Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Биринши бөлим (Birinshi bólim)


Ертеде, әййем заманда,
Халық езилген табанда,
Түп бабамыз онсанда,
Аз ноғайлы елинде,
Алымханның сорамында,
Жаңадәрья бойында,
Саркоп деген қалада,
Қарғалы деген салада,
Жер теңселткен салтанаты,
Бәршеге машхурдур аты,
Дүньяға түскен лақабы,
Аўыспайды басқаға,
Бир өзине биржабы,
Алға қарап өрбиген,
Күннен-күнге ығбалы,
Бес мың жылқы, он мың қой,
Оннан да бетер байымақ,
Мақсет пенен талабы.
Төрт түлиги сай болған,
Он мың танап жер ийелеп,
Бир өзи зорға жай болған,
Жаңадәрья бойында,
Қарғалы деген сайында.
Буўрабай деген бай болған.
Еситкенлер тутты атын,
Қойдай айдап жақын-жатын,
Талқан етип ели-халқын
Шашып гүмис пенен алтын,
Аты шыққан арыўлардан,
Сайлап алды алты қатын.
Терең сайларға бойлады,
Ат шапты той тойлады,
Ҳәр түрли мақсет ойлады,
Үйинен адам тоймады,
Алты қатын алса да,
Алпыс жасы болғанша,
Бир тырнағы болмады.
Белин қайыс менен буўды,
Қәҳәринен ылай суў тынды,
Алпыс жасы толғанда,
Байдың киши ҳаялы,
Таң қалғандай бир қыз туўды..
Кеўли аламды шолмады,
Иши қуўанышқа толмады,
Ядынан дәрти қалмады,
Кеўил бөлип қызына,
Перзент деп есапқа алмады.
Көргенниң кеўли толғандай,
Таңда толған шолпандай,
Көзиң түссе көзине,
Ядына ҳәр ис салғандай,
Пешенесин көргенниң,
Кеўил бөлип қарасаң,
Шебер уста соққандай.
Қараңғы үйде отырса,
Жүзлери шам жанғандай,
Қолың тийсе қолына,
Ышқы жаның алғандай,
Қарсыласып гәплескен,
«Сол» деп дарбадар болғандай.
Еки аўыз гәплескенге,
Алты ай азық болғандай,
Тоты көзли, бадам қабақ,
Кең қушақлы ақ тамақ,
Қыпша белли жупқа додақ,
Қыналы бармақ, жез тырнақ,
Узын бойлы, кең қушақ,
Шийрин зибан, сөзи жумсақ,
Жаўырынлары қақпақтай,
Бурымлары тоқпақтай,
Аўзы сулыў оймақтай,
Жуқа ерни қаймақтай,
Еки анардың арасы,
Қалың қарда жигитлер,
Тоты жүрген соқпақтай,
Түр бейнеси толған айдың,
Таң қалғандай қыз болды,
Он алты жасына толды,
Атын айтсам Гүлайым.
Көрген жанның кеўли толды,
Жүзин көрген ашық болды,
Душпанның гүли солды,
Бахыт қус басына қонды,
Мақсети алдына дөнди,
Не қыңырлар назына көнди,
Жети журтқа данқы толды,
Он сегизге шыққанда,
Сол тариха қыз болды.
Кеўли батыр жүдә аңлы,
Көргенлердиң иши дағлы,
Түп атасын сорасаң Қаңлы,
Күлип айтқан сөзлерине,
Не жигитлер он күн бағлы,
Бет алдына нәзер салсаң,
Аға Жүгинис пери яңлы.
Уллы-уллы мерекеде,
Сөз сөйлейди үстиханлы,
Бурында бир көрмегенлер,
Қарсыласса естен танды,
Не жигитлер жолында бенде,
Не тилесе сол қабылды,
Нени десе дүньяда,
Истеген ўәжи табылды,
Он сәккиз жасқа толғанда,
Дүньяға түсти дабылы.

Ҳеш нышан таппады бергендей қолды,
Талқан етип қармалады оң-солды,
Гүлайымның мақсет пенен талабы,
Халайыққа табыў ушын кең жолды.

Излеп жылағанның намыс пен арын,
Табалмады тай келгендей қатарын,
Кеше күндиз азатлық деп ат шапты,
Қулатпақ мақсети ханлардың тағын.

Ҳүрлерге ылайық қыйылған қасы,
Гүлтеленген сәккиз пилтели шашы,
Тастай қамал қараңғыда қалғанда,
Сәўле шашар жүзлериниң шоласы.

Баҳасы табылмас өлшеўге теңге,
Излесең таптырмас қастаға емге,
Он бес жигит ашық болып сыртынан.
Жүзин көре алмай атына бенде.

Дүньяға келген жоқ оныңдай нашар,
Жамалына көзи түскен бир жасар,
Бир қанша жигитлер жолын аңлыды,
Қарсыласып болғайман деп бир дуўшар.

Дийдары түскенниң ақылын алғандай,
Көргенде әрмансыз мийриң қанғандай,
Қараңғыда қарсыласып дус келсең,
Жақты берер таңда туўған шолпандай.

Гәплессең қалмайды зәрре әрманың,
Дийдарлассаң ерксиз ерийди жаның,
Көкирегинде зәрре әрман қалмайды,
Жарасығы беш күн пәний дүньяның.

Инжи додақ асыныпты мойнына,
Жупты болған сирә қанбас ойнына,
Қардар болып нешше байдың баласы,
Гүлайым деп делбе болды жолында.

Гүлайым болғайсаң сәўерлик ярым,
Жолында таланды ашия барым,
Қол алысып бирге жолдас болғанның,
Тасты кести сөзи менен абыройы.

Патша, ханнан кем емес,
Ойы, пәми, ақылы,
Даңқын алла көтерип,
Жорғадан бетер шабылды,
Ашық болып бир қанша,
Тәўекел сырттан табылды,
Жүзин көрген жигитлер,
Жүйрик аттай қамылды,
Еситкенлер дабылын,
Кеўлине жүдә жақынды,
Не бир есер жигитлер,
Бир көргеним олжа деп,
Жасырынып жолын аңлыды,
Не бир ханлар даңқына,
Интизар болып сағынды,
Сиясатлап Гүлайым,
Қызыл-жасыл тағынды.
Жетти инақ болды қардар,
Айтыспақшы нешше сәрдар,
Еки аяқлы демесең,
Адамзаттан шыққан жаўҳар,
Хаслы адам демесең,
Жүзлери дүр, көзи гәўҳар,
Дабылы журтқа таралып,
Көргенди етти нәўбәҳәр,
Гәўҳардай көзи жайнаған,
Бул дүньяға келген жан,
Ҳеш ким ондай болмаған,
Жанлыға сыр билдирмей,
Теңин таўып ойнаған.
Патша менен ханыңды,
Ийттен бетер хорлаған,
Қарсыласып сөз айтса,
Мәлелли жуўап торлаған,
Жүзин көрген анықлап,
Дийдарына тоймаған,
Қабыл етип тилегин,
Қырық шилтенлер қоллаған.
Ашық болып не ханлар,
Атына қағаз жоллаған.
Атын айтып шарлаған,
Майдандағы көп ладан,
Тартыўына жолықты,
Нешше талай оңбаған,
Аты шыққан менменлер,
Сыртынан тәмедар болған,
Нешше саяқ-сандырақ,
Ашықлығын қоймаған,
Жалынса да не жигит,
Туўры нәзер салмаған,
Жүзин көрген нешшелер,
Изинен сирә қалмаған,
Жетер-жетпес жолында,
Өз басын өзи жалмаған,
Ҳеш бендеден жасқанып,
Душпан тилин алмаған,
Атақлы байдың баллары,
Жолына адам арнаған,
«Сөзи болғай қуўаныш» деп
Жаўшының аўзын барлаған,
«Яр қылғайман соны» деп,
Япатқан деп зарлаған,
Ырас сөзди қуўатлап,
Сөйлемейди бир ялған,
Еки аўыз сөйлескен,
Он күн жүрсе жалмаған,
Қарсыласып сөз айтса,
Қанжардан бетер қарнаған.
Барлық адамгерлигин,
Аш-арық ушын арнаған,
Патша, ханның ҳәмирине,
Нар түйедей жараған,
Жылаған жас қызларға,
Оң көз бенен қараған,
Менмен менен бузықты,
Айдатпақшы арадан,
Тумлы-тусқа ат шаўып,
Аштың ҳалын сораған.
Аш-арықтың қызларын,
Зулымлардан қорғаған.
«Бар болсаң кел қасыма,
Азатлыққа талабан»,
Дағазалап сол сөзди,
Қалаға жар салдырған,
Орын алды лақабы,
Ялғаншы пәний дүньядан.
Ата тилин алмады,
Сөзине қулақ салмады,
Жалынса да зар жылап,
Хызметине бармады,
Қастын тигип байларға,
Билгенинен қалмады,
Патша менен байлардың,
Сөз бенен ишин қарнады.
Шуғылларға ермеди,
Денесин күш кернеди,
Кисиге еркин бермеди,
Ханды көзге илмеди,
Аталығын, найыбын,
Шопан шелли көрмеди.
Азатлықтың жолында,
Жан-жаққа қолын сермеди.
Сондай болып Гүлайым,
Толды он тоғыз жасына,
Ҳәўес болды жети хан,
Оның ҳаўазасына,
Жанын қурбан етеди,
Нешше хан соның қастына,
Соны аңлап Гүлайым,
Саўда түсти басына,
Шуғыл сөзге ермеди,
Мәрт болды қыз жасынан.
Тең келе алмады ҳеш бир жан
Ақыл өлшеў тасына,
Ашық болды не жигит,
Келе алмады қасына,
Таўда-таста тоқтамас,
Мәрт болды қыз жасынан,
Жақты түсти аламға,
Жүзде гәўҳар шоласына.
Тереңнен шыққан қундыздай,
Ерте туўып, кеш батқан,
Өмири зая жулдыздай,
Ҳеш заманда келмеген,
Ойлап көрсең сол қыздай,
Ушырасса боранға,
Шапаҳаты балқытып,
Алып шығар тоңғызбай,
Күлип айтқан сөзлери,
Салыстырсаң он қыздай,
Саўлатыны көрген жан,
Нешше ғарры болса да,
Тегин қалмас бир қызбай,
Бет алдының ажары,
Мысал онтөртлик айдай,
Сол тариха Гүлайым,
Беллери қайысқан жайдай,
Гүлайым арыў атанды,
Жүзине адам қаратпай,
Жан-жағына көз салды,
Қатар-қурбыны жаратпай,
Түрли ақыл ойлады,
Бир күн парахат жатпай,
Дабылы әлемди жайлады,
Белине қамар байлады,
Зығырданы қайнады,
Ашық болып сыртынан,
Хан, инақ тисин қайрады.
Хабарланды Гүлайым қыз,
Олардың сырын аңлады,
Толтырды жигирма жасты,
Лақабы әлемге асты,
Көрген жанды сусы басты
Хан, патшаны көзге илмей
Кеўли дәрьядай тасты,
Ашық болып жигитлер,
Баталмай арыдан қашты,
Белине қамар орады,
Жаўған қардай борады,
Қарсы турған нешшеге,
Қурт ойынын салады,
Атасын шақырып,
Гүлайымдай перийзат,
Ықтыярын сорады,
Гүлайымдай перийзат,
Не деп гүрриң урады.

Мен жылайман бир қудайға зар-зар,
Байқап көрсем алды-артымда заман тар,
Қызына талабан халықтың бәри,
Таланға түсермен деген қәўпим бар.

Ат көтермес адамгерлик нышаным,
Ғапыллықта ишке толар пушманым,
Ерте баста ата алдын алмасаң,
Алдымда көп аўзын ашқан душпаным.

Нәзер ет атажан кеўлимде шерге,
Тил тийдирме ата мен гүнакерге,
Қызыңызда батырлықтан нышан бар,
Малға қызып, сен мени байға берме,

Ишимде кетпесин толы намыс-ар,
Қундағымда еренлер еткенди назар,
Ата мени малға сатып хорлама,
Жеделленсем Қап таўындай күшим бар.

Малға сатып мени гүнакар болма,
Атам болсаң еркимди бер қолыма,
Тилегимди қабыл етиң жан ата,
Бир ғайрат салайын азатлық жолға.

Келтирмегил ата намыс-арымды,
Қырқ шилтен қоллады кәспи-кәримди,
Халқым ушын бир ғайратым саламан,
Өзиме бер ата ықтыярымды.

Саўыт кийип, белге садақ байласам,
Шәмен болып халық ишинде сайрасам,
Таң қалғандай тулпар минип астыма.
Халықтың жаўын дүркиретип айдасам.

Ўайранлап талқанласам жердиң алабын,
Дүркиретип айдап халықтың жаўларын,
Қыйын жерде ханлар менен қарысып,
Жаў жеңгеймен мақсет пенен талабым.

Қәтелескен жерим болса қайтайын,
Қуўаныш гүзарын мен молайтайын,
Қыйын жерден жаўшы келсе қызына,
Хабар бер қалыңын өзим айтайын.

Ядыңа соны салайын.
Жолыңда қорған болайын,
Екинши бир мақсетим,
Атажан сеннен сорайын.
Кетпесин қолдан намыс-ар,
Батырлық бизиң белли кәр,
Аңлайсыз ба жан ата,
Қызыңа жети журт қардар
Бириншиден, тилегим,
Қызыңа қарыў-жарақ дәркар,
Жолым узақ, мәнзил жырақ,
Қарсы жаў етпесин қарап.
Күн шағылысқан кескир қырақ
Лақабыма ылайықлы,
Әнжамлап бер қарыў-жарақ,
Ылайықлы сарыжайға,
Қарсы жаўдан қорғанарға,
Батырлардың шын әсбабы,
Керек шарайна тулыға.
Сөзимнен шықпасам ялған,
Батырлық ертеден қалған,
Қыйын жерге қорғанарға,
Бизге дәркар беллик қалқан,
Сол болмаса жүдә қәўип.
Қарсыласар қайтпай шаўып,
Қаўсырмалы сәккиз бәнтли,
Тапып бер бадана саўыт,
Ҳазарынан қолың талмас,
Дарыған жерде жан қалмас,
Қызыңызға жүдә дәркар,
Тутқасы дәндан ақ алмас.
Қорғанар қыйынлық жайда,
Излесем дәреги қайда,
Жүдә дәркар қызыңызға,
Унғысы пәрен ақ найза.
Көп тутынған батыр Қамбар,
Қушақласса белли қандар,
Қолай келсе шалыспаға,
Керек қарға тилли қанжар,
Халайық ушын сиясат,
Әйлейди мәртебеңди зыят,
Жаў қуралға ылайықлы,
Таўып берсең бер жүйрик ат.
Аламды шалқып орайын,
Айтқанлар белли ураным,
Әнжамлап берсең соларды,
Атажан сеннен мурадым.
Жасырмай айтайын ата аўҳалым,
Атажан қызыңның тилегин алың.
Қулақ салың қызыңыздың сөзине
Үшинши тилегим және саўалым.

Жүдә қыйын көрсем алдымды барлап,
Душпанды жығарман сөз бенен қарнап,
Қорған қылып, Сарытаўдай атаўға,
Қала салдырып бер атыма арнап.

Ҳәр бир журттан шебер уста алдырсам.
Душпанымның ишин отқа жандырсам,
Қорған етип Қара таўдың баўырын,
Атыма ылайық қала салдырсам.

Дәрўазасын арайыслап салдырсам,
Алдына айтыўлы тулпар байласам,
Атыма ылайық қала салдырып,
Еркин жасап, түрли ойын ойнасам.

Көмек берсең қайтарғандай мен жаўды,
Ықлас еттим дүнья гезип жайлаўды,
Ата сеннен бир әрмансыз болайын.
Бағыш етсең Саркоп деген атаўды.

Мақсетимди айттым атым Гүлайым,
Сүйген досларымның басын қурайын,
Қызыңның атына қала салдырсаң,
Атажан елимди жаўдан қорғайын.

Мына сөзди еситип,
Буўрабайдай атасы,
Не болғанын билмеди,
Буўырқанып, буўсанып,
Денесин ашыў кернеди,
Оттай жайнап көзлери.
Тынып жерди көрмеди,
Ашыў қаплап денесин,
Ақылға жол бермеди,
Өзин өзи баса алмай,
Арақ-арақ терледи,
Перзентиниң сөзине,
Кеўил бөлип ермеди,
Гүлайымның сөзлери,
Қулағына кирмеди.
Аш жолбарыстай ақырып,
Буўрабай турып сөйледи.
Тарийхта жоқ сөз айтып,
Басыма салдың уўайым,
Ырас болса сөзлериң,
Қайғы салды-аў қудайым.
Жағаласып айқасып,
Алдың атаңның айын,
Туўмай кеткир, терис туўғыр,
Салдың дүньяның ғайын,
Ырас болса сол сөзиң,
Кетти мениң қолайым,
Сөзлериңниң салмағы,
Жаман батты Гүлайым.
Тилим, аўзым болғай тасқа,
Жалғыз едиң шырағым,
Тайын болғай үлес пайың,
Ойлап ақыл тапқанбекен,
Ойлап мылтық атқанбекен,
Талап қылып алыс жолға,
Ол заманнан бул заманға,
Нашар атлар шапқанбекен.
Қанатлы менен қағысып,
Туяқлы менен тарысып,
Ханлар менен қарсыласып,
Қатын дәлил айтқанбекен.
Халайық сөзине аўып,
Қурал найза ақыл таўып,
Халықтың абыройын жаўып,
Қатын жаў қайтарғанбекен.
Кеўил жиберме ондайға,
Динди бузып шаппа айға,
Халық ишинде ермек болып,
Шерменде болма қудайға,
Бул дүньяға келип ем,
Мүтәж қылды зүриятқа,
Мендей ғәрип атаңды,
Салдың ғаўлап жанған отқа,
Толы журтты күлдирип,
Қалдырар болдың уятқа,
Туўмай кеткир, перзентим,
Тоқсан туўар мал әперип,
Жеткермедиң муратқа.
Кеўлиңе жаман ой алма,
Халыққа шерменде болма,
Шайтанның соқпағына салып,
Атаңды дозаққа салма,
Мына сөзди еситип,
Гүлайымдай перийзат,
Қәҳәрленип сөйлейди,
Сазан балықтай туўлап,
Ҳаслы нашар демесаң,
Ақылы бар мыңнан зыят,
Атасына ақырды,
Қуйқа түклери жуўлап,
Ондай сөзди сөйлеме,
Ол сөзлериң қатты уят,
Аңламайсаң бағыңды,
Табылмас мендей зүрият,
Өссе мениң абыройым,
Солды мақсетли мурат,
Қарғаса қудай бендесин,
Дүньядан өтер биймурат.
Арқасында қызыңның,
Қарсы жаўыңды қыйрат,
Изине ерип қызыңның,
Дүньяда мақсетиңди орнат,
Сөз мәнисин тексерип,
Барлық мағызын қурап,
Саўалым бар сорайман,
Мәнисин таўып бер жуўап:
Төрт тәрепке бақлап қарап,
Мерекеде ишип шарап,
Китап мәселеден сорап,
Сөзге қулақ салмадың ба?
Хабар сезбей ҳеш парықтан,
Ҳал сорамай аш-арықтан,
Жол-жоба көрип тарийхтан.
Өткенлерди аңбадың ба?
Әдалатлы журты абад,
Тегин еткен қантыў-набат,
Самның қызы Тәрмар набат,
Халыққа қорған болмады ма?
Мысырды сорап Балхия,
Китап айтқан Шаҳрухия,
Теңге қарып Анафия,
Аты машқул болмады ма?
Қарсылық қылған хан, патша,
Ғайрат салды елге қапша,
Ат шаўып өтти Айпарша,
Халыққа машқул болмады ма?
Жер жүзине аты мәлим,
Нешше ханға берген тәлим.
Журт сорап Төребек ханум,
Халыққа мәлим болмады ма?
Алға басып талабым,
Қарсыға тийгей тоқпағым,
Қызыр баба жылаўлап,
Ашылғайсаң соқпағым.
Жарамас сөзлерди айтып,
Байлама ата бағымды,
Ашыўымды келтирип,
Аштырма сөз булағымды.
Жақпайтуғын сөз айтып,
Сарсылдырма қулағымды,
Жылаўыма асылып,
Тойтармаңыз шабытымды,
Қайғы-ғамды ылақтыр,
Тайынла алтын тағымды,
Пәтия бер қызыңа,
Көриң қара—арымды,
Әрманым жоқ ат шаўып,
Өткерсем жигит шағымды,
Жылаўыма асылып,
Өсирме кеўил дағымды,
Қара шалып бағыма,
Бийкар өткерме ўағымды.
Қызыңызға таярла,
Жүйрик тулпар атыңды,
Жақпайтуғын сөз айтып,
Қайтармаңыз пәтимди,
Ойлап көрсең атажан,
Мен көзиңде қырағыңды,
Узақ жолға шаппаға,
Шаршамас пырағыңды,
Исимди шебине таўлап,
Қырсықтырма талабымды.
Қызым дийип кеўил берсең,
Таярла ат-жарағымды,
Алқысса оны еситип,
Буўрабай деген байыңыз,
Өксип-өксип жылады,
Не болғанын биле алмай,
Көзде жасын булады,
Бай дәлилден утылып.
Ақша жүзи солады,
Сөз айтыўға бата алмай,
Иши дәртке толады,
Онда-мунда теңселип,
Ақылы ҳайран болады,
Қызына қарап Буўрабай,
Мынадай етип толғады:

Ашылған гүлдей солайын,
Жалынсам да зар жылап,
Таптырмадың қолайын,
Қабыл алдым сөзиңди,
Жалғыз қызым Гүлайым.
Ықтыярым сеники,
Ҳәмириңе қайыл болайын.
Ақылым болды мениң лал,
Көп екен сенде қыйлы қал,
Әрманымды мен айтайын,
Сөзлериме қулақ сал.
Қара таўды жайлаған,
Тоғыз түлик мал айдаған,
Мыңнан тулпар байлаған,
Лақабым халықты жайлаған,
Мен атақлы бай едим,
Не керегим табылған,
Төрт түлигим сай едим,
Ежеспеге келгенде,
Мың кисиге тай едим,
Қастым тиккен жериме,
Жүдә пейли тар едим,
Қарсыласқан жериме,
Қайтпайтуғын нар едим,
Бир тырнақтың жоғынан,
Қара думан ғар едим,

Қыз да болсаң қуўатым,
Саған кеўлим жай едим,
Тилек тилеп жақын-жатым,
Қап таўындай еди пәтим,

Бир тырнаққа жетпейди,
Атан тулып алтыным,
Бир тырнаққа нийетлеп,
Алып едим алты қатын,
Тилегим қабыл болмады,

Қылған исим оңбады,
Алты арыў қушақлап,
Алпыс жасым толғанша,
Бир нышаным болмады.

Дәўлети ығбалыма қарап,
Бир қудадан перзент сорап,
Батыр балам болар деп,
Жыйнаған едим жаў-жарақ.

Қуўаныш кеўлим аттай шаўып,
Жақсы нийет мақсет таўып,
Батыр уллы боларман деп,
Тоқыттым бадана саўыт.

Егиз зәлел менен пайда,
Алтын, гүмис көпдур байда,
Жақсылықты ядыма алып,
Соқтырдым пәрани найза.

Арнап соқтырдым алтын ер,
Түрин көргенлер тулпар дер,
Батыр балам минер деп,
Еки мың жылқыдан таңлап,
Бақтырдым суўсар Қарагер,

Мақсет пенен бағышлап,
Сыншылларға таптырдым,
Алтын-гүмис шаптырдым,
Узақ жолға талмасын деп,
Жылында алты ай қәстерлеп,
Мүженеге бақтырдым.
Көзленер деп күтинип,
Қасасыл дуўа тақтырдым,
Көрсетпедим жақын-жатқа,
Мақсет пенен бақтырып,

Жетирдим он еки жасқа,
Ул туўар деп бағып ем,
Жете алмадым муратқа,
Барлығына ийе бол,
Жеткерер сени мақсетке,
Атаның малы мийрасты,
Изинде қалған зүриятқа,
Көргенде кеўлим тасарым,
Барғанда есик ашарым,
Ат абзалына ийе бол,
Улдан зыят қайсарым.
Шепке кеткен исимди,
Айналдырдың оңына,
Ашиямды тапсырдым,
Шырағым, өз қолыңа.
Қутлы болсын, шырағым,
Бес қурал менен Қарагер,
Бағышладым жолына.

Тәселле берип өзине,
Жас толып еки көзине,
Саркоптан қала салыўға,
Керек затларын алыўға,
Буўрабайдай байыңыз,
Урықсат қылды қызына,

Алтыннан болсын тарағың,
Дәрманым сенсең қарағым
Бағышладым жолыңа,
Бес қурал менен жарағың.

Ырас болса айтқаның,
Алла берсин дадымды,
Усы болса шабысың,
Жаман көрдим пәтиңди,
Жылаўыңда қарысын,
Мин Қарагер атыңды,
Жақын болсын узақ қыя
Меҳнетин болмағай зая,
Қол көтерип атасы,
Қызына берди пәтия:

Мен жолыңа аямай,
Бағыш еттим барымды,
Ашық болсын талайың,
Душпаннан ал арыңды,
Қызым саған урықсат,
Исле мақсет кәриңди.
Халқыңа мақсетиң орнат,
Жаў қуралың асынып,
Астыңа мин жүйрик ат,
Саркоптан қала салыўға,
Қызына етти урықсат.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Екинши бөлим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.