Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Екинши бөлим (Ekinshi bólim)


Алқысса, сонда Гүлайым,
Қолаң шашын түйеди.
Бадана көзли ақ саўыт,
Он ийнинен кийеди,
Көкиректиң ақлығы,
Қызына дуўа тийеди,
Қаршығадай қағынып,
Атқа қарғып минеди,
Азап келип қол талмас,
Дарыған жерде жан қалмас,
Алмасты белге иледи,
Аттың басын оңғарып,
Гүлайымдай перийзат,
Алдына қарай дөнеди.
Қара таўды жағалап,
Баса қонған ел еди,
Гүлайымның жеделин.
Барлық халқы биледи,
Гүлайымдай перийзат,
Өз күшине сенеди,
Айдағанда Қарагер,
Қустай көкке енеди,
Бир нешелер қуўанып,
Бир қаншалар күледи.
Қайғы етпей дүнья-малдан,
Белли рухсатын алған,
Қарагер атын ойнатып,
Гүлайымдай перийзат,
Елатын етти тас-талқан.
Шуғыл сөзге ермеди,
Атасына ерк бермеди,
Аш жолбарыстай шабынып,
Денесин күш кернеди,
Атағынан сескенип,
Ханды көзге илмеди.
Жүзбасы менен найыбын,
Шопанындай көрмеди.
Азатлыққа жол излеп,
Тил менен қылыш сермеди.
Душпанның тилин алмады,
Сөзине қулақ салмады.
Жалынса да не беглер,
Хызметине бармады,
Ерси-ерси ис қылып,
Билгенинен қалмады,
Сәрдарлардың жүрегин
Өткир көз бенен қармады.
Азатлықтың жолына,
Барлық күшин арнады.
Хат жоллады биразға,
Пикири алысқан сазға,
Мақсетлеп жағымлы жазға,
Сатылған қызлар келиң деп,
Салды халыққа дағаза.

Бир қыялды ойлады,
Батырға өзин сайлады,
Белине садақ байлады,
Қыйынға өзин жайлады,
Ақыл берип жарлыға,
Бүлбилдей тили сайрады,
Қырын қарап бәрҳама,
Ханға тисин қайрады,
Аты шыққан қызды сорап,
Еллерди тинтип барлады.
Шыбын жанын қыйнады,
Жас қызларды нәсиятлап,
Қызыл тилин тыймады,
Ҳаллас урып жүреги,
Қанасына сыймады.
Жансыз жоллап халықтан,
Малға ерксиз сатылған,
Айы мезгилсиз батқан,
Әрманлы қызды жыйнады.
Сатылған қызлар қуралып,
Әтирапына сыймады.
Ат шапқан майдан тақыры,
Өсек айтып лап урды.
Дәртли болсаң кел дейип,
Қапталына шақырды.
Белине садақ орады,
Жаўған қардай борады.
Тай келгендей өзине,
Қырық қыздың басын қурады
Сарыжайын оңлады,
Азатлық заманды жоқлады,
Аш-арықтың балларын,
Әтирапына топлады,
Қыйынға өзин арнады,
Байлардың бетин тырнады.
Ханды көрсе қырынлап,
Ықлас пенен ат салып,
Аштың жырын жырлады.
Ықлас пенен тақ турды,
Тум-тусқа атты шаптырды,
Не әрманлы қызларды,
Жоқ жеринен таптырды,
Қарагер аты астында,
Қоқыраўлы найза дәстинде,
Әйне жигирма жасында,
Басына ерки жетпеген,
Қырық қыз келди қасына.
Байдың өкпесин басады,
Талқан етип елатын,
Қырық қыздың басын қосады
Азатлықтың жолы деп,
Гүлайым қайнап йошады.
Ханлар менен қас болып,
Жылаған менен дос болып,
Түрли ақыл табады,
Гүлайым сулыў бас болып.
Қара шашын тарады,
Қырық қызын ертип Гүлайым,
Сары атаўға барады.
Не тамаша жумысқа,
Қызлардың бети қарады.
Киристи жедел қарыўға,
Абат болды қаласы,
Сулыў менен арыўға,
Мақсет қылды Гүлайым,
Сары атаўдың бойына,
Атына қала салыўға,
Халықты хабарландырды,
Адам арнап халықтан,
Шебер уста алдырды,
Атын атап «Қырық қыз» деп
Гүлайымдай перийзат,
Атына қала салдырды.
Көргенди қайыл қалдырды,
Душпанның ишин жандырды
Айтқанына көнбеген,
Нешшени естен тандырды.
Шийрин жанын қыйнады,
Жылаған көрсе сыйлады.
Халық ишинде атақлы,
Уста қоймай жыйнады.
Басын жыйнап устаның,
Гүлайым хызмет буйырды,
Қырық қызына бас болып,
Зәребесин үйирди.
Пақшаларын оймалап,
Ақ шойыннан қуйдырды.
Тас гербиш пенен лалыны,
Қырман менен үйдирди.
Басын қурап қырық қызды,
Дәлилине турғызды.
Өрнек болып халыққа,
Көрмегенин көргизди,
Тамашалы жол баслап,
Тәртибине жүргизди,
Бенде болған қызларға,
Шадлы дәўран сүргизди.
Қаласының қорғанын,
Он аршыннан ойғызды,
Абат болсын аш-арық деп,
Топарлап мал сойғызды,
Гүлайым сәрдар бас болып,
Сапасын истиң жүргизди.
Сиясатлап көргенди,
Жумысын алға ендирди.
Қыңыр менен бузықты,
Маман қылып көндирди,
Талқан етип үстинде,
Қарагер атын желгизди,
Дәрўазаның жақлаўын,
Шын полаттан қуйғызды,
Маңлайшасын оймалап,
Мәрўерт тастан қойғызды.
Бийиклиги жүз аршын,
Пақшалары жети аршын,
Тас гербиштен өргизди,
Он мың адам жай болар,
Иргесин кеңнен қурғызды,
Сары атаў деген даладан,
«Қырық қыз» деп қала турғызды.
Қарғалығын қанатлап,
Жуп шам-шырақ қойғызды,
Келбети оның соныңдай,
Таң қалдырды көрген көзди,
«Қырық қыз» деп оның лақабын,
Алдына сәне қойғызды,
Кемис жерин, қәтесин,
Арайыслап жонғызды,
Гүлайым деп алдына,
Алтыннан атын ойғызды.
Төрт қәддине қаланың,
Әткөншекти қурғызды.

Алқысса атасы Буўрабай,
Сексенге шығып ҳарыды,
Жасы жетти ҳарыды,
Аттың жалын таллап өрди,
Боз орданың артын түрди,
Сәрсенби күни сәҳәрде,
Жатыр еди ордада,
Бир әжайып түс көрди,

Түсинен қатты сескенди,
Ядынан сирә қалмады.
Қариялардың басын қурап айтыўға,
Ҳеш бир батылы бармады.
Көрген түсиниң бағдары,
Иши-баўырын қарнады.
Тәўекел қызын шақырып,
Көрген түсин баянлап,
Атасы турып толғады:

Атымның басын тартайын,
Қәтеге кетсем қайтайын,
Әрман, шерим молайтайын,
Айып көрме перзентим,
Түсимди саған айтайын:

Тереңнен алып ойлайын,
Душпан алар ма қолайын,
Әжептәўир түс көрдим,
Қулағың салың Гүлайым.
Солмекен әзелде қәўил,
Әйне сәске ўағында,
Қубладан ести бир даўыл,
Елимди тегис қыйратты,
От тийгендей болды аўыл.
Бул не болар жалғызым.

Теңселдирди қара жерди,
Оған дуўшар қылмағай,
Халық әйлеген гүнакарды.
Теңселдирди аяғым,
Қолымда бар тал таяғым,
Жүр екенмен мал қайтарып,
Қарсылап шықты алдымнан.
Баўыры шубар ала шер,
Айбат шегип ақырды,
Жүрген жерим тақырды,
Қашыўға имкан болмады,
Қақ басымнан жалмады,
Бул не болар, жалғызым?
Қатары питкен ақ сөкит,
Шабынып жан-жаққа өтип,
Тур екенмен абайсыз,
Ғайыптан келди аш бүркит,
Тайдырмады табаным,
Бермеди заңғар ҳамалым,
Асылсам күшим жетпеди,
Өтти басымнан заманым,
Бул не болар жалғызым?

Жаздың сары күни екен,
Миндим Қара жалымды,
Қақ жарып қыя қалынды,
Аралап көлде жүр едим,
Тоғыз түлик малымды,
Тилеги жәнжел менен урыс,
Қанаты желли кеўли хош,
Сарқып келди қубладан,
Қанаты қулаш Қара қус,
Айбынбастан нәзер салды,
Қаст әйледи шыбын жанды,
Айқассам күшим жетпеди,
Ерксиз төкти қызыл қанды,
Кақ басымнан пәнже урды,
Қыямет базарын қурды,
Жалынсам тилим алмады,
Геўдемнен басып омырды,
Бул не болар жалғызым?

Гүмбирлесип дағы-дашы,
Мысал көзи жанған паныс,
Арба көкирек билек арыс,
Қарсы алдымнан дус келип,
Қутқармады бир аш жолбарыс,
Мүшкил болды мениң ҳалым,
Улы-шуў болды қара малым,
Айқассам күшим жетпеди,
Елди ўайран етти залым,
Бул не болар, жалғызым?
Өтти басымнан заманым,
Түсти қараңғы думаным,
Қараңғыда туншығып,
Көринди елим бийгүман,
Бул не болар, жалғызым?

Алқысса бул сөзди еситип Гүлайым
атасына алдында болажақ ислерди айтып,
алдын болжап, бир қаншасын арнап, атасына
қарап не айтады екен толғап:

Халық әйлеген болғай ата сизге яр,
Қызыңыздың жети журтқа данқы бар,
Ақыбети не боларын билмеймен,
Небир душпанларым сыртымнан қардар.

Ҳешбир жерге сөзи өтпейди қаллаш,
Бир нешшениң сыртымыздан бағры даш,
Билмей турман ақыр жағын не болур,
Қызың ушын ҳәрким сыртыңнан талас.

Дабылың ҳәр жаққа түскен сиз байсыз,
Ойласаң душпаның есапсыз, сансыз,
Ойлап көрсең бурыңғыдан қалған жол,
Қызы бардың басы болмас ғаўғасыз.

Алдыңда көринди қайғылы заман,
Байланбағайдағы аққан бул сағаң,
Ақыбети не боларын билмеймен,
Қызың ушын сансыз қалмақ таламан.

Ишиме сыймай тур мениң пушманым,
Аңладым душпаным сырым ашқаның,
Ақыбети не боларын билмеймен,
Ата, сениң досыңнан көп душпаның.

Аңламай турыппан қарасын, ағын,
Ашқай халық әйлеген қызыңның бағын,
Үш жыл болды қалмақ бизге таламан,
Қызыңды алыў мақсет пенен талабы.

Басы, аяғын жыйнап қурады басын,
Ғамланып жыйнады урарлық тасын,
Таярланып бизиң елге шабыўға,
Мәкан басты Аштарханның жағасын.

Күшин жыйнап алды-артыңнан орады,
Аўҳалыңды ҳәр бир жерден сорады,
Таярланып бизге Елексан қалмақ,
Күшин жәмлеп бәри басын қурады.

Күшлери өркенлеп ҳәддинен асты,
Мусылман әўладын саўлаты басты,
Жети жылдан бери қуралын жыйнап,
Мақсет пенен мурады қызыңда қасты.

Бизиң ушын тенде бағры кәбапты,
Ҳеш бирден табылмай тур себапты,
Шын мақсети бизиң елди қыйратыў,
Елексан хан күни-түни ат шапты.

Көринеди қыйыры жоқ ала шаң,
Қызыңның лақабы жетти журтқа даң,
Еки жылдан саўаш майданы қызып,
Үстиңиз болады үлкен топалаң.

Сарлап ағар қызыл қанның дәрьясы,
Ойран болар дин мусылман қаласы,
Аш жолбарыс жалмаса сениң басыңды
Сарсаңлыққа салар қалмақ патшасы.

Аққан сағаңды байлағаны,
Елиңе жаў айдағаны,
Арқаңнан ескен қатты жел,
Қалмақ елиңди жайлағаны.
Даўыл соғып қыйратса,
Басшыларыңды өлтирип,
Жаўдан елиң қыйрағаны.
Мал қайтарып жүргенде,
Қарсыласып шыққан ала шер,
Елександай залымның,
Сени ийтше талағаны,
Ойран етип залым шүршит,
Ғайыптан келген аш бүркит,
Залым жаўдың айбаты,
Қуўырылса заманың,
Басыңа түскен думаның,
Сансыз әскер талағаны,
Арадан өтер еки жыл,
Бузылар тыныш жатқан ел.
Қубладан ескен қатты жел,
Қалмақлардың айбаты.

Сөзлеримнен шықпас ялған,
Басып турған сени салдар,
Ким өледи, ким қалады,
Билмеймен, жериңде сел болар
Халықтың қаны.

Қайғыланба, атажан,
Ислей бер мақсетли кәриң,
Көринип тур саңлағы,
Душпан төгер намыс-арың,
Мен аңладым жан ата,
Алдыңызда не боларын.
Тисиң қайрап залым қалмақ,
Тартқан бир нешениң зарын.

Еки жылдан қалмақ келип,
Ойран етер мүлки-малың,
Халық әйлеген оңғармаса,
Аңлап турман жолық тарын,
Арың кетпес душпаныңда,
Қуўат берсе қара нарың,
Жолыңда қылыш шабарман мен.
Бийзар әйлеп тәнде барын,
Ар жолында жаннан кешиў,
Мақсетим менен талабым,
Ҳаўлықпаңыз, қорықпаңыз,
Саў болсын мендей сәрдарың
Қызың ушын ҳәс жерде,
Кепти сениң қандарың,
Түс—түлкиниң боғы деген,
Сөзи бар ата-бабаның,
Жүрегиме түсирме,
Жаҳанның қайғы-салдарын,
Ядыңызға түсирмең,
Жаҳанның суўық хабарын,
Мен тегислеп жол саларман,
Небир аспа бийик жарып,
Ғайрат етип бузарман,
Шар түспеген қалың-қарын,
Елди бүлдирип шуўлатқан
Көрмегеймен мен ҳазарын,
Жаўдан қайтып саспа жүрек
Көрермиз тағдир жазғанын.
Тыңламаспан ишалла,
Қарап мойнын созғанын,
Опат қылып сындырарман,
Таслаған илгир қармағын,
Ҳәр бир жерде сеземен,
Симсиклердиң айғағын,
Бир айқасып көрсем деп,
Мудам тиследим бармағым.
Яманның сырын ашайық,
Қәте жерин таслайық,
Енди сөзди досларым,
Гүлайымнан баслайын.

Жылағанды күлгизди,
Халқына дабыл таратты,
Жыйнатып қайтпас полатты.
Қорғанын тезден питсин деп,
Атасының малының,
Еки есесин жаратты,
Қаласына Гүлайым,
Көргенди ерксиз қаратты,
Халайықтың жолына,
Берди күшли дараматты,
Халықтың тилегин тилеп,
Берди күшлер кәраматты,
Жөн билмеген наданлар,
Жапты бираз кәраматты,
Керегин халқы жыйдырды,
Шын дослығын билдирди,
Тайынлатып керегин,
Ҳәдден зыят үйдирди.
Күтинип душпанның ғайын,
Таярлап қуралы шайын,
Питкерип «Қырық қыз» қаланы,
Кетти мақсетке Гүлайым.
Тайынды бәрше жақын жат,
Айтты қызларға рахмет,
Орынланып ҳәмри халқынан,
Тийди иске шарапат,
Гүлайым қурды салтанат,
Ойланып исти ядынан,
Қаласының әтирапынан,
Бағманларды жыйдырып,
Тарттырады қыяман,
Жәрдем берди ҳәр адам,
Гүл бақшаларға еккизди,
Таққа турып көп бағман
Гүл бақшалар көгерип,
Жетиледи ай-айдан,
Әне-мине дегенше,
Үш жыл өтти арадан,
Әтирапы бағ болып,
Қаласы болды абадан,
Бағларының арасы.
Болды нешше сарайман,
Бағы-бақша жетилип,
Шәҳәри толды мийўадан,
Не керегиң табылып,
Тум-тустан бүлбил сайраған,
Бахыт қонып басына,
Абат болды кең майдан,
Ашылды бағдың лаласы,
Аллаға жетти наласы,
Не керегиң табылып,
Атаңды «Қырық қыз» қаласы,
Бөденелер сайрасып,
Күлисти халықтың баласы,
Ойлап тапқан Гүлайым,
Адамзаттың данасы,
Ырғалысып мийўаның
Аламға түсти шоласы,
Келди тумлы-тустан адам,
Қорқып қайтты нешше ладан,
Атанып «Қырық қыз» қаласы,
Айтар болды ибадан.

Қырағылық етти жастан,
Аты жүйрик ушқан қустан,
Мийўа жыйып гүл ашылып,
«Қырық қыз» болды бағы-бостан.

Ойын-күлки күнде базар,
Жәбри, зулым жоқ бийҳазар,
Бүлбил қуслар сайраған,
Қаласы болды лалазар.

Тарттырып нешшеге зарын,
Қоллап гедейдиң уранын,
Қырық қызына таярлады,
Аты әсбап, жаў-қуралын,

Тум-тусқа бедеў байлады,
Батырлық қурал сайлады,
Тәртип берип қызларына,
Бағында ойын ойнады.

Қапалы кеўлин хошлады,
Таныды душпан, досларын,
Батырлық өнер үйретип,
Бағында өнер баслады.

Ҳәр түрли кәрин үдетти,
Қылыш алып шабысып,
Батырлық өнер үйретти,
Қарсыласып, айқасып,
Жаўға найза түйретти.

Оқып саўатларын ашты,
Жақынлатты алысты,
Пәрәңги найза қолға алып,
Майданда атлар шабысты.

Кем-кем өнерлери асып,
Бири қуўып, бири қашып,
Өзин-өзи шынықтырды,
Бир-бирине найза басып.

Жаў қуралларын жыйдырды,
Мақсетин халыққа сыйдырды,
Батыр қылып қырық қызды,
Бадана саўыт кийдирди.

Бола қойса қыйын заман,
Үйретти оқ атпақ ҳамал,
Шынықтырып қырық қызды,
Оқ атыўға етти маман.

Талқан етип атлар шаўып,
Ҳәр түринен өнер таўып,
Қызларына кийиндирди,
Ақ гиреўке тилла саўыт.

Кеўили аламды жайлады,
Белине садақ байлады,
Батыр қылып қырық қызды,
Қарсы жаўға таярлады.

Ат шабысты бәлент таўға,
Излегени жәнжел, ғаўға,
Маман етти қырық қызларын,
Атысыўға, шабысыўға.

Алқысса алдым болжайын,
Жаўдан елимди қорғайын деп,
Қырық қызына бас болып,
Атланды батыр Гүлайым.

Гәўҳарлар шашып бет алды,
Душпан тутып патша, ханды,
Азат жолын ашыў ушын,
Гүлайым сулыў атланды.

Талан етти намыс-арын,
Мақсет қылып қардарын,
Гүлайым сулыў атланып,
Аралады жердиң бәрин.

Айналғай исим оңына,
Қырық қызды ертип соңына,
Басын қурбан етеди,
Халайықтың жолына.

Жарасқан соналы ғазлар,
Ат, әсбап, қуралы сазлар,
Көргенлерди таңландырды,
Гилең жаңа өспирим қызлар.

Мәртлик пенен белин байлап,
Астында бәдеўлери ойнап,
Билиў ушын дос, душпанын,
Киятыр елди аралап,

Ҳеш кимде жоқдур шатағы,
Гилең он сәккиздиң шағы,
Гүл-гүл жайнап ийнинде,
Додағы менен шашағы.

Бедеўлери қустай ушар,
Жүзин көрген қайнап йошар,
Қуўанысып бир жасайды,
Қарсыласып болған дуўшар.

Еситкен ҳәўес атына,
Көрген жетер мурадына,
Көп душпанлар естен танар,
Қолда гәўҳар полатына.

Жигиттиң тилегин алмай,
Ханлар менен ҳәмдам болмай,
Ат басындай әрманы,
Кеўлиндеги табылмай.

Ақыл шығар деген жастан,
Жәрдем жетти ярыў-достан.
Лақабыны еситкенлер,
Айбатынан қатты сасқан.

Бәлент таўдың басы гаўдан,
Жүреги өскин Қара таўдан,
Қарай ғойса бети алды,
Қайта қоймас қырық мың жаўдан.

Ҳәр қайсысы ҳәр урыўдан,
Ўатан ушын жаны қурбан,
Қарсы келсе тай келе алмас,
Буның менен отыз мың жан.

Дабылы ен жайып өсти,
Талайдың өкпесин осты,
Қарсы жаў мен атысқанда,
Түтинлерге түтин қосты.

Түрли жаққа қолын созды,
Шәрияттың жолын бузды,
Услап желкелерин қыйды,
Жарлы менен ала көзди.

Ханларға қарсы оқ атты,
Гедейдиң тобын қуўантты,
Бай, ийшанға үстем болып,
Есигинде ат ойнатты..

Аралап жөнлер сорасты.
Иштен тексерип сыр ашты,
Сөйлеткеннен айырды,
Өтирик пенен ырасты.
Яманлардың гөрин қазды,
Менмен менен болмай сазы,
Нәсият айтып дүзетти,
Әзели қыйсық биразды.

Қарагер аты астында,
Қыйғыр алмасы дәстинде,
Елди тинтип киятыр,
Шуғыллардың қастында.

Кисиниң ҳаққын алғанның,
Дәпинип үстем болғанның,
Тухымын қуртып сап етти,
Қылап пенен ялғанның.

Әлемди шалқып орады,
Жәбиркештен ҳал сорады,
Зорлық көрип жылаған,
Қаллаштың басын қурады.

Қурылды далаға шатыр,
Гүлайым деген қас батыр,
Ойлап көриң яранлар,
Иси нәтийже аңлатар.

Жолығысты үлкен даңға,
Азар бермес шыбын жанға,
Гүлайым деген дабылы,
Машқул болды Ўайсан ханға.
Жаў қурал менен сайланып,
Саўашларға қолайланып.
Қырық қыз деген дабылы,
Кетти дүньяны айналып,
Халықтың тилеги қабылды,
Бес қуралын тағынды,
Машқул болды дүньяға,
Гүлайым деген дабылы,
Қатарынан аты озды,
Тумлы-тусқа қолын созды,
Гүлайымдай батырды,
Аңлады дүньяның жүзи,
Халықтың қурышын қандырды,
Ханлардың ишин жандырды,
Ел бузыўшы саяқты,
Ақыл-естен тандырды,
Талқан етти дағы-дашты,
Жас жигитлер кеўли тасты,
Салтанатын көрген душпан,
Сүли-сәтин таслап қашты.
Жолын изледи анықтың,
Ғамы ушын аш халықтың,
Тухымын қуртыў мақсети,
Нағайбил менен калптын,
Билиў ушын пейли тарды,
Қулатпақшы қанлы дарды.
Услап алып жоқ қылыўшы,
Таўып уры менен ғарды.
Азатлық деп ат шабысқан,
Гилең жас қыз сүмбил шашлы.
Азатлыққа жоллар ашты,
Хан, патшаға қарсы турып,
Гүлайым қыз атын шапты.
Дос тутты ерлердиң ерин,
Талқан етип ишки сырын,
Түсиндирип жолға салды,
Бет алды қарайған жерин.
Қыйратпақ темир қамалын,
Яр дос тутып биймәлалин,
Ғайрат салып жас қызлар,
Сағынып еркин заманын.
Душпан тутып патша, ханды,
Ишке толтырып әрманды,
Яр тутыўға Гүлайым қыз,
Табалмады қаҳарманды.
Халықтан керек затын алды,
Аш-жарлыға ылайықлы,
Атырмақшы жарық таңды.
Ашықлық түсип ядына,
Пәрмана болып халқына,
Ашық болып нешше ланлар,
Хат жазды буның атына.
Қустан жүйрик әреби атлар,
Әттең заманасы тар,
Азатлық деп ат шабысқан,
Гүлайымның батырлары.
Өткир найза, кескир алмас,
Жаўдан қорқып ҳарып, талмас.
Ат шабысқан гилең жас қыз,
Ғайрат-күши ада болмас.

Бирди жыққан онды жығар,
Түрли ҳасыл елден шығар,
Зейнине тийгенлерди,
Қазық қылып жерге қағар.

Нешшелер тартып сазасын,
Қуртың елдиң биймазасын,
Жер жүзине жайлатты,
Гүлайым қыз дағазасын.

Еситкен ҳәўес атына,
Илаж табалмай патына,
Дабылын елге жайлатып,
Жетисипти мурадына.

Неше менен хабар таўып,
Әреби аттай шаўып,
Гүлайымның лақабына,
Кетти халықтың бәри аўып.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Үшинши бөлим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Биринши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.