ЖЫЛ МӘЎСИМЛЕРИ ҲӘМ ТӘБИЯТ КӨРИНИСЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (JIL MÁWSÍMLERÍ HÁM TÁBÍYaT KÓRÍNÍSLERÍ HAQQINDA NAQIL-MAQALLAR)
Үркер үйден көринсе,
Үш айдан соң жаз болар.
Үш айдан соң жаз болар.
Үркерли айдың бәри қыс,
Саратан сеннен де қорқаман.
Саратан сеннен де қорқаман.
Ахырапта урмаса,
Ақыретте де урмайды.
Ақыретте де урмайды.
Аямәўиз алты күн,
Алты ай қыстан қатты күн.
Алты ай қыстан қатты күн.
Жаўзада жаўдай егис.
Қылышын сүйреп қыс келеди.
Қыстың қыраўлы күни.
Саў болады адамның дени.
Саў болады адамның дени.
Сәўир болмай, тәўир болмас.
Ийт түйнектен қаўын болмас.
Ийт түйнектен қаўын болмас.
Қарлығаш – бәҳәр нышаны,
Өпепек келди – жаз болды.
Өпепек келди – жаз болды.
Қут, малға келген жут.
Ғаз бир ғанқылдаса, жыл киреди.
Ғарға мың ғаңқылдаса да жыл кирмейди.
Ғарға мың ғаңқылдаса да жыл кирмейди.
Айдың онбеси жарық,
Онбеси қараңғы.
Онбеси қараңғы.
Сүмбиле туўса сымпыйып,
Ат семирер қунтыйып.
Ат семирер қунтыйып.
Сүмбиле туўса, суў суўыр.
Үш ай саўыным,
Үш ай қаўыным,
Үш ай шабағым.
Үш ай қабағым.
Үш ай қаўыным,
Үш ай шабағым.
Үш ай қабағым.
Жаз өтеди, қыс өтеди,
Асықпасаң не питеди?
Асықпасаң не питеди?
Жазда жамылғышыңды таслама,
Қыста өзиң бил.
Қыста өзиң бил.
Дүнья шалқар көл,
Заман ескен жел.
Заман ескен жел.
Дүнья таўсылмайды – әлўан,
Адам-жол жүрген кәрўан.
Адам-жол жүрген кәрўан.
Жылдың келиси наўрызда белли.
Ғаз келгени, жаз келгени.
Суўықтың қамшысы – жел.
Бәҳәр – қыстың азығы.
Жаўынлы күни жанбаўырдан жүрме,
Қарлы күни қоныс излеме.
Қарлы күни қоныс излеме.
Ағын суў, бир кетсе қайтып оралмас.
Таўлы жер булақсыз болмас,
Суўлы жер қурақсыз болмас.
Суўлы жер қурақсыз болмас.
Таўдың етеги жақын,
Төбеси алыс.
Төбеси алыс.
Жылан жылы жулыс болды,
Жылқы жылы урыс болды.
Жылқы жылы урыс болды.
Ай туўса әлем көрер.
Өткен булттан жаўын күтпе.
Наўырыздан соң қыс болмас,
Мийзаннан соң жаз болмас.
Мийзаннан соң жаз болмас.
Ыссы сүйек сындырмас,
Суўық жанды тындырмас.
Суўық жанды тындырмас.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҲӘКИМШИЛИККЕ ҚАРСЫ ДӨРЕТИЛГЕН НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: БАТЫР, ЕР-АЗАМАТЛЫҚ ТУЎРАЛЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: