Төртинши бөлим (Tórtinshi bólim)
Алқысса кеўил хошлайық,
Дәми жоқ жерин таслайық,
Бирин-бирине қоспайық,
Жасырын сырын ашайық,
Сол заманда көп болған,
Дуўагей менен сасайық,
Қойын баққан Буўрабайдың,
Шалабайдан сөз баслайық,
Алдаўшының кең заманы,
Орын алған ҳәр жерде,
Өтирикшиниң ҳамалы,
Тастай қамал қараңғы,
Қаласы ҳәм жабаны.
Дизесин жаўып баспаған,
Ийниндеги шапаны,
Гүлайымға ашық болды,
Буўрабайдай байыңның,
Қарсақлы таўда қой баққан,
Шалабай деген шопаны,
Ерки болмаған қысы-жаз,
Байдың оған пайдасы аз.
Еки аяқлы адамға,
Сөйлесиўге жүдә саз.
Сөз айтады жантассаң,
Жанлыға жүдә жағымпаз,
Атын сорасаң Шалабай,
Көзи қыйсық, кийме таз,
Гүлайымды алыўға,
Ақыл ойлап етти ўаз.
Еки ийнин жалмаған,
Он жыл удай қой бағып,
Буўрабайдай байыңнан,
Бес тийин ҳақы алмаған,
Қырман алып жер егип,
Қабы дәнге толмаған,
Он еки жылғы талабы,
Жалғыз ылақ болмаған,
Талабы бир оңбаған,
Түрли ақыл ойланып,
Гүлайымды алыўға,
Ҳәр түрли ҳийле торлаған,
Қарақшы ийттей жалақлап,
Тумлы-тусын қармады,
Талап етти ҳәр жақтан,
Түрли ҳийле қурыўға,
Ҳеш бир жасқа табалмай.
Қасына жақын барыўға,
Утылмайды қуў тазың,
Тилге келсе қарыўға.
Үлги салды ҳәр жақтан,
Қорғанына дарыўға,
Өлгейлиден шын ашық,
Гүлайымдай сулыўға,
Аш бүркиттей шабынды,
Дийдарына қаныўға,
Гедейдиң бағы байланып,
Дәлил оқыды торланып,
Гүлайымға барыўдың,
Ҳәмелин таппай ойланып,
Гә түргелип, гә жатады,
Силеси әбден қатады,
Даланы басқа көтерип,
Шалабай дәртин айтады:
Кетип тур жаман қолайым,
Келмес пе есиз оңайық,
Шын ашықпан сыртыңнан,
Инсап бергей Гүлайым.
Он бес жыл бақтым малыңды,
Бир сорамадың ҳалымды,
Шын ашықпан жолыңа,
Бағыш еттим жанымды,
Он бес жыл бақтым қойыңды,
Шадландым көрип бойыңды,
Шынымды айтып хат жазсам,
Жиберемисең ойыңды.
Ҳайранман таппай жолыңды,
Төкпес едим мен толыңды,
Шын ашықпан озалдан,
Бир услатсаң қолыңды,
Сени аламан келсе қолдан,
Шықпас едим әдил жолдан,
Берман қара Гүлайым қыз,
Ашықпан саған озалдан,
Ойыңа ал мениң жайым,
Тайынлайман үлес пайың,
Айтып болдым сөзимди,
Инсап бергей қудайың.
Алқысса айтқан менен баталмады,
Жантасып сәз қаталмады,
Туўры барып Гүлайымға,
Ашықлығын айта алмады,
Буның сырын бир нешшелер,
Гүлайымға хабарлады.
Қойын жуўып ағын суўға,
Семиреди уллы дуўға,
Таланып ҳәр түрли жаўға,
Қойын жайып кең жайлаўға,
Көбинесе мәкан етти,
Шалабай Қарсақлы таўға,
Қой қамаған қорасына,
Тақан салып дорбасына,
Қуртлар ойнап таз басында,
Өгиз жегип арбасына,
Қосын тигип жар басына,
Көбинесе арпа тақан,
Ишетуғыны асына,
Қойын топлап отыр еди,
Бәлент таўдың жамбасына,
Қарап турып қойы үркип,
Саўда түсти басына,
Ырғып турып қуў тазша,
Нәзер салды жан-жағына,
Бир әжайып жалғыз адам,
Ат қойып келди қасына,
Зәрре жаны қалмады,
Жылай берди қуў тазша,
Налыс қылып алласына.
Қәдди бойы қалтырап,
Еки қолы жағасында,
Қорыққанынан бас урып,
Табынады ағасына,
Шаң мәзгили қуў тазша,
Жүрегин басып, нәзер салды,
Батырдың пешанасына,
Аңлай, аңлай қараса,
Еки ийини қапыдай,
Ашыўы бораған қардай,
Келбетине қарасаң,
Мысалы жараған нардай,
Жудырығы тоқпақтай,
Айбатын оның көргенде,
Арыслан да қорыққандай
Қарсыласқан душпанды,
Қазық қылып қаққандай,
Көзлери бар гәўҳардай,
Айшылық жолды аңлаған,
Қанат қаққан суңқардай,
Тасқа тийсе от шығар,
Туяқлары жаўҳардай,
Қайшыланған қулағы,
Астында бар қара аты,
Рахиш пенен тулпардай,
Кеўлинде ярдың дағы,
Мысал жигирма бестиң шағы.
Қайсы журтта жасаған,
Қандай мәрттиң зүрияды,
Әлий минген Дүлдүлдей,
Астында Қара тулпары,
Белине шынжыр байлаған,
Гәўҳардай көзи жайнаған.
Ашыўланса денеси,
Қорғасындай қайнаған,
Менмен деген батырдың,
Желкесин қыймай қоймаған,
Пирден шарап ишкендей,
Илаҳидан пишкендей,
Шийе қылып байласаң,
Шеп қолы менен шашқандай,
Дарға асқан гүналыны,
Бир аўыз сөзи кескендей,
Айбат етип умтылса,
Таўдың тасын тескендей,
Батырды көрип қуў тазша,
Аттан жерге таслады,
Сол батырға жалынып,
Қуўқыл сөзин баслады:
Тарылтып жаҳан аламын,
Сорап пайдалы талабын,
Қол қаўсырып батырға,
Берди тәңири сәлемин,
«Бахыт қус қонбай басыма,
Емин-еркин шаш шықпай,
Қурт ийелеп басыма,
Бийжай ўақта дус келдиң,
Ат ойнатып жан аға,
Келе қалдың қасыма,
Ишиңде көп намыс-арың,
Турқына ылайық тулпарың,
Ҳасылыңнан хабар бер,
Қайсы журттың қайсарысаң,
Белиңе садақ орадың,
Шопаннан сен жан сорадың,
Қайсы журттың қайсарысаң.
Сөйлей бер мақсет-мурадың
Дус келдиң қыя майданда,
Көрмедим сизди ҳеш жайда
Ийнинде бар жаў-қуралың,
Ағажан мәканың қайда?
Бул елде жоқ теңи-тайын.
Сазланыпсаң қурал-сайың,
Қандай жаўға баратырсаң,
Қайда болур мәкан жайың?
Шопанман он жыл толғаны,
Жоқдур сезимниң ялғаны,
Айтың аға мақсетиңди,
Болдың қай журттың палўаны?
Ақыл берсең мен әрейин,
Мен шөпшегиңди терейин,
Келеғалдың ат ойнатып,
Болсаң қой сойып берейин,
Ядқа салып қыйлы қалды,
Батырға қәўендер болды,
Шыннан қәдирдан болып,
Батырдың кеўлин алды.
Шопанның қуўқылын билип,
Батыр қорқылдап күлди,
Ойласа гәптен утылды,
Минген аты шаппады,
Батырға сапар жақпады,
Дәлил айтпай кетиўди,
Батыр ылайық таппады.
Сөзден батыр утылып,
Шопанға сөзин баслады:
«Сен әжайып көрдиң мениң түримди,
Айтпасам болмады ишки сырымды,
Шопан жора түсиндирип айтайын,
Әўел баста шыққан жерим Қырымды,
Залым қалмақ ат салып, постырғанды елимди,
Тум-тустан салып пәнжесин қайыстырды белимди,
Түни-күни ат шаўып төктим маңлай теримди,
Әйне үш жыл толғаны алмадым аттан еримди.
Жаўдан қорғап келемен Ноғайлыдай елимди,
Қайда барса елатым кейинине еремен,
Басына күн туўғанда көмегимди беремен,
Шыққан жерим сорасаң мен Қырым келемен.
Елим ушын аянбай тулпарымды желемен.
Бастан өткердим сыранды,
Қоллайман өзимниң уранды,
Халықтың жаўына қарсы,
Жолым мениң гүзарды,
Жердиң ҳәддин билмеймен,
Танымайман булманды,
Қарсыласып сөйлесип,
Көргеним жоқ бир жанды,
Түрли байлық, жериң шалғыя
Әлемде дабылым, даңқым,
Талабым халықтың батыры.
Танымайман ел-халқыңды,
Айтпайман ялған озалдан,
Сапар тартқан мен алыстан
Саркопты излеп киятырман,
Атымды сорасаң Қыранды.
Тутыныпты таң қалғандай салтанат,
Пешенесин ядта туттым атма-ат,
Қырық күн болды журегиме шер салды,
Түсиме енип таң қалғандай перийзат.
Бир көргенде дозақ оты өшкендей,
Жүзин көрип қандым шарап ишкендей,
Қырық күн болды түсиме енип бир сулыў,
Ашық болдым шийрин жаннан кешкендей,
Бир жағым Асқардур, бир жағым Балқан,
Пешенеси мениң ақылым алған,
Әжайып бир сулыў түсиме енип
Таппадым дүньяны етип тас-талқан.
Қылышымды өткир қылып тапладым,
Қайда бар деп сулыў қызды жақладым,
Қырық күн болды ат белине мингели
Талқан етип ҳеш бир жерден таппадым.
Өзиңдей мәрт алар мәртлердиң арын,
Дүньяда сол болды мениң қардарым,
Соны билсең екеўимиз дос болайық,
Көрсең, билсең айтың қәне хабарын.
Билсең сениң кейиниңе ерейин,
Барлығынан сени зыят көрейин,
Сол сулыўдың маған жолын силтесең,
Не мақсетиң болса соны берейин.
Алқысса сөзди еситип,
Аңлады оны қуўқылын,
Ақылын ҳайран етеди,
Ойлап көрсе салмағы,
Сүйегинен өтеди,
Не қыларын биле алмай,
Дәрти алдына үдеди,
Айқасарға шама жоқ,
Таз қыйналды, жүдеди,
Жипектен нәзик торқады,
Ойлап тазын қараса,
Дәрти ғаўлап артады,
Атысарға қарсыласып,
Батырлыққа шорқады,
Гәптиң салмағы басып,
Қалтырап қатты қорқады,
«Ашықпан» деген сөзлери,
Найзадан бетер батады,
«Көрсет» деген ўағында,
Шыбын жаны шарқ етип,
Шығып кете жазлады.
Гүлайымды жасырып,
Алдына пана тартады.
Батырға қарап қуўқыл таз,
Мынадай сөз айтады:
«Ар-намысқа болар аға кеўлиң жоқ,
Қараңғылық думан алдыңыз туйық,
Айтқан сөзим айып көрме жан аға.
Бизиң халықта ол айтқаның сирә жоқ,
Саў демейди түске кеўил бергенди,
Шайтан иси түсиңизге киргенди,
Түс — түлкиниң боғы деген ақыл бар.
Жинли деймиз ондай сөзге ергенди.
Сулыўдың қызығы ҳәммеге айық,
Сөзиңиз кетпесин халыққа жайылып,
Ол айтқаның бизиң елде сирә жоқ,
Түриңизге болмас ол сөз ылайық.
Жан-жаққа ат шаўып сен ҳарып-талма,
Ондай сөзди бизиң халыққа салма,
Ермек болып халыққа күлки боларсаң.
Нағайбыл излеп жолыңнан қалма.
Ашылған бағыңның гүли солмасын,
Жария боп бизиң елге толмасын,
Түсиңди айтып халыққа әўере болма,
Күлисип халайық ермек қылмасын.
Қыз баланың жүретуғын жолы тар,
Оны айтып тегип жүрме намыс-ар,
Оны излеп ҳасла әўере болма,
Түс — түлкиниң боғы деген ақыл бар.
Иш-тысың толмасын намыс пенен арға,
Тығыпсаң өзиңди айдап кеп тарға,
Ол айтқан қыз бизиң елде сирә жоқ.
Болмасын пикириң халыққа жария.
Шер салмағыл жүрегиңниң отына,
Уят сөз қарамас пуллы-мутына,
Ондай қызлар бизиң елде сирә жоқ,
Егленбестен қайта берин журтыңа.
Алқысса соны еситип,
Излеп келген батырдың,
Зығырданы қайнады,
Өзли-өзинен уялып,
Көзи оттай жайнады,
Шамырқанып шатнайып,
Белин беккем байлады,
Дизден қайтып жүреги,
Өлимге өзин арнады,
Таздың айтқан сөзлери,
Ишин өсип қарнады.
Үдете алмай кәспи-кәрин,
Тазша төгип намыс-арын,
Талақ етти турған жерден,
Излеп жүрген қарыйдарын,
Умыттырды қуў тазша,
Сағынышлы сәўер ярын,
Излемеске қәсем айтты,
Атының басын тартты,
Әрману-шерин молайтты.
Батыр аңқаў ер ладан,
Инанып таздың сөзине,
Жүдә ырайынан қайтты,
Таздың сөзин ырас деп,
Әбден кеўлин тартты,
Шуғылдың сөзине инанып,
Ашыў менен атланып,
Батыр анқаў ер ладан,
Сол жерден изине қайтты
Алқысса сөз тазшадан басланады.
Қызыл тилин жалдады,
Гүлайымға қарыйдарды,
Соныңдай қылып алдады.
Батырдың кеўлин билди,
Қайтып кеткенин,
Зейнине илди,
Ушып-ушып қуўанып,
Ғарқылдап күлди.
Батыр қайтып кеткен соң,
Мынадай ойға келди:
Ишалла тағала,
Ҳийлемди жүдә асырдым,
Арасына суў қуйып,
Берекетин қашырдым,
Шын ашығынан,
Гүлайымды алжастырдым,
Ойлап турсам,
Үлкен тасқа шаптым,
Ашық едим озалдан,
Бар ғайратым салайын,
Гүлайымдай сулыўдың,
Қорғанына барайын,
Сулыў қызға көз шарлап,
Дийдарына тояйын,
Ашық едим озалдан,
Жаңа таптым қолайын,
Биймезгил ўақта жатқанда,
Барып шаўқым салайын.
Қәҳәр етип өлсем де,
Әмирге ырза болайын,
Қарсыласып гәплессе,
Шын кеўилим айтайын.
Бас кеспек бар,
Тил кеспек жоқ,
Иштен дебдиў шығарайын.
Алдыма тутып батырды,
Бир бағымды сынайын,
Түрли себеп табылды,
Жаман көрсем сылайын,
Дәлиллеп сол батырды,
Сөзин айтып қутылайын,
Әңгимениң аяғын.
Сондай қылып шешеди,
Енеғардың тазының,
Кеўли кем-кем өседи,
Қарамай өз ҳалына,
Қарамастан алдына,
Бағып жүрген малына,
Жолға түсти қуў тазың,
Таяғын алып қолына,
Узақ еди арасы,
Жете алмады жолына,
Ашықлықтың дәртинен,
Егеў түсип жанына,
Түниң менен тоңқайып,
Тоңып шықты қыраўға,
Адам таппай биймезгил,
Жөн-жосақ ақыл сораўға,
Талап етти қуў тазың,
«Қырық қыз» деген қалаға,
Ашылмаған лалаға,
Сыйынып аллаталаға,
Таң жақынлап келгенде,
Тайын болды қуў тазша,
«Қырық қыз» атлы қалаға.
Сер салып еки жағына,
Шер салып көңил дағына.
Кирди дейди қуў тазша,
Гүлайымның бағына,
Алқысса Гүлайым,
Тутынып теңинен шайын,
Түсинде көрген ашықтың,
Жолын тосып күн сайын,
Бедеў аттай бой таслап,
Шығып майданға ҳәрдайым.
Аш жолбарыстай шабынып,
Оттай бағры қамылып,
Түрли ҳасыл тағынып,
Түсинде көрген жигитин,
Төсегинде сағынып,
Жаратқанға зар жылап,
Ғайыбына бағынып,
Жанлы жанға билдирмей,
Тәўекел сырттан табынып,
Жатыр еди отаўда.
Ҳасыл парша жамылып,
Тусына барды қуўқыл таз,
Қарақшы ийттей аңлып,
Асырылып түсти қорғаннан.
Батыр қусап лап урып,
Не айтады қуў тазша,
Хабарлас деп бақырып:
Бәлент дағларда барды тас,
Көзимнен аққан қанлы жас,
Алыс жолдан келгенмен,
Гүлайым шығып хабарлас.
Әнар болды ма әлўаның,
Бес жыл өтти арадан,
Сағынып интизар болғаның,
Гүлайым шығып хабарлас,
Келди баҳадыр палўаның.
Сенсең мениң интизарым,
Батырлықдур кәспи-кәрим,
Түсиңизге кеўил берген,
Келди излеп сәўер ярын.
Сонда қыздың жеңгеси.
Буған қарап сөйлейди:
Биймезгил ярым ақшамда,
Не қылып жүрсиз булманда,
Хабарласар адам жоқ,
Келерсең таңлар атқанда,
Бул ўақта бийкешим турмайды
Биймезгил кеўил бурмайды,
Уйқысын бузба аўлақ қаш,
Сөзиңе қулақ салмайды;
Сонда тазың сөйлейди:
«Оят жеңгежан қызыңды,
Айтайын мәнили сөзимди,
Узақ жолдан излеп келдим,
Көрмеге арыў жүзиңди.
Таймағай бастан дәўраның,
Ишимде көпдур әрманым,
Көрсет ҳә жеңге қызыңды,
Тарқасын шерим, қумарым,
Жеңгеси сонда сөйлейди:
Дәрья киби толып-таспа,
Қызымның абыройын шашпа,
Әсте-әсте, неткен жансаң,
Халықты аяққа баспа,
Гүмансыз байлайды қолыңды
Талқанлар сениң жолыңды.
Менменлик етип сөйлеме,
Бәнт етер қызым қолыңды.
Тазша сонда сөйлейди:
Сөзинен муның сескенди,
Шыбын жаннан кешкенди
Қызыңды оят жеңгежан,
Билерсең мени көрискенде.
Шыннан кеўил жибергени,
Бағыңда бирге жүргени,
Оят ҳа жеңге қызыңды,
Келди түсинде көргени.
Алқысса сонда Гүлайым,
Нешшени естен тандырып,
Керегин елден алдырып,
Көргенниң мийрин қандырып
Талайдың ишин жандырып,
Гүлайымдай перийзат,
Жатыр еди арқайын.
Қулақ салса жеңгеси,
Теңселдирген қалың желди.
Дабылынан жер теңселди.
Майданнан сондай сес келди,
Шийрин жаны сескенди,
Гүлайымдай сулыўдың,
Жеңгеси қасына келди.
Ырайынан қайтады,
Қуўанышын молайтады,
Аты шыққан атақлы,
Батыр дийип ойлады,
Алды-артын барлады,
Бийжай шыққан даўыстың
Түр-бийнесин айтады:
Аңғармадым ғаррысына, жасына,
Шақ келе алмас ҳешким өлшеў тасына,
Уйқыңды аш, тур жайыңнан әдиўлим,
Бир баҳадыр келди ҳәзир қасыңа.
Сағынып болыпты жүрек-бағры қан,
Буннан былай жүдә мүшкилиң аңсан,
Бир қайсар келип тур атыңды сорап,
Шық майданға көринис бер бийкешжан.
Табылмас сөзинен қәте бир ялған.
Ашықлықтан ишлерине дәрт толған,
Тезирек тур бийкешжан айып болмасын,
Излеп келди сени атақлы палўан.
Айтқан гәпи түрли тымсал аңлатыр,
Пешенеси көргенлерди таңлатыр,
Есигиңде жер тепсинип турыпты,
Қыял етсем таң қалғандай бир батыр.
Ойласам көринбес кеўлиниң хошы,
Айрылды сөзинен айбаты, йошы,
Есигине ат ойнатып келип тур.
Қыял етсең сениң айрылмас досың.
Kөринип тур айбатынан менмени,
Адам деп көзине илмеди мени,
Узақ жерден келген атыңды сорап,
Жүдә ықлас пенен сорайды сени,
Кеўили шалқыған аламды орап,
Көрсетпеди түрин бир туўры қарап,
Тур жайыңнан көринис бер бийкешжан,
Бир палўан келип тур атыңды сорап.
Мәрт жигитлер минген атын тусаған,
Сөз салмағы саған жүдә босанған.
Түр-бийнесин көре алмадым анықлап,
Сөз тымсалы аса батыр қусаған.
Тум-тусына жаў қуралын тағынған,
Ақ гиреўке, ақ саўытын жамылған,
Атыңызды сорап батыр келип тур.
Дийдарыңды сениң аса сағынған.
Не болса да түрин көрген пайдады.
Көринди ишинде әрманлы дағы,
Анаў-мынаў адам емес ойласам,
Бассынғандай әжайып сөз айтады,
Алқысса айтып жеңгеси,
Саз даўысқа салады,
Гүлайымдай перийзатың,
Жүдә мийри қанады.
Жас жүреги дүрсилдеп,
Жаны қурбан болады,
Ашықлықтың ҳәсери,
Кеўлине дәрт салады,
Сөз мәнисин шеше алмай,
Кеўли ҳайран болады,
Қуўанышлы кеўлине,
Асығыслық салады,
Ғайыбана батырды,
Көрген еди түсинде,
Ядына соны алады,
Тилек тилеп алладан,
Сол шығар деп ойлады,
Ашықлықтың дағына,
Жүреги оттай қайнады,
Қуўанышқа шыдамай,
Шашырап жайдан турады,
Ҳәўес болып көрмеге,
Жүзи гүлдей жайнады.
Талдай бойын бурады,
Қара шашын тарады,
Ара берип өзине,
Сүрме жағып көзине.
Тал итыбықтай таўланып,
Аўзынан шыққан демлери,
Сары алтындай пуўланып,
Қалың питкен қара шаш,
Мойнына оралып,
Сымдай беллери буралып,
Кеше-күндиз аҳ урып,
Шын ашығын ядына алып,
Кеўлине қыйлы қал салып,
Отаўда турып керилип,
Не айтады екен Гүлайым,
Ол майданға сүрен салып:
Ат шаўып арқасы қозған,
Сағынышта мойнын созған,
Айтың аты-жөниңди,
Кимсең уйқымды бузған.
Аңламай оңлы-солыңды,
Сермеп буншама қолыңды,
Не себеп келген адамсаң,
Айтың аты-жөниңди.
Жырақ едим жаман аттан,
Тынбай бедеў атын шапқан.
Айтың аты-жөниңди,
Кимсең маған қустай қапқан.
Төкпеңиз бизден намыс-ар,
Болып жүрмеңиз гүнакар,
Кимсең уйқымды бузған,
Ҳасылыңнан берип хабар.
Мазалы сөзиңди молайт,
Белгили мақсетиңди айт,
Биймезгил ўақ неге келдиң,
Ким болсаң да кейниңе қайт.
Бир нышан бар ғой өзиңде,
Айтың мазалы сөзиңди,
Ермек қылып жүрген болсаң
Оярман еки көзиңди.
Баўырыңды тилдирермен,
Үш ағашқа илдирермен,
Сөзлериңнен ялған шықса,
Азап берип өлтирермен.
Шыдамайман ойыныңа,
Қанлар толар қойынына,
Ермек қылып турған болсаң,
Арқан түсер мойыныңа.
Жарақ алыпсаң қолыңа,
Кесек таслама жолыма,
Арт жағың күшли болмаса,
Түсе бер келген жолыңа.
Қайғы түспесин басыңа,
Ғарға қонбасын лашыңа,
Сүйгеним болсаң иркилмей,
Неге келмейсең қасыма.
Анық болсаң бизге қардар,
Өзиң болсаң елге сәрдар,
Иркилмей неге келмейсең,
Шыннан болсаң бизге қардар.
Алқысса еситип буны қуў тазын,
Кеўилин жүдә тасырып,
Қуўқыллығын асырып,
Оқыранып күледи,
Аяғы бирден жер илип,
Айтылған сөзге ерип,
Нар текедей керилип,
Тәўекелге бел байлап,
Кеўили аламды жайлап,
Сөзлеринен мәни аңлап,
Бай улындай байпаңлап,
Ийтелгидей жайтаңлап,
Майданға шықты Гүлайым,
Ашықтың хабарын аңлап.
Қара шашын тарады,
Нар түйедей жарады,
Гүлайымдай перийзат,
Тумлы-тусқа қарады,
Келисип турған қаяғы,
Қолында тал таяғы,
Қызыл шақа қол-аяғы,
Ашыўланып Гүлайым,
Жойтты кеўилди баяғы,
Аты мәлим ҳәммеге,
Қой баққан белли саяғы.
Аңлай-аңлай қарады,
Жоқты сирә уйқасы,
Жайлаўдан кеткен жағасы,
Жоқ қәўендер ағасы,
Майқабақтай жалтырап,
Жумыры кийген таз басы,
Күни менен сол екен,
Жер теңселткен сазасы,
Сүйенип тур ағашқа,
Қуў тазшаны көреди,
Пикирине түсинип,
Гүлайымдай перийзат,
Мыйығын тартып күледи.
Гүлайымға қарсылап,
Таз қушағын кереди,
Қол қаўсырып сулыўға,
Тәңир сәлем береди.
Гүлайымға көз шарлап,
Қәдди муздай ерийди,
Дийдарына берилип,
Қайта-қайта қарады,
Сулыўдың айдай жүзине.
Жүдә мийри қанады,
Сулыўлығы соншелли.
Ақыл-есин алады,
Бийҳуш болып тазшаң.
Ерки кетип талады,
Бүл дүньяға шыққанына,
Тазың ырза болады.
Гүлайымдай перийзат,
Сырына жүдә қанады.
Асқан бир ақыл данасаң,
Сөз тымсалына қарасам,
Қулақ салың Гүлайым,
Меннен саўал сорасаң,
Гүлайым сонда сөйледи:
Қандай күшке исенесең,
Рухсатсыз биймезгил,
Қалама неге киресең деп
Таздан саўал сорады,
Сер салып еки жағына,
Ким түсинбес ығламыңа.
Шаўқым салып биймезгил,
Не деп кирдиң бағыма.
Еситип оны қуў тазша,
Айтарға белли дәлил аз,
Дәлил торлап жүдә саз,
Қутыла алмады алғәрез,
Қызлар тутып анталап,
Тумлы-тустан қамалап,
Тум-тусынан сабалап,
Айтарына дәлил жоқ,
Қәдди бойы қалтырап,
Шаш шықпаған таз басы,
Майқабақтай жалтырап,
Батыр қыранды паналап,
Түрли жақтан дәлил қурап,
Келген жумысын жайлап,
Гүлайымды алдап-арбап,
Тазша не айтып турғаны:
Басыма түсирдиң ҳәр түрли саўда.
Қойымды ийирдим Қарсақлы таўға.
Алып келдим атақлы батырдың сөзин,
Гүлайым тилеймен жанымды саўға.
Отыр едим Қарсақлының басында,
Таң қалғандай Қара тулпар астында,
Қосық айтып Гүлайым деп аҳ урып,
Атақлы бир батыр келди қасыма.
Әлий менен Гарўешипниң ураны,
Мыңға тай келгендей ат пенен қуралы
Ат ойнатып саўда салып басыма.
Тезден айт деп Гүлайымның хабарын.
Лақабың сорады меннен атма-ат,
Пешенеси Әлий шерден де зыят.
Нала шекип сыртыңыздан интизар.
Қайда болур Гүлайымдай перийзат.
Ғайыбана бағшаңыздан гүл терипти.
Даңқынды еситип жанын берипти.
Сениң ашықлығың сулыўлық бейнен.
Алты ай бурын түсине аян берипти.
Ашық болып сыртыңыздан бағры қан,
Қосылсаң болады мүшкилиң аңсан,
Алыс жолдан излеп келди бир батыр,
Көриў ушын жолыңызда сергиздан.
Сениң ашықлығың ақылын алған.
Яр жолында болып бир жаны қурбан,
Гүлайымға барып кел деп жиберди,
Излеп келди сени атақлы палўан.
Батырлық бейнесин түринен танып,
Сөйлестим анықлап түрине қанып,
Келип едим сеннен сүйинши алмаға,
Атақлы батырдың сәлемин алып.
Аңламадым елдиң жақын-қашығын,
Жолыңызда қурбан әйлепти басын,
Жолына етсеңиз жанымды саўға,
Қорқытып жиберди мени ашығын.
Қорққанымнан өзим соқлықтым жарға,
Сени пана билип қамалдым тарға,
Қуўаныш пенен сениң бағыңа кирдим,
Гүлайымжан гә жарылқа, гә қарға.
Көк тулпарын салтанат пенен желеди,
Көрсең қурбан жолларына өледи,
Керек болса әнжамың же Гүлайым,
Ертең биреў бағыңызға келеди.
Алқысса Гүлайым арыў буны еситип,
Ойлап көрип мақул сөзге не қарыў.
Ҳаслы нашар, шашы узын,
Қуўанышқа жайлады,
Жолына өзин сайлады,
Жақсы сөзге семирип,
Белин толтырып байлады,
Енағардың тазшасы,
Ялған сөз бенен байлады.
Қуўаныш кернеп денесин,
Ашылған гүлдей жайнады,
Ҳәр нәрсе салып есине,
Түсинбей ерте-кешине,
Таңланып пешенесине,
Онбес күн өтти арадан,
Таң қалғандай бир батыр,
Енген еди түсине,
Жуп үстине жуп болды,
Сол шығар деп ойлады.
Ҳаслы нашар алдағанға инанып
Тазды азат әйледи.
Тазша қыздың сөзин барлап,
Мейри қанып көз шарлап,
Өтирик хабарды жарлап,
Алдынан зорға қутылды,
Қайтты қойына қарап,
Сөзди Гүлайымнан еситиң,
Ылайықлы бир яр еди, деп,
Ат басындай әрманы,
Қуўаныш хабар еситип,
Ышқынып тур шыбын жаны,
Атландырып қырық қызды,
Тумлы-тусқа арнады,
Ашықтан хабар еситип,
Жүректиң оты қайнады,
Қолын күтип асығып,
Жан-жағына қарады,
Ара берип өзине,
Сүрме жағып көзине,
Ярға өзин қолайлады
Сескенип дабыл даңқынан,
Жандар өте алмай қасынан,
Ярдың жолына қарап,
Барлық ис шықты ядынан.
Күтине берсин Гүлайым,
Тазшадан сөз баслайық,
Ишине сыймады әрманы,
Жантасалмай Гүлайымға,
Кетти диңке-дәрманы,
Малға жығып алыўға,
Жетпейди қуўат-пәрманы,
Тумлы-тустан көбейип,
Гүлайым қыздың қардары,
Сабап, қуўып салса да,
Ашықлығын қоймады,
Гүлайымды алыўға,
Түрли ҳәмел торлады.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Бесинши бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Үшинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: