Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҲӘКИМШИЛИККЕ ҚАРСЫ ДӨРЕТИЛГЕН НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (HÁKÍMShÍLÍKKE QARSI DÓRETÍLGEN NAQIL-MAQALLAR)

Хан ислеген зулымды,
Жан ислемес өмирде.
Хан көп болса,
Жаў көп болады.
Бий көп болса,
Даў көп болады.
Қардың басын қар алады,
Ханның басын хан алады.
Хан үстине хан келсе,
Онда ханның мийнети.
Хан үстине ел келсе,
Онда ханның дәўлети.
Ханның иси қарашаға түседи,
Бийдиң иси урашыға түседи.
Бир жемесе тақанды,
Хан жемейди,
Хан қасында қарашы,
Не демейди.
Ханды қудай қарғаса,
Қарашысы менен қас болар.
Байды қудай қарғаса,
Дәўлетине мәс болар.
Патшадан ҳәмир болса,
Пухараға не турыс.
Хан да болсаң, келсапты әкел.
Ел басқарған адамлар,
Етектен ала бермейди.
Хан кетсе – қут,
Келсе – жут.
Ханның қызын ким бурын,
Қасында көрсе сол алады.
Хан қасында халқы бар адам сөйлейди.
Ақ тери аяқ астында,
Қара тери ханның басында.
Қайырсыз хан семиреди.
Патшаң әдил болса,
Басып өтпе.
Халық берген шолақ қылышты,
Аўырлық етеди деп таслап кетпе.
Хан қасында қара билгиш болса,
Қара жер менен кемең жүрер.
Қайып Хийўаға хан болды.
Ораз беги султан болды,
Абадан журт ойран болды.
Келди Қоныраттың нәўбети.
Еки патша қозғалаң тапқысы келсе,
Бирин-бири түртеди.
Қудайым жамғыр ханға жолықтырма,
«Жолықтырма» дегеним болып турма!
Аспандағы айдан не пайда,
Ысыныўға қолым жетпейди.
Хийўадағы ханнан не пайда,
Барсам арзым питпейди.
Уры бар жерде берекет болмас.
Әжигелди-әжикелди,
Сен хан болғалы,
Қоңсы елден бажы келди,
Қай ўақытта ийт атлыдан,
Ел бузылады деген еди.
Сол Базарбайдың айтқаны туўры келди.
Еки арба шеңгелден ҳәрем болмас,
Хийўаға неше барса да мәҳрем болмас.
Патшадан әдәлат кетсе,
Әскеринен айрылар.
Киси гәпине ерген,
Сүйгенинен айрылар.
Қар жаўмаған төбе жоқ,
Жаў шаппаған халық жоқ.
Төре билген, төреге бармайды,
Төре де өзиңдей киси.
Ханымыз болды қарадан,
Биймиз болды парадан.
Мың қойды бир қозы емеди,
Ол да сүтке жарымайды.
Өзи болған жигитке тәсил етпе,
Адамзаттың баласы ким болса да,
Жолда жатыр деп басып өтпе.
Шын бий сөзиңе бағады,
Сум бий көзиңе бағады.
Аз сөйлейди әдил бий,
Қандай залым болса да.
Ҳадал сөзге басың ий.
Халқы қәлемеген бий азады,
Қатыны салақ үй азады.
Сыпайының алды тар.
Байлық мурат емес,
Жоқлық уят емес.
Қырық жыл байлық жоқ,
Қырық жыл жарлылық жоқ.
Тоқ кекирер,
Бар секирер.
Бай жекирер,
Аш өкирер.
Қәдеми қутлының,
Мәртебеси уллы.
Бас-басына бий болсаң,
Минар таўға сыймассаң,
Бас қалқаның бар болса,
Жанған отқа күймессең.
Қанлы жас көз ишинде жасырына алмас.
Барма ханға, өзи келер малға,
Барма бийге, өзи келер үйге.
Үлгисизден бий қойсаң,
Ўәсияты болмайды,
Қәҳәрсизден хан қойсаң,
Қәсийети болмайды.
Патша алым болса,
Журты озады,
Патша залым болса,
Журты тозады.
Хан сыртынан жудырық.
Қараның хан болғаны,
Елатына бас болғаны.
Жигиттиң ақмақ болғаны,
Дәўлетине мәс болғаны.
Ақмақ жигит аңғал аттай,
Әдилсиз патша жанған оттай.
Тең атаның баласы,
Теңликке турса да,
Кемшиликке көнгени жоқ.
Ханды ким сөкпейди.
Шошқа өлейин деп атырса да,
Қурық еткенин қоймас.
Даўды даўлай билмеген,
Төресинен көреди.
Ески байдан журт қалмас,
Жаңа байдан шөп қалмас.
Төресиз бийдиң жазасы,
Гүман менен мойныңа салар.
Гүўалы исти гүўа табар,
Гуўасыз исти гүман табар.
Ийт қутырса ийесин қабар,
Даў қутырса бийин табар.
Қорқып қылған бийлиги қурысын,
Ҳуў-ҳақ деп жыйнаған дүньясы қурысын.
Айтысқан соң бәри даў,
Алысқан соң бәри жаў.
Бир даўда еки гүман жоқ,
Бир исте еки жаза жоқ.
Даўың жоқ болса кепил бол.
Даў ҳарымайды, алтын ширимейди.
Бай байыған сайын қалтыраўық болады.
Парахор бий жалтаң.
Торғай мақтанып суңқар болмас,
Ешек мақтанып тулпар болмас.
Түрли-түрли заман бар,
Заманға қарай ҳамал бар.
Таўына қарай түлкиси,
Заманға қарай күлкиси.
Шыраның жақтысы астына түспес,
Залымның қәдири ҳешкимге өтпес.
Жақсы жарлыдан шығады.
Адамгершилик арлыдан шағады.
Аққа қара жоқ,
Қараға шара жоқ.
Қумырысқаның да тасының батпан екени «тәңирге» аян.
Шошқа-шошқаны жарған емес.
Доңыздан түк тартсаң да пайда.
Байлықтан не пайда, паяны болмаса,
Бай теректен не пайда саясы болмаса.
Ғарға-ғарғаның көзин шоқымайды.
Ала қайыслап ат миниў,
Қыдырыспаның нышаны.
Жалаң аяқ, жалаң бас,
Пуқарашылықтың нышаны.
Пуқарашылыққа күлген,
Көргенсизликтиң нышаны.
Қазыға барсаң қуры барма,
Бир нәрсе алып бар.
Алып барсаң жалт қарар.
Даўагериң қазы болса,
Дадыңды алла берсин.
Шайтанның шәҳәринен,
Патшаның қәҳәринен сақла.
Аўзы қыйсық болса да,
Байлың улы сөйлесин.
Абырой ақсақал болмағаның,
Болыс болсаң адам жер ең.
Еки бий даў даўлайды пул шығармай,
Аш бөри қойды жейди қан шығармай.
Қазы менен қарта жедиң аўзыңда жоқ,
Мақпал менен торқа кийдиң үстиңде жоқ.
Байдың улы болғанша,
Базардың қулы бол.
Байдың малы қәдирли,
Жарлының жаны қәдирли.
Тоқпағы күшли болса,
Қийиз қазық жерге киреди.
Қулдың қулағын кессе,
Байға кийиз кескеншелли болмайды.
Қул, қулға төрелик береди,
Бирақ бий еркине жибермейди.
Ким бий болмайын демейди,
Халқы қәлемейди.
Шын ҳасылдан бий болса,
Бийгүна қолды байлатпас.
Жетеси жаман бий болса,
Истиң соңын ойламас.
Халық сүймеген қәтқуданың қәдири болмас,
Мийнет пенен табылған уўдың зәҳәри болмас.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: БЕРДАҚ ШАЙЫРДАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖЫЛ МӘЎСИМЛЕРИ ҲӘМ ТӘБИЯТ КӨРИНИСЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.