Жолбарыс мениң сәлемимди алды (Jolbarıs meniń sálemimdi aldı)
– Саған-ақ жолбарыслар ушыраса бере ме, сениң жолбарысты тартатуғын магнитиң бар ма, ямаса сеннен басқа мергеншилик етип жүрген адам жоқ па? – деп жора-жолдасларым таңланатуғын шығар.
Мениң өзим де усыған ҳайранман. Бул жақларда жолбарыс не жесин, деп басқа бир жақларға кетсем де, майданшылық узақ жақларда жүрсем де келебереди.
Гүзек күнлердиң биринде, Қуўанышжарманы жағалап қоян, қырғаўыл атпақшы болып, ерманы жыңғыллардың арасы менен киятырсам топа-торыстан алдымнан тилин салаңлатып киятырған жолбарыс ушырасты. Ол да, мен де бул ойда болмаған ушырасыўға турып қалыстық. Екеўимиздиң арамызда он қәдемдей-ақ жер бар.
Жолбарыс шоңқайып отырды, бирақ, нәзери менде, ырылдаўы пәтли.
Ийнимнен мылтығымды алайын десем, қолға алып гөзлеймен дегенше мениң исимди питириўи мүмкин. Қарсыласыўдың ҳеш илажы жоқ болды. Дәрҳал қол қаўсырып еңкейип: – шерим-шерим, жаниўар! – деп сәлем берип, сол турысымнан ҳеш бурылмастан кейин шегине бердим.
Мен еки жүз, үш жүз қәдемдей жерге кеткенше сол отырысында отырып қалды.
Мен де сәлемимди алғаннан соң, маған ҳеш зыян етпегени ушын оған тиймедим.
Алдынғы бөлимге қайтыў: Менменлик заўалы
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: