БАЛЫҚШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (BALIQShILIQ KÁSÍBÍ HAQQINDA NAQIL-MAQALLAR)
Шөл жағалап қонбай,
Көл жағалап қон.
Көл жағалап қон.
Тутып алсаң сазанды,
Толтырасаң қазанды.
Толтырасаң қазанды.
Балығы болмаған көли қурысын,
Кийиги болмаған шөли қурысын.
Кийиги болмаған шөли қурысын.
Еки кемениң басын услаған суўға кетеди.
Балықтың тиришилиги суў менен,
Бақаның күни көл менен.
Бақаның күни көл менен.
Жар қуласа жайын өледи.
Кемеши хан болды,
Биз нөкер болдық.
Тағдир солай болды,
Биз суў төгер болдық.
Биз нөкер болдық.
Тағдир солай болды,
Биз суў төгер болдық.
Күнде ушан кеме қайда.
Кемениң тетиги кейнинде.
Көлдиң атын балық шығарады,
Балықтың атын халық шығарады.
Балықтың атын халық шығарады.
Сүмбиле түссе суў суўыр,
Көлдеги балық қурыр.
Көлдеги балық қурыр.
Жарлының теңи жарма,
Балықшының теңи қарма.
Балықшының теңи қарма.
Балықшы айтпайды расын,
Сонда да алады бир асым.
Сонда да алады бир асым.
Ет есесин алады,
Балық баҳасын алады.
Балық баҳасын алады.
Көлди балық гүжитер,
Сөйлемегенниң иши исер.
Сөйлемегенниң иши исер.
Кемеге мингенниң жаны бир,
Телпек кийгенниң ары бир.
Телпек кийгенниң ары бир.
Балық басынан ширийди.
Балық жеген тоқ болар,
Ҳәл-дәрманы жоқ болар.
Ҳәл-дәрманы жоқ болар.
Тери алтынды излесең,
Дәрьяға бар.
Дәрьяға бар.
Суў сағасыз болмас,
Ел ағасыз болмас,
Көл балықсыз болмас.
Ел ағасыз болмас,
Көл балықсыз болмас.
Сазан балықтың мийин жеген,
Ақыллы болады.
Ақыллы болады.
Шортан балық жақсы болса,
Хийўаға бармас па еди?
Хийўаға бармас па еди?
Шабақ-шөбиреси бир табақ.
Сазан-шөбиреси бир қазан.
Тисли – бир қайнаса писти.
Жайын – кемеге қайым.
Кемели келсе,
Қайықлы тура қашады.
Қайықлы тура қашады.
Жайынның басын жеме,
Қуйрығын же.
Қуйрығын же.
Көл арқасынан көлмек суў ишеди.
Бекире кетер, бет қалар?
Балықшы балықшыны узақтан таныйды.
Шортанның аңлығаны – шабақ.
Сегиз қырлы балықты,
Тоғыз қырлы жигит алады.
Тоғыз қырлы жигит алады.
Гез келсе,
Кеме арбаға минеди.
Кеме арбаға минеди.
Көлмен деп көмпилдейсең,
Ишиңде бир балығың жоқ.
Ишиңде бир балығың жоқ.
Жаман адам тыррыйса елге сыймас,
Алабуға тыррыйса көлге сыймас.
Алабуға тыррыйса көлге сыймас.
Балықшының қолынан аўы кетпейди,
Жаманның басынан даўы кетпейди.
Жаманның басынан даўы кетпейди.
Жайын қуйрығын жеген жатпас.
Балықшының үйине барсаң қарма жейсең,
Дийқанның үйине барсаң жарма ишесең.
Дийқанның үйине барсаң жарма ишесең.
Кеме қанша үлкен болса да,
Көл көтереди.
Қанша таўқаналет болсада,
Ел көтереди.
Көл көтереди.
Қанша таўқаналет болсада,
Ел көтереди.
Балықшы теңизде жүрип,
Күниниң өткенин билмес.
Күниниң өткенин билмес.
Суўдағы балыққа қуўанба,
Ол еле сеники емес.
Ол еле сеники емес.
Сазан балық шалаң жейди,
Мийи көп.
Шортан балық шабақ жейди,
Мийи жоқ.
Мийи көп.
Шортан балық шабақ жейди,
Мийи жоқ.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АҢШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: МАЛ ШАРЎАШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: