Үшинши бөлим (Úshinshi bólim)
Алқысса сөзди еситиң,
Белине қамар ораған,
Аш бөридей жалақлап,
Жән-жағына қараған,
Хорезмниң қоласты,
Қатты қысып сораған,
Саўал сорап шыбын жаннан,
Әйне сексен жасында.
Сөз еситиң Ўайсан ханнан,
Көзлеринен от шашып,
Тилин кесе шайнаған,
Жеткенлер менен урысып,
Әбден соры қайнаған.
Әйне сексен жасында,
Белине қылыш байлаған,
Аш-жарлыны қорқытып,
Қойдай қылып айдаған,
Уятсыз жүдә қара бет,
Ишсе қанға тоймаған,
Мал орнына қумартып,
Адамнан басқа соймаған,
Жарлы менен гедейди,
Қоян киби аўлаған,
Жантасып кетсең қасына,
Бәлеси оттай ғаўлаған,
Тели менен тентектиң,
Қулағын қатты таўлаған,
Гедей халқын күнбе-күн,
Ҳүжим жасап жаўлаған,
Зейнине тийгенди,
Жоңышқадай баўлаған,
Келамылла сөзине,
Ҳәргиз қулақ салмаған,
Аш-жарлыны адам деп,
Ҳеш есапқа алмаған,
Аўыз салып тум-тусына,
Еки ийнин жалмаған,
Етип жүрген ислери,
Ҳеш бир нырққа сыймаған,
Сексен жасына толғанша,
Тартып лепсин тыймаған,
Жүдә гөрқаў, лепсиқаў,
Ондай залым болмаған,
Геллеси бар тандырдай,
Сақалы узын селпийген,
Мурты жайын қармақтай,
Аўзын көрсең ләпийген.
Оғаш-оғаш келбетли,
Кемедей мурны қайқыйған,
Түр-бейнеси қап-қара,
Маңлайы бар тайпайған,
Сексен жасқа шықса да,
Өзин жасқа арнаған,
Көбик шашып аўзынан,
Көпек ийттей ҳарлаған,
Есик-төрди көрмейди,
Белине қылыш байлаған,
Сексен жасы толса да,
Нашар деп соры қайнаған,
Нан бергенди қаст етип,
Көп жаманлық ойлаған,
Қайым келсе ҳәр жерде,
Қызынан да таймаған,
Ойлағаны жаманлық,
Сескенбейди алладан,
Дүнья менен мал көрсе,
Тайынбайды олладан,
Толып қайнап қазаны,
Үйинен адам тоймаған,
Атын ким деп сорасаң,
Хорезмде Ўайсан хан,
Ашық болып сыртынан,
Гүлайымдай сулыўға,
Мақсетли сөзин арнаған.
Қайта-қайта хат жоллап,
Изинен сирә қалмаған,
Түрин көрсең өртеңдей,
Билмейди қудай қарғаған,
Гүлайымдай перийзат,
Тилегин қабыл алмаған,
Қайтыўшыға хат жазып,
Гүлайымдай перийзат,
Түрли жуўап торлаған.
Бул дүньяны соңғы пәти,
Ер болсаң жолыңды таны,
Ашық болсаң Гүлайымға,
Қулақ сал Хорезм ханы.
Сөзимниң салмағын ойлан,
Айнымаңыз туўры жолдан,
Қазығыма әкеп байла,
Жүйрик жигирма бес ғунан.
Дүгиссем деп жүдә қуштар,
Соңын ойла ақыл дослар,
Қазығыма әкеп байла,
Жигирма бес дөнен қошқар.
Ақыл болсаң соңын қайғыр,
Минип шапқан қурышың қанар.
Қазығыма әкеп байлаң,
Ер абзаллы отыз айғыр.
Босаға бәлент бир боз орда,
Жеткергендей мықлы зорға,
Жарасық алтын аршаға,
Бөз тең болмайды паршаға,
Аўға жығып таярлансын,
Алғырпаздан қырық қаршыға.
