Сүзеўик буға (Súzewik buǵa)
Бизиң сол аўылда тағы да бир ҳайран қаларлық ўақыя болды. Падада жүрген күтә сүзеўик, ҳешкимге күш бермейтуғын бир буға бар еди. Өзин көргениңизде де жүрегиң суўлайды. Пил ме екен дейсең. Көзлери масаладай жанған. Қабақлары үйилген. Шақы өгиздикинен узын емес, келте ғана. Бирақ тик, күтә нық. Аўзында көбик, жараған үлектей.
Өзинен басқа буғаны, өгизди көреғойса бес жүз қәдем жерден өкиринип, шыңғырып, төменнен гөзлеп келеди. Оның менен ҳешқандай буға, ең ири өгизлер де тиресип сүзисе алмайды. Қашып қутылса қутылғаны, болмаса пүткил аўыл болып зорға арашалап алады. Болмаса майырады, ямаса өлтиреди.
Адамлар да оннан өлердей қорқады. Егер шебине шықсаң тырқыратып қуўады. Сүзип, пәтпелектей ушырыўдан да қайтпайды.
Адамлар оған «адамхор буға, сүзеўик буға» деп ат қойыпты. Сонлықтан да адамлар оған тиймейди. Көрген жерде «ҳәўкем, ҳәўкем» деп, еркелетип өтебереди. Бирақ оның сонша ашыўлы, сүзеўиклигине қарамастан, оны ҳәмме адам жақсы көретуғын еди. Оны маллардың еркеси, сәни десетуғын еди.
Кеште қорасына келсе келеди, келмесе және бир қораға барады, болмаса аўыл арасында-ақ жүре береди. Ийеси бийшара соңғы 3-4 жылдың ишинде бир де мәртебе шақына жип тийгизе алған емес. Бирақ та ҳеш ўақытта ол аўылдың малларынан айрылған емес. Далада да жалғыз қалмайды. Аўылдың маллары менен азанда қосылып, кеште қайтып келеди.
Бир күнлери сүзеўик буға еки күн удайына аўылға келмеди. Падашы да састы, қайда қалғанын билмеди. Аўылда оны тек ғана ийеси емес, ҳәмме жоғалтты. Ол сүзеўик буға аўылдағы маллардың сәниндей көринди. Баладан-шаға ҳәмме қайғырысты. Ҳәттеки падашы да:
– Мениң дүзде жүргендеги сүйенишим еди, малға ҳешкимди жолатпайтуғын еди, – деп қапа болды.
Бизлер көп адам болып үшинши күни азанда излеп кеттик. Аўылдан 4-5 шақырымдай жер астық. Ақырында табалмай, Қыятжарғанның иши менен киятырсақ, излеп жүрген сүзеўик буғамыз бир жерде тик жарды сүзип тур. Абайлап қарасақ бир жолбарысты бүйиринен сүзип қысып тур екен. Шамасы жолбарыс менменлик етип артынан айнала бергенде бул шаққанлық етип сүзип, жарға қысқан болса керек, жолбарыстың артқы аяғы жерге тийе алмаған. Екиншиден буғаның шақлары пәт пенен жолбарыстың бүйирине өткен.
Бизлерде қорқыныш пайда болды. Егер жолбарыс тири болып босанса, ҳәммемизди күл-талқан етеди деп ойладық. Неде болса «ҳәўкем, ҳәўкем» деп бизлер буғаға жақынлап бара бердик. Елли қәдемдей жақын барсақ жолбарыс өлген екен. Бизлер ҳәўкемлеп және де жақынластық. Сүзеўик буға бизлерге арқа сүйеди ме, әйтеўир шақын тартып алды, кейин сәл шегинди де қулады. Бизлер, «ҳәўкем, жәниўарым» деп қасына бардық. Бизлер барғаннан-ақ буға ширенип, бир дем алды да жан тапсырды. Үш күн удайына жолбарысты қысып услап турып, ҳәл-дәрманы қурыған ғой! – деп болжадық. Бизлер жолбарысты сүзип өлтирген күшине тәсийин қалсақ та, оның өлип қалғанына қапа болдық.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Менменлик заўалы
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жолбарыстың түйеге мингенин көрдиң бе?
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: