НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРДЫҢ ЖУЎАП-АЙТЫС ҲӘМ ОЙЫН ДӘЛКЕК ТҮРЛЕРИ (NAQIL-MAQALLARDIŃ JUWAP-AYTIS HÁM OYIN DÁLKEK TÚRLERÍ)
Бизиң балада кемис қалмады,
Қалып турғаны – үйлениў тойы.
Қалып турғаны – үйлениў тойы.
Ғарры қыз ул тапса,
Қоярға жер таппайды.
Қоярға жер таппайды.
Бармағын бүкпеген палаў жемейди.
Барыста қайтыс болмас,
Даў айтыссыз болмас.
Даў айтыссыз болмас.
Аман болса бул басың,
Тағы шығар бул шашың.
Тағы шығар бул шашың.
Барып едик лап пенен,
Қайта бердик жап пенен,
Жибитпестен алдырдың,
Шашымызды гәп пенен.
Қайта бердик жап пенен,
Жибитпестен алдырдың,
Шашымызды гәп пенен.
Келип едик «ал» менен,
Барлы жоқлы ҳал менен,
Атымыздан айрылдық,
Қайттық жекен сал менен.
Барлы жоқлы ҳал менен,
Атымыздан айрылдық,
Қайттық жекен сал менен.
Келип едик дәўирлеп,
Бийик пенен ҳәўирлеп,
Қудағайымыз қурысын,
Қайтармады тәўирлеп.
Бийик пенен ҳәўирлеп,
Қудағайымыз қурысын,
Қайтармады тәўирлеп.
Гәптиң басы ийне болады,
Бермесең гийне болады,
Әўеле сок қотыр болады,
Алдын алмасаң кийме болады.
Бермесең гийне болады,
Әўеле сок қотыр болады,
Алдын алмасаң кийме болады.
Қумыры деген қус болар,
Пәрин тартсаң бос болар,
Себеп пенен заманлас,
Бир биреўге дус болар.
Пәрин тартсаң бос болар,
Себеп пенен заманлас,
Бир биреўге дус болар.
Ҳәмме сениң менен мендей болғанда,
Бул қалаға дарўазаман неге керек?
Бул қалаға дарўазаман неге керек?
Жаман жийен,
Жаўдан жаман.
Жаўдан жаман.
Майдың тортасы болады,
Ойынның жортасы болады.
Ойынның жортасы болады.
Жинниң де қолайлаған адамы болады.
Баланың атын Әлий қой,
Оннан қалса ўәлий қой.
Оннан қалса ўәлий қой.
Насбайшыдан насыбай сорасаң,
Мурнын гәрдийтеди.
Мурнын гәрдийтеди.
Саңыраўға сәлем берсең,
«Атаңның басы» дейди.
«Атаңның басы» дейди.
Шебер болсаң шекпениңе тамызба.
Үлкен үйдеги күлсе,
Кишкене үйдеги ыржыяды.
Кишкене үйдеги ыржыяды.
Ҳаўада тырна «тыр» етсе,
Жердеги ғаз қорқады.
Жердеги ғаз қорқады.
Жердиң бахты тайса,
Суўы тереңге түседи.
Иси келиспеген адамның,
Жумысы гереңге түседи.
Суўы тереңге түседи.
Иси келиспеген адамның,
Жумысы гереңге түседи.
Көтере алмаған,
Қосып арқалайды.
Қосып арқалайды.
Қыянатшының көзи қыйықта,
Зыяратшының көзи шийықта.
Қасқырды қайдан билейин,
Жолбарыстың күши ыйықта.
Зыяратшының көзи шийықта.
Қасқырды қайдан билейин,
Жолбарыстың күши ыйықта.
Төрдеги пышықа «пыш» десең,
Есиктеги пышыққа «тық» ете қалады.
Есиктеги пышыққа «тық» ете қалады.
Ҳәр гелледе бир қыял,
Соқыр таўыққа бәри тары.
Соқыр таўыққа бәри тары.
Өзим паспнда болсам да,
Кеўилим әл-аспанда.
Кеўилим әл-аспанда.
Ғазға ерип, ғарғаның шаты айрылады.
Майға ерип өпке де қалқады.
Майға ерип өпке де қалқады.
Қолын жуўып бос қалғаннан сақла.
Пискен астың күйиги жаман.
Ертеңги қуйрықтан,
Бүгинги өкпе артық.
Бүгинги өкпе артық.
Көп қыдырған жолығар үзбентайға.
Саған кимниң сөзи бар, Қосым палўан,
Әкеңнин еки жүзли пышағы бар.
Әкеңнин еки жүзли пышағы бар.
Тышқанның әжели жетсе,
Пышықтың қуйрығын тислейди.
Пышықтың қуйрығын тислейди.
Жаманға ис тапсырсаң,
Қаратады жолаўшыға.
Қаратады жолаўшыға.
Жақсылар дусласпаға келеди,
Шешенлер айтыспаға келеди.
Мереке жайғастыра алмаған,
Көпшиликти мушластырыўға келеди.
Шешенлер айтыспаға келеди.
Мереке жайғастыра алмаған,
Көпшиликти мушластырыўға келеди.
Жаў жоқта ҳәмме батыр.
Қолың көтере алмаған шоқмарды,
Белиңе неге байладың?
Белиңе неге байладың?
Соқырдың қолына,
Саңыраўдың астына түспе.
Саңыраўдың астына түспе.
Тентектиң ақылы түстен кейин енеди.
Сыпайы тоңбас, қалтырар.
«Жаў келди» деп,
Жүрисимнен жаңылайын ба?
«Әкем өлди» деп,
Күлисимнен жаңылайын ба?
Жүрисимнен жаңылайын ба?
«Әкем өлди» деп,
Күлисимнен жаңылайын ба?
Жарақлыға жаў жолықпайды.
«Ўарқ» еттик, «шарқ» еттик,
Жаздың өткенин билмей қалдық.
Жаздың өткенин билмей қалдық.
Сумлықты ала тана баслайды.
Уәде-ақ қумнан табысқайлы болсын.
Той өткен соң, даңғара.
Ессиз ғана бийдайды,
Тақан қылмай нан қылды.
Тақан қылмай нан қылды.
Ғарға ғарқылдап ғаз болмас,
Кемпир сыңқылдап қыз болмас.
Кемпир сыңқылдап қыз болмас.
Ғарры түйе бақыраўық,
Ғарры қораз шақыраўық.
Ғарры қораз шақыраўық.
Арбаның жаман жери,
Жолдың жаман жерине келеди.
Жолдың жаман жерине келеди.
Мурнымның пушығынан қабарым жоқ,
Сәңкийип сала бериппен.
Сәңкийип сала бериппен.
Бир жилли менен бир саў қосылса,
Жағаласқан жаўдай болады.
Еки жилли қосылса,
Ағайинли саўдай болады.
Жағаласқан жаўдай болады.
Еки жилли қосылса,
Ағайинли саўдай болады.
Бир аўыз әңгимениң,
Еки аўыз лийикини болады.
Еки аўыз лийикини болады.
Көлдиң қуты кетсе,
Үш жыл бурын қутаны кетеди.
Үш жыл бурын қутаны кетеди.
Алып болсаң үсириңди,
Аўлаққа сал дүсириңди.
Аўлаққа сал дүсириңди.
Ақ қуланды алсаң ары тур.
Оң қолым, сол қолым,
Бәри де өз қолым.
Бәри де өз қолым.
Атаңда жоқ арғымақ,
Енең де жоқ арғымақ.
Сизиң ҳәддиң бе,
Бул салмадан ғарғымақ?
Енең де жоқ арғымақ.
Сизиң ҳәддиң бе,
Бул салмадан ғарғымақ?
Өзи түйели жүрип,
Пиядаға «буқ» дейди.
Пиядаға «буқ» дейди.
Еленип алған шалымды,
Ешки теўип өлтиреди.
Ешки теўип өлтиреди.
Түйеден жығылғанның гәпи жоқ,
Түсемен дегенше алағадасы жаман.
Түсемен дегенше алағадасы жаман.
Ақсақ аяқ, өли аяқ,
Сүйреп барған саў аяқ.
Сүйреп барған саў аяқ.
Ҳәркимниң бир дәрти бар,
Ғарры қыздың яр дәрти бар.
Ғарры қыздың яр дәрти бар.
Әбдуриңки-субдириңки,
Артқы етеги түриңки.
Артқы етеги түриңки.
Жырдың малы – жинниң малы.
Сен де маңлайсыз, мен де маңлайсыз,
Әлле аңлайсыз, әлле аңламайсыз.
Әлле аңлайсыз, әлле аңламайсыз.
Отын деген шөп болар,
Тере берсең, көп болар.
Тере берсең, көп болар.
Ешкиниң жүни аў болмайды,
Тентектен туўған саў болмайды.
Тентектен туўған саў болмайды.
Қара тақан жейин деген асым ба еди?
Тоқсан бес жас көрейин деген жасым ба еди?
Тоқсан бес жас көрейин деген жасым ба еди?
Қарызың мыңға жетсе,
Мәйек бөрек же.
Мәйек бөрек же.
Узын киси дийўананың ҳасасы,
Келте киси қызыл гүлдиң дәнеси.
Келте киси қызыл гүлдиң дәнеси.
Жылағанның алдынан өкирген шығады,
Жығылғанның алдынан секирген шағады.
Жығылғанның алдынан секирген шағады.
Қуў ишинде жас жанар.
Елиңе келген екен бир мүсәпир,
Кисесин жулып алыпты бир кисапыр.
Кисесин жулып алыпты бир кисапыр.
Адамның жаманы ҳайт күни өледи.
Усы аўырыўдан аман қалсам,
Ендиги аўырыўда алды менен кетермен.
Ендиги аўырыўда алды менен кетермен.
Жиллиниң бир айтқаны келмесе,
Бир айтқаны келеди.
Бир айтқаны келеди.
Малаға минген суўпыдай,
Тәкаббыр болса баласы,
Тәлим берген анасы.
Бир бәлеге жолығар,
Созылса гәптиң арасы.
Тәкаббыр болса баласы,
Тәлим берген анасы.
Бир бәлеге жолығар,
Созылса гәптиң арасы.
Ай болмаса адамзат,
Ақылдан адасады.
Күн болмаса кеўилди кир басады,
Көкирек – сандық, аўыз – қулып,
Гилт болмаса қулыпты ким ашады?
Ақылдан адасады.
Күн болмаса кеўилди кир басады,
Көкирек – сандық, аўыз – қулып,
Гилт болмаса қулыпты ким ашады?
Ийт жемес асынан дәме етеди,
Мурны қыймыл-қыймыл етеди.
Ийттиң тентеги,
Сөктиң жентегинен дәме етеди.
Мурны қыймыл-қыймыл етеди.
Ийттиң тентеги,
Сөктиң жентегинен дәме етеди.
Аяғыңда шарығың
Баққа сейил етесең,
Қалтанда бир пулың жоқ,
Қой гөшинен дәме етесең.
Баққа сейил етесең,
Қалтанда бир пулың жоқ,
Қой гөшинен дәме етесең.
Көз қараўға тоймас,
Кеўил дийдарға тоймас.
Қатар заманласлар менен,
Отырған отырыспаның баҳасы болмас.
Кеўил дийдарға тоймас.
Қатар заманласлар менен,
Отырған отырыспаның баҳасы болмас.
Аққан дәрья болады,
Жатқан бойра болады.
Жатқан бойра болады.
Көгершин деген қус болар,
Буғып барсаң аттырмас,
Адамзаттың жаманы,
Пискен астан таттырмас.
Буғып барсаң аттырмас,
Адамзаттың жаманы,
Пискен астан таттырмас.
Қыс деп айтпаў керек,
Жерде қары болмаса.
Қыз деп айтпаў керек,
Хош қылық, назы болмаса.
Жерде қары болмаса.
Қыз деп айтпаў керек,
Хош қылық, назы болмаса.
Бийик-бийик таў болса ҳәм
Жылғасында жол болады.
Ҳасылзада бег болса ҳәм,
Перийзаттың қулы болады.
Жылғасында жол болады.
Ҳасылзада бег болса ҳәм,
Перийзаттың қулы болады.
Мыс жүзиктиң қасына,
Гәўҳарды қойсаң зәң урар.
Бәдҳасыл сәўбетке кирсе,
Хош тәбият кең болар.
Гәўҳарды қойсаң зәң урар.
Бәдҳасыл сәўбетке кирсе,
Хош тәбият кең болар.
Билмедик елиңниң сырын,
Жедик алақшынның қырын.
Жедик алақшынның қырын.
Ақмақларға сөз айтсаң,
Қулағының сыртына.
Қулағының сыртына.
Қыз-қыздың бирәдары,
Жигит-қыздың миннетдары.
Жигит-қыздың миннетдары.
Бир тислесең де, май тисле,
Ҳәргиз жүрек талдырмас.
Жақсы менен жолдас болсаң,
Кеўлиңде әрман қалдырмас.
Ҳәргиз жүрек талдырмас.
Жақсы менен жолдас болсаң,
Кеўлиңде әрман қалдырмас.
Үйимиз жоқ, ақ отаўда жатамыз,
Асқатығымыз жоқ, сүт қатамыз.
Асқатығымыз жоқ, сүт қатамыз.
Нақылға шебермиз, жуўапқа жоқпыз.
Ат арбаның ишинде,
Өгиз арбаны қудай сақласын.
Өгиз арбаны қудай сақласын.
Ҳәрбир қуралың өзиңе дәрт,
Әттең келин болып турыпсаң,
Болмаса алақшын аў қуралың.
Әттең келин болып турыпсаң,
Болмаса алақшын аў қуралың.
Ғарғаның «ғақ» дегени,
Өзине қуўаныш.
Өзине қуўаныш.
Адасқанның айыбы жоқ,
Қайтып жолын тапқан соң.
Қайтып жолын тапқан соң.
Айланбада ақсақ озар.
Қысы кетип жазы қалды.
Көшелек түйени биреў алады,
Тыңқылдақты биреў шертеди.
Көшелек түйени биреў алады,
Тыңқылдақты биреў шертеди.
Ақылым бар, пулым жоқ.
Сен бир қой бер,
Мен бир қой берейин,
Сөйтип тамыр болайық.
Мен бир қой берейин,
Сөйтип тамыр болайық.
Жығылған сүрингенге күлер.
Қанша ойнассаң ойнайық,
Бирақ, жағаласыўға барыспайық.
Бирақ, жағаласыўға барыспайық.
Әжаға болсаң ақыл айт,
Ақыл айтсаң да, мақул айт.
Ақыл айтсаң да, мақул айт.
Гез келсе, кеме арбаға минер.
Гөже-гөже көзиңе айтайын,
Сорпадан садақа кет.
Сорпадан садақа кет.
Муртқа өкпелеп жүргенде,
Сақал да шықты.
Сақал да шықты.
Сөздиң басы бир пушпақ,
Аяғы болды қыр пышақ.
Аяғы болды қыр пышақ.
Бөри жеген бөксемди,
Ийттен несин аяйын.
Ийттен несин аяйын.
Азан айтаман деп,
Азанға қалдым.
Азанға қалдым.
Уайым, түби теңиз,
Батасаң да кетесең.
Тәўекел деген қайық,
Минесең де өтесең.
Батасаң да кетесең.
Тәўекел деген қайық,
Минесең де өтесең.
Сәлемсиз кирген уят,
Жуўапсыз шыққан уят.
Жуўапсыз шыққан уят.
Чай-қанты бар жигитке,
Қыз-келиншек үймелейди,
Чай-қанты жоқ жигитке,
Қара шабын үймелейди.
Қыз-келиншек үймелейди,
Чай-қанты жоқ жигитке,
Қара шабын үймелейди.
Сөз-сөзден шығады,
Сөйлемесең неден шығады?
Сөйлемесең неден шығады?
Сөз – пыяздың қабығы,
Сөйлесең зейниң ашылар.
Сөйлесең зейниң ашылар.
Басым кеткен соң,
Шашым ушын несине қыйналайын?
Арым кеткен соң,
Барыма несине қыйналайын?
Шашым ушын несине қыйналайын?
Арым кеткен соң,
Барыма несине қыйналайын?
Қус жаманы саўысқан,
Адам жаманы гәптиң кейнин қуўысқан.
Адам жаманы гәптиң кейнин қуўысқан.
Сөз мәнисин билмеген,
Сөзди өзине келтирер,
Көш мәнисин билмеген,
Көшкенде көлик өлтирер.
Нәмәҳремди бағқа қойма,
Шақасына зил келтирер.
Сөзди өзине келтирер,
Көш мәнисин билмеген,
Көшкенде көлик өлтирер.
Нәмәҳремди бағқа қойма,
Шақасына зил келтирер.
Гүл-гүлге ашық,
Гүл-бүлбилге ашық,
Отырыспа сөзге ашық.
Гүл-бүлбилге ашық,
Отырыспа сөзге ашық.
Бүлбил қустың сести шийрин болса да,
Қарасаң тырнақтай жоқ,
Түйе қус сонша ардақласа да,
Гүл ийисин сезиўде Палша жоқ.
Қарасаң тырнақтай жоқ,
Түйе қус сонша ардақласа да,
Гүл ийисин сезиўде Палша жоқ.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДЕН САЎЛЫҚ, ТАЗАЛЫҚ ҲӘМ АЗЫҚ-АЎҚАТ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТИЛ, СӨЗ ӨНЕРИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: