Сол шығар әзел жазықта,
Шығалмас ҳеш бир жарыққа.
Сол қуданың қәўили,
Буўрабай оған тарықпа,
Ағамды қайдан айдаған,
Пайғамбар тилин алмаған,
Жалынса да зар жылар,
Динге қулақ салмаған,
Өз пейлинен әкеңниң,
Қара жағылған жүзине,
Қатты кетип асқынлап,
Қан толған еки көзине,
Жоқ болады әкеңиз,
Өз обалы өзине.
Баянлайман балам соны,
Анықлап бер кеўлиңди,
Аңла-аңла умытпа.
Барлығының мазмуны,
Алқысса балам қулақ сал,
Болмаңыз пирге гүнакар,
Буйырған қудайымның,
Бир мазмунлы сөзлерим бар,
Ашыўланбай жан балам,
Қуллық айтып мойныңа ал,
Шалқылап қайнап йошқанбыз,
Периште менен қосылып,
Қанат байлап ушқанбыз,
Оның ушын қыйналма,
Гүлайымдай қызыңды,
Шалабайжанға қосқанбыз,
Жолыңда интизар удайы,
Нешше жыл тутылды айы,
Гүлайымдай қызыңды,
Шалабай менен екеўин,
Жупты әйледи қудайы.
Көлиңнен ушқан ғазыңды,
Айтқаныңа көнбесең,
Қыс етеди жазыңды,
Шүкир әйле қудайға,
Көп етеди азыңды,
Керек болса шыбын жан,
Шалабайжанға бересең,
Гүлайым атлы қызыңды.
Кеше-күндиз Шалабай таз,
Бир қуда деп яд еткен,
Ғәрип пенен қәсердиң,
Бәрҳа кеўлин шад еткен,
Гүлайымдай қызыңды,
Шалабайға жупты етип,
Тастыйықлады халық еткен.
Ат қуйрығын өресең,
Талайыңнан көресең,
Назырқанбай шопан деп,
Гүлайым атлы қызыңды,
Шалабай тазға бересең,
Шақырып алып қасыңа,
Гүлайымның отаўын,
Тойлар берип тигесең,
Кийиндирип ҳасылдан,
Шалабайдай шопанның,
Не керегин бересең,
Шалабай таз не десе,
Кейинине ересең,
Алғәрез сөзди салмаға,
Шопан демей, таз демей,
Сансыз жатқан малыңның,
Шалабайдай шопанға,
Ықтыярын бересең,
Кеўил берсең усыған,
Гүлайымның ашылған,
Бағынан гүл тересең,
Тазша деп қырын қарасаң,
Тыңламасаң айтқанды,
Гүман жоқ ертең өлесең,
Тыңламасаң бул сөзди,
Айтқан сөзиңди алмайды,
Сөзиңе қулақ салмайды,
Тынламасаң сөзлерин,
Тилегин қабыл алмайды,
Қәҳәри шоқтай қарыйды,
Исиң насырға шаўып,
Өзиңнин жети пуштыңа,
Түрли опат дарыйды,
Сол ўақта өкинип билерсең,
Тазға берсең қызынды,
Ҳәр шапаат көрерсең.
Жетер жериңди жайлап,
Әрмансыз ойнап күлесең,
Көп жыл жасап дүньяда
Әрмансыз дәўран сүресең.
Усы айтқаным тыңласаң,
Қуданың досты Мухаммед.
Кейнине ересең,
Бейиштиң ашық қапысы,
Иркилмей барып киресең,
Шалабайдай тазыңның,
Жарылқаған қудайы,
Қанша төгип шашса да,
Таўсылмас бахты удайы,
Хызметиңде жүреди,
Хызметиңде удайы.
Бейиштиң арғы төринде,
Салыўлы тур сарайы.
Шалабайдың бир қудай.
Мақсетине жетеди.
Қаншелли гүна етсе де,
Сораўшы әпиў етеди.
Қыямет күн болғанда,
Қыл көпирдиң аўзында,
Сораўшы аңсат етеди.
Қыл көпирден аман-саў.
Тазың шалқып өтеди,
Тазға тийсе Гүлайым.
Мурадына жетеди,
Периште келип алдына,
Хызметлерин етеди.
О дүньяға барғанда,
Көрмегенин көреди,
Қызыңыздың басынан,
Барлық қырсық кетеди,
Халық әйлеген қудайы,
Барлық гүнасын өтеди,
Ырза болып қудайға,
Қызыңның кеўли питеди,
Бул сөзлерден қорықпасаң,
Изиңе түсип қудайым,
Жер менен жексен етеди.
Түрли апат дарытып,
Басларыңа жетеди.
Қуда деген енбегиң,
Бәри күйип кетеди,
Соның менен мүридим.
Мақсетли сөзим питеди.
Басқа салсаң ойыңды,
Ийшаллахы тағала,
Жаза алмассаң бойыңды.
Қызыңды оған бермесең,
Жүдә халың қыйынды,
Отырмас сөзиң орынға,
Себеп табылар сорыңа,
Қызыңды оған бермесең,
Айналар исиң қырынға,
Малың түседи таланға,
Улғаяр ҳәр түр жаран да,
Телеке болып Ашиян.
Лашын қалар далада,
Ақыл-ҳуўшын болар ҳайран,
Ете алмассаң бир күн сайран
Кемең түсип терең сайға,
Малы-мүлкиң болар ўайран,
Қызыңды оған бермесең,
Питиўажаға кирмесең,
Айтқаныңа ермесең,
Пайың сениң о дүньядан.
Есиң болса, кейнине ер,
Қалдырмай шығар әрман шер,
Ақылың болса Буўрабай.
Шалабайға қызыңды бер.
Буўрабайжан, болма талан,
Қуда менен қарсылассаң,
Қашық боп араны ашсаң,
Тыңламайман сөзиңди,
Оңдырмайман исиңди,
Ояман еки көзиңди,
Буўрабайым аңлан, аңлан.
Еки көзиңди оямыз,
Қарқыратып соямыз,
Сабан тығып териңе,
Дозаққа әкеп қоямыз.
Түрли азап дарытып.
Аўлағыңды жоямыз.
Төрт периге айдатып,
Дозаққа әкеп саламыз,
Қара кийип үстиме,
Қылыш алып қолыма.
Алдыңда қатар турамыз,
Аяўсыздан басыңа.
Отлы гүрси урамыз.
Үйиңде бир жан қоймастан,
Бир түнде әкеп қырамыз,
Қырып бәрин болған соң,
Өзиң жатқан дозаққа,
Шуўлатып әкеп саламыз,
Қарайтпағыл көзимди,
Көп ўақ турып басымда,
Сарғайтпағыл жүзимди.
Гә қулақ сал, гә салма,
Айтып болдым сөзимди деп,
Қайтып үни шықпады,
Алқысса байың еситип,
Зәрре жаны қалмады.
Шыбын жаны шырқ етип.
Нығып кете жазлады.
Гә қуўанды, гә суўалды.
Гайы қорқып, гайы талды,
Ойлап көрсе салмағы,
Өзегине от салды.
Илаж бар ма, бийшара,
Қорыққанынан қабыл алды.
Пайғамбардың тилин алды,
Ҳақыйқат сөзине инанды,
Ишлеринен күйип-жанды,
Пайғамбарды қуда деп,
Шын кеўлинен инанды.
Өзли-өзинен ойланып,
Түрли жақтан торланды,
Аттың жалын өремен,
Беремен ата, беремен, деп
Қайта-қайта бақырды,
Атасы даўыс бермеди,
Қуллық ата, қуллық деп,
Басын жерге ийеди.
Ақылына жуўыртса,
Жүдә кеўли жерленди.
Қайтыўына қолайлап,
Кейинине тез жүрди.
Салдар түсип басына,
Буршақ-буршақ терледи,
Қорыққанынан бийшара,
Шын кеўилден берилди,
Жан-жағына қарады,
Ҳеш бир нәрсе көрмеди,
Түсип шуўғылдың қолына,
Жүклеп гүнаны мойнына,
Көз жасы толды қойнына,
Ҳеш сумлық алмай ойына,
Сыйынып қәдир қудайға,
Өзи менен өз ҳалына,
Ҳеш нәрседен хабарсыз,
Минип Қара нарына.
Ҳәр бәлеге жолығып,
Қанып қайғының зарына,
Қайтты байың атланып,
Түсип келген жолына.
Қуўанып кетип баратыр,
Қарамастан артына.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Алтыншы бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Төртинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.