Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Менменлик заўалы (Menmenlik zawalı)


Бир күнлери Таллық болысына қараслы Мүйтен елаты – «жолбарыс бизлерге күн бермейтуғын болды, мал-ҳәлимизди қоймады, енди адамға да аўыз салайын деп киятыр. Буның ҳәлекшилигинен журтлар пақыр-пуқарашылығынан қалды. Буның бир шарасын көриўиңизди сораймыз», – Төрткүлдеги приставқа арыс жиберипти.

Пристав бул арызға езиўи қулағына жеткенше, көз жас шыққанша ишек-силеси қатып күлипти.

Аңшылықты жақсы көретуғын Александр Злобин деген отряд баслығы бар екен. Соны шақырыпты ҳәм оның отрядындағы жергиликли жағдайды жақсы билетуғын бираз нөкерлерди де шақыртып:

– Бир жолбарыс Таллық болысында елди бүлдирип атырыптымыш, бул рас па? – деп сорапты. Жергиликли нөкерлер де биразы, – дурыс шығар. Егер жолбарыс өшиксе, ҳеш нәрсени тыңламайды. Адамды да малды да қыйрата береди, – деп жуўап берипти.

– Онда бул арыздың жөни бар екен ғой, – деп муртын сыйпап көзин алартыпты.

Александр Злобин шаққанлық пенен орнынан турып:

– Тақсыр, усы операцияны маған тапсырыўыңызды сорайман, деп сораныпты.

Сонда пристав Злобинге, – отрядыңыз бенен барып қайт, ел тынышлансын, – деген екен.

Александр Злобин орта жасларға жақынлаған, ҳешбир урысларда болып көрмеген, кеңседе, хожалық жақларында ислеп офицерлик чинге ийе болып жүрген сыпайы жигит еди. Аңшылықты жақсы көрген менен бирақ қырғаўыл, қоян, үйрек, ғаздан басқа ҳешнәрсе аўлап көрмепти. Оны да өзиниң отряды менен аўлайды екен.

Бирнеше күн жүрип, Злобин отряды менен Шымбайға келипти.

Қайдан еситкенин билмеймен, бир күнлери мени шақырып адам келди. Дәрҳал қарыўым менен Злобинге келдим. Оны мен бурыннан таныйтуғын едим. Ол маған бул аўҳалды баян етти де:

– Сен бизлерди баслап бар! – деди. Аңшылық десе турмайтуғынымды билесизлер ғой, баслап жөнелдим.

Ертеңине жолбарыстың бүлдирип атырған елатына келдик. Растан да елдиң жолбарыстан мықлы қәўпи бар екен.

Адамлар бизлерге жолбарыстың қайда екенин көрсетти. Жолбарыс көлге жақын қалың қамыслықтың арасында екен. Мен Злобинге жолбарыстың сондай шаққан ҳәм күшли ҳайўан екенин, жолбарысты атыў, өлтириў ушын өзинен де бетер шаққанлық, тапқырлық талап етиледи, – деп және жолбарыстың бираз қәсийетлери, минезлери туўрысында айттым. Ол:

– Чепуха, қолда жарақ турғанда, сонша отряд пенен бир ҳайўанды ата алмай неси бар, – деп отрядына, – мениң артымнан сап тартып жүресизлер, мениң рухсатымсыз атпайсызлар, – деди.

Ҳәмме Злобинниң изине ерип киятырмыз. Бир ўақытлары жолбарысты көрдик. Жолбарыс жалаңлап, еки көзин бизлерден айырмай отыр екен. Злобин қолда наганы менен туўры тартып киятыр. Жүз қәдемдей жер қалды.

– Кимде-ким менсиз атады екен, оны атып таслайман. Усы жерде бәриң де тоқтаң, мен өзим атаман, – деди. Мениң шыжа-пыжам шықты:

– Жалғыз бармай-ақ қойың, ҳәзир усы жерден-ақ өзим бесатар менен атып берейин, жолбарыс атылған оқтай шаққан болады, десем, кеўлине аўыр алайын деди. – Чепуха – деўи менен өжетленип, жалғыз өзи жолбарысқа қарай жүрди.

Жолбарысқа Злобин қырқ қәдемдей жақын барды. Ол жолбарыстың қуйрық бети таманлаў жағынан баратыр. Жолбарыс болса, сыр бермей, Злобинди көрмегендей. Тек көзиниң қыйығын салып қояды. Және он қәдемдей жақынлай бергенде, жолбарыс жылдырымдай болып Злобинге өзин атты. Оның оң қолынан тислеп, жарақ-парағы менен қосажерге былғап урды. Екеўи алыса кетти. Бизлер илажсыз жақынлап бардық. Атайын деп умтыла бергенимде, биреў артымнан қолымды услап тоқтатты. Өзинен команда болмағанша атыўға болмайды, – деди. Мениң жаным оннан беттер ашыды. Злобинди тақлап, жолбарыстың бизлерге де тийисиўине сөз жоқ деп гүманландым. Олар еле қутырған ийттей айқасыўда. Бир мәҳәлде:

– Ақмақлар атыңлар! – деген Злобинниң сести шықты. Ҳәмме мылтық гөзледи. Бирақ Злобинге тийип кетеме деп қәўипсинип, ҳешким ата алмай тур. Мен көп ойланып турмадым. Жолбарыс кеселеп Злобинниң үстине шыға бергенде, жолбарыстың қулақ шекесине берип жибердим. Жолбарыс арт бети менен жети-сегиз аршын жерге секирип түсти де, қайтып тура алмады. Биреў қуйрық бетинен және атты. Соның менен қулады.

Злобин қанға былғасыўы менен бизлердиң артымыздан: – өлди ме?! – деп даўыслап, тикленейин десе қолларын ала алмай отыр екен. «Өлди» дегеннен соң жайласып отырып, қолының аўырғанын сезе баслады.

Бизлер оны қоршап алдық. Оң қолын жолбарыс мылжа-мылжа етипти.

Мен оған күлип:

– Чепуха, питип кетеди. Төрткулге барсаң бир айда жазады, дедим. Ол мениң сөзиме түсинди де:

– Дурыс! – деди ҳәм тийдириңкиреп айтқаныма қызарып кетти.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жолбарыс мениң сәлемимди алды
Алдынғы бөлимге қайтыў: Сүзеўик буға
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.