Жолбарыстың баласын өлимнен қутқардым (Jolbarıstıń balasın ólimnen qutqardım)
Мергеншиликтиң ўақты болғанша қаўын-қәмек егип турайын деп Әмиўдәрьяның қайырына қаўын еккенмен. Қаўынның басында кейипли ылашық та бар. Күнде сол жерде қонаман. Қаўыным да писип атыр. Қаўын писиктеги үлкен жаў – шошқа. Олар қаўын атыздың ишине кирсе, пәлектиң астан-кестенин шығарғаны былай турсын, қаўынның барлық түйнегин де жарады.
Мен түни менен қарымға түсип алып, жасырынып жатаман да, қорық қорыйман.
Бир күни, ярым ақшамнан аўған ўақытлары бир топар падалылар күнбатар беттен келип атызға түсти. Жаңа атажақ болып гөзлегенимде падалылар өзинен-өзи басқы таўып, келген жағына қарай тым-тырақай қашты. Мен бул аўҳалға ҳайран қалдым. Мени сезди деўге мен жатқан жеримнен сылт етип қозғалмадым. Серлеп тум-тусыма қарадым. Ай сүттей жарық. Елп еткен самал да жоқ. Тыныш аққан Әмиўдәрья суўы, оның аржағындағы тереклер қараўытып көринип тур еди. Арқада бир шақырымдай жерде жийдели тоғай анық көринеди.
Солай да шошқалар үриккендей жан-жағымда ҳешким көринбейди. Мен орнымнан турып ылашығыма бет урсам, ылашықтан бир жолбарыс шығып киятыр. Ол мениң изим менен маған қарап киятыр екен. Мен үйреншикли аўҳал болғанлықтан ба, әйтеўир қорықпадым. Енди мылтық атыўдың, қашыўдың ҳеш итималы жоқ. Ара күтә жақын қалды. Бул сапары да аман қалыўдың итималы қалай болар екен деп ойладым.
Демимди алып, өлимге болса да көнип, көзимниң асты менен жолбарысқа тигилип қарасам, жолбарыс ыңырысып, бул да қуйрығын былғайды. Жаным жайына түсе баслады. Мылтығымды ылақтырып урдым да жолбарыстың қасына «шерим, шерим» деп бардым. Бир жери аўырды ма екен, аяғына тикен кирди ме екен деп ҳәмме жерин көрип шықтым. Аўырған, сызлаған ҳеш жери көринбейди. Қуйрығын былғап, мени ертип жүре жақтай көринди де турды, орнымнан турып, изине ере басладым. Мылтық та, қаўын да умыт болды, неде болса бир қызық ўақыяның үстинен шығаман ғой деп қуўанып киятырман. Бурынғы қорқынышлардың да барлығы естен шықты.
Жолбарыс тар ғана соқпақ пенен тап маған жол баслап киятырғандай болып, тәўир адым-адым жүрип отырды, ўақтын-ўақтын маған қарап қойды. Мени қалып қояма, әлле қәйтеди дегени шығар деп мен ойлайман.
Тоғайдан өтип, қопалықтың ишине кирди. Бул мәҳәлде ай батып, таң ағарып белги бере баслады.
Бул жерлердиң бәри маған таныс. Бул мергеншиликтиң дәртинен Әмиўдәрьяның еки жағасында баспаған төбем болмады. Бул жер Қазанкеткенниң арқасы еди. Жақын жерде елат та жоқ.
Күн шықты, бизлер еле сол қамыслық пенен киятырмыз. Бир мәҳәлде жолбарыстың үйине келдик, пышықтың баласының сыңсығанындай ашшы сес шықты. Жолбарыстың баласы екенин биле қойдым. Келип қарасам, қызыл шақа, ийттиң жаңа туўған күшигиндей баласын жолбарыс жалап атыр. Сығалап қарасам, жолбарыстың баласын қара қумырсқалар басыпты. Денеси даладай қан, исик. Жолбарыс тили менен жапырып, алдын қуўдым дегенде арты гүўлеп жабылып, артын қуўдым дегенде алды келип жабылып, қумырсқалар жолбарысқа ҳеш күш бермеген екен. Мен жолбарыстың неге ертип әкелгенине жаңа түсиндим. Дәрҳал жолбарыстың баласын қолыма алып, қумырсқаларын арта басладым.
Бала деген ғой. Жолбарыс өзи сондай күшли ҳайўан болса да, қумырсқаға күши жетпегени ҳайран қаларлық. Баласын өлимнен қутқарыўға адамнан жәрдем сораўын қараң!
Ҳә демей-ақ баласын қумырсқадан арттым. Үйдиң сол жағына жақсылап, астына қамыстың үпилдиригин салып жатқардым. Жолбарыс барып, баласын емизе баслады. Мен қумырсқалардың инин тығып, өзлерин аяқ пенен тепкилеп өлтире басладым. Жолбарыстың үйинде қумырсқа баласы қалмады.
Енди кетиўге мүмкин шығар деп оған қарап қуллық етип, оннан еки көзимди айырмастан далаға шықтым, жолбарыс баласын өлимнен қутқарғаныма мәс болғандай еки көзи жаўдырап қала берди.
* * *
Арадан және бир қанша ўақыт өтти. Жазғы қаўынлардың писип тамам болып, гүзги қаўынлардың писип атырған ўақты еди.
Бир күни күн аўған шамасында, шертектиң астында қаўын жеп отырсам, қубла беттеги тоғайлықтан бир жолбарыс тиккелей маған киятыр. Ол мени көрмеген шығар деп, орнымнан тура салып шертектиң бағанына илдириўли турған мылтығымды алып қолайласа бергенимде жолбарыс бирден тоқтап қалды. Ол меннен көзин айырмады. Қуйрығын былғаңлатты да және маған қарап журиўин даўам етти.
Бул ўақлары мениң есиме – жолбарыс тиймегенге тиймейди, екиншиден, қуйрығын былғаңлатқаны жаманлыққа емес, жақсылыққа. Өзиниң бир қыйын аўҳалға ушырасқаны ушын жәрдем сорап киятырған шығар деген ой түсти.
Жолбарыс жақынлады. Абайлап қарасам, тап анаў күнги жолбарысым!
Тап мениң ойлағанымдай болып шықты. Бир кемислиги бардай қуйрығын былғаңлатып қасыма келди.
Ҳәмме жерине көз жибердим. Ҳеш жеринде ҳешқандай мүлтик жоқ. Аяғына шөгир киргенге де усамады. Тек кейнине бурылып, сыңсып айлана берди.
Мен дәрҳал буның изине ериў керек екенин биле қойдым. Ол жүрди, мен изинен ерип отырдым.
Баяғы өзиниң уясына қарап киятыр.
Тоғайлықтан өтип, қамыслықтың арасына келдик. Бир қалыңлаў жерде тоқтадым. Сол жағыма қарасам, пуқталап жаңадан дүзетилген бир уя тур. Ишинде ҳешнәрсе жоқ.
«Мен буның баласына бир нәрсе болған ба, деп гүманлана басладым. Қумырсқа талап өлтирген шығар, болмаса жолбарыстың баласына ким тийеди»? – деп те ойладым.
Бул бийшара баласынан айрылып, сергизданы шығып, қатты қайғыда жүр ғой деп аядым. Есиме «Шәрияр» дәстанындағы анасы Шәриярдан ажырасқаны түсти.
Қаршыға қустың баласы,
Қайыңда болар уясы,
Қайың түбин жел қақса,
Қайғыда болар анасы.
Ийтелги қустың баласы,
Ийтенде болар уясы,
Ийтен түбин суў алса,
Ийтинип өтер анасы.
Гәҳий шөлде өлди ме,
Гәҳий көлде өлди ме,
Гәҳий суўға кетти ме,
Мен сордың тапқан баласы?
Жылап қалған артында,
Мендей бахты қарасы.
– деген сөзлери мениң кеўлимди босатайын деди. Дүньяда Ана дегенниң ҳеш теңи жоқ ғой! Усыған қарағанда, баланың атаға, анаға ететуғын хызметиниң қандай шеги болсын! Өзиңди тәрбиялап, ақ сүт берген анаңа хызмет етиўден, оны ҳүрметлеўден жоқары ләззет бар ма?! – деп ойладым.
Жолбарыс мени және армаған ерте берди. Оның бурынғы уясына жақынладым.
Бул жерде бир үлкен өзек бар еди. Дәрьяның жақындағы тасыўында соннан суў өтипти. Айналып өтермен бе десем, ҳеш айналып өтиўдиң итималы жоқ екен.
Жолбарыстың уясы суўдың ортасында атаўлап қалыпты. Бир ўақытлары жолбарысқа қарасам, ол маған қарап сыңсып, жалт-жулт уясы бетке қарай береди.
Мен жолбарыстың баласының атаўлап қалғанына, суўға түсиўге өзиниң тискинетуғынлығына, мени шақырғандағы нийети – баласын алып берман шығыў екенлигине анық түсиндим. Жолбарыстың бундай суўдан қорқатуғынын билгенде былтырдан бурнағы жылда тырбаңлап қаша бермейтуғын едим ғой деп күлимсиреп, баяғы жолбарысқа бенде болғаным есиме түсти.
Дәрҳал шешинип суўға түстим. Суў терең екен, азлап жүзиўге туўра келди. Аржағына өтип, жолбарыстың уясына қарап жүрдим. Оған жақынлар-жақынламастан-ақ, қулағыма талып-талып зорға шыққан жолбарыстың қарлыққан даўысы келди.
Жетип бардым, есикти ашып ишке кирдим, жолбарыстың баласы үлкенлиги үш айлық күшиктей болған екен. Қансылаўға, турыўға дәрманы жоқ, сықылы қашқан. Шамасы үш-төрт күннен берли аш болса керек. Қушақлап суўға алып келдим. Суўдың аржағында анасы пақырдың еки көзи төрт болып, сыңсып тыпыршылап ҳеш жерде тура алмай жүр. Сол қолыма көтерип суўдан аман-есен жүзип өттим. Жолбарыстың алдына баласын усындым. Ол баласын ийискеп, жалап атыр. Баласы ҳәлсиреген күши менен анасының емшегин нуқып-нуқып емип атыр. Бул көриниске қарап турып кийиниўди де умытыппан.
Кийинип отырғанда:
«Асқар-асқар таўлардың,
Панасы болмас атадай.
Мүшки менен әмбердиң,
Ийиси болмас анадай,
Шекер менен шербеттиң,
Мазасы болмас баладай!»
деп ата-баба дуп-дурыс айтып кеткен ғой, – деп ойладым.
Мен кийинип болып та бир он минуттай күтип ҳәм оларға қызықсынып қарап отырдым.
Бир ўақытлары жолбарыс баласының белинен тиследи де маған бир қарап қойып жүре берди. Мен және изине еребердим. Бағанағы жаңадан соққан уяға келип тоқтады. Баласын ишине апарып қойды да, өзи қасына жатты.
Бул сапары жолбарыс маған бир-еки қарады. Оның түринде маған сансыз рахмет айтқандай белги көринди.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жолбарыс пенен айқастым
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қәўендершилик
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: