ДӘСТҮР, ҮРИП-ӘДЕТЛЕР ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (DÁSTÚR, ÚRÍP-ÁDETLER HAQQINDA NAQIL-MAQALLAR)
Адам адамға мийман,
Жан геўдеге мийман.
Жан геўдеге мийман.
Жақын жерден қуда болсаң,
Арба-арба сөз келеди.
Арба-арба сөз келеди.
Алты қатын азаға барса,
Ҳәр қайсысы өз муңын айтар.
Ҳәр қайсысы өз муңын айтар.
Ант ишкенниң үйине барма,
Айрандай жуғады.
Айрандай жуғады.
Мезгилсиз шақырған қоразды соймақ керек.
Гүзе күнде сынбайды,
Күнинде сынады.
Күнинде сынады.
Асым-суўым барында,
Қудағай келин атандым,
Асым-суўым кеткен соң,
Қубағай келин атандым.
Қудағай келин атандым,
Асым-суўым кеткен соң,
Қубағай келин атандым.
Алар малың келгенде,
Аяма ҳәрне барынды.
Аяма ҳәрне барынды.
Бийик таўдың төбесине қара,
Түбине барма.
Жақсының атын есит,
Үйине барма.
Түбине барма.
Жақсының атын есит,
Үйине барма.
Бай менен қуда болсаң ширенер,
Жарлы менен қуда болсаң тиленер.
Жарлы менен қуда болсаң тиленер.
Биреўдиң дузын ишсең,
Үйиңе кел де қазан, ошағынды сазлай бер.
Үйиңе кел де қазан, ошағынды сазлай бер.
Базардағы тамақ,
Бақтыңа қарай писеди.
Бақтыңа қарай писеди.
Берейин десең нең жоқ,
Бес ешкиң бар, пейлиң жоқ.
Бес ешкиң бар, пейлиң жоқ.
«Беремен» деген қутылмас,
Берик байлаған шешилмес.
Берик байлаған шешилмес.
«Бәс» деп ийттиң кеўлин алады,
«Қой» деп қонақтың кеўлин алады.
«Қой» деп қонақтың кеўлин алады.
Тамыр берген түйеден,
Тәңир берген тоқлы артық.
Тәңир берген тоқлы артық.
Тойға барсаң бурын бар,
Бурын барсаң орын бар.
Бурын барсаң орын бар.
Төркини жақынның төсеги жыйналмайды,
Тайынған қыз төркинин танымайды.
Тайынған қыз төркинин танымайды.
Тапқан адам қуўанса да,
Таныған адам алады.
Таныған адам алады.
Тоңғанға отын жақтырма,
Қарны ашқа қазан астырма.
Қарны ашқа қазан астырма.
Дуз ишкен жериңе жаманлық етпе.
Жақсыны жатқа берме,
Душпаның күлер,
Жаманды досқа берме,
Елиң бүлинер.
Душпаның күлер,
Жаманды досқа берме,
Елиң бүлинер.
Дән жоқта дийўана да қыстайды.
Дийўанаға гүнжи де болса болады.
Дийўанаға пул да берме,
Кеўлин де қалдырма.
Кеўлин де қалдырма.
«Ел көшеди екен» деп,
Отыныңды таўыспа,
«Бай келеди екен» – деп,
Бар асыңды таўыспа.
«Тиленши көп екен» деп,
Барыңды «жоқ» деп жасырма.
«Жаў келеди» екен деп,
Еки қолыңды қаўсырма.
Отыныңды таўыспа,
«Бай келеди екен» – деп,
Бар асыңды таўыспа.
«Тиленши көп екен» деп,
Барыңды «жоқ» деп жасырма.
«Жаў келеди» екен деп,
Еки қолыңды қаўсырма.
Жақсы көрген кисиң менен,
Дүзде ҳеш қоңсы болма.
Дүзде ҳеш қоңсы болма.
Жарлы болар жигитке,
Қазалы мал тап болар,
Жалғыз болар жигитке,
Қуў бедеў қатын тап болар.
Қазалы мал тап болар,
Жалғыз болар жигитке,
Қуў бедеў қатын тап болар.
Жүрген аяққа жормал илинеди.
Майлы қайыс ийттиң ырысы.
Малымды алсаң ал,
Пейлимди алма.
Пейлимди алма.
Орамал тон болмайды,
Жол болады.
Жол болады.
Өлим-ортақ, даў-қонақ.
Өлим сорағанға мийнет береди.
Өли шыққан үйдиң алдында жолбарыс жатар.
Үре алмаған ийт,
Үйине қонақ келтиреди.
Үйине қонақ келтиреди.
Үзип жеген үнемге жарамас.
Қам қуймақ қустырмай қоймас.
Қазаннан қақпақ кетсе,
Ийттен уят кетер.
Ийттен уят кетер.
Қол жүйриги асқа,
Тил жүйриги басқа.
Тил жүйриги басқа.
Қутлы қонақ келсе,
Қой егиз қозылайды,
Қутсыз қонақ келсе,
Қойға қасқыр шабады.
Қой егиз қозылайды,
Қутсыз қонақ келсе,
Қойға қасқыр шабады.
Қонақ аз отырып көп сынайды.
Қонағыңның алтынын алма,
Алғысын ал.
Алғысын ал.
Қулақ еситкенди көз көреди.
Қымбатшылық қызға жаў,
Жаўгершилик үлға жаў.
Жаўгершилик үлға жаў.
Қуры қасық аўыз жыртады.
Хан да болсаң келсапты алып кел.
Сүйек тамыры – сүйесип күн көреди,
Аўыз тамыры – айтысып артығын алады.
Аўыз тамыры – айтысып артығын алады.
Тойғаның өмирлик болмаса не пайда,
Сыйынғаның сүйенгениңнен күшли болмаса не пайда.
Сыйынғаның сүйенгениңнен күшли болмаса не пайда.
Суў әкелген қарыў зор,
Гүзе сындырған газииз.
Гүзе сындырған газииз.
Сыпырасында бир шылым уны жоқ,
Қызының атын Майдабийке қояды.
Қызының атын Майдабийке қояды.
Барымта қайтыс болмайды,
Даў айтыссыз болмайды.
Даў айтыссыз болмайды.
Қатын алма қайын ал,
Жақсы көрген досыңның,
Атын алма, тайын ал.
Жақсы көрген досыңның,
Атын алма, тайын ал.
Ҳаялы жоқ кисиге,
Соқыр кемпир айдай көринер.
Шаршап киятырған кисиге,
Тал таяқ тайдай көринер.
Аш болып киятырған кисиге,
Қара тақан майдай көринер.
Соқыр кемпир айдай көринер.
Шаршап киятырған кисиге,
Тал таяқ тайдай көринер.
Аш болып киятырған кисиге,
Қара тақан майдай көринер.
Келин келсе айдай,
Қас кирпиги жайдай,
Қаршынында бир заты жоқ,
Не қылып келди екен уялмай.
Қас кирпиги жайдай,
Қаршынында бир заты жоқ,
Не қылып келди екен уялмай.
Тамыр болдың айтыс жоқ,
Қолдан бердиң қайтыс жоқ.
Алып алтаў болмас,
Жеп жетеў болмас.
Қолдан бердиң қайтыс жоқ.
Алып алтаў болмас,
Жеп жетеў болмас.
Шығасы шықпай,
Киреси кирмейди.
Киреси кирмейди.
Көшкен журттың қәдири,
Қонғанда өтер,
Бой жеткен қыздың қәдири,
Кеткен соң өтер.
Қонғанда өтер,
Бой жеткен қыздың қәдири,
Кеткен соң өтер.
Ийесин сыйлаған
Ийтине сүйек салады.
Ийтине сүйек салады.
Тонды питирген жылы өзиң кий,
Екинши жылы достыңа бер.
Үшинши жылы қастыңа бер.
Екинши жылы достыңа бер.
Үшинши жылы қастыңа бер.
Дәме еткенге – өкпе ет.
Күйеўдиң қалыңын берде,
Күшин ал.
Күшин ал.
Күйеў жүз жыллық,
Қуда мың жыллық.
Қуда мың жыллық.
Өзиңде көлик болмаса
Түсип ким берер.
Түсип ким берер.
Өзиңде жоқ болса,
Коңсыңа өкпелеме.
Коңсыңа өкпелеме.
Ийесине керек болса,
Қоңсысы өкпелемейди.
Қоңсысы өкпелемейди.
Қонақ қойдан жуўас.
Қонақ сайлап қонады,
Уры бассынып қонады.
Уры бассынып қонады.
Тойым той болсын десең,
Үш тилласынан қашпа.
Үш тилласынан қашпа.
Өзбек өзиңе бек бол,
Қоңсыңды уры тутпа.
Қоңсыңды уры тутпа.
Пейли тардың қолы тар.
Мын сиз бизден,
Бир шыж-быж.
Бир шыж-быж.
Өмир қызығы – сыйласық.
Өш алғанға өкпе жоқ,
Кек алғанға гийне жоқ.
Кек алғанға гийне жоқ.
Сулыў нәзерде,
Жүйрик тозаңда,
Қабарсаң қоныс өзгерт,
Тоңсаң постын жаңарт.
Жүйрик тозаңда,
Қабарсаң қоныс өзгерт,
Тоңсаң постын жаңарт.
Жақсы қоңсыны сатып ал,
Жаманнан басың тартып ал,
Жаманнан басың тартып ал,
Қонақ келсе есиктен,
Ырысқалы кирер тесиктен.
Ырысқалы кирер тесиктен.
Көшиў көшсең бурын көш,
Ылай болар изгиси.
Ылай болар изгиси.
Жеңи жаманның, қолы жаман көринеди,
Төсеги жаманның үйи жаман көринеди.
Төсеги жаманның үйи жаман көринеди.
Қонағым өзиңе де қарап қой,
Қорқып өскен бой қурсын.
Қорқып өскен бой қурсын.
Тилеп алған бақсы еди,
Өлип қалмаса жақсы еди.
Өлип қалмаса жақсы еди.
Аза айтыўлы, сый сатыўлы.
Бар-барын айтады,
Жоқ-жоғын айтады.
Бақа путын тарбайтады.
Жоқ-жоғын айтады.
Бақа путын тарбайтады.
Ат-тоны бар кисиниң,
Алғы-бергиси бар.
Тамағы тоқ кисиниң
Талтаң-талтаң жүриси бар.
Алғы-бергиси бар.
Тамағы тоқ кисиниң
Талтаң-талтаң жүриси бар.
Адам барған жерге адам барады,
Бели берик қорғанды алады.
Бели берик қорғанды алады.
Кеўлиңе қарай қайтысың,
Желиўиңе қарай жортысың.
Желиўиңе қарай жортысың.
Қулақ еситсе өкпе исинеди.
Берсең-аласаң,
Барсаң-көресең.
Барсаң-көресең.
Туўры келген қонақтың,
Еки көзинен басқа айыбы жоқ.
Еки көзинен басқа айыбы жоқ.
Еки рет көшкен,
Бир таланған менен барабар.
Бир таланған менен барабар.
Еситкен көргенге хабар береди,
Ғыйбатшы өсек тереди.
Ғыйбатшы өсек тереди.
Үй тыңлаған өз айыбын еситер.
Жоқ табылады қараўы болса,
Сараң бермейди емес сораўы болса.
Сараң бермейди емес сораўы болса.
От таяр, шылым таяр,
Жердеги шылымды еңкейип ким алар?
Жердеги шылымды еңкейип ким алар?
Аспанда ай жүрер өз раўана,
Жерде ийт үреди кимге зияна.
Жерде ийт үреди кимге зияна.
Жағымсыз қонақ,
Жатар ўақта келеди.
Жатар ўақта келеди.
Қудаға өкпелеген,
Отарға көшеди.
Отарға көшеди.
Береген қолым – алаған.
Қоңсыңа қарама,
Оңысығыңа қара.
Оңысығыңа қара.
Күни менен елди гезген,
Өз пайдасынан гүдер үзеди.
Өз пайдасынан гүдер үзеди.
Жақсы көргенине урт береди,
Жаман көргенине сырт береди.
Жаман көргенине сырт береди.
Қоңсы болсаң, қорған бол.
Қудамдалы болғанша,
Қолың ис сорасын.
Қудамдалы болған соң,
Қул да болса сыйлансын.
Қолың ис сорасын.
Қудамдалы болған соң,
Қул да болса сыйлансын.
Несийени мал деме,
Гүмилжи болар.
Гүмилжи болар.
Қуманның пулын ыбырсық қуртады.
Улдың саўлаты бир басқа,
Қыздың саўлаты бир басқа.
Қыздың саўлаты бир басқа.
Қайың емес қайырғыш,
Айран емес қандырғыш.
Айран емес қандырғыш.
Абысын ағарып алдыма түспесин,
Қарайып кейнимде қалмасын.
Қарайып кейнимде қалмасын.
Улға қызды таңлап алсаң да,
Қызды таңлап бере алмайсаң.
Қызды таңлап бере алмайсаң.
Жақсы қатын белгиси,
Былғары қылар терини,
Жаман қатын белгиси,
Қарыздар қылар ерини.
Былғары қылар терини,
Жаман қатын белгиси,
Қарыздар қылар ерини.
Үш күнлигин ойламаған менен жолдас болма,
Бир айлығын ойламаған менен қоңсы болма.
Бир айлығын ойламаған менен қоңсы болма.
Жүре берсең көре бересең,
Көре берсең көне бересең.
Көре берсең көне бересең.
Ийт қусығын жаламас.
Елге жарағанша,
Ериңе жаран.
Ериңе жаран.
Аўзы үлкен аслы болады,
Көзи үлкен жаслы болады.
Көзи үлкен жаслы болады.
Аттың жақсысы жолыңда белли,
Қайыңның жақсысы жайында белли.
Қайыңның жақсысы жайында белли.
Алғаның жаман болса өмириң хорлық,
Мингениң жаман болса қамшыға зорлық.
Мингениң жаман болса қамшыға зорлық.
Жипек арқанды жуўан ескен жарамас.
Қалыс берген сорамас.
Қалыс берген сорамас.
Айтыссаң гәп болады,
Айтыспасаң дәрт болады.
Айтыспасаң дәрт болады.
Бес күнлик өмирге,
Жүз күнлик тәтәррик.
Жүз күнлик тәтәррик.
Жақсы нийет жарым ырыс,
Отқа жақын ис күйеди.
Отқа жақын ис күйеди.
Аштан өлгеннен,
Жарылып өлген абзал.
Жарылып өлген абзал.
Қостар алсаң нардай,
Балалы боларсаң жардай,
Бир жумысқа буйырсаң,
Ҳәргиз келмес алмай.
Балалы боларсаң жардай,
Бир жумысқа буйырсаң,
Ҳәргиз келмес алмай.
Жақсы менен отырсаң,
Жәннетке киргендей боларсаң,
Заманласлар менен отырсаң,
Дәўранды сүргендей боларсаң.
Жәннетке киргендей боларсаң,
Заманласлар менен отырсаң,
Дәўранды сүргендей боларсаң.
Пайдасын билген постынға киреди,
Қолынан келмеген достынан көреди.
Қолынан келмеген достынан көреди.
Үлесте муш жетсе де ал.
Таза байығаннан пул қарыз алма.
Бар затты жоқ деп гизнеме,
Намәлим затты излеме.
Намәлим затты излеме.
Барар жериң мың болса да,
Жатақ жериң бир болсын.
Жатақ жериң бир болсын.
Отқа кеткен қатынның орнында отырма.
Киймесең де тоның болсын,
Жемесең де наның болсын.
Жемесең де наның болсын.
Кели түйе алмаған – үплеўиш,
Дигирман тарта алмаған – желпиўиш.
Дигирман тарта алмаған – желпиўиш.
Жиптиң ушын түймеген үш өткерер.
Тартып үзбе,
Ийтерип жықпа.
Ийтерип жықпа.
Жол ҳақысы – жүриў,
Киси ҳақысы – бериў.
Киси ҳақысы – бериў.
Уста ҳақысын бер де қыста.
«Ала кел»ден ис питпес.
Ийне қайда болса,
Сабақ та сонда.
Сабақ та сонда.
Қуры гәптен палаў болмас,
Гүриши майы болмаса.
Гүриши майы болмаса.
Туңғыштың толғағы аўыр.
Пәлен жерде алтын бар,
Барсам бақыр табылмас.
Барсам бақыр табылмас.
Ийнениң көзиндей жерден,
Балтаның сабындай суўық өтеди.
Балтаның сабындай суўық өтеди.
Қалтадан қарын тойса да,
Кеўил тоймайды.
Кеўил тоймайды.
Күнде саған май қайда,
Қәне бүгин суў палаў.
Қәне бүгин суў палаў.
Өз мүлкиңди өзиң қәдирлемесең,
Басқа белинен басады.
Басқа белинен басады.
Ыштансыздың түсине,
Алты қары бөз енеди.
Алты қары бөз енеди.
«Ары жатта, бери жат»,
Төсектиң тарлығынан болады.
Төсектиң тарлығынан болады.
Ел елге сыйса да,
Үй-үйге сыймас.
Үй-үйге сыймас.
Айлас қатын – муңлас.
Өзиңде болмаса,
Атан да жат.
Атан да жат.
Шәўлени май келтирер.
Шақырыўсыз барған төсексиз отырар.
Еркек – ҳаялдың көрки,
Ҳаял – еркектиң бөрки.
Ҳаял – еркектиң бөрки.
Ер жигиттиң жарасығы яр болар,
Қәдирин билмеген бир күн зар болар.
Қәдирин билмеген бир күн зар болар.
Түтинсиз от болмайды.
Дузсыз ас болмайды.
Дузсыз ас болмайды.
Зуўалаңды үлкен ет,
Көрейин тоймағаныңды.
Кийимиңди үлкен пиш,
Көрейин сыймағаныңды.
Көрейин тоймағаныңды.
Кийимиңди үлкен пиш,
Көрейин сыймағаныңды.
Кемпиримнен айрылып турғанда,
Жалғыз сыйырымды сойғаным қуўанғаным ба?
Жалғыз сыйырымды сойғаным қуўанғаным ба?
Тамбасында қос тандыр,
Жабайын десе уны жоқ.
Жабайын десе уны жоқ.
Есиктен күндес кирсе,
Тесиктен урыс кирер.
Тесиктен урыс кирер.
Ағаң пақыр баяғыдай емес,
Баяғыдай болса, аяғыдай емес.
Баяғыдай болса, аяғыдай емес.
Той – тоқшылықтың нышаны.
Қәде мәниси – қайтарыў,
Уәде мәниси – атқарыў.
Уәде мәниси – атқарыў.
Аталастан алтаў болғанша,
Енелестен екеў бол.
Енелестен екеў бол.
Баланы иске буйыр,
Артынан өзиң жуўыр.
Артынан өзиң жуўыр.
Көшкен журтта көсеў қалады.
Үйиңе келген де,
Үйдей өкпеңди айтпа.
Үйдей өкпеңди айтпа.
Былай тартсаң өгиз өлер,
Былай тартсаң арба сынар.
Былай тартсаң арба сынар.
Жесир ҳаял желбуўаз.
Қыз – көздиң қурты.
Қатыны өлген қызы бар,
Үйге қарай жылайды.
Үйге қарай жылайды.
Өзиңдики өзиңде,
Ай көринер көзиңе.
Ай көринер көзиңе.
Бир үйди жети еркек толтырмайды,
Бир ҳаял толтырады.
Бир ҳаял толтырады.
Жас ўақытта көргениң болмаса,
Үлкейгенде кисилигиң болмайды.
Үлкейгенде кисилигиң болмайды.
Шырада майың болмаса,
Пилик оған не дәркар.
Пилик оған не дәркар.
Сабақлы ис сәти менен.
Кеўилсизден көзсиз бала туўады.
Ийтти сүйек пенен урсаң қаңсыламас.
Жатқанның үстине турған келмесин.
Тойған үйге тоғыз кел.
Ар-сары қонақ аштан өлер.
Қоңсың жаман болса,
Көшип қутыларсаң.
Малың жаман болса,
Сатып қутыларсаң.
Ҳаялың жаман болса,
Қәйтип қутыларсаң!?
Көшип қутыларсаң.
Малың жаман болса,
Сатып қутыларсаң.
Ҳаялың жаман болса,
Қәйтип қутыларсаң!?
Дәўир кең болған менен,
Ўақыт тар.
Ҳәркимниң мөлшерли,
Машқаласы бар.
Ўақыт тар.
Ҳәркимниң мөлшерли,
Машқаласы бар.
Жаманға жағынғаша,
Жатта жаман қаршынды ақтар.
Жатта жаман қаршынды ақтар.
Асыққан менен ис питпес,
Асықпай азанғы астан ишип кет.
Асықпай азанғы астан ишип кет.
Кисиниң кийими киршил,
Кисиниң аты тершил.
Кисиниң аты тершил.
Ас жақсысы қартады,
Ол да негизине тартады.
Ол да негизине тартады.
Қоңсың мынаў болса,
Бармай ақ қояйық,
Асқаның май гүртик болса,
Келмей-ақ қояйық.
Бармай ақ қояйық,
Асқаның май гүртик болса,
Келмей-ақ қояйық.
Жаман адамға мал питсе,
Қасына қоңсы қондырмас.
Қасына қоңсы қондырмас.
Күйеў жаманы – ынжық,
Көп сөйлесе – быжық.
Көп сөйлесе – быжық.
Ықлас пенен ас қойса,
Алдыңа бас қойғаны.
Алдыңа бас қойғаны.
Ас көп болса,
Қәде көп болады.
Қәде көп болады.
Тас түскен жерине аўыр.
Қыз берген қыр асады.
Ғарға тамырлы қарақалпақ.
Қыз сыншыл болады,
Келин епшил болады.
Келин епшил болады.
Үй ишине сыншы келер,
Үй артына тыңшы келер.
Үй артына тыңшы келер.
Қыз ағасыз болмайды,
Көл сағасыз болмайды.
Көл сағасыз болмайды.
Өзим жылаў билмеймен,
Жылаў билгенниң байы өлсин.
Жылаў билгенниң байы өлсин.
Халықтың дәстүри болса,
Қатын арқама мин.
Қатын арқама мин.
Күйеў келди дегенде,
Қуў бас жумалайды.
Қуў бас жумалайды.
Сәлем де бар, қайнаға,
Сарқыт та жоқ қайнаға.
Сарқыт та жоқ қайнаға.
Ата өлсе, саўыты мийрас.
Жолы болар жигиттиң,
Жеңгеси шығар алдынан.
Жеңгеси шығар алдынан.
Тойдан тумалақ,
Садақадан сатып ал.
Садақадан сатып ал.
Сен қылғанға мен қылдым,
Сеннен артық не қылдым.
Сеннен артық не қылдым.
Бәйбишениң асын тоқал қызғанады.
Кел демек бар,
Кет демек жоқ.
Кет демек жоқ.
Ала қайыслы ат минген,
Қыдырыспаның нышаны.
Қыдырыспаның нышаны.
Тамыр болдың айтыс жоқ,
Қолдан бердиң қайтыс жоқ.
Қолдан бердиң қайтыс жоқ.
Сыйласпаға жат жақсы.
Өз-өзиңди жаттай сыйла,
Жат бойыңнан түңилсин.
Жат бойыңнан түңилсин.
Халықсыз қыз болмайды.
Ҳәзил де өкпелетеди.
Ҳәзил апат келтиреди.
Атын атасаң,
Сыбағасын ийтке сал.
Сыбағасын ийтке сал.
Қымызды ким ишпейди,
Қызды ким айттырмайды.
Қызды ким айттырмайды.
Аўылдағының аўзы сасық.
Қулақтың қарны жоқ.
Қумға қуйған билинбес.
Қызға берген билинбес.
Қызға берген билинбес.
Ағам алғанша,
Жеңгем жегенше.
Жеңгем жегенше.
Қыз жеңге ушын,
Жеңге теңге ушын.
Жеңге теңге ушын.
Тойға барсаң тойып бар,
Жумысыңды қойып бар.
Жумысыңды қойып бар.
Тойға қарап тон пиш.
Қыз жолы қылдай болады,
Шыққан қыз шийден тысқары.
Шыққан қыз шийден тысқары.
Ат алсаң аўылың менен,
Қатын алсаң халқың менен.
Қатын алсаң халқың менен.
Аты шыққан төбеге бир шық.
Теңи келсе, тегин бер.
Қашпаған қашардың,
Уўызына қаратпа.
Уўызына қаратпа.
Қоңсың күншил болса,
Кел-кетиң миншил болады.
Кел-кетиң миншил болады.
Қоңсыны қозғама көширерсең,
Отты қозғама өширерсең.
Отты қозғама өширерсең.
Қызың ержетсе,
Қызы жақсы менен қоңсы бол.
Улың ержетсе,
Улы жақсы менен қоңсы бол.
Қызы жақсы менен қоңсы бол.
Улың ержетсе,
Улы жақсы менен қоңсы бол.
Қоңсы қоңсыдан тәлим алады.
Бәҳәнем басқур болса да,
Сылтаўым қаршын.
Сылтаўым қаршын.
Аўыл-үйдиң қонағы,
Айда-жылда бир келеди.
Айда-жылда бир келеди.
Сақый болып жүргениң, қаўыныңда,
Адам болып жүргениң аўылыңда.
Адам болып жүргениң аўылыңда.
Келгенше қонақ өз еркинде,
Келген соң киси еркинде.
Келген соң киси еркинде.
Мийман атаңнан уллы.
Қонақ сорап ишпейди.
Өз үйим-өлең төсегим.
Алды ыбыртқыдан,
Кейни шубыртқыдан сақла.
Кейни шубыртқыдан сақла.
Қолыңда бар болса,
Алақаныңды жая берме.
Алақаныңды жая берме.
Үй жаманы төле,
Дем аларсаң өле.
Дем аларсаң өле.
Ишкеним болса быламық,
Басалайы тағы бар.
Басалайы тағы бар.
Отырғаным ылашық,
Кеўилиңди кел ашып.
Кеўилиңди кел ашып.
Жерик болса қатының,
Жерик асын билмейсең,
Айтса турып өзиңе,
Зыр жуўырып излейсең.
Жерик асын билмейсең,
Айтса турып өзиңе,
Зыр жуўырып излейсең.
Басынан бахты қашқанның,
Күн де сақты қашады.
Күн де сақты қашады.
Бир жылша қоян шарығы.
Алыстан арбалағанша,
Жақыннан дорбала.
Жақыннан дорбала.
Азғана асым, ғаўғасыз басым.
Аш қарыным, тыныш қулағым.
Есик ашық болса да,
Сорап кир.
Сорап кир.
Ишип тоймаған,
Жалап тоймас.
Жалап тоймас.
Еки қатын алғанның,
Қулағы тынбас.
Қулағы тынбас.
Қайтып келер есикти,
Қатты жаппа.
Қатты жаппа.
Бардың иси пәрман менен,
Жоқтың иси әрман менен.
Жоқтың иси әрман менен.
Ерли-зайып арасына,
Еси кеткен түседи.
Еси кеткен түседи.
Кисиниң үйиниң жығыўын билсең де,
Тигиўин билмейсең.
Тигиўин билмейсең.
Қонақ қойдан жуўас.
Қуман қонақтың алдына жайғасады.
Қуман қонақтың алдына жайғасады.
Бахытлының еки қонағы,
Бир мезгилде келеди.
Бир мезгилде келеди.
Көрпеңе қарап аяғыңды узат.
Жағалы кийим жамамаға жақсы.
Бар-барын айтады,
Жоқ-жоғын айтады.
Жоқ-жоғын айтады.
Мәшаба мәш келтирер.
Жоқшылық деген жез тырнақ,
Асылса жибермейди.
Тоқшылық деген ағар булақ,
Байлаған менен бөгелмейди.
Асылса жибермейди.
Тоқшылық деген ағар булақ,
Байлаған менен бөгелмейди.
Көрпе жуқасы тоңдырады,
Кеўил жуқасы аздырады.
Кеўил жуқасы аздырады.
Ҳәрким батпан болса да,
Өз үйиниң қулы болар.
Ақ үзикли қарақалпақтың ханыман,
Өз үйимниқ қулыман.
Өз үйиниң қулы болар.
Ақ үзикли қарақалпақтың ханыман,
Өз үйимниқ қулыман.
Жары жасқа келгенде қатының өлмесин,
Жары жолға келгенде атың өлмесин.
Жары жолға келгенде атың өлмесин.
Тең-теңи менен,
Тезек қабы менен.
Тезек қабы менен.
Талайлы менен тарыспа,
Маңлайлы менен жарыспа.
Маңлайлы менен жарыспа.
Жип шапанның жаңасынан,
Жипек шапанның гөнеси.
Жипек шапанның гөнеси.
Жарлының бир тойғаны,
Шала байығаны.
Шала байығаны.
Келгенше қонақ уялады,
Келген соң қонақ жер уялады.
Келген соң қонақ жер уялады.
Жаманнан сорағанша,
Жат та жаныңды қарман.
Жат та жаныңды қарман.
Келистирмесең исиңди,
Быламақ сындырар тисиңди.
Быламақ сындырар тисиңди.
Пуқара ханның тусында.
Ашта жеген қуйқаның,
Тоқта дәмин умытпа.
Тоқта дәмин умытпа.
Қонақ аз отырып, көп сынайды.
Жарлылығын жасырған байымайды.
Бурынғы қонақты соңғы қонақ қуўып шығады.
Отырған жериң кең болсын,
Қазан төгилсе, төгилсин,
Қолың күймесин.
Қазан төгилсе, төгилсин,
Қолың күймесин.
Айлас қатын муңлас,
Муңлас қатын сырлас.
Муңлас қатын сырлас.
Жалғыз үйдиң ғарғасы шоқып тоймас,
Тойса да қарағанын қоймас.
Тойса да қарағанын қоймас.
Бересини-аласы үзеди.
Аспанның астының кеңлигиниң пайдасы жоқ,
Егер етигиң тар болса.
Егер етигиң тар болса.
Илгери баратырғанның ийти отлайды.
Қонақ бир қонса қут,
Еки қонса жут.
Еки қонса жут.
Баяғылар бағда қалды,
Бағ жығылып суўда қалды.
Бағ жығылып суўда қалды.
Балалы үйдиң урлығы жатпас.
Өлгенде көрген өгизим,
Олда өзиме даўалы.
Олда өзиме даўалы.
Тандырды қызғанда жап.
Ийттиң жини-дийўана.
Сыйласаң-сый киси,
Сыйламасаң-бир киси.
Сыйламасаң-бир киси.
Қос бара-бара дүзеледи.
Ас ийеси менен татлы.
Жигиттиң атын қатын шығарады,
Қатынның атын отын шығарады.
Қатынның атын отын шығарады.
Қатын ерге қарайды,
Ер жерге қарайды.
Ер жерге қарайды.
Тақанның түрли-түрли былғаўы бар.
Ылашыққа кирмеген бар ма,
Төбеси тиймеген бар ма.
Төбеси тиймеген бар ма.
Гүлшели бала сүймеге жақсы,
Қазанға түскен қапқа түспейди.
Қазанға түскен қапқа түспейди.
Ери өлип қатын қалса,
Изинде зурият болмайды.
Ер, өлип бала қалса,
Орны қуры болмайды.
Изинде зурият болмайды.
Ер, өлип бала қалса,
Орны қуры болмайды.
Қонағын сыйлаған бай болады.
Келте жип гүрмеўге келмес.
Қатын қалса, бай табар,
Бала қалса, мал табар.
Бала қалса, мал табар.
Жаман кийимиң жоқ болса,
Жаңа кийимиң хор болар.
Жаңа кийимиң хор болар.
Үй ийеси мүсәпир болса,
Қонағы зор болар.
Қонағы зор болар.
Етигиң тар болғанша,
Гөриң тар болсын.
Гөриң тар болсын.
Оңысық басқа, ҳәз басқа.
Ғәрип өлсе, ғамхоры жоқ.
Жаман қатын алғанның жаўы үйинде,
Жақсы қатын алғанның тойы үйинде.
Еки қатын алғанның даўы үйинде,
Өмири өте береди сол күйинде.
Жақсы қатын алғанның тойы үйинде.
Еки қатын алғанның даўы үйинде,
Өмири өте береди сол күйинде.
Тас түссе, талайымнан,
Тасбақа түссе, маңлайымнан.
Тасбақа түссе, маңлайымнан.
Кийимиң тар болса да,
Пейлиң кең болсын.
Пейлиң кең болсын.
Гөне етикли бармай жүр,
Қызыл етикли алмай жүр.
Қызыл етикли алмай жүр.
Урыны уры болғаны ушын урмайды,
Урлық қылғаны ушын урады.
Урлық қылғаны ушын урады.
Өзимдики дегенде,
Өгиз қара күшим бар,
Кисиники дегенде,
Анаў-мынаў исим бар.
Өгиз қара күшим бар,
Кисиники дегенде,
Анаў-мынаў исим бар.
Ҳәрким сыйлағанның қулы.
Қыздан уялған қуры қалады.
Шыбында палға қонады,
Көрсең тәбиятың қалады.
Көрсең тәбиятың қалады.
Тандыр қызып турғанда,
Бизде бир пәтир жаўып алайық.
Бизде бир пәтир жаўып алайық.
Қамыр ушынан пәтир.
Сениң өлисиңе қарап,
Бизиң көмисимиз.
Бизиң көмисимиз.
Жыңғыл десе,
Қырғын дегеннен сақлан,
Шаш аламан деп,
Бас алғаннан сақлан.
Қырғын дегеннен сақлан,
Шаш аламан деп,
Бас алғаннан сақлан.
Бир таяқ бата тиймесе,
Бир таяқ қәте тийеди.
Бир таяқ қәте тийеди.
Буўынсыз жерге пышақ урма.
Ағайин менен алыстан қатнас.
Ағайин бир өлиде, бир тириде.
Өзи тоймаған сарқыт бермес.
Қүлип-күлип күнимди өткеремен,
Жылап жүрип нени питкеремен?
Жылап жүрип нени питкеремен?
«Өзимдики» деген басын услайды.
Өзи қылған өкинбес.
Соқыр ҳасасын
Бир рет жолғалтады.
Бир рет жолғалтады.
Жетим балаға жоғалған тайды енши етер.
Жаман адам қорыққанын сыйлайды.
Алғың бар жерге алты бар.
Тиленшиниң сүйген асын ким берсин,
Тентирегенниң көз жасын ким көрсин.
Тентирегенниң көз жасын ким көрсин.
Бурышы көп быламығына салады.
Байда май болса,
Жарлыда дуз болады.
Жарлыда дуз болады.
Аларыңда алым болып,
Берериңде залым болма.
Берериңде залым болма.
Бағда мийўе көп болса,
Күнде-күнде сәлем көп.
Бағдан мийўан кетсе,
Бурынғыдай сәлем жоқ.
Күнде-күнде сәлем көп.
Бағдан мийўан кетсе,
Бурынғыдай сәлем жоқ.
Ийтли қонақ жараспас.
Уялмаған буйырмағаннан ишеди.
Малды тапқанға бақтыр,
Отынды шапқанға жақтыр.
Отынды шапқанға жақтыр.
Жақсы адамның белгиси,
Келген қонағына тақ турады.
Жаман адамның белгиси,
Қатынын урады.
Келген қонағына тақ турады.
Жаман адамның белгиси,
Қатынын урады.
Көплеген қонақ атқарады.
Береген қолым алаған,
Береген халыққа жараған.
Данқы әлемге тараған.
Береген халыққа жараған.
Данқы әлемге тараған.
Тойған жерге тоғыз бар.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҲӘР ТҮРЛИ ӨНЕР-БИЛИМ АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: АТА-АНА, ТУЎЫСҚАН-ТУЎҒАНЛАР АРАСЫНДАҒЫ ҚАРЫМ-ҚАТНАСЛАР (НӘСИЯТ) ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: