Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Жолбарыс пенен айқастым (Jolbarıs penen ayqastım)


Мени сизлер жолбарыс пенен айқасқан болса, бир дәў адам шығар, ямаса айтайын деп отырғаны өтирик ғой деп уйғарыўыңыз мүмкин. Бирақ «ебин тапқан еки асар» дегендей, буның да рети болды, сонлықтан мениң гүресимде ҳешқандай шек жоқ. Оның ҳасла өтирик емеслигине инаның!

Жазғы «Топан тасыў» күнлери ким Ақдәрьяны жағалап жүрип көрсе, ол күтә жақсы биледи. Суў дәрьяға сыймай, еки жағасына жайылады. Суў дәрьядан 100-200 қәдемдей ески қашыларға барып тиреледи.

Бул ўақытлары сазан, сүўен балықлар сайыздағы шөп арасына шығады. Қызық көремен деўшилер азанда шашырап шыққан күн менен бирге турып, жағаға шықса, адам айтқысыз қызыққа батады.

Ақдәрьяның қырмашасына балық услаўға келгениме бираз күн болды. Усы қызық пенен үйге қайтыўды да умытыппан.

Бир күни, бирдейги әдетим бойынша қолыма шанышқымды алып, қырмашадан балық шаншыўға бираз жолдасларым менен ерте турып киристим. Еки сааттай ўақыттың ишинде отызға жақын сазан шаншып алдым.

Бир нәҳән сазан қашып киятыр. Мен де суўды шамбырлатып қуўып киятырсам, ол өзин қалың урықлықтың арасына урабергенде шанышқымды атып жибергеним, тап қарсы алдымнан бир жолбарыс өзин маған қарап атты. Оның алдыңғы еки аяғы ийинимнен асырылып түсти. Мен де белинен қушақлап алдым. Тарақ алып, басымды ийегиме тығып, ҳеш жаздырмадым. Күшимниң барынша ийзеп қыса бердим. Дәслеп ғаўырлап үрсе де, шексиз абай етип умтылса да, есабынан жанылған алыпсатардай бурынғыдай айбарақламады. Мен де қушағымды ҳеш жаздырмадым. Шамалаўымнан жолбарыстың бели сынбаса да бержағы болды-аў деп ойладым.

Ҳәртүрли қыял келип кетти. Егер усыдан жиберип қалсам алдыңғы аяқлары ҳешнәрсеге илинбей күйинип турған жолбарыс пыт-шытымды шығарып, ашыўын тарқатар деп ойлайман. Ямаса жолбарыстың бир қәсийети, ол дәслеп бир нәрсе ислеў нийетинде урынып, оннан өзиниң шамасынан жаңылсып, дегени болмаса өз жөнине кете береди-мис дегенди еситетуғын едим. Яки бир нәрсеге күши жетпей қайтса да мәртлик етип, текке урынбай, сыр бермегендей болып өз жөнине жүребереди десетуғын еди.

Кел, тәўекел, жиберейинши дәўимнен сол алды бетине қарата жиберип, өзим кейин бетине шығып едим, жолбарыс бурылып та қарамады, ҳешнәрсе билмеген, сезбегендей болып, туўра алдына сайыз суўда адым-адым жүрип кете берди. Мен бул аўҳалға ҳайран болыўым менен жолбарыстың соңынан қарап қала бердим.

Бул ўақыяны көрип, алыста мени нақ өледи деп жыласып, қорқып турған жолдасларым да қасыма келип:

– Сен нағыз палўансаң ғой. Барып турған батыр екенсең, бизлер жолбарыс пенен алыспақ түўе сениң алысып турғаныңа қорқып турдық! – дести.

Мен оларға:


«Ебин тапқан еки асар,
Көзин таўып ис қылған,
Үйшик-үйшик қырдан асар!» – дедим.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ғаз атпаға барғанда
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жолбарыстың баласын өлимнен қутқардым
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.