Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЖӘМИЙЕТЛИК МОРАЛЬ НОРМАЛАРЫ, АҚЫЛ-НӘСИЯТ ХАРАКТЕРИНДЕГИ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (JÁMÍYETLÍK MORAL NORMALARI, AQIL-NÁSÍYaT XARAKTERÍNDEGÍ NAQIL-MAQALLAR)

Байман деген адамды,
Жолдас болып жолда көр.
Шөп жаманы ақсар,
Адам жаманы қақсал,
Қатын жаманы кербаз,
Айтқаннын тилин алмас.
Қонақ келсе үйине,
Сыбағасын қоялмас,
Қабағын үйип бултыйып,
Дурыслап тағам бере алмас.
Ул жаманы ыңқылды,
Күнде үйинде қынқылды.
Қыйсық адам дүзиў жолды излемес,
Дүзиў адам қыйсық жолды гөзлемес.
Опасызда ўатан жоқ,
Сөк санарда мийман жоқ.
Жаманның аты жаман,
Қоймас сени аман.
Сорамайды аманлық,
Ойлағаны жаманлық.
Ойланбаған адам,
Қарап жүрип сүринер.
Ойламаған жеринде,
Бос иске де бүлинер.
Ақыллының белгиси,
Алтыннан келер сөзлери.
Ақылсыздың белгисин ,
Айтып турар көзлери.
Көп сөйлеген көбиктиң,
Еки жағы қарыспас,
Баслайғойса ол сөзин,
Дәстан етип, таўыспас.
Балаң жақсы болса,
Өзиңе сондай қызық.
Балаң жаман болса,
Өзиңе сондай күйик.
Алтында тас, таста-тас,
Алтындай болмас басқа тас,
Адам алтын табады,
Алтын адам табалмас.
Суў менен ойнама, батарсаң,
От пенен ойнама өшерсең.
Жаман адам аяғы,
Сегиз болып келеди.
Ал, береўи болмаса,
Биреўи келип тийеди.
Кишини алдап үйренгенниң,
Үлкенге де тиси батады.
Сүйекшиде инсап жоқ,
Өлиникин алса тоқ.
Асыранды ғаз болса,
Ғанқылдысын қоймайды,
Жаман болса алғаның,
Тонқылдысын қоймайды.
Бир кеўили қайт болса,
Екиншисин айтарма.
Сыпыраңда уның болса,
Урпа неге излейсең,
Қалыңлығың бар болса,
Басқаны неге гөзлейсең.
Оңында албырақлаған,
Уйықласа сандырақлайды.
Қолы байланғанның,
Тили байланбайды.
Нәшебентке «ҳәй» десең,
«Ҳәзим ушты, ўай» дейди.
Күлме маған,
Күлким келер саған.
Бересиң болса ақмаққа,
Күн де келер,
Қарызың болса симсиктен,
Изиңнен қалмас диңкилдеп.
Жолы бузық адамның,
Иси болмас сөзиндей.
Ҳаслы қыйсық ағаштың,
Көлеңкеси өзиндей.
Өтирикшиниң дурыс сөзи заяға кетеди.
Жалқаўға ис буйырсаң,
Өзиңе ақыл үйретеди.
Өтирикши өлген кисини гүўа тутады.
Өспейтуғын бала,
Өнбейтуғын даўды даўлайды.
Сөк берген кисиден көрейин бе?
Жей алмаған тисимнен көрейин бе?
Бирдиң кесапаты,
Мыңға тийеди.
Түйедей бой берип,
Түймедей ой бермегеннен сақла.
Асатпай атырып «қуллық» деме.
Қорыққанға қос көринеди.
Жаў жағадан алғанда,
Ийт етектен алады.
Пайекшиниң кейин дийўана болады.
Жаман адамның сөзи ашшы,
Жабағы тонның бийти ашшы.
Мениң үстим кебер кетер,
Сениң пес қылығын кетпес.
Қайғысыз қара суўға семиреди.
Пышықтың шабысы топанханаға дейин.
Аңламай сөйлеген,
Аўырмай өледи.
Кербаздың иси питпейди.
Бир сынаған жаманды,
Еки қайтып сынама.
Жасыңда қалжың болсаң,
Үлкейгенде мылжың боласан.
Ийт, арбаның көлеңкесинде киятырып.
«Мен тартып киятырман» дейди.
Көрмес – түйени де көрмес.
Түсе алмасыңды билген соң,
Түйеге неге минесең?
Өзи еткен өкинбес.
Уў ишкен бир өледи,
Ант ишкен мың өледи.
Басың үлкен болса дәўлет,
Аяғың үлкен болса мийнет.
Жақсының сөзи татлы,
Жаманның сөзи қатты.
Ел қыдырған сыншы болар,
Жаман қатын тыңшы болар.
Булттан шыққан күн ашшы,
Жаман адамның сөзи ашшы.
Жаман жегенин айтар,
Жақсы билгенин айтар.
Кәйўаны үйин дүзер,
Бийгана бойын дүзер.
Адамның өзи жаман емес,
Тили жаман.
Тентек даўға, аспаз пуўға,
Қайғысыз семиреди қара суўға.
Көлдиң суўын көргенсиз қызғанады.
Көп қыдырған гезбе болады,
Көп сөйлеген езбе болады.
Жары өтирик, жары рас,
Айта берсен бәри рас.
Жақсыға сөз ереди,
Жаманға шөп ереди.
Кейинги пушайман,
Өзиңе болар душпан.
Он күйеўдиң кемисин көрмеген ана,
Бир келинниң минин көргиш болады.
Өзи өтирикши болса,
Басқа онын ырас сөзине инабайды.
Кеўил – дәрья, көз – найза.
Тухымы жаманның өними жаман,
Негизи жаманның өлими жаман.
Ийттиң тезеги дәри болса,
Суўға тезеклейди.
Тойдырғанның сақалына.
Жаман адам жүрисинен күң болар.
Гүллән айып өзиңде,
Қум қуйылсын көзиңе.
Өтирикшиниң ертеңи түўесилмес.
Жаманға сөз айтсаң,
Арты менен тыңлайды.
«Саңыраўға сәлем берсең,
Атаңның басы» дейди.
Ҳалын билмей,
Аспандағы айды гөзлейди.
Уялмаған буйырмаған астан ишеди.
Қырыққа келсе де,
Нырыққа келмеген.
Кимниң тарысы писсе,
Соның туўығы.
Жақсының кеги жипек орамал кепкенше,
Жаманның кеги басы гөрге киргенше.
Көтере сымбат,
Бир пулға қымбат.
Бир теңге берип айттырып,
Мың тенге берип қойдыра алмағаннан сақла.
Шай ишкенде ҳай-ҳай,
Пулына келгенде ўай-ўай.
Ойланбағанның түби ойран.
Кебир тоңбас, тентек оңбас.
Бир қылған пеше,
Еки қылған әдет.
Қанаат қарын тойғызады,
Қанаатсыз жалғыз атын сойғызады.
Жақсы менен жүрдим, жеттим муратқа,
Жаман менен жүрдим, қалдым уятқа.
Өтирик сөз жанға қас,
Өткир пышақ қынға қас.
Тирийек жегенге,
Зәҳәр кәр етпес.
Жердиң жүзи мақпал алса да,
Аңқаўға тақыялық тиймейди.
Жаман адам иске олақ,
Өз үйине өзи қонақ.
Шалағайлық – шаршататуғын әдет.
Ҳаяр-ҳайярға сөгис таяр.
Түси келиспегенниң,
Иси келиспейди.
Кербаз адам қыдырымпаз болады,
Ҳәлсиз адам жағымпаз болады.
Ҳадал кәсип аз емес,
Ықтият бол ҳарамнан.
Ҳақ жолды тап та айрылма,
Ҳадаллық қалар мәңгиге.
Қорқақтың көзи үлкен,
Ақмақтың сөзи үлкен.
Гей биреўдиң бойы пәс,
Гей биреўдиң ойы пәс.
Илгери баратырған баланы,
Кейин қайтқан ғарры қайтарады.
Ҳаялды жаман десең,
Ишинде апаңда кетеди.
Еси жоқ есирме болады.
Жаман бала өзинен кишкенени урып жылатады.
Жақсы бала жылаған баланы жубатады.
Жақсы қатын ерин ер қылады,
Жаман қатын ерин қара жер қылады.
Гәпке түспеген теңизге түсер.
Ашыў менен қартайсаң,
Күлки менен жасарасаң.
Жигиттиң жаманы,
Көйлегиниң көгин көтермес.
Таўға шықсан саспай шық,
Өз қәддиңнен аспай шық.
Ақмақтың атқан оғы аўға тиймейди,
Таўға тийеди.
Ақмақ өзин бек санар.
Жоқты жара деме,
Көлеңкени қара деме?
Ақмаққа күнде байрам.
Ақмақтың тобасы болмас,
Жаманның обасы болмас.
Басында ақылы жоқтың,
Еки аяғында тынымы жоқ.
Атаңнан қалса теберик,
Сақла оны дым берик.
Ийтаяқ болса, ийт табылар,
Түңлик болса, үй табылар.
Жигит болса, қыз табылар.
Устаз тапсаң улықтай,
Сына, байқа, буўлықпай.
Устаз болсаң ҳақыйқат,
Сыйла, үйрен қорықпай.
Өсирсең ерке перзентти,
Сақалыңа асылар.
Бийәдепсиз ул болып,
Маңлайға тамға басылар.
Өгиздиң отын жеп,
Баспақтың орнында жатпа.
Ойланып-билип бабалар,
Сөзди дүрге теңгерген,
Ойланып айтқан ҳәр сөзин,
Ойлама кем деп гәўҳардан.
Тарықпай дәўран сүрмеге,
Түрли-түрли себеп бар.
Баҳасы жоқ ғазийне,
Алтыннан зият әдеп бар.
Болайын десең әдепли,
Хош қылық пенен әдетлен.
Дәўлетиң таймас ҳәргизде,
Әдеп пенен зийнетлен.
Май айныса дуз салады,
Дуз айныса не салады?
Жоққа жүйрик жетпейди.
Уйқы менен өли тең.
Аяғы үлкен сыйғанын кийеди,
Аяғы кишкене сүйгенин кийеди.
Сулыў – сулыў емес,
Сүйген сулыў.
Қалаўын тапсаң қар жанады,
Сүйеўин тапсаң суў жанады.
Жақсылық жерде қалмас.
Тәме қылма биреўден,
Жасайын десең азапсыз.
Шақырмай барған жериңнен,
Қайтыўың керек жуўапсыз.
Ақ сүт берген ананың,
Балада ҳақы көп болар.
Шақырған жерге бар,
Шақырмаған жерде нең бар,
Менменге – заўал,
Жүйрикке – томар.
Жаўға жалынба,
Жаныңды алады.
Ақылға – ишарат,
Ақмаққа – касапат.
Көзинше мақтағанша,
Көтерип отқа сал.
Ийне де ныяз,
Инген де ныяз (сыйлық).
Жүйрик ат шабан болмас,
Жақсы адам жаман болмас.
Жапалақ көрсең атып ал,
Жаманнан бойың сатып ал.
Быдым-быдым бол,
Мийзамкеш бол.
Ағашты мийўасынан таныйды,
Адамды қылўасынан таныйды.
Кеўил кири айтсаң кетер,
Көйлек кири жуўсаң кетер.
Жақсы қәсийет тараса ол – ырыс,
Жаман қәсийет тараса ол – қырсық.
Дәртли менен сөйлессең,
Дәртиң қалмай төгилер,
Бийдәрт пенен сейлессең,
Жуп қабырғаң сөгилер.
Жылағанды сорама, өлгени барды,
Күлгенди сорама, билгени барды.
Билмеслик билгеннен де өтеди,
Билмегеннен де өтеди.
Қатты жүрген жериңе,
Әстеақырын да барасаң,
Өз басын аямаған,
Басқаның басын қақ айырар.
Жаманның жағасынан алма,
Ағасына бар.
Тәўекелши түйедей бәледен қутылады,
Үндемеген үйдей бәледен қутылады.
Орнын билмеген ўайран болады,
Шөллерин билмеген дүзде қалады.
Соқырдың соңына бақ,
Ақмақтың ақырына бақ.
Олақлық отты сөндирер,
Шалағайлық киси күлдирер.
Жеңгеси мақтаған қызды алма,
Ағасы мақтаған қыздан қалма.
Маңлай көзи көрмейди,
Кеўил көзи көреди.
Бөри билмегенди ғарры биледи.
Тәўекелши – кеме,
Тәўекелшиден қорқаман.
Атар таңға жүрсең де,
Батар күнге жүрме.
Халқың барда әўпилде.
Жасырынып қашсаң да,
Көринип турасаң.
Шапанды жипек көтереди,
Сақалды ийек көтереди.
Қазаннан қара нәрсе жоқ,
Ишсең қарның тойдырар.
Қардан да ақ нәрсе жоқ,
Усласаң қолың тоңдырар.
Атың шықса лап пенен,
Бақтың болсын халық пенен.
Ерлик етип ас қойдың,
Беглик етип алып қойдың.
Елдиң сәни қыз болар,
Көлдиң сәни ғаз, болар,
Қыздың сәни наз болар.
Отырыспаның сәни саз болар.
Кемликке – кемал,
Менменге – заўал,
Жаманлық етсе,
Ҳәрким өз пейлинен табар.
Я қорыққан жылайды,
Я қуўанған жылайды.
Қорықпасаң сыбырламайсаң.
Жақсыны жети жерге сатқанда да,
Саўалы болмайды.
Жақсы адам белгиси,
Әстелик пенен сөйлейди,
Кишиликти ойлайды.
Жаман адам белгиси,
Уллы сөзди сөйлейди,
Тәкаппырлық әйлейди.
Бир жаманның кесапатынан,
Аққан дәрья қурыйды.
Суў көрмей етик шешпе.
Қасаң байтал еки айғырды өш етер.
Шудигардан жүргенниң аты майрылар,
Жигиттиң парқы жолдас болғанда айрылар,
Туўры жүрсең душпан айбынар.
Жақсы менен жолдас болсаң,
Жақсы-жақсы ис көрерсең,
Жаман менен жолдас болсаң,
Жаман-жаман түс көрерсең.
Билгенге саз,
Билмегенге қуры ҳаўаз.
Ақмақ ҳарығанын билмейди.
Көсе қарығанын билмейди.
Қалып қазаны қайнамайды,
Қайнаса да қойылмайды.
Жаңа көрпе, жаңа дастық,
Жатқармайды дәўлет тасып,
Жаман көрпе, жаман дастық,
Жатқарады қырсық басып.
Жақсыдан жаман туўады,
Ыссы нанға алғысыз.
Жаманнан жақсы туўады,
Адам айтса нанғысыз.
Адам-адамнан кем болмайды,
Тек сыбағасы артық болады.
Тартынбай келген адамның,
Бир нышанасы болады.
Алғыс алған арымас,
Бийсабыр бенде жарымас.
Ийт өкпелейди, ийеси билмейди.
Биреўге етсең жаманлық,
Болмайды кейни аманлық.
Кимде-ким жақсылық етсе,
Сақалы ағарсын,
Кимде-ким жаманлық етсе,
Сүйеги ағарсын.
Байдың асын байғус қызғанады.
Жаманның бетине күлип қарасаң,
Көйлегине жамаў тилейди.
Өзи жаманның сөзи жаман.
Сен биреўге ор қазсаң,
Тағы биреў саған гөр қазады.
Ҳәрким өзи қылады,
Биреўдиң қазған шуқанағына,
Алды бурын өзи жығылады.
Алдыңғы арба қайдан жүрсе,
Соңғы арба да соннан жүреди.
Берместиң асы писпейди,
Қазаны оттан түспейди.
Ақ көкиректиң аты азбайды,
Тоны тозбайды.
Еки жақсы бас қосса,
Бирин-бири қыймайды.
Еки жаман бас қосса,
От басына сыймайды.
Адасқанның айыбы жоқ,
Қайтып үйирин тапқан соң.
Көп гезген жолығады үзбентайға.
Ҳәррениң зарын тартпаған,
Пал қәдирин не билсин.
Өзинди жаттай сыйла,
Жат бойыңнан түңилсин.
Киси менен киси тең бе,
Шийки менен писи тең бе.
Уялған еки дүньядан бос қалады.
Өзиң билмесең билгенниң тилин ал.
Жақсыны көрмек ушын.
Ақмақты ермек ушын.
Ақылың болса ақылға ер,
Ақылың болмаса нақылға ер.
Өзи болған адамның,
Ҳеш жеринде мини жоқ.
Күн жаманы кетер,
Адам жаманы кетпес.
Қолың менен ислегенди,
Мойның менен көтер.
Уялған тек турмас.
Жаманнан жарты қасық.
Жақсы кереди екен деп бара бере,
Береди екен деп ала берме.
Сақаллы көсеге таңланса,
Көсе сақаллыға таңланады.
Қыздың өзи үйде, қылығы дүзде.
Адам менен адамның парқы,
Аспан менен жердей.
Қайыр етсең пүтин ет,
Жарты қайыр жараспас.
Ақмақтың оты дүзиў жанбайды.
Жаманға жақсы ат жараспайды,
Жақсыға жаман ат дақ болмайды.
Жақсы адам төрде отырса да,
Есикте отырса да бәрибир жақсы.
Дурыс жүрген дүзеп жүреди,
Бузық жүрген бузып жүреди.
Өзи қаралының үйи жаралы.
Айтқан сөз, атылған оқ,
Қайтып ийесин таппайды.
Айтқан жерде сөз қалсын,
Басқан жерде ис қалсын.
Қайғышылға күн де уўайым.
Ҳәрким не қылса, өзине қылады.
Жөнсиздики жөналды қарабарақ.
Тоны жаманды ийт қабады,
Пейли жаманды қудай табады.
Көп сөз қуранға жүк.
Түйем нар емес, ийеси нар.
Өз бетин аямаған,
Киси бетин шийедей қылады.
Қорқаққа күндиз де қараңғы.
Маңлайы қараның аўзы асқа тийсе мурны қанайды.
Өлимнен уят күшли.
Ҳаўлыққан ҳәўлидей бәлеге жолығады.
Ҳалын билмеген ҳәлек болады.
Жигиттиң парқы жолдас болғанда айрылар,
Туўры жүрсең душпан айбынар.
Баланың өзин туўсаңда,
Минезин туўалмайсаң.
Дүньядан жақсы да өтеди,
Жаман да өтеди.
Ертектиң үлкени жоқ,
Өтириктиң кишкенеси жоқ.
Кебир жердиң суўы ашшы,
Жаман адамның сөзи ашшы.
Баҳасызға сүйенбе,
Баҳаң кетер,
Мың тиллалық баҳаңды,
Бир пул етер.
Ақыллыны ақмақ жеңдим дер,
Сөзинде болмас итибар.
Сыпайы тоңбас, қалтырар.
Сүймегенге сүйкенбе,
Баҳаң кетер.
Бир сынаған жаманды,
Еки қайтара сынама,
Сынамай кеўлиң тынама.
Кейпи келиспегеннен кеңес сорама.
Түри келгеннен түңилме.
Билген таўып айтады,
Билмеген қаўып айтады.
Ашынған тилли болады.
Жаманға жақ болма.
Екини бир деп санайсаң,
Көзиңди қысып кимди алдайсаң?
Жаў келди деп жүрисимнен жаңылайын ба,
Әкем өлди деп күлисимнен жаңылайын ба.
Өзиң жатық болсаң,
Ишкениң қатық болады.
Арыў қартайса, ақыл табады,
Даў қартайса, нақыл табады.
Биреўи жаманласа,
Екиншиси ийтерип салады.
Ешек сыйпағанды билмейди,
Жаман сыйлағанды билмейди.
Айғыр үйир жыйнайды киснеген соң,
Қызлар сейил қылады ер жеткен соң.
Аш қулақтан тыныш қулақ.
Жаманды жаман десең,
Батпан жамаў жамалады.
Шешинген суўдан тайынбайды.
Уры байымайды,
Суқ семирмейди.
Жорға жүрисинен тул болады,
Жаман қатын байы турып тул болады.
Тентек шоқмар жыйнайды.
Ириген аўыздан шириген сөз шығады.
Танымасын сыйламас,
Жек көргенин мақтамас.
Ат жаманы турып тасады,
Жигит жаманы адам жоқ жерде ант ишеди.
Сөзи надурыстың – өзи надурыс.
Сум сумды намазшамда табады.
Шапқанда үлкен адамсаң,
Тоқтағанда түсер ядыңа кимсең.
Ағам барда – арқам тамда.
Жаманға сақал питеди,
Ол да түкирик пенен кетеди.
Жақсыға мың жаманның қуны жетпес,
Ақсақ ийт жерде турып үрген менен,
Аспанда алтын айдың нуры кетпес.
Ғарға сүйер баласын аппағым деп,
Кирпи сүйер баласын жумсағым деп,
Әдепки сөзиңди рас айт,
Соңғы сөзиңе инанбаға жақсы.
Әдепки қызың жақсы болса,
Соңғы қызыңды алмағына жақсы.
Сүт пенен питкен,
Сүйек пенен бирге кетеди.
Қыйсық ағаштың көлеңкеси де қыйсық.
Ағашқа питкен қыйсықлық,
Адамға да питеди.
Өтириктиң қуйрығы бир тутам.
Өтирик пенен ырастың арасы төрт ели.
Өтирикшиниң жайы жаҳаннем.
Тең атаның баласы,
Теңликке көнсе де,
Кемликке көнбейди.
Сынса кеўил шынысы,
Қайтып келмес қәлипке.
Дәнекер менен қайнатып қурыта алмас оны мыста,
Алтын менен алып болмас қалған кеўилди.
Суўға салсаң суў көтермес, мысқал көмир.
Қолы жетпеген «сасық» дейди.
Жигит көзи менен қыз алма.
Жаманның жағасы жыртық,
Оныңда бир қылығы артық.
Дәўлетлиниң баласы он бесинде баспан дер.
Бийдәўлеттиң баласы жигирма бесте жаспан дер.
Еринген еки ислейди,
Ақмақ бармағын тислейди.
Жақсы сөзге жан семиреди,
Жаман сөзге жан секиреди.
Өтирик сөзди көп айтсаң,
Сөзиңниң болмас мазасы.
«Сөзи қурысын оның» деген,
Сол болар оның жазасы.
Ойланып анық қарағанда,
Өлимнен жақсы болмас азасы.
Онсери шортаннан сийсери гүртик шығады.
Жаманға сырыңды айтсаң,
Ишинен түртип шығады.
Ҳәркимниң бир айыбы бар,
Тасбақаның да бойы бар.
Аяғы жаман төрди бүлдиреди,
Аўызы жаман елди бүлдиреди.
Адам болыў қыйын емес,
Адам болып алған соң қыйын.
Төрт аяғы тең жорға,
Шүдигарды бузбайды.
Ҳасылында бар киси,
Мерекеде бузбайды.
Үйинде асы жоқтың,
Дүзде досы болмайды.
Перзентсиз адамның,
Кеўлиниң хошы болмайды.
Өзи билмеген ақмақ,
Билгенниң тилин алмайды.
Өтирик айтып ант ишкеннен сақла.
Жаман күйеў таң атқан соң сөз қатады.
Сасықтың көбинен,
Ҳасылдың азы жақсы.
Жаман менен үйир болма,
Ақыры басыңа жетер.
Сум күле киреди,
Гүңирене шығады.
Жүдә жаман болмасаң,
Аса жарлы болмассаң.
Көкиреги бузықтын иси де бузық.
Көсеўиң узын болса,
Қолың күймейди.
Көкирегиң ҳақ болса,
Адам тиймейди.
Өсек, – өсекти тасыйтуғын гөдек.
Жалқаў жарлы болады,
Жақсы арлы болады.
Ерине берсең өзиңе,
Бәле көринер көзиңе.
Жақсы сөйлеген ас жер,
Жаман сөйлеген тас жер.
Қумардың кейни ойран.
Ул усыллы, қыз қылықлы
Болса ерге дәўлет.
Ул усылсыз, қыз қылықсыз
Болса ерге мийнет.
Ойынның азы жақсы,
Аздың сазы жақсы.
Ықлас пенен жыласаң,
Соқыр көзден жас шығады.
Ай болмаса, ақылдан адасады,
Күн болмаса, кеўилди кир басады.
Шылымкештиң қолы күйеди,
Ҳәм пулы күйеди.
Сары табақтың сыры кетсе де,
Сыны кетпейди.
Өлини айтса,
Тириниң тынышы кетеди.
Секили жаманның қосығы жаман.
Әкең өлсе де,
Әкеңди көре қалған өлмесин.
Бардың қәдири жоқ.
Бир күн урысқанның,
Қырық күн несибеси қырқылады.
Көз қараўын қоймайды,
Кеўил дийдарға тоймайды.
Ат қәдирин билмегенниң,
Жаяўшылық берер сазасын.
Ас қәдирин билмегенниң,
Ашаршылық берер сазасын.
Миней берсең миниң көп,
Минемесең миниң жоқ.
Туяғы пүтин тулпар жоқ,
Қанаты пүтин суңқар жоқ.
Ашшы менен душшыны татқан биледи,
Алыс пенен жақынды жортқан биледи.
Денең ийкемли болса,
Келбетиң сүйкимли болады.
Ақылы жоқта әрман жоқ,
Дизесинде дәрман жоқ.
Қанша әстен жүрсе де,
Тасбақа жолды өндирер.
Ақыл менен айтылған сөз,
Биймазаны көндирер.
Ашыў алдынан келеди,
Ақыл соңынан келеди.
Оңарыңның белгиси,
Бириңниң тонын бириң кий,
Оңбасыңның белгиси,
Бириң шаян, бириң мий.
Ақыллы адам азбайды,
Жағалы кийим тозбайды.
Сабыр етсең, рәҳәт бар,
Бийсабырға нәлет бар.
Таўды-тасты жел бузар.
Адамзатты сөз бузар.
Азанғы асты таслама,
Түски тамаққа қарама.
Кемликке кемал бар,
Менменликке заўал бар.
Асыққан менен ис питпес,
Тағыларсаң ҳәр атқа.
Сабыр түби сары алтын,
Сарғайған жетер муратқа.
Бийсабыр қалар уятқа.
Дәрья тасса, суў мәўиж урар сағадан,
Ҳәр бир жерде палўан болар ҳақ адам.
Отырған қыз орын табар.
Атасы басқа менен қоян аўлама,
Атар да қойнына салар.
Ийгиликли истиң кеши жоқ.
Асылсаң бәлентке,
Жығылсаң пәске.
Бүгинги исти ертеңге қойма.
Бай болсаң таспа,
Жарлы болсаң, саспа.
Пайдасыз болса, байдан без,
Баҳасыз болса, ойдан без.
Қызым саған айтаман,
Келиним сен тыңла.
Өзиңнен бир жас үлкенниң тилин ал.
Теңиз бенен тең ойласаң өзиңди,
Үш шайыға алмас мың тиллалық сөзиңди.
Көп ғаррының ишинде,
Бир бала дана болады,
Көп баланың ишинде
Еки ғарры бала болады.
Тойға барсаң тойып бар,
Той тоныңды кийип бар.
Тойға барсаң, бурын бар,
Бурын барсаң, орын бар.
Өзинди билмесең,
Басқаның қәтесин сезбейсең.
Ашыў-душпан, ақыл-дос,
Ақылыңа ақыл қос.
Көкиректе ақыл болмаса,
Көз деген шалбардың тесиги.
Еңкейгенге еңкей,
Басың жерге тийгенше,
Тикейгенге тикей,
Басың көкке тийгенше.
Ақылсыз қонақ – үй ийесине мирәт етеди.
Ақыл кемал ишинде,
Өзиңнен жоқарыны көрип пикир ет,
Өзиңнен төменди көрип шүкир ет.
Ымға түсинбеген дымға түсинбес.
Ағашқа мийўа питкен сайын төменшик.
Аязхан ҳалыңды бил,
Қумырысқа жолыңды бил.
Адамның болмаса ышқы-нышаны,
Өлиге тең, геўдесинде жоқ жаны.
Ата көрген оқ жонар,
Ене көрген тон пишер.
Өзиңди өзгеден зор тутпа,
Жүрегиңди адамның туўы қылып көтер.
Уўайым түби теңиз,
Батасаң да кетесең,
Тәўекел түби қайық,
Мыңды танығанша.
Мыңды танығанша,
Бирдиң атын бил.
Айтсаң сөзди дурыс айт,
Сөзине адам инанғандай,
Жаман сөздиң орнына жақсы сөз айт,
Еситкен адам қуўанғандай.
Жасы үлкенди сыйласаң,
Төрден орын бер.
Кийимди тиксең пишип тик,
Үйден шықсаң, есигинди илип шық.
Жигиттиң ақылсызы тойда белгили.
Орынсыз жерге таласпа.
Аўзыңды таппа,
Жолыңды тап.
Қыймылдаған қыр асар.
Бүлкилдеген жер тесер.
Қатарыңа қазы бол.
Шөмиштиң аласы,
Тәңирдиң бәлеси.
Тек жүрген – тоқ жүрер.
Ақыллыда ашыў болмас.
Атаң өлсе қойылар,
Атан өлсе сойылар.
Халық сорағанын бермей қалма,
Халқыңа да бер, халықтан да ал.
Ақыл-жастан шығады,
Ҳасыл-тастан шығады,
Жүйрик тай ғүнаннан шығады.
Жетим қыз епшил болады,
Жетим ул кекшил болады.
Қас қондыраман деп көз ойып алма.
Ерте билмеген кеш билмес,
Кеш билмеген ҳеш билмес.
Қазанға жолама, қарасы жуғар.
Жаманға қарғыс болмаса
Алғыс жоқ.
Шымшық семирсе де,
Батпан болмас.
Жақсы болғаны қайсы,
Жаманды кеширмеген соң.
Батыр болғаны қайсы,
Жаўдың үнин өширмеген соң.
Кең болсаң кем болмассаң,
Тар болсаң тарығасаң.
Бир бәлеге жолығасаң.
Нәпсисин тыймаған,
Жолдан шығар.
Көтере сымбат бир пулға қымбат.
Уралмаған уллы таяқ көтереди.
Атаның сөзин арсыз қайтарады.
Ҳәзил опат келтиреди.
Бир гүл толып ашылады,
Бир гүл солып ашылады.
Ҳөкки минез ҳоппық жегизер.
Аўзынан сөзи түскенниң,
Қолтығынан бөзи түседи.
Келин бийе жасырады,
Қылўасын таўдан асырады.
Бетиң ылас болса,
Суў тазалайды.
Арың ылас болса,
Не тазалайды.
Питкен ақыл болмаса,
Сүрткен ақыл болмайды.
Ене қәдирин билген,
Ене сөкпейди.
Ақыллы адам бир жерде,
Еки сүринбейди.
Ҳақтың отын,
Ақмақ сөндире алмас,
Ақмақ ырас сөзге инана қоймас.
Қара кисиниң қаны шыққанша,
Сары кисиниң жаны шығады.
Тентекти тентек десең,
Малақайы қазандай болар.
Бийшара көндим дер,
Бийўәж жеңдим дер.
Өлерменниң көзи жаман,
Ақмактың сөзи жаман.
Бала болса да,
Ҳәрким өз теңи менен ойнар.
Көп ойнаған бир жылар.
Бир көрип жаман деме,
Жақсы шықса қәйтесең.
Жүзиўин билмесең,
Суўға түспе.
Шешинген суўдан тайынбас.
Сыпайы сырын жасырмас,
Пушық мурнын жасырмас.
Күнниң батысына жүрме,
Таңның атысына жүр.
Түсиңде қорықсаң,
Өңиңде қуўанасаң.
Қартайғанда ғаррыға,
Адым жер муң болар.
Аттан түссең де,
Зәңгиден түспе.
Анасын көрип қызын ал,
Табағын көрип асын иш.
Бермегенди берип уялт.
Тәўеллеге турмаған,
Тәўеллеге зар болар.
Өзиңнен бир жас үлкенниң сөзин тыңла.
Адам жайын аўыллас билмейди,
Ислес биледи.
Арғымақ аттың қуйрығы,
Бирде жипек бирде қыл,
Түри жақсының белгиси,
Бирде төре, бирде қул.
Ақ саўыттың жағасы бар, жеңи жоқ,
Түри жақсының ашыўы бар, кеги жоқ.
Аққуў қустың төреси,
Жалғыз жүрип отламас,
Түри жақсының белгиси,
Қара сөзди хошламас.
Ат болатуғын тай сырыққа үйир,
Адам болатуғын бала қонаққа үйир. ,
Ақмаққа бала берер,
Берсе де жарты ақылын ала берер.
Бир жаманның кесапатынан,
Мәўиж урған дәрья қурыйды.
Бақылдың бағы болмайды,
Бағы болса да мийўа бермейди.
Бир үйли нас, бир-бирине қас.
Далада аўзын жаппас,
Жыйында бирин таппас.
Жомарт жоқлығын билдирмес,
Жүйрик тоқлығын билдирмес.
Жақсыда мин жоқ,
Жүйрикте сын жоқ.
Жалынсаң жақсы кеширер,
Жанысаң полат кесер.
Етиги жаман төрге шықпас,
Жеңи жаман ас ише алмас.
Жорғаның қәдири,
Жүргенде билинер.
Жақсының қәдири,
Өлгенде билинер.
Жалқаў ырысқал ушын уйқы берер,
Жаманға ақыл ушын күлки берер.
Жаманларға олжа түсер,
Бөлисе алмай көпке түсер.
Жаманның үсти суў болса,
Кеппестей көрер,
Жаманға мал питсе,
Кетпестей көрер.
Жүйрик болмай шабан болмас,
Жақсы болмай жаман болмас.
Жақсы сынаў менен жарыйды,
Жаман сынаў менен қарыйды.
Жақсылық ағаш басында,
Жаманлық аяқ астында.
Жақсы менен жолдас болсаң ҳалўа шекер,
Жаман менен жолдас болсаң абыройың төгер.
Жақсы жүрген жерине кәнт салады,
Жаман жүрген жерине от салады.
Жақсыдан жақсы туўса – әдет,
Жаманнан жақсы туўса, тәжип.
Жақсыдан жаман туўса еми табылмас,
Жаманнан жақсы туўса теңи табылмас.
Жақсы жигиттиң үйи түссе – гүйи түседи,
Жаман жигиттиң үйи түссе мийи түседи.
Сабырлылық кеўил нағышы,
Бий сабырлық шайтан иси.
Жалқаўдың жанығаны өтпес,
Қайсардың қанағаны билинбес.
Жақсы жерге түскен,
Келин-келин болар,
Жаман жерге түскен келин,
Келсап пенен кели болар.
Жақсы аттың жасын сорама,
Жақсы жигиттиң ҳаслын сорама.
Жақсы болсаң жердей бол,
Бәрин шыдап көтерген,
Таза болсаң суўдай бол,
Бәрин жуўып кетирген.
Жаманды өзим деме.
Жақсының сөзи жетеди,
Жаманның сөзи өтеди.
Жигиттиң оңбағаны айыра баслайды,
Бийениң оңбағаны қулын таслайды.
Киси болар баланың,
Киси менен иси бар,
Киси болмас кисиниң,
Киси менен не иси бар.
Киси кемиссиз болмас,
От түтинсиз болмас.
Көктеги жулдыз жайылса,
Толысып туўған айша жоқ,
Өңшең жаман жайылса,
Күшине толған нарша жоқ.
Киси қандай болса,
Иси де сондай болады.
Ҳуўшы жоқтың қуўышы жоқ.
Ҳәрким өз ақылына ырза,
Ҳалын билген дана.
Ҳалын билмеген ҳәлек болады.
Суўдың басы булақ болса да,
Аяғы қуяр теңизге.
Жақсыдан жаман туўса да,
Тартпай қоймас негизге.
Көзиң менен болжама,
Көзлериңе зор келер.
Тил ушы менен сөйлеме,
Өзиңе соң сөз келер.
Жаманға сөз айтсаң,
Ақыл таппай жол айтады.
Жаманның пайдасын айтсаң,
Түси оңып сала береди.
Жақсы түйе жүклеўге жақсы,
Жас бала алдаўға жақсы.
Несийбели деген ағаш болады,
Ишинен сасы кетпейди,
Жетим бала кекшил болады,
Көзинен жасы кетпейди.
Қорқақтың уяты болмас,
Жалқаўдың зияты болмас.
Балаң бас болса,
Сен пәс бол.
Әдет – әдет емес, жөн – әдет.
Ақылы жоқ адамға,
Адырайған көз берер,
Даўысы жоқ адамға,
Сылдырлаған сөз берер.
Ақмақ алдындағы астан қашып,
Аштан өледи.
Шабанға таяқ өтпес,
Жаманға сөз өтпес.
Шығысы жаман салыны,
Суў ишинен от алар,
Пейли жаман адамды,
Түйениң үстинен ийт қабар.
Туўысы жаман баланы,
Анасының қурсағында дәрт алар.
Ҳалынды билмей ырғыма,
Ортасына түсерсең.
Мәниссиз сөйлесең,
Көп ишинде писерсең.
Өз қәдирин билмеген,
Киси қәдирин не билсин?
Өтирик деген душпан бар,
Отқа сүйреп салады.
Қас – жаманның белгиси,
Қасындағысын қарақшы дейди.
Қуйрығы шаян, бети адам,
Байқамас ҳасла қурбаны.
Турпайылық етип,
Әлпайымлық излеме.
Мал жаманы сол болар,
Өзин өзи қоймаған,
Адам жаманы сол болар,
Жастағы айтқан бос сөзин,
Қартайғанда қоймаған.
Ақыл бой менен өлшенбейди.
Ақыл базарда сатылмайды.
Жақсы жигит ҳәзиллеспеге келеди,
Жаман жигит гөже ишпеге келеди.
Ашыў – ақыл болмайды,
Ақыл азық болады.
Адамзаттың нәсили бир дә,
Бирақ ҳәрқайсысының парқы бар.
Мың ғарға бир кесек,
Жаманның бәри бирге есап.
Уят – адамгершиликтиң бир мүшеси.
Болымсыздан өнер шықпас,
Кеўилсизден күлки шықпас.
Ат тоныңнан айрылсаң да,
Адамгершиликтен айрылма.
Бир таў бир таўға қосылды десем инан,
Жаманның жаман әдети қалды дегенге инанба.
Алтын алма, алғыс ал.
Өтирик айтқан жерде көп отырма.
Жаманға сейилде-сейил,
Сергиздан да сейил.
Бурын туўғаннан ақыл сора,
Бурын қонғаннан қоныс сора.
Таныған жерде бой сыйлы,
Танымаған жерде тон сыйлы.
Жаманға жантасып жүрме,
Жантассаң да шайқасып жүрме.
Билегимде күшим бар деп,
Зор менен айқасып жүрме.
Ийгиликли истиң кеши жоқ,
Кеш питседе еши жоқ.
Көпке жуўырма,
Аздан қуры қаласаң.
Жуўырған алмайды,
Буйырған алады.
Қатты жүрген жериңе,
Әсте жүрсең де барасаң.
Жақсылық жерде қалмас,
Жаманлықты дурыс қылма.
Көрмеген жердиң,
Ойлы-шуқыры көп болады.
Жақсының аттан жығылғаны да жақсы.
Көргенсиз дегенге ашыўланба,
Көргениңнен көрмегениң көп.
Жақсыдан тийер шарапат,
Жаманнан тийер кәсапат.
Жарамас әдет көп болар,
Ең жаманы күншиллик.
Бир заман рәҳәт көре алмай,
Өмири өтер женшилип.
Ҳадал кәсип аз емес,
Ықтият бол ҳарамнан.
Жақсылықты үмит қыл,
Күлер жүзли адамнан.
Жақсыны жаман кийим ишинде таны.
Ақыллы жигит ел қорғайды,
Ақмақ жигит елди хорлайды.
Жақсының нуры шашылар,
Жаманның нәпсиси ашылар.
Ақмақ қара күшине мақтанар,
Айыплы сәл нәрседен жасқанар.
Әдиби жоқтың уяты жоқ.
Болмас иске полат бол,
Полаттан да қатты бол.
Кишкентай екен бойы деп,
Сорағанын бермей кетпе.
Кишкентай екен үйи деп,
Ретинде кирмей кетпе.
Кимнен алсаң аманат,
Берсен жақсы саламат.
Егер етсең қиянат,
Сағанда қалар жаман ат.
Запыранның зары өтер,
Бәлки сарғайған сайын,
Бийҳасылдың қылығы өтер,
Барымына барған сайын.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АТА-АНА, ТУЎЫСҚАН-ТУЎҒАНЛАР АРАСЫНДАҒЫ ҚАРЫМ-ҚАТНАСЛАР (НӘСИЯТ) ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: САЎДА САТЫҚ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.