Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Қәўендершилик (Qáwendershilik)


Бир күни жазғы түнде, мергеншиликтен келген шаршаўым менен қара үйде қатты уйықлап атыр екенмен. Ярым ақшам аўған ўақыт. Ай сүттей жарық. Есик тарсылдап ашылды. Жалт қарасам, бас ушымда бир жолбарыс отыр.

Жүрегим суў ете қалды, тап суў түбине кеткендей болдым. Түсим шығар дейин десем, оңым-ақ. Қозғалыў мүмкин емеслиги былай турсын, менде тап сол мәҳәлде ҳеш дәрман да жоқ болды.

Арадан 3-4 минут өтти. Демимди әсте алып, көзимди ашып жолбарысқа қарасам, жолбарыс бурыңғы жолбарыслардай емес, буның түри мүләйим, қуйрығын былғаңлатып, артқы сол аяғын көтерип оны жалап қоя береди. Мен ҳайран болдым.

Бираздан соң аяқларын төсеп жатты. Сонда да ыңырсып жаңағы аяғын жалай берди.

Ақырында буған бир нәрсениң болғанын сездим. Мен өзим жерде жатырғаннан соң алдыңғы еки аяғы мениң көпшигиме тирелип турды. Ғаррылардың айтыўынша: «Шерим, шерим, жаныўарым» деп қолым менен аяқларын сыйпасам да сол ыңырсыўын қоймады.

Соннан соң бул меннен бир жәрдем күтип отырғой деп түсиндим де, орнымнан тура басладым. Жолбарыстың ашыўы келерме десем жоқ. Қайта қуйрығын былғап жатыр. Мениң менен иси жоқ. Турып шыраны жақтым. Оның көза масаладай жанып, шыра менен шағылысты. Өзи мүләйымсип турса да, турпатынан адам қорққандай. Сумлықты буннан да бетер асырайын деп келген баяғы жолбарыс па деп те гүманланаман.

Жолбарыс кекли болады деген сөзлер ойыма қорқыныш салып қояды.

Жолбарыс неге ыңырсып артқы аяғын жалай береди, деп артқы аяғына қарасам, артқы аяғында қан бар. Қасына барып услап қанның шығып турған жерин сыйпап көрсем, бир нәҳән жийде тикен. Сығалап қарасам алдыңғы еки тырнағының арасына қадалған екен. Тырнағыма зорға илиндирип тартып жибергеним жолбарыс туўлап шыңғырды. Тикен алынбады. Сыңсып жалайберди. Мен не болса да усы тикенди алып, буған жақсылық етип жиберейин деп ойладым.

Мылтықтың азбырайлары туратуғын қалтада кишкене ғана қысқыш бар еди. Соны алып келип, етке нықлаңқырап басып, тикенди қысып тарттым. Жолбарыс бийшара шыңғырыўы менен жатыр. Қысқышты қысып тартып жибергеним, тикен суўырылып шықты. Узынлығы үш бармақтай бармақтай бар екен. Жолбарыстың шыңғырыўы жер жарды.

– Сен де жанның татлы екенин биледи екенсең ғой! – дедим түсинбеседе оған күлип. Жан деген күшлиге де, күшсизге де бирдей шийрин ғой, әсиресе, күшли жолбарыс усаған ҳайўанлардан гөре, өзлеримиз анағурлым төзимли екенбизғой деп ойладым. Мен де усындай жолбарыстың буннан да бетер азабын көрип едим-аў, сонда мен буннан бетерирек азапқа шыдадым ғой деп мақтанғандай қыялда болдым.

Жолбарыс тынбай аяғын жалап атыр. Ыңырсығанын да қойды. Бир мәҳәлде орнынан турып, маған қарады. Бет-аўзымнан бир-еки-үш мәртебе жалады да, бурылып жүре берди. Мен бундай бир болған ўақыяның сәтли өтиўине қуўаныш пенен қала бердим.

* * *

Ертеңине түнде жаңа уйқыға кетип баратыр едим. Далада бирнәрсе гүрс етип жерге түсти. Дәрҳал мылтығымды алып далаға шығып қарасам кешеги жолбарыс. Ол болғаннан соң қорықпадым да, атпадым да. Жақынлап барып қарасам, жаңағы гүрсилдеген баўызланған бир қой. Жолбарыс маған қарап, көзлерин жаўдыратты да, қуйрығын былғаңлатып кете берди. Буның кешеги тикенин алғаным ушын әкелгенин ҳә демей-ақ сездим. Булар да жақсылыққа жақсылық етиўди биледи екен ғой деп ойладым.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жолбарыстың баласын өлимнен қутқардым
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жолбарыс тырнағында
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.