ЎАТАН, ЕЛ-ХАЛЫҚТЫ СҮЙИЎ, АЎЫЗБИРШИЛИК, ДОСЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (WATAN, EL-XALIQTI SÚYÍW, AWIZBÍRShÍLÍK, DOSLIQ HAQQINDA NAQIL-MAQALLAR)
Ақ бөкенди «жатыр» деме,
Көшпели елди «отыр» деме.
Көшпели елди «отыр» деме.
Ел қулағы елиў.
Елде түлки аштан өлмес.
Ел алмаса елиў жыл жатады.
Ерден аспақ болса да,
Елден аспақ жоқ.
Елден аспақ жоқ.
Елестирмек елшиден,
Жаўластырмақ жаўшыдан.
Елли жерде өрис бар,
Таўлы жерде бөри бар.
Жаўластырмақ жаўшыдан.
Елли жерде өрис бар,
Таўлы жерде бөри бар.
Елдиң қәдирин патша билмес,
Журттан-журтқа аспағанша,
Жақсы ярдың қәдирин билмес,
Бир жаманға түспегенше.
Журттан-журтқа аспағанша,
Жақсы ярдың қәдирин билмес,
Бир жаманға түспегенше.
Жер емген – ел ел болады,
Жер қәдирин билмеген елдиң,
Өмиринше ырысқалы кем болады.
Жер қәдирин билмеген елдиң,
Өмиринше ырысқалы кем болады.
Журт жутаса – жоқшылық,
Журт байыса – тоқшылық.
Журт байыса – тоқшылық.
Урыўлы ел – уялы терек.
Едил ғарғасы елине кетти,
Жайық ғарғасы жайына кетти.
Жайық ғарғасы жайына кетти.
Елге ел қосылса – дәўлет.
Елден-ел кетсе – мийнет.
Елден-ел кетсе – мийнет.
Елге панасыз болса сайдан без,
Нәмәрт болса бийден без.
Нәмәрт болса бийден без.
Киси елинде ат шаппа,
Шапсан узап кетпе.
Мертилерсең узамай,
Алалмай қайтып есенлик.
Шапсан узап кетпе.
Мертилерсең узамай,
Алалмай қайтып есенлик.
Қәтқудасыз ел болса,
Бирин-бири шарпыйды.
Қәтқудалы ел болса,
Бирин-бири қорғайды.
Бирин-бири шарпыйды.
Қәтқудалы ел болса,
Бирин-бири қорғайды.
Ел ағасы ақмақ болса,
Елин жолаўшы талайды.
Елин жолаўшы талайды.
Елшиге өлим жоқ.
Елге берсең асыңды,
Елиң сыйлар басыңды.
Ийтке берсең асыңды,
Ийтлер тартар лашыңды.
Елиң сыйлар басыңды.
Ийтке берсең асыңды,
Ийтлер тартар лашыңды.
Ердиң күни ел менен,
Елдиң күни жер менен.
Елдиң күни жер менен.
Аўылы пүтинди аман де,
Ели пүтинди есен де.
Ели пүтинди есен де.
Тама-тама көл бөлады,
Жаўын жаўса сел болады.
Жаўын жаўса сел болады.
Бағды қуртсаң балаңа қәўип,
Елди жаманласаң өзине қәўип.
Елди жаманласаң өзине қәўип.
Қарақалпақ байдың баласы едик,
Теңликке көнсек те, кемликке көнбеймиз.
Теңликке көнсек те, кемликке көнбеймиз.
Тилимиз басқа болса да, жүрегимиз бир,
Журтымыз басқа болса да, жолымыз бир.
Журтымыз басқа болса да, жолымыз бир.
Қус қанаты менен,
Адам елаты менен.
Адам елаты менен.
Ел урыссыз болмайды,
Таў бөрисиз болмайды.
Таў бөрисиз болмайды.
Кемликке – камал,
Менменге – заўал.
Жүйрикке – томар.
Кимде ким халыққа қысым қылса,
Барып-барып өзи-ақ қудайдан табар.
Менменге – заўал.
Жүйрикке – томар.
Кимде ким халыққа қысым қылса,
Барып-барып өзи-ақ қудайдан табар.
Жери байдың ели бай.
Ҳәр қасқалтақ өзиниң батпағын мақтайды.
Телпек кийгенниң ары бир,
Кемеге мингенниң жаны бир
Аспанға ушсаң, қанатың менен,
Жерге түсерсең қуйрығың менен.
Кемеге мингенниң жаны бир
Аспанға ушсаң, қанатың менен,
Жерге түсерсең қуйрығың менен.
Қамқа тонның қәдирин,
Жамылып жатқан қарт билер.
Ел-халықтың қәдирин,
Жекке жүрген мәрт билер.
Жамылып жатқан қарт билер.
Ел-халықтың қәдирин,
Жекке жүрген мәрт билер.
Бақа – көлинде,
Ҳәрким туўған елинде.
Ҳәрким туўған елинде.
Аўылласың ким болса,
Аталасың сол болады.
Аталасың сол болады.
Ел ағасыз болмайды,
Суў сағасыз болмайды.
Суў сағасыз болмайды.
Жаў түби – ел,
Жаз түби – кешиў.
Жаз түби – кешиў.
Халық айтса қалып айтпайды.
Аз ғана елге аға болма,
Аз ғана асқа бөлиўши болма.
Бүлинген елден бүлдирги алма.
Аз ғана асқа бөлиўши болма.
Бүлинген елден бүлдирги алма.
Қарынға тартпағанның қарны ширисин.
Кең кийим тозбайды,
Кеңесли ел азбайды.
Кеңесли ел азбайды.
Халық сөзи – теңиз толқыны.
Киси елинде патша болғанша,
Өз елиңде шопан бол.
Өз елиңде шопан бол.
Елдиң аўзын жаппаға,
Елли ғары бөз керек.
Елли ғары бөз керек.
Халық бузбас қамал жоқ.
Ел қурымай, от қурымас.
Ҳәр елдиң үрпи басқа,
Ийтлери бар ала қасқа.
Ийтлери бар ала қасқа.
Әзелги душпан ел болмас,
Етекти кесип жең болмас.
Етекти кесип жең болмас.
Талаплы елге нур жаўар,
Ел қорыған кем болмас.
Ел қорыған кем болмас.
Қызғыш қусқа көл пана,
Жетим улға ел пана.
Жетим улға ел пана.
Жақсыдан ҳәким қойсаң елди дүзер,
Жаманнан ҳәким қойсаң елди бузар.
Жаманнан ҳәким қойсаң елди бузар.
Ел – даўсыз болмас,
Таў – жаўсыз болмас.
Таў – жаўсыз болмас.
Ел қызсыз болмас,
Жер гүлсиз болмас.
Жер гүлсиз болмас.
Болайын деген елдиң баласы,
Бирин-бири батыр дер.
Тозайын деген елдиң баласы,
Бирин-бири қатын дер.
Бирин-бири батыр дер.
Тозайын деген елдиң баласы,
Бирин-бири қатын дер.
Халқыңды, журтыңды жаманлама,
Халық табады миниңди.
Халық табады миниңди.
Ел аралаған сыншы болады.
Тоғай аралаған үйши болады.
Тоғай аралаған үйши болады.
Адассаң аўылың менен.
Ел қонбай ийт тынбайды.
Ел қонбай ийт тынбайды.
Ердиң сәни ел болар,
Елдиң сәни жер болар.
Елдиң сәни жер болар.
Айрылған ел азады,
Бириккен ел озады.
Бириккен ел озады.
Көпти жаманлаған көмиўсиз қалады.
Көшкен журттың қәдири,
Қонғанда өтер.
Қонғанда өтер.
Тоғайсыз жердиң сәни жоқ.
Елди сүйген, елге дос.
Жер күтпеген ерден түңил,
Ер күтпеген елден түңил.
Ер күтпеген елден түңил.
Елден айрылған бийгәна болар.
Елге ел сыйса да, үйге үй сыймайды.
Ел аралағанның мың да, бир есиги болады.
Жолдан шықсаң да журттан шықпа.
Халық сыйлаған қалый болмас.
Ел сыйлаған қуры қалмас.
Ел сыйлаған қуры қалмас.
Ўатан күннен сулыў,
Алтыннан қымбат.
Алтыннан қымбат.
Ўатансыз адам,
Бахытсыз бүлбил.
Бахытсыз бүлбил.
Жаўға жаныңды берсең де,
Сырыңды берме?
Әдиўли ўатаннан гүдериң үзбе?
Сырыңды берме?
Әдиўли ўатаннан гүдериң үзбе?
Халық-күштиң тийкары,
Опасызда ўатан жоқ.
Опасызда ўатан жоқ.
Халыққа дүзелмеген, Қәлпеге дүзелмейди.
Айна-айна емес,
Халық айна.
Диннен шықсаң да,
Елден шықпа.
Халық айна.
Диннен шықсаң да,
Елден шықпа.
Көп билсең де,
Көптен артық билмейсең.
Көптен артық билмейсең.
Халық бир тислемнен берсе тойдырар.
Бир муштан урса өлтирер.
Бир муштан урса өлтирер.
Өзин ҳақ болсаң
Халық саған жақ болар.
Жаўды халық қайтарады,
Жақсы аты Бараққа қалады.
Халық саған жақ болар.
Жаўды халық қайтарады,
Жақсы аты Бараққа қалады.
Шаштың кирин тарақ алады,
Жақсы аты тараққа қалады.
Жақсы аты тараққа қалады.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДОСЛЫҚ ҲӘМ МУҲАББАТ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДЕН САЎЛЫҚ, ТАЗАЛЫҚ ҲӘМ АЗЫҚ-АЎҚАТ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: