МАЛ ШАРЎАШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (MAL ShARWAShILIQ KÁSÍBÍ HAQQINDA NAQIL-MAQALLAR)
Ат алсаң аўылын менен,
Айыбы табылса ағайинниң мойнына.
Айыбы табылса ағайинниң мойнына.
Ат услаған азабынан қутылар,
Ер услаған еңбегинен қутылар,
Ер услаған еңбегинен қутылар,
Арғымақ аттың қуйрығы,
Бирде жипек бирде қыл.
Бирде жипек бирде қыл.
Түри жақсының белгиси,
Бирде төре, бирде қул.
Бирде төре, бирде қул.
Аласаны атқа санама,
Жақсыны жатқа санама.
Жақсыны жатқа санама.
Арғымақ атқа оқ тийсе,
Ябыдай болып туўламас,
Ер жигитке оқ тийсе,
Жамандай болып шуўламас.
Ябыдай болып туўламас,
Ер жигитке оқ тийсе,
Жамандай болып шуўламас.
Алпыс қулан ат болмас,
Атасына нәлет оның.
Атасына нәлет оның.
Ат, тоны бар кисиниң,
Той-жыйынға барысы бар,
Ул, қызы бар кисиниң,
Қудалыққа барысы бар.
Той-жыйынға барысы бар,
Ул, қызы бар кисиниң,
Қудалыққа барысы бар.
Арық атқа қамшы өтер,
Жыртық үйге тамшы өтер.
Жыртық үйге тамшы өтер.
Алтын ериң атқа тийсе,
Алтынын алда отқа сал.
Алтынын алда отқа сал.
Ат айында қулынлайды,
Бийе жылында қулынлайды.
Бийе жылында қулынлайды.
Айғырды неден қойсаң,
Атты да соннан минесең.
Атты да соннан минесең.
Атлы ҳақысын жаяў жибермейди,
Әлўан-әлўан шабанлар,
Шамасына қарай шабады,
Атлы батыр, атсыз қарап жатыр.
Әлўан-әлўан шабанлар,
Шамасына қарай шабады,
Атлы батыр, атсыз қарап жатыр.
Ат қәдирин жоқ билер,
Ас қәдирин тоқ билер.
Ас қәдирин тоқ билер.
Ат минбеген ат минсе,
Шаба-шаба өлтирер,
Тон киймеген тон кийсе,
Силке-силке тоздырар.
Шаба-шаба өлтирер,
Тон киймеген тон кийсе,
Силке-силке тоздырар.
Алты күн атан болғанша,
Бир күн буўра бол.
Бир күн буўра бол.
Алыстан шабынған буўраның,
Күши болмайды.
Күши болмайды.
Ат жүйригин түлки сүймес,
Аўырыў адам күлки сүймес.
Аўырыў адам күлки сүймес.
Буғаның өзи қартайса да,
Мүйизи қартаймайды.
Жақсының өзи қартайса да,
Сөзи қартаймайды.
Мүйизи қартаймайды.
Жақсының өзи қартайса да,
Сөзи қартаймайды.
Бурай-бурай қар жаўса,
Боран атты өлтирер,
Аз адам көп адамды,
Үлкен ойға шүмдирер.
Боран атты өлтирер,
Аз адам көп адамды,
Үлкен ойға шүмдирер.
Буралқы мал миниўге жақсы,
Ўарсақы сөз күлиўге жақсы.
Ўарсақы сөз күлиўге жақсы.
Бир бийеде еки емшек,
Бири кетсе сүти жоқ,
Бир түйеде еки өркеш,
Бири кетсе күши жоқ.
Бири кетсе сүти жоқ,
Бир түйеде еки өркеш,
Бири кетсе күши жоқ.
Буғаның ҳарамзадасы,
Бузаўдың арасында жүрер.
Бузаўдың арасында жүрер.
Барымтадан алған мал емес,
Қуўып алған қун емес.
Қуўып алған қун емес.
Тулпардың үйири бир болса да, отлаўы басқа.
Тулпар тобын табады.
Тулпар питпейди,
Питсе кетпейди.
Питсе кетпейди.
Торыдан туўғанның өзгелиги жоқ,
Туяғы пүтин тулпар жоқ.
Туяғы пүтин тулпар жоқ.
Түйе көп болса жүк сыймайды,
Түйе өлген жерде жүк қалады.
Түйе өлген жерде жүк қалады.
Түйениң танығаны жантақ.
Шидерли ат-өз атың,
Тусаўлы атта гүман бар.
Тусаўлы атта гүман бар.
Шарўаның түби кеңес,
Саўдагердиң түби қарыз.
Саўдагердиң түби қарыз.
Шаршап минген ешек аттай болар,
Аш болып жеген пәтирек қанттай болар.
Аш болып жеген пәтирек қанттай болар.
Еси кеткен ешки жияр,
Ешки жыйып есин жияр.
Ешки жыйып есин жияр.
Ешки егиз туўып қойдан аспас,
Ийт сегиз туўып елден аспас.
Ийт сегиз туўып елден аспас.
Қой егиз тапса шөптиң басы айры туўады.
Қойлы бай қурлы бай,
Жылқылы бай сылдыр бай.
Жылқылы бай сылдыр бай.
Өриси жақын от отлайды,
Аўылы жақын ас ишеди.
Аўылы жақын ас ишеди.
Малды қуртайын десең пул ет,
Дәнди қуртайын десең ун ет.
Дәнди қуртайын десең ун ет.
Ортақ өгизден өз бузаўым жақсы.
Мал адамның баўыр ети.
Мал ашыўы – жан ашыўы.
Мал жайнасаң қоңысын тап,
Ас жыйнасаң ыдысын тап.
Ас жыйнасаң ыдысын тап.
Мал қулыннан, ақша тойымнан жыйналады.
Мал айдаса жаўдики,
Ысқырса желдики.
Ысқырса желдики.
Мал жаным садақасы,
Жан арым садақасы.
Жан арым садақасы.
Жортақ аттың жоқлығы жақсы.
Жоқты жоқ табады.
Жақсы аттың жасын сорама.
Жойылып табылған мал олжа.
Жүйрик сынынан айрылар жалы кетсе,
Жигит сынынан айрылар малы кетсе.
Жигит сынынан айрылар малы кетсе.
Желини саў қой,
Қосаққа жүрмес,
Күшине толған нар,
Буйдасыз жүрмес.
Қосаққа жүрмес,
Күшине толған нар,
Буйдасыз жүрмес.
Терли қулан жерли қуланды қозғайды.
Қашағанның кесири жуўсағанға тийеди,
Төрт аяғы менен атта сүринеди.
Қашағанның кесири жуўсағанға тийеди,
Төрт аяғы менен атта сүринеди.
Өриси басқаны пада қосады,
Үйири басқаны ноқта қосады.
Үйири басқаны ноқта қосады.
Уйықлаған уйқы алады,
Уйықламаған жылқы алады.
Уйықламаған жылқы алады.
Ўәдеси күшли болса, ийеси алар,
Айғыры күшли болса, үйири толар.
Айғыры күшли болса, үйири толар.
Урысы күшли болса ийеси өледи,
Айғыры күшли болса, бийеси өледи.
Айғыры күшли болса, бийеси өледи.
Адамды исинен билесең,
Малды тисинен билесең.
Малды тисинен билесең.
Енеси тепкен қулынның ети аўырмайды.
Тышқақ ылақ паданы бүлдиреди,
Дәлдалшы көбейсе қаланы бүлдиреди.
Дәлдалшы көбейсе қаланы бүлдиреди.
Қой семиз болмай төли оңбас.
Жақсы түйе жүклеўге жақсы.
Жайлаўы отлы болса,
Малы сүтли болады.
Малы сүтли болады.
Қораң толы қой болса,
Күнде үйде той болар.
Күнде үйде той болар.
Қойшының қызы,
Қой келгенде жүн түтеди.
Қой келгенде жүн түтеди.
Ат аўнаған жерде түк қалады.
Түйениң мойыны жаман,
Жаманның ойыны жаман.
Жаманның ойыны жаман.
Түйеге наз қыл десең,
Бир танап жерди ойран етеди.
Бир танап жерди ойран етеди.
Бақыраўық түйениң бары жақсы.
Нар жолында жүк жатпайды.
Қой семирсе, қабырғасы киширейеди.
Ала қойды бөле қырыққан,
Жүнге жарымайды.
Жүнге жарымайды.
Ойнақлаған бузаў от басады.
Сыйлағанды – сыйыр билмес,
Сыйпағанды ешек билмес.
Сыйпағанды ешек билмес.
Үйге қутлы қонақ келсе,
Қой егиз туўады.
Қой егиз туўады.
Бир минсең де жорға мин,
Бүлкилдесин бүйириң.
Бир уртласаң да май уртла,
Гилкилдесин жүрегиң.
Бүлкилдесин бүйириң.
Бир уртласаң да май уртла,
Гилкилдесин жүрегиң.
Қамшылатқан жүйриктиң,
Жүйрикке саны жоқ.
Жүйрикке саны жоқ.
Аттың адымы үлкен,
Түйениң табаны үлкен.
Түйениң табаны үлкен.
Ат туяғынан ақсайды.
Қырда қырық қой суў ишсе,
Ойда отыз қой бәҳәр алады.
Ойда отыз қой бәҳәр алады.
Ийт үрер, кәрўан көшер.
Бар қашаған қутылмайды,
Жоқ қашаған тутылмайды.
Жоқ қашаған тутылмайды.
Түйени жел ушырса,
Ешкини аспанда көр.
Ешкини аспанда көр.
Ақсақ қой түстен кейин маңырайды.
Айдағаның еки ешки,
Ысқырғаның жер жарады.
Ысқырғаның жер жарады.
Көшкенде көлик тиймеген,
Қонғанда минип отырады.
Қонғанда минип отырады.
Атың арық болса бир шап,
Отының аз болса бир жақ.
Отының аз болса бир жақ.
Жорға минген жолдасына қарамас.
Мал-малға, адам-адамға уқсайды.
Ат баспайман деген жерин үш басады.
Қарамағанның қатыны,
Бақбағанның малы кетеди.
Бақбағанның малы кетеди.
Көп туйели киси қырға шығады,
Бир түйели киси несине шығады.
Бир түйели киси несине шығады.
Қошқар болар қозының,
Маңлайлары дөң болар.
Адам болар жигиттиң,
Етек-жеңи кең болар.
Маңлайлары дөң болар.
Адам болар жигиттиң,
Етек-жеңи кең болар.
Атлы жолдас бола ма арба менен,
Жортақ жолдас бола ма жорға менен.
Жортақ жолдас бола ма жорға менен.
Қолда өскен аттың,
Тай аты қалмайды.
Тай аты қалмайды.
Қойшы көп болса,
Қой ҳарам өледи.
Қой ҳарам өледи.
Қонақ басына қой сойсаң,
Қорада қой қалмайды.
Қорада қой қалмайды.
Түйеге жантақ керек болса,
Мойын созады.
Мойын созады.
Мейилли ат суў ишеди.
«Киш-кишлеген» намәрттиң иси.
«Киш-кишлеген» намәрттиң иси.
Шөллесең шопан қасына,
Аш болсаң дийқан қасына бар.
Аш болсаң дийқан қасына бар.
Атқа ердиң батқанын,
Ийеси билмесе, ат билер.
Ийеси билмесе, ат билер.
Ағайинниң азғанын,
Ағайин билмес жат билер.
Ағайин билмес жат билер.
Ешек минген еңбегин минеди.
Есапламағанға бәри түўел.
Қатық төгилсе жуғы қалады,
Айран төгилсе неси қалады.
Айран төгилсе неси қалады.
Ешектиң жүги жеңил болса,
Жатаған келеди.
Жатаған келеди.
Ешектиң ақырына атты байласаң,
Тәпси урады.
Тәпси урады.
Шарўаның да малы туўар,
Бир қарасы еки болар.
Бир қарасы еки болар.
Сүтке суў қоссаң.
Сүймесин болады.
Сүймесин болады.
Алған-алғантики,
Ат мингендики.
Ат мингендики.
Тулпардың өз туяғы өзине ем.
Ийттиң аўзы ала болса да,
Бөри келгенде биригеди.
Бөри келгенде биригеди.
Үйирли қойдан,
Қасқыр да қорқады.
Қасқыр да қорқады.
Жаздың күнги жуўынды,
Қыстың күнги асқатық.
Қыстың күнги асқатық.
Еме билген қозы,
Еки саўлықты емер.
Еки саўлықты емер.
Кишкентайды мақта,
Үлкенге мин.
Үлкенге мин.
Аўрыўда аўсыл жаман,
Малың болсын соннан аман.
Малың болсын соннан аман.
Айран тилесең, шелегиңди жасырма.
Ешек мингенниң,
Аяғы тынбас.
Аяғы тынбас.
Тәп бергенде тай озар,
Табаны қызса ат озар.
Табаны қызса ат озар.
Ешектиң ети ҳарам,
Күши ҳадал.
Күши ҳадал.
Биреўдиң баспағына өлим тилесең,
Өзиңниң өгизиң өледи.
Өзиңниң өгизиң өледи.
Жаманды жақсы деме малы бар деп,
Ешекти мал демеңлер жалы бар деп.
Ешекти мал демеңлер жалы бар деп.
Үйдиң көрки сандық,
Жайлаў көрки жанлық.
Жайлаў көрки жанлық.
Атқа минген жигиттиң,
Тайға тақымы толмайды,
Жорға минген жигиттиң,
Қудай есинде болмайды.
Тайға тақымы толмайды,
Жорға минген жигиттиң,
Қудай есинде болмайды.
Сыйырдың бузаўын жибермесең иймейди.
Жолбарыстың еркеги де мал алады,
Урғашысыда мал алады.
Урғашысыда мал алады.
Ешкиниң тилегени жаманлық,
Қойдың тилегени аманлық.
Қойдың тилегени аманлық.
Өлим-жоқтың ҳалын,
Байдың малын шашады.
Байдың малын шашады.
Татыў үйирдиң ақсағы билинбейди.
Өгиздиң өзи өлсе де,
Көзиниң аласы қалмайды.
Көзиниң аласы қалмайды.
Ешки базар,
Азанғыдан толмайды кешки базар.
Азанғыдан толмайды кешки базар.
Жолбарысқа шапқан ийт,
Ийесин көрип турса,
Қарыўлы болады.
Ийесин көрип турса,
Қарыўлы болады.
Ул таппас қатын болмас,
Турарын айт,
Мал таппас жигит болмас,
Қурарын айт.
Турарын айт,
Мал таппас жигит болмас,
Қурарын айт.
Алып анадан,
Ат бийеден,
Нар тайлақ туўа бермес,
Ҳәр түйеден.
Ат бийеден,
Нар тайлақ туўа бермес,
Ҳәр түйеден.
Асы жоқ деп ерден түңилме,
Оты жоқ деп жерден түңилме.
Ишетуғының май ма шарўа,
Май ишсең кеўилиң жай ма шарўа.
Оты жоқ деп жерден түңилме.
Ишетуғының май ма шарўа,
Май ишсең кеўилиң жай ма шарўа.
Ҳәркимниң де бир жайы бар,
Жарлының бир ешкиси бар,
Өзине ылайық майы бар.
Жарлының бир ешкиси бар,
Өзине ылайық майы бар.
Ешкиниң әжели жетсе,
Шопанның таяғына сүйенеди.
Шопанның таяғына сүйенеди.
Тайдан атым болмаса да,
Қойдан атым бар.
Қойдан атым бар.
Бекире балық бел кеспе,
Берсе жемес бул басым.
Қолаңса ийиси сасыған,
Қой гөшине хор болдым-аў, бул басым,
Берсе жемес бул басым.
Қолаңса ийиси сасыған,
Қой гөшине хор болдым-аў, бул басым,
Арт ети, мойын ети,
Бәри бир қойдың ети.
Бәри бир қойдың ети.
Мыңды айдаған да бирди минеди,
Бирди айдаған да бирди минеди.
Бирди айдаған да бирди минеди.
Қара қойдың терисин,
Сабынлап жуўсаң да ағармас.
Сабынлап жуўсаң да ағармас.
Ғарры қойдың сырты қотыр,
Майы мазалы.
Майы мазалы.
Жарасығы болмаған жазы қурсын,
Асқатығы болмаған асы қурсын.
Асқатығы болмаған асы қурсын.
Аттын сыры ийесине мәлим.
Орынлы жерге түйе шөгеди,
Орынсыз сөйлегенди ҳәрким сөгеди.
Орынсыз сөйлегенди ҳәрким сөгеди.
Сыйырдың шақына урсаң,
Туяғы сырқырайды.
Туяғы сырқырайды.
Қуста сүт жоқ,
Жылқыда өт жоқ.
Жылқыда өт жоқ.
Тыйып ишсең тай аларсаң,
Қыйып ишсең қой аларсаң.
Қыйып ишсең қой аларсаң.
Түйе бойына исенип,
Жылдан бос қалыпты.
Жылдан бос қалыпты.
Жабағы тай дей қорлама,
Жолға шықса ат болар.
Жолға шықса ат болар.
Буралқыны сақласаң,
Аўзы-мурныңды қан етер,
Арық малды сақласаң,
Аўзы-мурнынды май етер.
(Буралқы - опасыз сатқин мәнисинде)
Аўзы-мурныңды қан етер,
Арық малды сақласаң,
Аўзы-мурнынды май етер.
(Буралқы - опасыз сатқин мәнисинде)
Түйе қартайса көшегине ерер.
Бир қумалақ бир қарын майды ширитеди.
Адам пейлинен, мал шақынан.
Шегирткеден қорыққан егин екпес,
Барымтадан қорыққан мал-жыйнамас.
Барымтадан қорыққан мал-жыйнамас.
Тойға шаппаған атыңды,
Әкеңниң асында шабасаң ба?
Әкеңниң асында шабасаң ба?
Ат айналып қызығын табар.
Байдың көп малының ишинде,
Жарлының жалғыз малына ушпа тийеди.
Жарлының жалғыз малына ушпа тийеди.
Туўмаған сыйырдың уўызына қаратпа.
Қудайдың айдап жүрген малы жоқ,
Биреўден алып биреўге береди.
Биреўден алып биреўге береди.
Тапқан биреўин сояды,
Таппаған екеўин сояды.
Таппаған екеўин сояды.
Тай туўлап үйиринен шықпас.
Басың екеў болмай,
Малың екеў болмас.
Малың екеў болмас.
Ат көрип аяғы талды.
Мал үйирин габады.
Аталастың аты озғанша,
Аўылластың тайы озсын.
Аўылластың тайы озсын.
Дүзде бузаўы жамырағанның,
Үйде қатығы төгиледи.
Үйде қатығы төгиледи.
Ким сөйлемесе, баспақты сол суўғарады.
Жуўас тананы падашы минеди.
Қошқардың қуйрығы үзиледи деп,
Бөри аштан өлген екен.
Бөри аштан өлген екен.
Жаўға жалынба жаныңды алады,
Даўға жалынба малыңды алады.
Жаныңды алған малыңды ҳәм алады.
Даўға жалынба малыңды алады.
Жаныңды алған малыңды ҳәм алады.
Түйениң үлкени көпирде таяқ жейди.
Атан түйени жүк қартайтар,
Қунан қойды май қартайтар.
Қунан қойды май қартайтар.
Бир қараға бир қара.
Қуйрығы жоқ, жалы жоқ,
Қулан қайдан күн көрер.
Қулан қайдан күн көрер.
Ат айлығын ойлайды,
Түйе жыллығын ойлайды,
Ешек еки аяғының астын ойлайды.
Түйе жыллығын ойлайды,
Ешек еки аяғының астын ойлайды.
Жаман атқа жал питсе,
Жанына торсық байлатпас.
Жаман адамға мал питсе,
Жанына қоңсы қондырмас,
Қондырса да тындырмас.
Жанына торсық байлатпас.
Жаман адамға мал питсе,
Жанына қоңсы қондырмас,
Қондырса да тындырмас.
Сорлының аты күн де шабылады.
Атлының несийбеси алтаў.
Мейилли ат суў ишеди,
Мейилсиз ат суў кешеди.
Мейилсиз ат суў кешеди.
Сиз турыпсыз тикейип,
Биз турыппыз тикейип,
Жерге түскен қамышыны,
Ким алады еңкейип.
Биз турыппыз тикейип,
Жерге түскен қамышыны,
Ким алады еңкейип.
Ийт үрер кәрўан көшер,
Үрер-үрер үни өшер.
Үрер-үрер үни өшер.
Ийттен саўын болмас,
Ийт түйнектен қаўын болмас.
Ийт түйнектен қаўын болмас.
Артыў-артыў қум келсе,
Атан тартар бүгилип,
Айыр түйе келгенде,
Мурындығы қалар жырылып.
Атан тартар бүгилип,
Айыр түйе келгенде,
Мурындығы қалар жырылып.
Қатарда нар болса,
Жүк жерде қалмайды.
Жүкти нар көтереди.
Жүк жерде қалмайды.
Жүкти нар көтереди.
Ылақ маңырай суў ишер,
Жетим жылай күн кешер.
Жетим жылай күн кешер.
Тана жеккен тарықпас,
Буға жеккен муңаймас.
Буға жеккен муңаймас.
Ешектиң қасына атты байласаң,
Реңки урмайды, тәпси урады.
Реңки урмайды, тәпси урады.
Арба-өгизиң бар, сен көш.
Жалғыз шапқан ат жүйрик.
Қой көрмеген қой көрсе,
Қуўалап жүрип өлтирер.
Қуўалап жүрип өлтирер.
Суў айланар жазығына.
Ат айланар қазығына.
Ат айланар қазығына.
Семизликти қой көтереди.
Ат асықтай, түйе қозыдай.
Бөлингенди бөри жейди.
Нақыл қайдан шығады ой болмаса,
Кийиз қайдан шығады, қой болмаса.
Кийиз қайдан шығады, қой болмаса.
Жаман сыйыр жазда бузаўлайды.
Қасаң байтал еки айғырды аш етеди.
Қорқақты көп қуўсаң батыр болар,
Ешекти көп урсаң сырың алар.
Ешекти көп урсаң сырың алар.
Әңгиме бузаў емгизеди,
Бузаў таяқ жегизеди.
Бузаў таяқ жегизеди.
Берейин десең нең жоқ,
Бес ешкиң бар, пейлиң жоқ.
Бес ешкиң бар, пейлиң жоқ.
Сейил ҳәм сейил,
Батпаққа батқан ҳәм сейил,
Оған баққан ҳәм сейил.
Батпаққа батқан ҳәм сейил,
Оған баққан ҳәм сейил.
Маллының малы күйеди,
Малсыздың жаны күйеди.
Малсыздың жаны күйеди.
Тисиң-тисиңе тийсе – ас емеспе?
Аяғың жерге тиймесе ат емеспе?
Аяғың жерге тиймесе ат емеспе?
Қой көрмесек те қый көрип едик,
Ешкили байдың қызы едик.
Ешкили байдың қызы едик.
Ердиң малы елде болса,
Ериккенде көлде болады.
Ериккенде көлде болады.
Жалаңаш атқа жип қуйысқан.
Буғаның малға санлығы жоқ,
Хожаның елге санлығы жоқ,
Хожаның елге санлығы жоқ,
Жығылсаң жығыл нардан,
Әжелиң әлле қайдан.
Әжелиң әлле қайдан.
Атқа бергисиз қунан бар,
Қызға бергисиз жаўан бар.
Қызға бергисиз жаўан бар.
Бай сойыўға қой таппай,
Жарлының жалғызын сорайды.
Жарлының жалғызын сорайды.
Генже қозы сүт пенен жетиледи.
Маллының бети жарық.
Әўеле түслик өмириң болса,
Күнлик мал жый.
Күнлик мал жый.
Мал адамның баўыр ети.
Жаман достан мал татлы,
Алтынлы үйден жан татлы.
Алтынлы үйден жан татлы.
Арқадағы ноғайға қой бақтырған қудайым?
Малы өскенниң мурты өседи,
Улы өскенниң урты өседи.
Улы өскенниң урты өседи.
Қара мал соқпақшыл,
Жаман адам тақмақшыл.
Жаман адам тақмақшыл.
Қозының өлгенине қыйналмайман,
Қойшының жылағанына қыйналаман.
Қойшының жылағанына қыйналаман.
Ат табылар, майдан табылмас.
Тоқалақ ешки мүйиз сорайман деп,
Қулағынан айрылыпты.
Қулағынан айрылыпты.
Жаяў көзи менен ат алма.
Ешек жүрер қатқақта,
Мәлим болар батпақта.
Мәлим болар батпақта.
Атқа миндик, атанға миндик,
Төрт түлик мал менен күнелттик.
Төрт түлик мал менен күнелттик.
Ақсақ қой жатып семиреди.
Жүзден жүйрик шығады,
Мыңнан тулпар шығады.
Мыңнан тулпар шығады.
Ат ийеси айҳайлайды,
Өгиз ийеси өңменлейди.
Өгиз ийеси өңменлейди.
Жүни торға болмаған,
Ешкиден де мал болмас.
Ешкиден де мал болмас.
Жаман ябы жемхор болса,
Дорбаның түбин тесер.
Дорбаның түбин тесер.
Теке болса гөр болсын,
Балаларға суўын болсын.
Балаларға суўын болсын.
Ат сақлаған аш болар,
Атланып кетсе тоқ болар.
Атланып кетсе тоқ болар.
Мал ийесине усамаса,
Ҳарам өледи.
Ҳарам өледи.
Мал ийеси изшил (ўәлий).
Атқа таға қаққанды көрип,
Бақа аяғын көтереди.
Бақа аяғын көтереди.
Байтал минсең қулын жырақ.
Атың шыға шапсын.
Атың шыға шапсын.
Жорға жүрисинен пул болады,
Жаман жүрисинен қул болады.
Жаман жүрисинен қул болады.
Қуланның отлаўы бир болса да,
Жуўсағы басқа.
Жуўсағы басқа.
Исенген өгизим сен болсаң,
Гүйсеген аўзыңа от тийсин.
Гүйсеген аўзыңа от тийсин.
Ешкиниң мүйизи қышыса,
Шопанның таяғына сүйкенеди.
Шопанның таяғына сүйкенеди.
Атын аяған жерге қарайды,
Қусын аяған көкке қарайды.
Қусын аяған көкке қарайды.
Нардың көрки гүркиреў.
Қорқса да, қорқпаса да қой өледи.
Соқыр ат, жаўыр атты табады.
Түйе өлип бота қалса,
Жүги жерде қалмайды.
Жүги жерде қалмайды.
Аты өлип байтал қалса,
Ер пияда болмайды.
Ер пияда болмайды.
Егизлеп төл өседи,
Еңбеклеп ер өседи.
Еңбеклеп ер өседи.
Тайы ат боламан дегенше,
Ийеси мат болады.
Ийеси мат болады.
Ел көрки тал,
Жайлаў көрки мал,
Жайлаў көрки мал,
Сыйырың жилли болса,
Ҳәўкесин қасы.
Ҳәўкесин қасы.
Байтал шаўып бәйги алмас.
Қой соярың келгенде,
Соярсаң да қоярсаң.
Қой соймасың келгенде,
Айтарсаң да қоярсаң.
Соярсаң да қоярсаң.
Қой соймасың келгенде,
Айтарсаң да қоярсаң.
Жаман аттан жайдағым жақсы,
Жаман қатыннан бойдағым жақсы.
Жаман қатыннан бойдағым жақсы.
Қырда шыбын жаўса,
Кесиртке бир-бирлеп тамады.
Кесиртке бир-бирлеп тамады.
Ешкиниң жүни аў болмайды,
Тентектен туўған саў болмайды.
Тентектен туўған саў болмайды.
Сәўир болмай тәўир болмас,
Сыйыр болмай айран болмас.
Сыйыр болмай айран болмас.
Маллының малы күйеди,
Малсыздың неси күйеди.
Малсыздың неси күйеди.
Байдың малы ардақлы,
Жарлының баласы ардақлы.
Жарлының баласы ардақлы.
Бедеў аттың жорғалағаны айып,
Тазы ийттиң үргени айып.
Тазы ийттиң үргени айып.
Ҳәм дайымның үйине барайын,
Ҳәм тайымды үйретейин.
Ҳәм тайымды үйретейин.
Бас-басына қой сойса, қора босар,
Гөрқаўлардын ахыры қунты қашар.
Гөрқаўлардын ахыры қунты қашар.
Бөри қанша қартайса да,
Бир қойлық ҳалы бар.
Бир қойлық ҳалы бар.
Қыяға питкен қамысты,
Шамасы жеткен нар жейди.
Шамасы жеткен нар жейди.
Ешек те бир, жаяў да бир.
Арғымақ аттың баласы,
Күнде-күнде шабылар.
Ер жигиттиң баласы,
Дәўлетли жерден табылар.
Күнде-күнде шабылар.
Ер жигиттиң баласы,
Дәўлетли жерден табылар.
Ат дегендей атым жоқ,
Минген атым тай ғана.
Сез дегендей сөзим жоқ,
Сөйлер сөзим азғана.
Минген атым тай ғана.
Сез дегендей сөзим жоқ,
Сөйлер сөзим азғана.
Жақсы атқа бир қамшы,
Жаман атқа мың қамшы.
Жаман атқа мың қамшы.
Жылқыны шубыртқан қуртады,
Дәнди қуўыртқан қуртады.
Дәнди қуўыртқан қуртады.
Ат болатуғын тай жылқыға үйир,
Адам болатуғын бала қонаққа үйир.
Адам болатуғын бала қонаққа үйир.
Адам сөйлескенше,
Мал мөңирескенше,
Мал мөңирескенше,
Дүз жарасығы жанлық,
Үй жарасығы сандық.
Үй жарасығы сандық.
Қой қасында адамзат,
Адамзат қасында қой.
Адамзат қасында қой.
Қой асығын қолыңа ал,
Қолыңа жақса сақа қыл.
Қолыңа жақса сақа қыл.
Жасы киши болса да,
Азамат болса аға қыл.
Азамат болса аға қыл.
Қаназат жуўырады ғунан күйинде,
Қыз патша болады атасының үйинде.
Қыз патша болады атасының үйинде.
Ат берсең упшеги менен,
Ер берсең көпшиги менен.
Ер берсең көпшиги менен.
Жалғыз болсаң түйе сақла,
Жарлы болсаң бийе сақла.
Жарлы болсаң бийе сақла.
Парықсызлықтың белгиси,
Байталын сатып ат етер,
Достының кеўлин қалдырып,
Душпанның кеўлин шад етер.
Байталын сатып ат етер,
Достының кеўлин қалдырып,
Душпанның кеўлин шад етер.
Мың ябы шапса да,
Жете алмайды бир тулпарға,
Мың ғарға ғақылдап зәлел етпес,
Бир суңқарға.
Жете алмайды бир тулпарға,
Мың ғарға ғақылдап зәлел етпес,
Бир суңқарға.
Ябыны жаўға минбе жаллы екен деп,
Жаманды мақтама маллы екен деп.
Жаманды мақтама маллы екен деп.
Жүйриктен жүйрик шықса,
Еки аяғы тыпыр-тыпыр.
Шеберден шебер шықса,
Еки қолы жыбыр-жыбыр.
Еки аяғы тыпыр-тыпыр.
Шеберден шебер шықса,
Еки қолы жыбыр-жыбыр.
Сорлының малы сорға батып өледи.
Ишек қарын гөш болмас,
Душпан ҳасла дос болмас.
Душпан ҳасла дос болмас.
Жылқыдағы боз айғыр,
Қуўып қулын шайнамас.
Қуўып қулын шайнамас.
Ябы да болсам буўданман,
Сәтли күни туўғанман.
Сәтли күни туўғанман.
Жаман атқа жал питсе,
Жанына адам жолатпас,
Жанына адам жолатпас,
Жаман адамға ис түссе,
Ҳал-жайына қаратпас.
Ҳал-жайына қаратпас.
Ат жақсысы бир отыз,
Адам жақсысы еки отыз.
Адам жақсысы еки отыз.
Ешек өзин төмен демес бедеўден,
Егер сата ғойсаң базарында беллиди.
Егер сата ғойсаң базарында беллиди.
Жорға емес жойылғыр,
Жорғаламаса сойылғыр.
Жорғаламаса сойылғыр.
Боз ат тәлимсип жем жемес,
Ғарры ат бәйгиден келмес.
Ғарры ат бәйгиден келмес.
Шабысы жоқ төбелден,
Териси кең ябы артық.
Териси кең ябы артық.
Аттың жақсысы,
Жигиттиң сортын айырады.
Жигиттиң сортын айырады.
Сойсаң қозы өледи,
Соймасаң жигиттиң өзи өледи,
Соймасаң жигиттиң өзи өледи,
Соймасаң қан шықпайды,
Қуры жағдай айтқан менен,
Қызыл тилден май шықпайды.
Қуры жағдай айтқан менен,
Қызыл тилден май шықпайды.
Мал көтереди өлимди,
Дос көтереди кеўилди,
Малыңда болмаса,
Досыңда болмаса,
Сонда көресең гөримди.
Дос көтереди кеўилди,
Малыңда болмаса,
Досыңда болмаса,
Сонда көресең гөримди.
Әлўан-әлўан жүйрик бар,
Ҳалына қарай шабатуғын.
Ҳалына қарай шабатуғын.
Тәнекейтики қуйрығының ушында.
Жүйрик ат шабан болмас,
Жақсы адам жаман болмас.
Жақсы адам жаман болмас.
Көлдиң көрки мал,
Елдиң көрки тал.
Елдиң көрки тал.
Қонақ келсе ет писер,
Ет писпесе бет писер.
Ет писпесе бет писер.
– Өлим қайда барасаң?
– Бардың малын шашаман,
Жоқтың абыройын ашаман.
– Бардың малын шашаман,
Жоқтың абыройын ашаман.
Байда мал болса,
Жарлыда дуз болады.
Жарлыда дуз болады.
Дүбир шықса тулпар турмас,
Қыйқыў шықса сунқар турмас,
Урҳа-урда батыр турмас,
Тийкары жасық болмаса.
Қыйқыў шықса сунқар турмас,
Урҳа-урда батыр турмас,
Тийкары жасық болмаса.
Гүзесинде қатығы жоқ,
Хожаның кеўли қурт күсейди.
Хожаның кеўли қурт күсейди.
Атты арығанда көр,
Жигитти қарығанда көр.
Жигитти қарығанда көр.
Байталлыға қымыз бер,
Барсаң қарыў қайтады.
Тамақ-берсең балаға бер,
Дуйым журтқа айтады.
Барсаң қарыў қайтады.
Тамақ-берсең балаға бер,
Дуйым журтқа айтады.
Белдеўге бедеў байланса,
Ердиң үйде болғаны.
Ердиң үйде болғаны.
Тәп бергенде тай озар,
Табаны қызса ат озар,
Бәсекиде бар озар,
Көл қурыса, қуйы озар.
Табаны қызса ат озар,
Бәсекиде бар озар,
Көл қурыса, қуйы озар.
Байлаўлы турған баспаққа бәле жоқ,
Ойнақлаған бузаў от басар.
Ойнақлаған бузаў от басар.
Атың шаппаса да жулқынсын,
Қусың алмаса да қылғынсын,
Таяғың тиймесе де томп етсин.
Қусың алмаса да қылғынсын,
Таяғың тиймесе де томп етсин.
Өзи түйели жүрип, пиядаға буқ дейди.
Өгизди өрге салма,
Қанатың сынар,
Ақмаққа ақыл айтпа,
Сағың сынар.
Қанатың сынар,
Ақмаққа ақыл айтпа,
Сағың сынар.
Жылқы малдың патшасы,
Түйе малдың қасқасы.
Түйе малдың қасқасы.
Көрким көлик болмас,
Шашым саўын болмас.
Шашым саўын болмас.
Жақсы жаныңа жолдас,
Жаман малыңа жолдас.
Жаман малыңа жолдас.
Қасқырдың ойлағаны жаманлық,
Қойдың ойлағаны аманлық.
Қойдың ойлағаны аманлық.
Қасқырда аштан өлмесин,
Қойда ҳарам өлмесин.
Қойда ҳарам өлмесин.
Озып келген көкшениң,
Бермейсенбе байрағын,
Озалмаған шабанның,
Аямаңыз дойнағын.
Бермейсенбе байрағын,
Озалмаған шабанның,
Аямаңыз дойнағын.
Жалғыз қойдың қатығы иркит болмас,
Өзи туўылған жигитти иркип болмас,
Көлде мың қара қус шақырсада,
Илерине келгенде бүркиттей болмас.
Өзи туўылған жигитти иркип болмас,
Көлде мың қара қус шақырсада,
Илерине келгенде бүркиттей болмас.
Жаман тартса турмайды,
Шапса озбайды,
Қазақыны суўға салсаң,
Жолдайды деп басбайды.
Шапса озбайды,
Қазақыны суўға салсаң,
Жолдайды деп басбайды.
Төрт аяғы тең жорға,
Судигарда саспайды,
Жаман адамға сөз айтсаң,
Алдайды деп нанбайды.
Судигарда саспайды,
Жаман адамға сөз айтсаң,
Алдайды деп нанбайды.
Гүўенде тәўир ақ бузаў еди,
Жалай-жалай қурттай болды.
Жалай-жалай қурттай болды.
Менде қарап жатырғаным жоқ,
Бир қуйрықты таўлап жатырман.
Бир қуйрықты таўлап жатырман.
Ат киснесе үйирин сағынады,
Ер еснесе елин сағынады.
Ер еснесе елин сағынады.
Атан өлсе тайлақ бар,
Жүгин жолда қалдырмастай,
Ата өлсе улы бар,
Мүлки ойран болмастай.
Жүгин жолда қалдырмастай,
Ата өлсе улы бар,
Мүлки ойран болмастай.
Ат туяғын тай басар.
Қулынлаған бийеден,
Қудықтағы суў қалмас.
Қудықтағы суў қалмас.
Жалы сулыў наз бедеў,
Адым урып шабады,
Жалғыз шапқан жүйриктиң,
Аяғын томар қағады.
Адым урып шабады,
Жалғыз шапқан жүйриктиң,
Аяғын томар қағады.
Жалым сулыў бедеўмен,
Шабайын деп арқам қозады,
Аяғым ақсақ тулпарман,
Шапсам ябы озады.
Шабайын деп арқам қозады,
Аяғым ақсақ тулпарман,
Шапсам ябы озады.
Атлының неден ғамы бар,
Пияданың тек шықпаған жаны бар.
Пияданың тек шықпаған жаны бар.
Қасқадан ала аяқ туўады,
Қышымадан қуршаңқы туўады.
Қышымадан қуршаңқы туўады.
Еки сыйыр саўғанның айраны бар,
Еки қатын алғаннын ойраны бар.
Еки қатын алғаннын ойраны бар.
Ешки сақласаң жүни көп болады,
Мүйизи пышағыңа сап болады.
Мүйизи пышағыңа сап болады.
Айт атлыныкы,
Той тонлыники.
Той тонлыники.
Ат жақсысы боз болады,
Ер жақсысы таз болады.
Ер жақсысы таз болады.
Атты түйек қартайтады,
Жигитти орақ қартайтады.
Жигитти орақ қартайтады.
Еки ат тебисер,
Арасында ешек өлер.
Арасында ешек өлер.
Жаз ақсыз болмас,
Гүз көксиз болмас.
Гүз көксиз болмас.
Ойнаса ботасы жеңеди,
Шынтласа атасы жеңеди.
Шынтласа атасы жеңеди.
Аттың ашыўы қулағында,
Ийттиң ашыўы қуйрығында.
Ийттиң ашыўы қуйрығында.
Атызлы жерде ер өлмес,
Үйирли жерде ат өлмес.
Үйирли жерде ат өлмес.
Жуўас айғырдың үйирин,
Ябы баслайды.
Ябы баслайды.
Шаўып жүрген жүйрикти,
Шапқан сайын шабады,
Шаппай жүрген жүйрикти,
Шапса томар қағады.
Шапқан сайын шабады,
Шаппай жүрген жүйрикти,
Шапса томар қағады.
Суў сыйырдан жыйырылады,
Сыйыр суўдан жыйырылады.
Сыйыр суўдан жыйырылады.
Урының малын,
Таўып алсаң ҳадал.
Таўып алсаң ҳадал.
Қойың онға жетсе,
Қонысын изле.
Қонысын изле.
Әдил заман болса,
Бөри менен қозы,
Бирге суў ишеди.
Бөри менен қозы,
Бирге суў ишеди.
Еме билген қозыға,
Еки саўлықта ийеди.
Еки саўлықта ийеди.
Аш адамға сыйырдың шақы да жумсақ
Тоқ адамға қой гөшиде қатты.
Тоқ адамға қой гөшиде қатты.
Қойды мен бағаман,
Гүбини Таңатар писеди.
Гүбини Таңатар писеди.
Кисиниң малы киснетпес.
Ақырған даўысы жағымлы болғанда,
Ешектен қымбат зат жоқ.
Ешектен қымбат зат жоқ.
Түйениң өзи қандай болса,
Жаўыры да сондай.
Жаўыры да сондай.
Қой жүзге жетсе,
Териси мыңға жетер.
Териси мыңға жетер.
Бир миниўге ат берме.
Ажарлы мал базарлы.
Атты қамшы менен айдаған қуртады,
Жем менен айдаған утады.
Жем менен айдаған утады.
Ат шаппайды, бап шабады.
Қой өлсе, қозысы қалар,
Келер жылы өзи болар.
Келер жылы өзи болар.
Ат бир теңге,
Абыройы мың теңге.
Абыройы мың теңге.
Таяр атқа ким минбейди.
Өгиз жығылса пышақ алған көбейер.
Өзи тарлан буўрылдың,
Боз болғаны орынсыз.
Боз болғаны орынсыз.
Мың қойлының иси,
Бир қойлығы түсер.
Бир қойлығы түсер.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БАЛЫҚШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДИЙҚАНШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: