Жолбарыс тырнағында (Jolbarıs tırnaǵında)
Балық аўлаў да күтә қызық нәрсе. Балық аўлаў дегенде қандай қыйынлықлар болса да түрине қарамайтуғын едим.
Әмиўдәрья бурқып, топырақты гүреп ылайланып ақса да балығы мол дәрья. Бунда ылақаның ең тайнапыр аўырға 5-6 батпан келетуғынлары бар, сүўен, сазан бекирениң де ең ирилери бар. Марқа, ақшабақ тағы басқа түрлери толып атыр. Буларды услаў кимлерди қызықтырмайды?!
Бирақ усы балықлардың аўланатуғын ҳәр түрли мәўсими болады. Июль, август айларындағы топан тасыўда сүўен, үлкен жайын, ылақалар көп аўланады.
Ири жайынларды керши ямаса үлкен ылақа қармақлар менен ҳәм шанышқы менен усламасаң, аўларды жыртып кетеди. Мен бул мәўсимди қуры өткергим келмейтуғын ҳәр жылғы әдетим.
Август айларының бир күнлери Әмиўдәрьяның ийримли айланбасына керши ҳәм қармақ салып отырман.
Арқам тоғайлық, ўақыт ярым ақшамнан өтти. Ай сүттей жарық. Арқадан таң самалы есип тур. Тик жардағы қамыслардың сытырлысы Әмиўдәрьяның шылпылдаған даўысына қосылып, аўыр бир ҳәдийсениң алдынан шертилетуғын саздай болып турыпты. Кершим де, қармақларым да ҳеш өт қақпады.
Ық беттеги қурып қойған қармақларымды тексериўге қамыслықтың арасы менен жүрдим. Қолымда шанышқым да бар. Ҳәр қармақтың арасы жүз қәдемдей жер еди.
Биринши қармақтан өтип, екинши қармаққа барсам, бир ылақа илинип, шамбырлап атыр. Барып жиптен тартсам ҳеш күш бермейди. Қолымдағы шанышқым менен шанышқаным, қапталлап тийсе керек, зорға дегенде жаңа тартып алғанымда оң жағымнан бир нәрсе ырылдап келе пәт пенен дәрьяның рашына қағып жиберди. Ентигип барып түстим. Жолбарыс екенин биле қойдым. Және ырылдап келип, оң қолымнан тислеп ыйығына қағып салды, сөйтти де тоғай иши менен жүре берди.
Мениң тек сүлдерим киятыр. Арадан бираз ўақыт өткеннен соң өзиме келе басладым. Гә тар соқпақ пенен, гә шатлықтың арасы менен киятыр. Үсти-басымның ырым-жырым болғаны былай турсын, ҳәмме жеримниң тикенге тырналыўы, бет-аўзымның шыжбайы шығып қанаўы жаныма өтип баратыр. Сәл қозғалайын десем, қолыма тислерин батырыңқырап ырылдап қояды.
Усылай киятырып, өлимнен басқаны ойлаў мүмкин болмады. Жолбарыс 2-3 жылдан адамның гөшине жеригеди дейтуғын еди, сол рас болғаны, мен сорлы буның жерик асына дуўшар болғаным, деп ойладым. Тағы да жолбарыс ашыўлы, кекли болады дейтуғын еди. Бул баяғы атып өлтирген жолбарыстың кегин алайын деп жүрген шығар. Егер нақ сол болса, мени күтә қыйнап өлтиреди-аў, деп те ойладым.
Жигилдикли қалың тоғайдан өтип, қопалы қамыслықтың арасынан жүрип киятыр. Бул мәҳәлде таң да ата баслады. Әтирапта сырт еткен сес, қыйт еткен даўыс жоқ.
«Басқа түссе баспақшы боларсаң» дегендей өлимге де көндим. Бул минутларда мениң басыма нелер келип кетпеди. Анамнан туўылып, есимди билгеннен усы жигирма жасыма келгенимдеги дәўирдиң бәри есиме түсти.
Дүньяда ҳәркимниң ҳәртүрли өлими бар. Биреўлер аўырыўлардан, биреўлер суўға кетип, биреўлер уллы саўашларда елиниң, халқының ар-намысы ушын өледи. Адам баласы дүньяға келгенде қатарынан кем болмаўды, мәртликти ойлайды, күсейди.
Мәртлик, батырлық, қара бастың ғамы ушын етилген исти айтпайды. Халық ушын, ел ушын етилген исти ғайратты айтады. Еси-ақылы пүтин ким болса да мәрт болыўды, арлы-намыслы болыўды, батыр болыўды өле-өлгенше халық ушын, ел ушын хызмет етиўди мақсет етеди. Ал, мен болсам, ғырыстай күшиме толысып турған ўақтымда ҳеш жерде ҳәрқандай адамлар айтып жүргендей ўақыя болмай-ақ бир ҳайўанның қысымында әжелим жеткени ме? Мениң: – ал енди қолыңа түстим, өлтирсең өлтир, – деп мүлайимлесиўимниң жөни қалай? Қой ҳәдден асқан қорқақшылықтың кереги не?! «Өлим қорқаққа өш» дегенди билмейсең бе? Өлим-өлим бир өлим. Анадан бир туўылмақ, бир өлмек бар. Көп болса қыйналыңқырап өлермен. Қолымнан келгенинше, күшимниң барынша қутылыўдың жолында болайын, – деген пикирди тастыйқладым.
Күн қызарып киятыр. Көзимди ашып, көзимниң жеткен жерине қарап киятырман.
Егер де бос киятырған қолым менен жолбарыстың жутқыншағынан беккем услап буўсам, демигип өлмес пе екен деген де жоспар бар. Жоқ, қалай деген менен жолбарыс ғой!
– Ҳәссений… – деп ойланып, және: бирден жанымнан тасламай жүретуғын полат қанжарымды да усы сапары таслап кеткенимди қоя бер!
Усылай жүрип киятырғанымда қалың қамыслықтың арасынан соғылған қос сымақ жайға келдик. Оның аўзына барғанда, жолбарыс қуйрығын былғаңлатты. Қолыма тисин батырыңқырап, маған абай етип ырылдаңқырап қойды. Сөйтти де қолымды жиберди.
Мен бул ырылдаўына – «тыныш, қылт етпей тур» – дегени шығар деп түсиндим. Ол алдынғы сол аяғы ҳәм аўзы менен қостың итияжланып бекитилген аўзын аша баслады.
Есик ашылыўдан емшектен айырған көпек ийттиң баласындай сарғыш жүнли жолбарыстың баласы алдына ойнақшып шықты.
Мени қостың төрине апарып ылақтырып урды. Баласы маған келип, ийскелеп, ҳәр жеримнен тислеп тартып, ойнай берди.
Жолбарыс баласын еки үш жалады да маған қарап бир ырылдап қойды. Есик аўзына кесесине түсип жата баслады. Көп узамай басын және бир көтерип, маған қарап ырылдап қойды.
Баласы оған қулағын тикирейтип қарады да, мениң менен және ойнай берди. Бул абай етиўлердиң бәри де мен ҳаққымда шығар деп түсиндим. Бул истиң кейини не болар екен деп әсте дем алып жата бердим. Ал, баласы мениң етигимди ғайзап, кийимимнен тартып ойнап жүр.
Арадан он минуттай ўақыт өтти. Жолбарыс қурылдап уйқыға киристи. Қатты қурылдаўына қарағанда жолбарыс күтә шаршаса керек, түни менен жейтуғын олжаның рети болмағаннан соң гезип-гезип ақырында мени тапқан ғой, деп ойладым.
«Ал, Шәбик мерген, ҳәмелиң болса ететуғын ўақтың келди! – дедим ишимнен өзиме өзим.
Қостың ояқ-буяғына еркин қарай басладым. Қос сондай жақсы, пуқта дүзетилген. Қопалықтың түбин қазып, астына қалың етип қамыстың үпилдирик басын төсеген. Әтирап қамыс пенен қоршалған, күн бетти қалыңырақ етип, иймейтип сая еткен. Әйтеўир бир уста адам соққандай.
Жолбарыстың баласы да шаршап уйқыға киристи.
– Қәне, енди не қылсам екен? Усы ўақытта бир тәсил ойлап таппасам қалғаным. Өзимнен үмитти үзиўим тийис.
Қамыслықтан атлап өтейин десем, қамыс сылдырлап жолбарысты оятады. Отырған жеримнен қопалықтың астын тесейин десем, қопалық қалың, қамыс қыспадан. Онда бираз ўақыт керек.
Әсте-ақырын орнымнан турдым. Жолбарысқа қарап жүрдим. Қорықпадым. Дүрсилдеген жүрегимди басып, еркин ҳаўадан терең дем алдым. Кең тәбийғат, жарқыраған күнниң жақтысы мени қушағына қысып, баўырына басқандай, татлы самал менен көтерип, ҳаўалап ушқандай болып тур. Денеме бираз күш енгендей болды. Және де тереңнен демимди алдым да, – я бахыт! – деп пешимди жыйдым.
Жолбарыс тумсығын ишке алып жатыр. Қуйрық бети сыртта, жанбаслап еле қурылдаўы менен уйқлап атыр. Мен жолбарыстың түбине барып, артқы еки аяғының қасына оң аяғымды қойып, жайшылық пенен атладым. Екинши умтылып сыртқа шықтым. Көп егленип турмастан, тырс еткизбей алға бастым. Анық он қәдемдей узақлағаннан соң қанат байлап ушып отырдым. Ушқаным емей не? Жолдағы қалың шеңгел, сирескен жантақ, шатасқан шатлық биреўи де көзиме көринген жоқ. Сақпанға салған кесектей зыңғып киятырман.
Арғы басы 15 – 20 минут ишинде дәрьяға келип жеттим. Келген жерим бийик тикжар, нағыз ағыслы жер екен. Ҳеш иркилип турмадым. Ойланыўға мурсат жоқ. Сол келиў пәтиме дәрьяға өзимди аттым.
Өзимниң талай өтип жүрген Әмиўдәрьям ғой, ҳә демей-ақ қыялап ықлап, аржағына өттим. Майға түскен тышқандай болып жағаға шығып кийимлеримди сығып турсам, аржақтағы мениң дәрьяға таслаған жеримниң шаңы аспанға шығып атыр. Абайлап қарасам бағанағы жолбарысым. Оның жер тырналап ақырғаны тап қулағымның қасында шыққандай.
Шала-шарпы кийиндим де, алға қарай жөнелдим.
Сол барғаннан аўылда еки күн жатып, үшинши күни жора-жолдасларым менен қарыў-жарақ алып, дәрьяның аржағындағы кершиге, қармақларға кемели барсақ: баяғы ылақа дәрьяға ырғып түсип, еле илинип тур екен. Оны алып кемеге салдық. Жораларыма жолбарысқа бенде болған жеримди көрсеттим.
Кершиге келсек, еки сүўен түсип тур екен. Бизлер де буйырғаны усы шығар деп алып, керши, қармақларды жыйып қайта бердик.
Соннан баслап қандай бир аўылға шықсам да, қарыў-жарақты тасламайын деп серт еттим.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қәўендершилик
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қорқынышлы үш күн
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: