Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Ғаз атпаға барғанда (Ǵaz atpaǵa barǵanda)


Қырмашадан шанышқы менен балық аўлаўды да қойдым. Сол Ақдәрьяға жақын Қаратерең деген жерде үйрек, ғаз, қасқалдақлар бығын жығын дегенди еситтим.

Мылтығымды арқалап Қаратереңге жол алдым, өмиринше мергеншилик етип киятырған Нурлыбай ғарры менен таныс едим. Ол киси күтә атыўға шебер, гөзлегенин қуры жибермейтуғын, қатаң мерген адам еди. Ушарға атса да ҳәр оғына еки-үшин жалпылдататуғын еди.

Буннан жети-сегиз жыл бурын екеўмиздиң аўға шыққанымыз есимде. Тап усы Қаратереңниң күнбатар тәрепиндеги бир кишилеў көлатқа келип едик, ортасындағы кишкене ғана айдынында онлаған ғаз таранып отыр екен. Екеўимиз дәрҳал буққы тасладық. Күле шырай берип ҳәм қумарланған түринде маған қарап:

– Шырағым балам, сен мениң қызығыма қара, – деди, әлбетте, жасы уллы адамның сөзин жығыўға болама, сонша қумартып турыўыма қарамастан:

– Әжеп, болады, – дедим. Сөйттим де оның қызығына қарадым.

Ол басына үлкен етип урықтан саяман усатып орап алды. Алдынан урықтан тикесине-тикесине қалың түбинен белбеўине өткерип шанышты. Тап урықтың қалың жериндей болды. Ол ҳәтте мылтығын да урыққа орап, атыўға гөзлеген алға тутты. Сөйтти де тереңлиги бир гездей суўға түсип, алға жүрис етти. Алдан қарағанда Аралдың шет-шебиринде қамыс, урықлар түбири менен шоқ-шоқ болып ығып жүреберетуғын бир көшпели қопадай болып көринди. Ол сылт етпестен кетип баратыр. Ғазларға 20-30 адымдай жер қалды.

Мен қызығыў менен шыдай алмай қарап турман.

Ғарры-мерген тоқтады. Атыўға гөзледи. Сизлер инаныңыз. Ғарры үш атқанда, отырған тоғыз ғаздың биреўи де аман кете алған жоқ. Ғарры бир атқанда бесеўин, екинши атқанда үшеўин, үшинши атқанда ушып баратырған биреўин сулайтты.

Қуўанғанымнан қасына барып, ғаррыны қушақлап алдым. Оның көпти көрген, сөйтсе де жыйрықлары онша көп емес, күнге күйреген жүзи маған күта ысық көринди.

Мине соннан берли бул ғарры мергенди өзимниң устазымдай көремен.

Нурлыбай ғарры сол күни мени жибермей сыйлап қонақ етти. Ғаз гөшин асып та, қуўырып та берди.

Ертеңине екеўимиз көлге және шықтық. Саўысқандай көлден көлге аўыстық. Шыжғырған түс болды. Еле мен үш, ол еки қасқалдақтан басқа оңлы ҳешнәрсе таппадық. Неде болса алға жүребердик.

Бир мәҳәлде қарсы алдымызда еки ғаз көрдик. Биреўи жүз қәдемдей арыда. Дәрҳал буққы тасладық. Мен алда, ғарры артымда жер баўырлап киятырмыз. Мениң еки көзим ғазда, ҳеш жаққа қарамастан, алағада болмастан киятырман. Бизлерди бийиклиги бир гездей пишенликлер көрсетпей киятыр.

Ататуғын жерге жақынлай бергенимде ғарры кийимимнен тартып:

-Тоқта, тоқта, кейин қайт! – дегендей болды. Бирақ бул мәҳәл атпай кейинге шегинетуғын мен бе! Тыңламай алға жүребердим. Бир мәҳәлде ататуғын болып тоқтадым. Мылтығымды туўрылап нышанаға жаңа мингизип, шүрппени тартып жиберейин деп қарасам алдымдағы ғаз жоқ. Ҳаў, қалай, жаңа ғана тур еди ғой,– деп сәл тикленип қарасам, ғазды бир жолбарыс алып кетип баратыр. Екиншисине қарасам, ол аржағына қарап ушып баратыр. Бос қалмайыншы деп екиншисин гөзлеп атып жибергеним, жалп ете түсти. Атқан ғазды алайық деп артымдағы ғаррыға қарасам, оның түси өзгерип маған сыбырлады да:

-Айттымғой, жолбарыстың изин бағана сени түрткенде-ақ көрип едим. Сен тыңламадың – деди. Мен оның қасына келе бергенимде және, ол:

– Дүньяда жолбарыстай шалт мақлуқ жоқ шырағым! – деди. Мен оған уялған тек турмас деп:

Жигитлер неге сондай шалт болмайды екен? – дедим. Ол күлимсиреп ҳәм басын қасып:

– Әлбетте, жигитине байланыслы ғой, – деди. Сөйтип, атылған жалғыз ғазды алып кейинге қайта бердик.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жолбарыстың түйеге мингенин көрдиң бе?
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жолбарыс пенен айқастым
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.