Ҳәжети табылады мут,
Мәнисин аңлап ядта тут,
Гүлайымға қумар болсаң,
Таярла қырық қыран бүркит.
Алды бәлент, жоллары тар,
Бермеңиз қолдан намыс-ар,
Бизиң ушын таярласын,
Керек елли қара нар.
Бежерилген жолы тақта,
Ылайықлы бизиң бағқа,
Қазығына бек байласын,
Әкелип алтмыш ақта.
Сол айтқанды жыйнап тақла,
Бәрине сал беккем ноқта,
Әкеп соларды байласаң,
Жолында биз турмыз таққа.
Аржағында бар ма — жоқ па,
Билсең соның менен тоқта,
Асаўына ноқта салып,
Аржағына бизге оқла.
Мениң қалың малым солды,
Соны тапсаң баҳам толды,
Соны әкеп қолға берсең,
Аржағы саған кең жолды.
Халыққа болсын жария,
Ойлансын жетик қария,
Соны тақлап болғаннан соң,
Аржағына өзиңди арна.
Алқысса соны айтып Гүлайым
Халықтан асқан ақыл дана,
Ишлеринен күйип-жана,
Астар байлап сөзлер жазып,
Жәрдем берсин ата-ана,
Түсиндирип дара-дара,
Қалың айтты үш жүз қара,
Гүлайым сөзлерине барбаз байлап,
Хат қайтарды ханға арнап,
Әне хан ақылгөйлерин жыйнап,
Гүлайымнан хат келди,
Оқып бериң халыққа жарлап,
Бүркит пенен қаршығасын,
Айғыр менен ақтасын,
Қошқар менен қара нарын,
Оқып берди зарлатып.
Ўайсан хан сонда қуўанды,
Жәми жүз қараға жетпейди,
Оның несине қыйналаман,
Ерте бастан ойланайын,
Салтанат тутып барайын,
Айдап берип қалың малын,
Сулыў қызға яр болайын,
Деп ҳәмелдарларын жыйнап,
Асығыста атланбақ болды,
Аш жолбарыстай ақырды,
Ҳәмелдарларын шақырды,
Шынтық ўәзир деген ақылгөй
Гәп мәнисин аңлап, ханға қарап,
Тақсыр, ханым, бир сөзлер бар,
Айтпаға баталмаймыз деди,
Бир қасық қанымыздан кешсең,
Айтып берейик деди.
Айт — кештим деди хан.
Бул айтқан қалыңы сизге
Үлкен сын екен, деди ўәзир,
Көринип тур қара, ағы.
Салыпты кеўлиңе дағы.
Таллап-таллап шешсеңиз,
Мынадай гәптиң тымсалы:
Өтипти өмириңиз бир талай,
Есаплап көрсем бир мың ай,
Жигирма жаста адамзат,
Секирген тай ғунандай,
Өкиниште өттиң бе,
Сонда пайыңды ала алмай,
Деген гәптиң тымсалы,
Кеўлиң мысал ушқан қустай,
Қыз қыдырып күн-түн удай,
Жигирма бесте адамзат,
Қумарытар қошқардай,
Бунда босқа өтипсең,
Кеўлиңниң дәрти табылмай,
Деген сөздиң тымсалы,
Тилегиңди берип қудай,
Жуўырып желер яр деп удай,
Жигирма бес — отызда,
Кеўлиң қыран суңқардай,
Қайда қалдың сол ўақта,
Қумар шериң тарқамай,
Деген сөздиң тымсалы.
Қырда, ерге атың шаппай,
Қатарыңа қустай қаппай,
Отыз бесте адамзат,
Ертлеўли айғыр аттай,
Қайда қалдың дегени,
Сол ўақта мийриңиз қанбай,
Деген сөздиң тымсалы.
Жоны толар жедел рухқа,
Шығады сөзлери нырққа,
Қаршығадай қанат қағып,
Жигит жуўырып желер қырықта,
Бунда мийириң қанбаған ба,
Деген сөздиң тымсалы.
Қәҳәрленер жаўынлы жут,
Жалын шашып бир жанған от,
Қырық бес жаста адамзат,
Мысалы бир қыран бүркит,
Бунда мийириң қанбаған ба,
Деген сөздиң тымсалы.
Тасып-толып қайтты қәҳәр,
Саратан менен өтти бәҳәр,
Елли жаста адамзат,
Мысалы жүкли қара нар,
Жасың толды дегени,
Ойласаң сөздиң тымсалы.
Шүкир әйле ығбал баққа,
Нәзер салмаңыз жан-жаққа,
Алпыс жаста адамзат,
Тымсалы бир ақта,
«Шүкир ет» деген тымсалы.
Сабыр әйле тоқта, тоқта,
Сораса жетмиш ноқта,
Өз өзиңди ноқталап,
Сыйынсаң бойма бәрҳаққа.
Жасың жетписке жетти,
Деген сөздиң тымсалы.
Сораса сексен бес серке,
Сәлле орап басыңа,
Сыйынсаң бойма бир пирге,
Сексенге шыққан саксен,
Басың киреди гөрге,
Деген сөздиң тымсалы.
Аңла, аңла жолың таны,
Сөзиңниң жоқдур жалғаны,
Жасың жетти сексенге,
Маған күшиң жетпейди,
Деген сөздиң тымсалы.
Гүлайымның сөзиниң,
Сол менен тамам болғаны.
Алқысса Гүлайым,
Ақылға сондай бай еди,
Kөрген жигит дийдарын,
Қанша қапа болса да,
Жүдә кеўли жай еди,
Қәдирин шын билгенге,
Мың кисиге тай еди,
Түрин бақлап қарасаң,
Он төрттен туўған ай еди,
Саркоп пенен сыбайлас,
Тәртиби бир, жабы бир,
Шегаралас жер еди,
Гүлайым менен заманлас,
Бир сыбайлас еди,
Ашық болып Гүлайымға,
Нешшелер әрман шерледи,
Халық ишинде айрықша,
Аты мәлим сорлы еди,
Халыққа мәлим Сайымбет,
Бириниң аты Әширбай,
Бириниң аты Сарыбай,
Қулбай лаққы дер еди,
Аты мәлим халыққа,
Гүлайымның теңи еди,
Сыры мәлим халыққа,
Қайсарлардың бири еди,
Сулыў көрсе сөз салыў,
Төртеўиниң де кәри еди,
Гүлайымның соңында,
Әўел бастан бар еди,
Яр қылғайман сени деп,
Өлгейлиден қардар еди,
Қупыяда сөйлесиў,
Кеўилинде бар еди,
Бир көрсем деп дийдарын,
Кеше-күндиз зар еди,
Қалайынша келтире алмай,
Ат басындай әрман еди,
Гүлайым деп сыйынып,
Сырттан сәўер яр еди,
Биринен бири қызғанып,
Иши толы ар еди,
Мақсетин туўры айта алмай,
Айбатынан бата алмай,
Гүлайымдай сулыўды,
Бир көрмеге зар еди,
Төртеўиниң әдети,
Толы журтқа жары еди,
Ашық болып Гүлайымға,
Оттай бағры қамылды,
Өзин өзи барламай,
Сөзлеринен жаңылды,
Атын айтып зар болып,
Аш буўрадай сабылды,
Үй-жайы жоқ саяқ деп,
Жаман атлар тағылды,
Ел бузыўшы ғар деген,
Қара күйе жағылды,
Сыр билдирмей ашықлар,
Бирин бири аңлыды,
Гүлайым деп аҳ урып,
Тәўбе қылып табынды,
Жантасалмай қасына,
Сыртта жүрип сағынды.
Кеше-күндиз яд етип,
Аш бүркиттей шабынды,
Ядыңа алсаң бизлерди,
Айтқан сөзиң қабылды,
Ашық болып сыртынан,
Кеўли аттай шабылды.
Жантасалмай қасына,
Лақабына бағынды,
Ҳақ яратқан бар болсаң,
Гүлайым еткей ярымды,
Бир көрсетсең дийдарын,
Алғайсаң шыбын жанымды,
Бағыш еттим жолыңа,
Бир қасықтай қанымды,
Бағышлайман жолыңа,
Писентимде барымды,
Өлгениме ырзаман,
Мен яр қылсам Гүлайымды.
Ишлери оттай жанады,
Сулыўлығы Гүлайымның,
Ақыл-есин алады,
Дабылына, атына,
Мынаў турған жигитлердиң,
Жүдә мийри қанады.
Бирин бири қутқармай,
Жәмлесип басын қурады,
Шынты менен табынып,
Ашыққа өзин санады,
Бири биринен жасырмай,
Аўлақта ашықлар,
Бир бирин айтады.
Ҳәр қайсысы өз өзин,
Гүлайымға арнады,
Сыртынан зарын тартады,
Маанети артады,
Гүлайым деп аҳ урып,
Тартыслы сөзин баслады,
Гилең жарлы гедей тобы,
Шегаралас шерик жабы,
Гүлайымды яр тутыў,
Төртеўиниң де талабы.
Ышқы отына күйип-жанып,
Жүзин көрсе естен танып,
Лап урады майданда,
Гүлайымдай сулыўды,
Бир биринен қызғанып,
Әшир сәрдар не дейди,
Гүлайым деп зарланып:
«Түссе келбетиң ойыма,
Жаным қурбандур жолыңа,
Гүлайым сени яр қылсам,
Писентимде барымды,
Сарп еткеймен тойыңа,
Алтын гәўҳардан жүзигин,
Болмағай мақсет үзигим,
Шыбын жаным жолыңа,
Гүлайым көрсем қызығын.
Аўлақта басын қурады,
Гүлайымның хабарын,
Жолаўшыдан сорады,
Соны алмай неси бар деп,
Қулбай лаққы лап урады,
Сарыбай олардың кеўлин барлап,
Пикирин алыў ушын ортада жарлап,
Аўзын бағып, жигитлердиң, аңлып,
Айтқан сөзи екен сулыўды қорлап.
Налыс қылып сөз айтасыз майданда,
Бахтыңнан көрерсең тийисли жайда,
Майданда лап урып әўере болмай.
Мен турғанда сизге Гүлайым қайда?
Көрген ўақта ядқа салар,
Қуда берсе бахыт қонар,
Ҳәлек болмаң сен жоралар,
Гүлайымды дәкең алар.
Көргенлик ашықлық көзимди,
Сарғайтпаң ақша жүзимди,
Алтынға қаплар Гүлайым,
Еситсе, мениң сөзимди.
Мына сөзди еситип,
Не дейди сонда Сайымбет,
Айрылмастай шын досты,
Гүлайымға басын қосты,
Мына сөзлердиң салмағы,
Сайымның өкпесин осты.
Аш жолбарыстай ақырды,
Бир бирине айтып сырын,
Алайын ба басыңды,
Жаңлатпа жаўдай тасыңды,
Гүлайым қыз меники,
Қысқарт заңғар налысыңды,
Тәўбеге кел, ырайдан қайт,
Тилге баспа, басқа сөз айт,
Мен аламан, мен аламан.
Ыңқылдыңды сенлер азайт.
Бирин бири састырып,
Қуўып атқа бастырып,
Азабы жаман артады,
Бир биринен қорқады,
Бир бириниң сырын билип,
Әрман шерди молайтады,
Бириниң сөзи бирине,
Оқтан бетер қатады,
Қулбайдың айтқан жуўабы,
Сайымбетке батады,
Қыя майдан далада,
Қара қанлар жутады,
Бир биринин сөзлери,
Сүйегинен өтеди,
Биринен бири қәўип етип,
Басларына жетеди,
Мақсетине жете алмай,
Гүлайымды көре алмай,
Гүлайымның жолында,
Бәри дүньядан өтеди,
Оны көрген әрман жоқты,
Көрген жанның кеўли тоқты
Айтқан сөзи ожел оқты,
Гүлайымның жолында,
Ашық жигит жүдә көпти.
Алқысса сондай Гүлайым,
Көргенниң алып айын,
Жибермей үлестен пайын,
Не керек болса сол тайын,
Тутынып шекери-шайын,
Дәўран сүрди бағында,
Яд етип қәдир қудайын.
Қатарлас теңи табылмай,
Кеўлине түсти уўайым.
Қатар, теңим табылғай деп
Тилек тиледи күн сайын,
Айтқан тилеги болмай,
Ашықлық кернеп иш сарайын,
Көкиреги қаратаўдай,
Бир қаншаға берип саўға,
Қулақ салды Гүлайым,
Қаяқта бар жәнжел ғаўға.
Бир яр дийип гүрсинип,
Жас жүреги дүрсилдеп,
Иши жанып аҳ урып,
Жатыр еди атаўда,
Әйне сәҳәр ўағында.
Бир әжайып түс көрди:
Қара тулпар астында,
Қоңыраўлы найза дәстинде,
Дулығасы басында,
Жүргенлиги белгили,
Гүлайымның қастында,
Жигирма бестиң шамасында,
Мың рахмет айтса болар,
Оны тапқан анасына,
Қап таўындай тулғасы,
Кимлерге екен жалғасы,
Қырық адамға тай келер,
Бир өзиниң баҳасы.
Көринип тур жүзинде,
Ашықлықтың шоласы,
Қалқаны бар қолында,
Жаў қайтарыў ықласы,
Түрли нышана аңлатар,
Ғайраты қырық мыңға татыр,
Гүлайымның түсине,
Аян берди,
Сол сыяқлы бир батыр.
Қызға қарап не деди:
Қәҳәрленип арысландай ақырды,
Қызықлы сөзлерин айтып лап урды,
Есигине тайын болып бир қайсар,
Гүлайым қыз бармысаң деп шақырды.
Астында ылайық қара көк аты,
Бендеге нәмәлим жақыны, жаты,
Нәзеринде жанлы бенде тура алмас,
Әлийден кем емес сын-сымбаты.
Көзиң түссе қапа кеўлиң болар жай,
Қарсыласса қырық мың жаўға болар тай,
Тайын болды таң қалғандай бир батыр.
Жай қуралы турпатына сайма-сай.
Жатқызбады мени ышқы жамалың,
Қутлы болсын қорғаныңыз - камалың,
Лақабыңа қырық күн сергиздан болдым,
Гүлайымжан еситип сениң хабарың,
Дийдарыңа болдым сениң интизар,
Душпан болса талқан етиў бизиң кәр,
Қырық күн болды сергизданман жолыңда,
Түсиме енип бир ышқылы сәўер яр.
Түсимде көргеннен бийне-нышаның,
Ашық болдым ишке түсти пушманым,
Кеше-күндиз жолыңдаман сергиздан,
Шын майданға көрсет жүзиң—рәўшаның,
Сени излеп қырық күн гездим удайы,
Табылмас дүньяда оның теңи-тайы,
Ышқылы перийзат түсиме енди,
Сол сулыўдың атын айтсам Гүлайым,
Туўған жерим мениң алыста қалды,
Тәрк еттим жолыңа көп дүнья-малды,
Дийдарыңа ашық болдым озалдан,
Сулыўлық бийнеси, жанымды алды.
Гүзар жоллар салдым нешше адырдан,
Қалмақтың жаўыман таўда жатырған.
Қырық күн болды излеп атқа мингели,
Ҳасыл кәрим ел қорғаған батырман.
Тилла саўыт қуралым бар қолымда,
Ядымнан қалмадың оңлы-солымда,
Жаным алды жарқыраған жамалың,
Шын ашықпан сергизданман жолыңда,
Алқысса Гүлайым шоршып оянса түси екен.
Не болғанын билмеди, көзи жерди көрмеди,
Ояқ-буяғына таңланып қарап, ҳайран болды.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Төртинши бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Екинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: