Жолбарыстың түйеге мингенин көрдиң бе? (Jolbarıstıń túyege mingenin kórdiń be?)
«Мазандаран тоғайларындағы маймыллар ешекке қызықсынып минеди. Маймыл услаўшылар ешектиң арқасына желим жағып, айдап жибереди. Маймыллардың үш-төртеўи мингесип айдай береди. Сөйтип, маймыллардың қуйрықлары ешектиң арқасына жабысып қалады. Соннан соң маймылларды аңсат ғана услап алақояды екен» – дегенди еситетуғын едик.
Ал, маймыл ойнатыўшылар өзиниң ойыншы маймылларын ешегиниң артына мингестирип алып жүргенин талай көрдик. Оннан басқа ҳайўан ҳайўанға минип жүр екен дегенди мен түўе, сизлер де еситпеген шығарсыз.
Бирақ, мен сонша мергеншилик етип жүрип, өмиримде бир мәртебе ғана жолбарыстың түйеге минип шаўып жүргенин көрдим.
Бул қызық ўақыя еле есимнен шықпайды. Ол ўақытлары бизиң аўыл Қыятжарған – Шоманай деген өли арнаның аяқ жағында болатуғын еди.
Аўыл арнаның арқа тәрепине орналасқан. Аўылдың алды арнаға барғанша бағ. Көбинесе ерик ағашлары.
Арнаның қубласы бурын егислик болып, ҳәзир ҳеш нәрсе жоқ, топырақлы майдан.
Бул ўақыя тап ерик пискен күнлери ғана гезлескен еди. Ериклердиң ишинде қырқ-елли жыл жасаған үлкен ерик бар еди. Уўылжып қызарып пискен екен. Минип, шақасынан өз қолым менен үзип жеўди ышқы еттим де, өрмелеп шығып, үзип жеп турып, арнаның қубла тәрепине көз жиберсем, жантаққа тойып, арнаға онша қашық емес жерде бир түйе шөгип жатыр екен. Түйениң арт жағынан әсте-ақырынлап киятырған ийт пе екен десем, жолбарыс екен. Барлық интам сонда болды: әттең мылтығым алыста ҳәм тайын оғым да жоқ. Диңкемди қуртты.
Сонша жыл мергеншилик етсем де, усындай ойда жоқ аўҳал ушын оқ таярлап қоймағаныма өзиме-өзим урыстым. Илаж жоқ. Кейин не болар екен деп қарап турман.
Жолбарыс түйениң оңжағын қолайлап келип, түйеге өзин атты. Түйениң бержағы ойпаўыт болғанлықтан, жолбарыстың артқы аяқлары жерге тийе қоймады. Түйе бирден түргелип кетти. Жолбарыс өркештен тислеўи менен салбырап тура берди. Түйе ақырыўы менен аўылға киятыр.
Бул ўақыяны көрген аўыл адамлары, бала-шаға, улы-шуўда, қым-қуўыт қорқысып, түйеге кесек жаўдырып қуўа баслады.
Түйе байғус жан ашыўы ҳәм қорқыўы менен елден ҳеш айрылғысы келмейди, урса да қайтып аўылға тығыла береди, аўылды үш айналды. Ақырында, аўылды жағалай арқа бетке шықты. Ол бетте ески ўақытларда қазылған уралар бар еди. Түйениң аяғы бир ураға тайып азлап сүрнигип жығыла жазлап еди, жолбарыстың салбырап киятырған артқы аяқлары жерге тийди. Аяғы тийиўден жолбарыс түйени ылақтырды. Түйе 3-4 аршындай жерге көтерилип, жерге жалп ете қалды. Сөйтти де жолбарыс ҳешнәрсе менен иси болмай, ақырынлап жөнине кетеберди.
Түйе сеспей қатып, өлип қалды.
Бул ўақыяға бир мен емес ҳәмме халық болып ҳайран қалдық…
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Сүзеўик буға
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ғаз атпаға барғанда
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: