БАТЫР, ЕР-АЗАМАТЛЫҚ ТУЎРАЛЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (BATIR, ER-AZAMATLIQ TUWRALI NAQIL-MAQALLAR)
Айдаған өгиз арбаның,
Жүги өгизге түсер.
Жүги өгизге түсер.
Кәтқудасыз ел болса,
Шыққан даўды ким шешер?
Шыққан даўды ким шешер?
Ер жигиттиң жүреги,
Арысланға тең келер.
Арысланға тең келер.
Қорыққан жигит белгиси,
Сөзи суўық бос келер.
Сөзи суўық бос келер.
Жигит болсаң бир сөйле,
Шайма болма тутанақ.
Шайма болма тутанақ.
Ер жигитликке миясар,
Турақлылық, зийреклик.
Турақлылық, зийреклик.
Адам алдап көрмеген,
Сырқыяңды билмейди.
Сырқыяңды билмейди.
Ел қонбаған жерге,
Ер қонады.
Ер қонады.
Ер шекиниспей бекиниспейди.
Ер жигит ел ушын туўады,
Ели ушын өледи.
Ели ушын өледи.
Ер туўған жерине,
Ийт тойған жерине.
Ийт тойған жерине.
Алтын жерден шығады,
Батыр елден шығады.
Батыр елден шығады.
Еңкейип күнелткеннен,
Тик турып өлген жақсы.
Тик турып өлген жақсы.
Ерликтиң болар ең зоры,
Ата-ананың кеўилин тап.
Тәрбиялап өсирген,
Еңбегин жүрме заялап.
Ата-ананың кеўилин тап.
Тәрбиялап өсирген,
Еңбегин жүрме заялап.
Шикәс келсе пәрине,
Қаршыға қалар ушыўдан,
Жигитке келген ҳәлеклик,
Жөнли-жөнсиз ашыўдан.
Қаршыға қалар ушыўдан,
Жигитке келген ҳәлеклик,
Жөнли-жөнсиз ашыўдан.
Арғымақ аттың белгиси,
Азғана отлап көп жуўсар.
Азамат ердиң белгиси,
Азғана сөйлеп, көп тыңлар.
Азғана отлап көп жуўсар.
Азамат ердиң белгиси,
Азғана сөйлеп, көп тыңлар.
Жарлының жүдеп сасқаны,
Жалғызын қояр гиреўге.
Жигиттиң қара басқаны,
Айыбын жабар биреўге.
Жалғызын қояр гиреўге.
Жигиттиң қара басқаны,
Айыбын жабар биреўге.
Жигит болсаң шоқ бол,
Шоқ болмасаң жоқ бол.
Шоқ болмасаң жоқ бол.
Жигитти майданда сына.
Жигитти дүз айырады.
Емен деген ағаштың
Ийилгени сынғаны,
Қызыл жүзли жигиттиң
Уялғаны – өлгени.
Ийилгени сынғаны,
Қызыл жүзли жигиттиң
Уялғаны – өлгени.
Ер басына күн туўса,
Етиги менен суў кешер,
Ат басына күн туўса.
Суўлығы менен суў ишер.
Етиги менен суў кешер,
Ат басына күн туўса.
Суўлығы менен суў ишер.
Ердиң ерден қәўпи бар.
Қоянды қамыс өлтирер,
Ерди намыс өлтирер.
Ерди намыс өлтирер.
Алтын отта, билинеди,
Ер мийнетте биленеди.
Ер мийнетте биленеди.
Жигит болсаң шалқар бол,
Жантасқан адам шалқысын.
Сөзлериңди еситкен,
Тула бойы балқысын.
Жантасқан адам шалқысын.
Сөзлериңди еситкен,
Тула бойы балқысын.
Жигит болсаң таўдай бол,
Жаўға қурған аўдай бол.
Жигит болсаң қайың бол,
Ҳәрбир иске қайым бол.
Жаўға қурған аўдай бол.
Жигит болсаң қайың бол,
Ҳәрбир иске қайым бол.
Сылбыр болып жүрместен,
Тәп бергенде тайын бол.
Жигит болсаң батыр бол,
Жаў жеңгендей жапырып.
Тыңлаўшылар таң қалсын,
Сөйлегенде лап урып.
Тәп бергенде тайын бол.
Жигит болсаң батыр бол,
Жаў жеңгендей жапырып.
Тыңлаўшылар таң қалсын,
Сөйлегенде лап урып.
Бар береди, барды да нар береди,
Киси болған менен бәри ер ме?
Түйе болған менен бәри нар ма?
Киси болған менен бәри ер ме?
Түйе болған менен бәри нар ма?
Шалағай болма жасыңнан,
Көпшиликте тис жерсең.
Шалағай болсаң жасыңнан,
Мерекеде муш жерсең.
(Тис – аўыр сөз еситиў мәнисинде)
Көпшиликте тис жерсең.
Шалағай болсаң жасыңнан,
Мерекеде муш жерсең.
(Тис – аўыр сөз еситиў мәнисинде)
Батырға да жан керек.
Питер истиң басына,
Жақсы келер қасына.
Жақсы келер қасына.
Жаманның төринде болма.
Мийримсиз бол душпанға,
Тартсын қылыш сазайын.
Тартсын қылыш сазайын.
Ай менен күндей,
Ҳәммеге бирдей.
Ҳәммеге бирдей.
Батырға таяқ та жарақ.
Ура билген жигитке ийне де жарақ.
Ура билген жигитке ийне де жарақ.
Уратуғын адамға
Ийтте таяқ екен.
Ийтте таяқ екен.
Жақсының кеги болмайды.
Ағам болсаң қәйтейин,
Арым кетип баратыр.
Арым кетип баратыр.
Жақсының иси менен аты өлмейди.
Жақсы адам ай менен күнге тең,
Жарығы ортақ әлемге.
Жарығы ортақ әлемге.
Жақсылық жерде қалмас.
Аға болар жигиттиң,
Етек-жеңи кең болар.
Етек-жеңи кең болар.
Болар бала бирин-бири батыр дейди,
Болмас бала бирин-бири қатын дейди.
Болмас бала бирин-бири қатын дейди.
Бақа көли менен,
Ер жигит ели менен.
Ер жигит ели менен.
Батыр – анқаў, ер гөдек.
Өзиңди ер билсең,
Басқаны шер бил.
Басқаны шер бил.
Қус жаңылып торға түседи,
Ер жаңылып қолға түседи.
Ер жаңылып қолға түседи.
Исиң түссе нәмәртке,
Жақсының бәри қапылар.
Жақсының бәри қапылар.
Ер мойнында қыл арқан ширимейди.
Жаралы қайт,
Жаўдан жасырын қайтқанша.
Жаўдан жасырын қайтқанша.
Ерден туўған ер болады,
Жаманнан туўған қара жер болады.
Жаманнан туўған қара жер болады.
Нәмәрттиң қасында мәрт жолдасы болса,
Нәмәрт батыр болады.
Нәмәрт батыр болады.
Өлимнен уят күшли.
Душпанға кек жибермес,
Арлы киси.
Душпанға кек жибермес,
Арлы киси.
Султан сүйегин хорламас.
Қашқан жаўға нәмәрт ереди.
Балықшыдан сыралғы,
Батырдан саўға.
Батырдан саўға.
Ердиң өзи көшсе де,
Иси қалар изинде.
Иси қалар изинде.
Ат – ердиң жолдасы.
Ер жигиттиң жүрегине,
Ер жуўенли ат жайғасады.
Ер жуўенли ат жайғасады.
Ат нәзери, ер нәзери.
Сыпайыға – сиясат, батырға – шарапат.
Қылышты сермей алмаған өзине тийгизер.
Таўдан арқасы бардың,
Тастан жүреги бар.
Тастан жүреги бар.
Тақыр жерде буқпа.
Шешинген суўдан қайтпайды,
(Тәўекелши суўдан қайтпайды).
(Тәўекелши суўдан қайтпайды).
Қорыққанға қос көринеди.
Ер үйине ер түссе,
Етегине көз түседи.
Етегине көз түседи.
Өли арысланнан тири тышқан артық.
Жаман ер қосқа шабады.
Қос болмаса босқа шабады.
Қос болмаса босқа шабады.
Барлық не дегизбейди,
Жоқшылық не жегизбейди.
Жоқшылық не жегизбейди.
Ер тарықпай мал жыймас.
Барлық не ислетпейди,
Жоқшылық жомарт ердиң қолын байлайды.
Жоқшылық жомарт ердиң қолын байлайды.
Жердиң дәўлети қайтса,
Суўы тереңге түседи.
Ердиң дәўлети қайтса,
Иси гереңге түседи.
Суўы тереңге түседи.
Ердиң дәўлети қайтса,
Иси гереңге түседи.
Ер азығы – бөри азығы.
Ер еңбегине бир тойсын.
Полат пышақ қында жатпайды.
Ер жигит сында жатпайды.
Ер жигит сында жатпайды.
Еки қошқардың геллеси,
Бир қазанға сыймайды.
Бир қазанға сыймайды.
Полат семсер қын түбинде жатама!
Қорыққан бурын сәлем береди.
Ат жақсысы қалаға барып пул болар,
Ер жигит өз динине берик болар.
Ер жигит өз динине берик болар.
Байлық деген бир жутлық,
Батырлық деген бир оқлық.
Батырлық деген бир оқлық.
Елден безген ер болмас.
Ер жигит өз елинде қәдирли.
Жаўдан жабы бойы.
Еки нар дүгиссе,
Арасында шыбын өледи.
Арасында шыбын өледи.
Жаўдан қайтпаған жүрегим,
Бир уртлам майдан қайтама?
Бир уртлам майдан қайтама?
Мың қосшыдан бир басшы.
Атың бар да жол таны,
Асың бар да ер таны.
Асың бар да ер таны.
Ҳасыллар өсер уяда,
Батырлар гезер қыяда.
Батырлар гезер қыяда.
Батпақлы жердиң ызасы,
Сабырсыз ердиң сазасы.
Сабырсыз ердиң сазасы.
Тәўекел – ердиң иси.
Аз отлайды қаназат,
Аз сөйлейди азамат.
Аз сөйлейди азамат.
Жарақлы күни жаў жолықпайды.
Аттан аттың неси артық,
Өзи тарлан көк болса,
Ерден ердиң неси артық
Ўәдесине берик болса.
Өзи тарлан көк болса,
Ерден ердиң неси артық
Ўәдесине берик болса.
Аттан аттың неси артық,
Өзи тарлан көк болса,
Торсылдақ пақыр не қылсын,
Жигиттиң жүреги жоқ болса.
Өзи тарлан көк болса,
Торсылдақ пақыр не қылсын,
Жигиттиң жүреги жоқ болса.
«Киш-кишлеген» нәмәрт ер,
Мейилли ат суў ишер.
Мейилли ат суў ишер.
Ат арыса туўлақ болады,
Ер арыса әрўақ болады.
Ер арыса әрўақ болады.
Ат-еринли, ер мурынлы келер.
Еки палўанды бир қой жеңеди.
Ойлы жигит тойлы болады,
Нәмәрт «мәрт боламан» десе исенбе.
Нәмәрт «мәрт боламан» десе исенбе.
Жаўды күшли деме,
Ерлик етсең жығасаң,
Таўды бийик деме,
Талап етсең шығасаң.
Ерлик етсең жығасаң,
Таўды бийик деме,
Талап етсең шығасаң.
Елден безген ер болмас,
Ҳөнерли қул хор болмас.
Ҳөнерли қул хор болмас.
Батыр батпас
Шынлық жатпас.
Шынлық жатпас.
Даў жигити басқа,
Жаў жигити басқа.
Жаў жигити басқа.
Мийманды бийғам бийҳуш етер,
Мәнисин билген хош етер,
Мәртке мәрт қосылса,
Қапа кеўлин хош етер.
Алпыс қылыш кетилсе,
Егеў менен жетилер.
Мәнисин билген хош етер,
Мәртке мәрт қосылса,
Қапа кеўлин хош етер.
Алпыс қылыш кетилсе,
Егеў менен жетилер.
Нәмәрт – ас үстинде,
Мәрт – ис үстинде.
Мәрт – ис үстинде.
Батырға дәркар жаў-жарақ,
Халқына керек уллы дарақ,
Әлемге түсер саясы,
Ер жигитке бас қоссаң,
Ҳәр жерде тийер пайдасы.
Халқына керек уллы дарақ,
Әлемге түсер саясы,
Ер жигитке бас қоссаң,
Ҳәр жерде тийер пайдасы.
Жигиттиң сөзи гөр болғанша,
Көзи гөр болсын.
Көзи гөр болсын.
Жигиттиң бәри жигит-аманлықта,
Қашады бөркин таслап жаманлықта.
Қашады бөркин таслап жаманлықта.
Жаўға барған жигиттиң,
Жаў нышаны болады,
Ханнан қайтқан жигиттиң,
Хан нышаны болады.
Жаў нышаны болады,
Ханнан қайтқан жигиттиң,
Хан нышаны болады.
Жигиттиң ақмақ туўғаны,
Дәўлетине мәс болғаны.
Жигиттиң артық туўғаны,
Елатына пана болғаны.
Дәўлетине мәс болғаны.
Жигиттиң артық туўғаны,
Елатына пана болғаны.
Батыр жарасыз болмас,
Бир жазықтан ер өлмес,
Ҳеш жазықсыз ер болмас.
Бир жазықтан ер өлмес,
Ҳеш жазықсыз ер болмас.
Батырдың кеткени көринбес,
Келгени көринер.
Келгени көринер.
Батыр – бастан, жүйрик – аяқтан.
Ер қартайса да душпан қартаймас.
Ер жигиттиң үйине қонақ келсе,
Етегине шоқ түседи.
Етегине шоқ түседи.
Ер қартайса ерки кетер,
Ҳаял қартайса көрки кетер.
Ҳаял қартайса көрки кетер.
Таў басы думансыз болмас,
Жигит басы ғаўғасыз болмас.
Жигит басы ғаўғасыз болмас.
Батыр болған ханға қас,
Мерген болған анға қас.
Мерген болған анға қас.
Ел қорыған сақшы болар,
Жаман адам тыңшы болар.
Жаман адам тыңшы болар.
Ер ерден буўаз болады.
Ердиң ерлигин билмеген,
Елдиң бирлигин билмейди.
Елдиң бирлигин билмейди.
Дүнья тегис болғанша,
Жигитке бир ис болады.
Жигитке бир ис болады.
Ердиң етегинен алма,
Тутсаң жағасынан тут.
Тутсаң жағасынан тут.
Қорқаққа берме қолыңды,
Батыл етер жолыңды.
Батыл етер жолыңды.
Мушыңды қаншелли қатты қыссаң,
Соққы соншелли күшли болады.
Соққы соншелли күшли болады.
Батыр саўашта мәлим болады.
Жаны барда жалынған,
Жаман ердиң исиди.
Жалы барда арыған,
Жаман аттың исиди.
Жаман ердиң исиди.
Жалы барда арыған,
Жаман аттың исиди.
Арысланға темир шынжыр ар емес.
Асқа талаў түссе,
Ийттиң мурадының болғаны.
Ийттиң мурадының болғаны.
Ерге талаў түссе,
Душпанның жолы болғаны.
Душпанның жолы болғаны.
Ат сүринбей жол танымас,
Ер сүринбей ел танымас.
Ер сүринбей ел танымас.
Айтыстың кейни даў болады,
Айқастың кейни жаў болады.
Айқастың кейни жаў болады.
Батыр жол баслайды,
Шешен сөз баслайды.
Шешен сөз баслайды.
Ер жигит бир күни – бир кисилик,
Бир күнде – мың кисилик.
Бир күнде – мың кисилик.
Ерди әдиўлеп тут,
Асты қәдирлеп жут.
Асты қәдирлеп жут.
Ер өтирик айтпайды,
Еп өтирик айтады.
Еп өтирик айтады.
Есаплы болмай бай болмас,
Есерсоқ болмай ер болмас.
Есерсоқ болмай ер болмас.
Ер жигит үйиринен шықса да,
Үйирине қосылады.
Үйирине қосылады.
Ердиң ҳасылы исинен билинеди,
Ҳаялдың ҳасылы асынан билинеди.
Ҳаялдың ҳасылы асынан билинеди.
Ғайратлы ерде мал турар,
Өнерли ерде зат турар.
Өнерли ерде зат турар.
Ер сыйлаған есикте отырмас.
Ерге дәўлет питсе,
Ғарға салса да ғаз алар.
Ерден дәўлет кетсе,
Лашын салсада, аз алар.
Ғарға салса да ғаз алар.
Ерден дәўлет кетсе,
Лашын салсада, аз алар.
Ерден даўласып елтири алсаң да теңлик.
Ер басына даў келсе,
Ерлиги кетер басынан.
Бий басына даў келсе,
Бийлиги кетер басынан.
Ерлиги кетер басынан.
Бий басына даў келсе,
Бийлиги кетер басынан.
Жүк аўырын нар көтереди,
Қазан аўырын ер көтереди.
Қазан аўырын ер көтереди.
Жақсы ат аяғынан майрылар,
Ер жигит душпанынан майрылар.
Ер жигит душпанынан майрылар.
Полат найза қап түбинде жатпайды,
Темир найза егеўлесең де өтпейди.
Жолдас болсаң бир мәрт пенен жолдас бол,
Өзи өлмей жаўға таслап кетпейди.
Темир найза егеўлесең де өтпейди.
Жолдас болсаң бир мәрт пенен жолдас бол,
Өзи өлмей жаўға таслап кетпейди.
Қапталы жаўыр болса да,
Қайыспайды қара нар.
Қанша жарлы болса да,
Сыр бермейди жомарт ер.
Қайыспайды қара нар.
Қанша жарлы болса да,
Сыр бермейди жомарт ер.
Жанын аямаған жаў алады,
Малын аямаған даў алады.
Малын аямаған даў алады.
Қорқақ күнде өледи,
Батыр бир өледи.
Батыр бир өледи.
Ел басына түскен ис,
Ер басына түскени.
Ер басына түскени.
Жар жығылса жайын өледи,
Жала сөзден ер өледи.
Жала сөзден ер өледи.
Ғайратына исенген қустай ушады,
Душпанына исенген мурттай ушады.
Душпанына исенген мурттай ушады.
Қунтсыз жигит ат минсе,
Кесеў менен сабалар.
Батыр жигит ат минсе,
Ат аяғын тағалар.
Кесеў менен сабалар.
Батыр жигит ат минсе,
Ат аяғын тағалар.
Биз де батыр болармыз,
Атқа кисен салармыз.
Бүгин жарлы болсақ та,
Бир күн иске жарармыз.
Атқа кисен салармыз.
Бүгин жарлы болсақ та,
Бир күн иске жарармыз.
Шүдигардан жүргенниң аты майрылар,
Жигит парқы жолдас болғанда айрылар,
Туўры жүрсең душпан айбынар.
Жигит парқы жолдас болғанда айрылар,
Туўры жүрсең душпан айбынар.
Мал арығы туўлақ болады,
Ер арығы әрўақ болады.
Ер арығы әрўақ болады.
Өзиниң елин таныған ер,
Ҳәр истиң ғамын жер.
Өзиниң елин танымаған,
Намысын сатып, арын жер.
Ҳәр истиң ғамын жер.
Өзиниң елин танымаған,
Намысын сатып, арын жер.
Ер ели менен сыйлы.
Жер кәни менен сыйлы.
Жер кәни менен сыйлы.
Таўға сүйенген ер,
Таўдай жаўды жығар.
Таўдай жаўды жығар.
Жаўлық жамылғанның бәри қатын емес,
Бөрик кийгеннин бәри батыр емес.
Бөрик кийгеннин бәри батыр емес.
Батыр түсинде жаў көрер,
Шешен түсинде даў көрер.
Аңшы түсинде аў көрер.
Шешен түсинде даў көрер.
Аңшы түсинде аў көрер.
Ғайратлы ер қамал бузады,
Қамалды да әмел бузады.
Қамалды да әмел бузады.
Таў белгиси тас болар.
Жомарт белгиси ас болар,
Жомарт белгиси ас болар,
Шапса қылыш өтпейди,
Шағырлының тасына,
Нелер келип кетпейди,
Ер жигиттиң басына.
Шағырлының тасына,
Нелер келип кетпейди,
Ер жигиттиң басына.
Нәмәрт атасы менен айқасады.
Ақ қуў қусқа оқ тийсе,
Қанатын суўға тийдирмес.
Ер жигитке оқ тийсе,
Қыйналғанын билдирмес.
Қанатын суўға тийдирмес.
Ер жигитке оқ тийсе,
Қыйналғанын билдирмес.
Жаўыннан қашқан,
Тамшыға жолығар,
Жаўдан қашқан.
Теңизге жолығар
Тамшыға жолығар,
Жаўдан қашқан.
Теңизге жолығар
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖЫЛ МӘЎСИМЛЕРИ ҲӘМ ТӘБИЯТ КӨРИНИСЛЕРИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЎЫЗБИРШИЛИК, СЫР САҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: