Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ДИЙҚАНШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР (DÍYQANShILIQ KÁSÍBÍ HAQQINDA NAQIL-MAQALLAR)

Арпа, бийдай ас екен,
Алтын, гүмис тас екен.
Сыпайының соңы ҳеш,
Дийқаншылық бәри бес,
Шарўашылық оған ес.
Еккенде жоқ, тиккенде жоқ,
Қырманда таяр.
Шөлде суўсызлықтың азабын шекпеген,
Үйде ыссы нанның қәдирин не билсин.
Бир жыл тут еккен киси,
Жүз жыл гәўҳар тереди.
Кебир жердиң көрпеси,
Жаўын жердиң сорпасы.
Жалғыз тайды үйреткен,
Сейис болып аталмас,
Жалғыз терек көгерткен,
Бағман болып аталмас.
Салыға суў берсең,
Зүрәәти мол дерсең.
Биймезгил жаўған қар,
Жерге түспей ерийди,
Ерте көмсең ураны,
Жаздан өтсе ширийди.
Қаўының ерте писсе,
Базарда нырқ қаша ма.
Ексең жерди қандырып,
Аласаң өним жандырып.
Ерте ексең бийдайды.
Умытасаң қудайды.
Ерте ексең, пахтаны,
Мол зүрәәт тапқаның.
Жер айдасаң гүз айда,
Гүз айдамасаң жүз айда.
Әкең мурап болғанша,
Жериң ой болсын.
Сағадағы суў ишеди,
Аяқтағы уў ишеди.
Бир бәлеси болмаса,
Шүдигарда балық не жесин.
Қап та тең, дорба да тең.
Жантақлы жерде сона бар.
Жери қатты болса,
Өгиз өгизден көреди.
Берсең аларсаң,
Ексең орарсаң.
Орақшының жаманы орақ таңлайды.
Туқымын тап та, жерине бар.
Қапта қалғанша,
Тапта қалсын.
Бир түп шеңгелди,
Мың жыл қораласаң да бағ болмас.
Бақшаны күтсең бағ болады,
Күтпесең жантақ болады.
Заманы бирдиң ҳамалы бир,
Қырманы бирдиң самалы бир.
Қызыл гүл еккенниң қырманы болмас,
Соннан қалдық әлҳәббиз.
Салының арқасында,
Шигин де суў ишеди.
Аты жүрмеген,
Арысын төбелейди.
Сорлының қаўыны ақ болады,
Писемен дегенше жеп болады.
Бир қолда еки ғарбызды тутып болмас.
Елли тиллалық арбаны,
Еки ярым теңгелик көшер бузады.
Қос айдаған бала ишсин.
Не ексең, соны орарсаң.
Бир дигири қалғанша айдай бер.
Жүўерини жерине сеп,
Нан ийманның арқаўы.
Сорлы жерге ақбас шығады.
Өскен теректиң тамырын шаппа .
Қапқа түскен қатындики.
Жаман қазыўшы бел таңлайды.
Суўды сағасынан тый.
Ол не деген партақ,
Басында бир өрим қағы жоқ.
Бул не деген шартақ.
Елге бир нәўбет,
Жерге бир нәўбет.
Өгизине күши жетпеген,
Арысын төбелейди.
Кимниң тарысы писсе,
Соның таўығы.
Тоғайдан тоғай туўады.
Шегирткеден қорыққан егин екпес,
Ийттен қорыққан гада болмас.
Бақылдың бағы жүрмес,
Ексе шарбағы көгермес.
Сумырай келсе, суў қурыйды.
Өзиң билмейтуғын жағдай жоқ,
Қудаң да арба, өгиз жоқ.
Гүришти май келтиреди.
Не ексең соны орарсаң,
Не берсең, соны аларсаң.
Тама-тама көл болар,
Бир тамбаса шөл болар.
Жылай-жылай жап қазсаң,
Күле-күле суў ишесең.
Бурын ексен бурын орарсаң.
Тил менен орақ орсаң,
Белин аўырмайды.
Жамғыр жер ырысы.
Егин ексең ерте ек,
Ағаш тиксең бәҳәр тик.
Туқымың жақсы болса,
Өним де жақсы.
Бөри арығын билдирмес,
Сыртқы жүнин қампайтар,
Шигинниң ләззети жоқ,
Қуры қапты қампайтар.
Салы суўға тоймайды.
Өгиз жеккенниң булқыны қурыйды,
Адам-адам менен сөйлеспесе, қулқыны қурыйды,
Жер де берсең береди.
Бир күнге өгиз өлмейди,
Еки күнге ийеси бермейди.
Қаўынның пәлеги ашшы,
Түйнеги душшы.
Дийқандики жылда әрман,
Балықшыныки күн де әрман.
Тамшы тамып жаўын болмас,
Ийт түйнектен қаўын болмас.
Тамшы тамса көл болады,
Жаўын жаўса сел болады.
Кимниң жерин ексең,
Сонын жырын жырлайсаң.
Қашып кетсең де шашып кет.
Ел аўлақ болса,
Доңыз төбеге шығар.
Тухым сеппей дақыл болмас,
Әўлийедей бақыл болмас.
Себеп пенен шерик болады,
Айтыса жүре мойын ортақ болады.
Таўға жемис питипти,
Жеп кетейик немиз кетипти.
Қара жерди жаманлама,
Көп беретуғын өнимди.
Нан пискенше гүлше күйеди,
Рас сөзге ҳәмме басын ийеди.
Тикенексиз гүл болмас,
Машақатсыз бахыт болмас.
Темеки тегин келмейди,
Теңгеге келеди.
Салы суўға тоймас,
Қырғаўылдың баласы,
Шетлегенин қоймас.
Гөне пахта бөз болмас,
Бөз болсада саз болмас.
Баяғылар бағда қалды,
Бағ жығылып суўда қалды.
Гүлдиң өскен жеринде баҳасы жоқ.
Жердиң бахты тайса,
Суўы төменге түседи.
Тапқан гүл келтиреди,
Таппаған бир баў пияз.
Арпа, бийдай ақ болады,
Сары қаўын қақ болады.
Сары майға былғаған,
Сөктиң дәми көп болады.
Жыланның жек көрген асы ғарбыз,
Ол да ининиң аўзынан шығады.
Барды жоқты билмейди,
Пал тилейди тамағым.
Ағаш мийўасы менен танылады,
Адам мийнети менен танылады.
Аўыздың көби асқа жақсы,
Қолдың көби иске жақсы.
Ағаш екпеген саясында жатпас.
Суўсыз жердиң аты ийесиз,
Улсыз ердиң малы ийесиз.
Суўдың жерге синип аққанынан қорық,
Жигиттиң жерге баққанынан қорық.
Қурғақ ағаш жанар-сөнер,
Жас ағаштан ҳасыл өнер.
Ер елден буўаз болса,
Жер ҳәм ерден буўаз болады.
Төгин төкпей егин питпес,
Үйренбесең билим питпес.
Қаўын жесең сәҳәр же,
Сәҳәр жемесең бәҳәр же.
Суў гезегинен қалған,
Он еки ай аш қалады.
Дигирман гезегинен қалған,
Бир күн аш қалады.
Ас арқаў, кийим көрик.
Төгин жер ырысы,
Егин ел ырысы.
Молдеклиге жер берсең,
Өзиңди қуўып шығарады.
Екпеген жерге көгермес.
Гәп унда емес, бийдайда.
Сабағында сайрамасаң,
Қызылында қызарарсаң.
Гөне қырманды қанша суўырсаңда дән шықпас.
Қысы менен жуп шығыр,
Жазы менен тақ шығыр.
Ақырында жоқ шығыр.
Әспеклеп суў ишкен,
Зорығып уў ишкен менен тең.
Гүли ушын тикенекти де суўғарасаң.
Саялық екпеген салқында жатпас.
Сорлы жигитке сортақ жер тап болады,
Егини көгермей ақ жоқ болады.
Азамат ердиң қәдирин,
Ағайин билмес жат билер,
Жақсы жердиң қәдирин,
Хожасы билмес қул билер.
Ағашы аласа болса да,
Мийўасы тамаша.
Қарамық өзин бағ санар,
Төбе өзин таў санар.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МАЛ ШАРЎАШЫЛЫҚ КӘСИБИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: МИЙНЕТ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.